Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде интеллектуаллық мүлк тараўында, соның ишинде, усы тараўда мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў бойынша реформалар избе-из әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-февральдағы «Интеллектуаллық мүлк тараўында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4168-санлы қарарына муўапық интеллектуаллық мүлкти ҳуқықый қорғаў ҳәм улыўма тән алынған халықаралық нормаларды имплементациялаўға байланыслы жумысы қанаатландырарсыз деп табылғаны себепли Интеллектуаллық мүлк агентлиги Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги системасына өткерилди.

Мәмлекетимизде интеллектуаллық мүлк тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў бойынша алып барылып атырған реформаларды даўам еттириў, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды есапқа алып:

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк агентлиги (кейинги орынларда-Агентлик) атқарыўшы аппаратының басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 61 штат бирлигинен ибарат жаңаланған структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы әдиллик министрине хызметкерлердиң белгиленген шекленген саны шеңберинде Агентликтиң атқарыўшы аппараты структурасына өзгерислер киргизиў, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги (кейинги орынларда-Әдиллик министрлиги) ҳәм Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қосымша штат бирликлерин енгизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Төмендегилер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

интеллектуаллық мүлк тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлеў, ойлап табыўлар, пайдалы модельлер, санаат үлгилери, товар белгилери ҳәм басқа да интеллектуаллық мүлк объектлерин ҳуқықый қорғаў;

интеллектуаллық мүлк объектлериниң ҳуқықый қорғалыўы жағдайын комплексли таллаў, усы тараўды раўажландырыў бойынша анық усынысларды ислеп шығыў;

интеллектуаллық мүлк тараўындағы ҳуқықты қолланыў әмелиятын избе-из ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў;

интеллектуаллық мүлк мәселелери бойынша халықаралық-ҳуқықый бирге ислесиўди, соның ишинде, интеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқықларды өз-ара қорғаў ҳаққындағы халықаралық шәртнамаларды дүзиў арқалы жолға қойыў ҳәм беккемлеў;

интеллектуаллық мүлк тараўындағы илимий-изертлеў ҳәм басқа да жумысларды алып барыўда қатнасыў;

жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў ҳәм интеллектуаллық мүлкке болған ҳүрмет сезимин қәлиплестириў.

  1. а) Агентлик:

интеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқықларды қорғаў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын ўәкилликли басқарыў уйымы;

Өзбекстан Республикасы Интеллектуаллық мүлк агентлигиниң шәртнамалары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;

б) Агентликтиң жумысына улыўма басшылық етиў ҳәм қадағалаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм Агентлик хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

в) Өзбекстан Республикасының резидент емеслери – юридикалық ҳәм физикалық шахслардан келип түскен патент бажылары ҳәм төлемлердиң 20 процент муғдарындағы қаржылар, Өзбекстан Республикасының резидентлери – юридикалық ҳәм физикалық шахслардан келип түскен патент бажылары ҳәм төлемлердиң 80 проценти муғдарындағы қаржылар, электрон есаплаў машиналары ушын программалар ҳәм мағлыўматлар базаларын дизимнен өткериў ушын әмелге асырылған төлемлер, интеллектуаллық мүлк тараўындағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын қолланылатуғын административлик жәрийма суммалары, нызамшылыққа муўапық төлемли хызметлер көрсетиўден түскен қаржылар Агентликтиң бюджеттен тысқары қорына белгиленген тәртипте өткерилетуғыны;

г) Агентликтиң бюджеттен тысқары қорының қаржылары Агентлик тәрепинен тастыйықланған ҳәм нызамшылықта белгиленген тәртипте дизимнен өткерилетуғын қаржылар сметасы штатлардың кестесине тийкарланып Агентликти сақлап турыўға, оның материаллық-техникалық базасын қәлиплестириў ҳәм беккемлеўге, Агентлик хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў және социаллық қорғаўға ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да мақсетлерге бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Әдиллик министрлиги:

а) бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте Агентликтиң бюджеттен тысқары қоры қаржыларынан пайдаланыў тәртибин ҳәм Өзбекстан Республикасының резидентлери ҳәм резидент емес болған юридикалық ҳәм физикалық шахслардың патент бажылары және төлемлеринен орнатылған тәртипте түсетуғын қаржыларды бағдарлаў тәртибин белгилеўди нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) еки ҳәпте мүддетте:

бул қарардың 3-бәнти «в» киши бәнтинде көрсетилген қаржылар келип түсиўиниң айрықша есабын жүргизиў ушын тийисли банк ҳәм ғазна жеке есап бетлериниң ашылыўын;

Агентликтиң ғазна жеке есап бетиндеги қалған қалдық қаржылары Агентликтиң бюджеттен тысқары қоры жеке есап бетине өткерилиўин тәмийинлесин;

в) еки ай мүддетте Агентлик хызметкерлерин белгиленген тәртипте аттестациядан өткериў арқалы Агентликтиң интеллектуаллық мүлк тараўында терең билимлерге ҳәм әмелий жумыс тәжирийбесине ийе ҳадал, тәртип-интизамлы ҳәм маман кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлесин.

  1. Агентлик жумысын қаржыландырыўдың тийкарғы дәреклери етип Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары, нызамшылықта орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын Әдиллик министрлиги ҳәм Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар белгиленсин.
  2. Агентликке төмендеги ҳуқықлар берилсин:

мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысында интеллектуаллық мүлк тараўындағы нызамшылық талапларына әмел етилиўи бойынша үйрениўлер өткериў;

мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына анықланған нызамбузылыўлар, оларға имкан беретуғын себеп ҳәм шараятларды сапластырыў ҳаққында көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиў;

интеллектуаллық мүлк тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына жол қоймаў ҳаққында лаўазымлы шахсларына жазба түрде ескертиў;

интеллектуаллық мүлк тараўындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына ҳәкимшилик жаза қолланыў;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигелерин оларға бурынғысынан өзгеше тәризде Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан сырт ел валютасында мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди белгилеген ҳалда хызметкерлер және кеңесгөйлер сыпатында тартыў.

  1. Әдиллик министрлигиниң аймақлық бөлимлерине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

кәрханалар, мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлерге интеллектуаллық мүлк объектлерин ҳуқықый қорғаўды тәмийинлеў бойынша консультативлик ҳәм әмелий жәрдемлесиў;

интеллектуаллық мүлк объектлериниң ҳуқықый қорғалыўын, авторлардың ҳәм басқа да ҳуқық ийелериниң ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеў бойынша, соның ишинде, контрафакт өнимлерин ислеп шығарыў, шығарыўға, реализациялаўға қарсы гүресиўде ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға жәрдемлесиў арқалы тийисли илажлар көриў:

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының интеллектуаллық мүлк тараўын тәртипке салыўдағы жумысында ҳуқықты қолланыў әмелиятын избе-из ҳәм бир түрде тәмийинлеў;

халық арасында интеллектуаллық мулктиң қорғалыўы тараўында ҳуқықый мәдениятты арттырыў бойынша үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў.

  1. Әдиллик министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

«Интеллектуаллық мүлк тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў оқыў орайы» мәмлекетлик унитарлық кәрханасын «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк агенгтлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк консультатив орайы» мәмлекетлик унитарлық кәрхана етип қайта