Өзбекстан Республикасы Президентиниң 

қарары

Республикада финанс базарын буннан былай да раўажландырыў, халықты сапалы финанслық хызметлер менен қамтып алыў көлемин кеңейтиў, қамсызландырыў шөлкемлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, усы тараўда тутыныўшылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ушын қолайлы шараятларды жаратыў илажлары  избе-из әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге реформалардың ҳәзирги басқышында экономиканың турақлы өсиўин тәмийинлеўге, халық турмысының сапасы ҳәм дәрежесин арттырыўға бағдарланған финанслық хызметлерди жедел раўажландырыў республикада қамсызландырыў базарының ролин күшейтиўди ҳәм қамсызландырыў қуралларын кеңнен қолланыўды талап етпекте.

Миллий қамсызландырыў базарын буннан былай да реформалаў ҳәм оның жедел раўажланыўын тәмийинлеў, қамсызландырыў хызметлериниң талап жоқары болған жаңа түрлерин енгизиў, тутыныўшылардың қамсызландырыў базарына болған исенимин арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық:

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасының қамсызландырыў базарын реформалаў ҳәм жедел раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

қамсызландырыў тараўында нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, соның ишинде, халықаралық шөлкемлердиң стандартлары ҳәм усынысларын және усы тараўдағы ең жақсы дүнья тәжирийбелерин избе-из енгизиў;

тәртиплестириў ҳәм пруденциал қадағалаўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў арқалы қамсызландырыў базарының исенимлилигин ҳәм турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған қамсызландырыў жумысын тәртипке салыў системасын институционаллық түрде раўажландырыў;

қамсызландырыў базары прфессионал қатнасыўшыларының капиталласыў дәрежесин, төлеў қәбилетин ҳәм финанслық турақлылығын арттырыў, олардың активлериниң сапасын жақсылаў, сондай-ақ, қамсызландырыўшылардың инвестициялық жумысын раўажландырыў;

қамсызландырыў брокерлериниң жумысын жеделлестириў, қамсызландырыў агентлериниң ислеў системасын жетилистириў, банк қамсызландырыў механизмлерин енгизиў, сондай-ақ улыўма қамсызландырыў  базары профессионал қатнасыўшыларының ролин арттырыў арқалы қамсызландырыў базарының инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм кеңейтиў;

қамсызландырыў хызметлериниң тутыныўшылары ҳәм қамсызландырыў жумысының басқа да субъектлери ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў, халықтың қамсызландырыў бойынша саўатлылығын ҳәм қамсызландырыўға болған исенимин арттырыў, қамсызландырыў базарының әшық-айдынлығын тәмийинлеў;

жаңа инновациялық қамсызландырыў өнимлерин енгизиў ҳәм талап жоқары болған дәстүрий өнимлерди раўажландырыў арқалы көрсетилип атырған қамсызландырыў хызметлериниң көлемин, түрлерин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў;

қамсызландырыў жумысын шөлкемлестириў ҳәм тәртиплестириў тараўында заманагөй мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланыў, қамсызландырыў хызметлериниң электрон түрлерин жедел енгизиў ҳәм раўажландырыў;

қамсызландырыў базарының қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириў, қамсызландырыў тараўында билим бериўдиң заманагөй усылларынан пайдаланыў, илимий-изертлеў жумысын хошаметлеў;

миллий қамсызландырыў базарының унамлы имиджин қәлиплестириў ҳәм жоқары дәрежеде услап турыў және инвестициялық тартымлылығын, соның ишинде, миллий қамсызландырыў базарын халықаралық ҳәм сырт ел қамсызландырыў базарлары менен интеграциялаў арқалы арттырыў.

  1. Төмендегилер:

2019-2020-жылларда Өзбекстан Республикасының қамсызландырыў базарын жедел раўажландырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 1-қосымшаға муўапық;

2019-2022-жылларда Өзбекстан Республикасының қамсызландырыў базарын жедел раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрликлер, уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырыў, сондай-ақ, мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң:

қамсызландырылыўшылардың қамсызландырыў жумысы түрлерине байланыслы ҳалда дифференциялланған устав капиталының минимал муғдарларын 3-қосымшаға муўапық 2020-2022-жылларда басқышпа-басқыш арттырыў ҳаққындағы;

дәраматлардың 20 процентине шекемги муғдарындағы ажыратпалар есабынан, оларды қайтарылатуғын қәрежетлерге киргизген ҳалда қәлиплестирилетуғын қамсызландырыў шөлкеми резерв қорының шекленген муғдарын қамсызландырыў шөлкеми устав фондының 50 процентине шекем арттырыў ҳаққындағы;

қамсызландырыўдың айырым түрлери бойнша электрон полислерди («Е-полис»), соның ишинде, Интернет, мобиль қосымшалар, инфокиоскалар арқалы рәсмийлестириў механизмин енгизиў, оларды қағаз түриндеги қамсызландырыў шәртнамаларына (полислерине) теңлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. 2020-жыл 1-январьдан баслап:

юридикалық шахслар – қамсызландырыў (қайта қамсызландырыў) брокерлери ҳәм қамсызландырыў агентлери ушын  бирден-бир салық төлеў ставкасы  комиссия сыйлығының 13 проценти муғдарында белгиленетуғыны;

қамсызландырыў (қайта қамсызландырыў) шөлкеминиң басқа да қамсызландырыў (қайта қамсызландырыў) шөлкемлериниң устав фондларында қатнасыўына жол қойылмайтуғыны, қамсызландырыўдың басқа да тармақларындағы қамсызландырыў шөлкемлериниң устав фондларында олардың өз-ара қатнасыўын шеклеў шәртлеринде қатнасыў буған кирмейтуғыны;

ўәкилликли мәмлекетлик уйым қамсызландырыўшылар тәрепинен қолланылып атырған қамсызландырыў усынысларын, тутыныўшылардың қамсызландырыў хызметлериниң сапасынан қанаатланыў дәрежесин, сондай-ақ, қамсызландырыў өнимлериниң нәтийжелилигин таллаў тийкарында қамсызландырыў резервиниң қабыл етилип атырған тәўекелшиликлерге келиўин тәмийинлейтуғын қамызландырыў резервлериниң минимал дәрежесин белгилейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2019-жыл 1-октябрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық қайта қамсызландырыўшы (қайта қамсызландырыў брокери) қамсызландырыў миннетлемелерин қайта қамсызландырыў ушын сырт ел қамсызландырыў шөлкемлерине бериўден алдын берилетуғын қамсызландырыў миннетлемелериниң кеминде 50 проценти муғдарында қайта қамсызландырыў бойынша офертаны (қайта қамсызландырыў шәртнамаларын дүзиў усынысларын) Өзбекстан Республикасы аймағында қайта қамсызландырыў жумысын әмелге асырыў ҳуқықына ийе болған қамсызландырыў шөлкемлерине жибериўи шәрт. Бунда:

оферта шәртлери қамсызландырыў миннетлемелерин сырт ел қамсызландырыў шөлкемлерине қайта қамсызландырыўға бериў шәртлерине муўапық болыўы керек;

оферта акцепти ямаса акцептинен бас тартыў қайта қамсызландырыўшылар – жергиликли қамсызландырыў шөлкемлери тәрепинен, егер офертада акцепт ушын кеширек мүддет көрсетилмеген болса, еки жумыс күнинен кешикпеген ҳалда әмелге асырылады;

қамсызландырыў миннетлемелери  қайта қамсызландырыў – жергиликли қамсызландырыў шөлкеми тәрепинен өзиниң услап қалыў көлеми шеңберинде қабыл етиледи;

қайта қамсызландырыўшы – жергиликли қамсызландырыў шөлкеми қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз берген жағдайда ҳәм тийкарғы қамсызландырыў шәртнамасы бойынша қамсызландырыў төлемин әмелге асырыўда қайта қамсызландырыў шәртнамасының шәртлери шеңберинде қайта қамсызландырыўды әмелге асырыўды сораўшының қарарларына әмел етеди.

Усы бәнттиң талаплары облигатор қайта қамсызландырыўға енгизилмейтуғыны және Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳәм инвестициялық келисимлеринде өзгеше тәртип нәзерде тутылған болса, қолланылмайтуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Физикалық шахслардың дәраматларының өмирди узақ мүддетли қамсызландырыў (барлық категориядағы өмирди қамсызландырыў тараўы) бойынша қамсызландырыў сыйлықларын төлеў ушын Өзбекстан Республикасында қамсызландырыў жумысын әмелге асырыўға лицензиясы болған юридикалық шахсларға бағдарланатуғын бөлими бойынша салық жеңилликлери төмендеги шәртлерде қолланылатуғынлығы белгилеп қойылсын:

а) қамсызландырыў суммасы шәртнама бойынша қамсызландырыў дәўириниң басланыў сәнесинен  кеминде 12 айдан соң толық төленгенде. Бунда қамсызландырыў төлемлерин төлеў қамсызландырыў суммасын төлеў сәнесинен  алдынғы 12 айлық дәўирде өсип бармайтуғын тәртип бойынша әмелге асырылған болыўы керек.

Шәртнама бойынша қамсызландырылған шахстың өмирди узақ мүддетли қамсызландырыў (барлық категориядағы өмирди қамсызландырыў тараўы) бойынша белгили бир жасқа шекем ямаса сәнеге шекем жасаўынан басқаша түрдеги қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз берген жағдайда  қамсызландырыўдың қапламасын ямаса қамсызландырыў суммасын төлеў көрсетип өтилген жеңиллик қолланылған ҳалда шәртнама бойынша қамсызландырыў дәўириниң басланыў сәнесинен 12 ай өтпей турып әмелге асырылыўы мүмкин екенлиги;

б) рента (аннуитет) төлеў шәртнама бойынша қамсызландырыў дәўириниң басланыў сәнесинен  кеминде 12 айдан соң басланғанда. Бунда әмелдеги рентаны (аннуитетти) төлеў сәнесинде шәртнама бойынша ҳақыйқаттан топланған қаржылар (резерв) суммасы көрсетип өтилген рента (аннуитет) ның төрт есесинен кем болмаўы керек;

в) рентаны (аннуитетти) төлеў шәртнамасы бойынша қамсызландырыў дәўириниң басланыў сәнесинен 12 ай өтпей басланғанда. Бунда дәслепки рентаны (аннуитетти) төлеў басланатуғын ўақытта ҳақыйқаттан төленген қамсызландырыў төлемлери суммасы шәртнама бойынша қамсызландырыў сыйлығының жыллық муғдарынан кем болмаўы керек ҳәм ренталарды (аннуитетлерди) төлеў усы бәнттиң «б» киши бәнти талапларына бола әмелге асырылыўы керек.

Өмирди узақ муддетли қамсызландырыў шәртнамасы мүддетинен бурын тоқталыўы ямаса усы бәнт талапларының бузылыўы мүнәсибети менен физикалық шахслардың дәраматына салынатуғын салық төлеў дәрегинде услап қалынғанда ҳәм бюджетке өткерилгенде қамсызландырыўшы тәрепинен қамсызландырылыўшыға алынған қамсызландырыў сыйлықларының суммасы, физикалық шахслардың дәраматынан услап қалынған салық ҳәм қайтарылатуғын қаржылар ҳаққында мағлыўматнама бериледи.

  1. 2020/2021 оқыў жылынан баслап қамсызландырыў базарының профессионал қатнасыўшылары хызметкерлерин тараўға қәнигелескен жоқары билимлендириў мәкемелериниң «Қамсызландырыў иси» тәлим бағдары бойынша сыртқы ҳәм кешки бөлимлерге тест сынақлары өткерилмей, белгиленген қабыллаў квоталарынан тысқары пуллы-контракт тийкарында қабыллаў тәртиби енгизилсин.

Бунда жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў аўызша имтиханның жуўмақлары бойынша ҳәм төмендегилер:

қәнигеде улыўма орта ямаса орта арнаўлы, кәсиплик мағлыўматы ямаса қамсызландырыў базарында ең кеминде 2 жыллық әмелий мийнет стажы болыўы;

контракт жумыс бериўши – қамсызландырыў базарының профессионал қатнасыўшысы тәрепинен кепилликли түрде төлениўи ҳәм хызметкер – питкериўши оқыўды тамамлағаннан кейин қамсызландырыў базарының профессионал қатнасыўшысы штатында 3 жыл даўамында мәжбүрий ислеп бериў шәрти менен әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қоры менен биргеликте қамсызландырыў базары қәнигелериниң сырт елдиң билимлендириў ҳәм басқа да шөлкемлеринде билим алыўы, қәнигелигин арттырыўы ҳәм стажировкада болыўы системалы түрде шөлкемлестирилиўи белгиленген тәртипте тәмийинленсин.

Өзбекстан қамсызландырыў базарының профессионал қатнасыўшыларының асоциациясына қамсызландырыў базары қәнигесиниң сырт елде оқыўы, қәнигелигин арттырыўы ямаса стажировкада болыўы керек екенлигин тийкарлаған ҳалда оған белгиленген усыныс хатын белгиленген тәртипте «Эл-юрт умиди» қорына киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги 2019-жыл 30-ноябрьге шекем Бирлескен Араб Әмирликлери ҳүкиметиниң техникалық жәрдеминде мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў бағдарламасына қамсызландырыў жумысы тараўындағы қәнигелердиң маманлығын арттырыў бойынша айрықша бағдар киргизиў мәселесин көрип шықсын.
  2. Қаржы министрлигиниң Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Қамсызландырыўды қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының қурамында Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Қамсызландырыў базарын раўажландырыў агентлигин (кейинги орынларда – Агентлик) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  3. Төмендегилер Анетликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

қамсызландырыў базарының ислеўи ҳәм оның профессионал қатнасыўшылары жумысының ашық-айдынлығын, соның ишинде, қамсызландырыў жумысы тараўындағы статистикалық ҳәм финанслық көрсеткишлерди турақлы түрде жәриялаў жолы менен тәмийинлеў;

қамсызландырыў хызметлериниң тутыныўшылары ҳәм қамсызландырыў қатнасықларының басқа да қатнасыўшыларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў, халықтың қамсызландырыў базарына исенимин арттырыўға ҳәм жәмийетте қамсызландырыў мәдениятын раўажландырыўға жәрдемлесиў;

қамсызландырыў базарының қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўды, соның ишинде. сырт елде, сондай-ақ, халықаралық дәрежедеги экспертлерди ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда шөлкемлестириўге жәрдемлесиў;

қамсызландырыўшылардың төлеў қәбилети, қамсызландырыў резервлерин қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша мәжбүрий нормативлер менен талапларды белгилеў, сондай-ақ, нәтийжели қамсызландырыў жумысын шөлкемлестириў бойынша усынысларды ислеп шықсын;

қамсызландырыў базарының профессионал қатнасыўшылары тәрепинен қамсызландырыў жумысы тараўындағы нызам ҳүжжетлерине, сондай-ақ, олардың финанслық турақлылығын тәмийинлеў бойынша белгиленген нормативлер менен талапларға әмел етилиўин қадағалаў;

қамсызландырыўшылар (қайта қамсызландырыўшылар) ҳәм қамсызландырыў брокерлериниң қамсызландырыў жумысын лицензиялаў, актуарийлердиң жумысын сертификатлаў;

қамсызландырыў базарының жағдайы ҳәм оның профессионал қатнасыўшылары жумысының есабы ҳәм есабын жүргизиў, аралықтан қадағалаў ҳәм оператив онлайн-мониторингти алып барыў бойынша интеграцияластырылған мәлимлеме системасын қәлиплестириў ҳәм жүргизиў;

халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң өсип баратырған талапларын тәмийинлеўге қаратылған қамсызландырыў хызметлериниң талап жоқары болған дәстүрий түрлерин раўажландырыўға ҳәм жаңа түрлерин енгизиўге жәрдемлесиў, аўыл хожалығы жумысы тараўында қамсызландырыў қорғаўын күшейтиў;

сырт ел мәмлекетлериниң уқсас структуралары, халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да сырт ел шөлкемлери менен қамсызландырыў жумысы тараўында бирге ислесиўди шөлкемлестириў.

  1. Агентлик қамсызландырыў базарын тәртипке салыў ҳәм раўажландырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң қамсызландырыў жумысын тәртипке салыў ҳәм қадағалаў бөлиминдеги барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша оның ҳуқықый мийрасхоры есапаланатуғыны;

Агентликти сақлаў Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылады;

Агентликте Өзбекстан Республикасы қаржы министриниң усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;

Агентлик директоры статусы, мийнетке ҳақы төлеў, медициналық ҳәм транспортлық хызметин көрсетиў шәртлери бойынша министрдиң орынбасарына теңлестирилетуғыны;

Агентликтиң хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги хызметкерлери ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў шәртлери енгизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентликтиң басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги системасы басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны шеңберинде 28 бирлик етип белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 30 ноябрьге шекем:

мәжбүрий медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўдиң ҳуқықый тийкарларын;

Сырдәрья ўәлаятында 2020-жылдан баслап «емленген жағдай» ушын медициналық хызметлер төлеми механизмин ҳәм «жан басына нормативи» тийкарында қаржыландырыў системасының методологиясын, сондай-ақ, 2021-жылдан баслап – мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасын тәжирийбе-сынаў түринде енгизиўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Министрлер Кабинетине:

а)  еки ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Қамсызландырыў базарын раўажландырыў агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүкимет қарары жойбарын, соның ишинде, Агентлик структурасы ҳәм Агентлик ҳаққындағы режени тастыйықлаўды нәзерде тутқан ҳалда;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды;

б) 2020-жыл 1-январьға шекем қамсызландырыў шөлкемлериниң жумысын тәўекелшиликке қаратылған қатнас тийкарында тәртиплестириўге бағдарланған, қамсызландырыўшылар капиталының жетерли екенлиги ҳәм төлеў қәбилети бойынша халықаралық стандартларды қамсызландырыў жумысына басқышпа-басқыш енгизиў стратегиясының жойбарын киргизсин.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасының қамсызландырыў базарын реформалаў ҳәм жедел раўажландырыўға жәрдемлесиў бойынша жумысшы топар қурамы 4-қосымшаға муўапық;

усы қарарды әмелге асырыў бойынша Анық әмелий илажлар режеси 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Жумысшы топар (Ж.Қўчқоров):

усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың сөзсиз орынланыўының муўапықластырылыўы ҳәм қадағаланыўы, сондай-ақ, олардың өз ўақтында толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўы шөлкемлестирилиўин;

2019-2022-жылларда Өзбекстан Республикасының қамсызландырыў базарын жедел раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлериниң орынланыўы үстинен системалы мониторинг алып барылыўын;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәр шеректе усы қарардың орынланыўы бойынша мәлимлеме киргизилип барылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын кеңнен сәўлелендириў бойынша қатнасыўын және тематикалы көрсетиўлер ҳәм еситтириўлерди шөлкемлестирсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 2-август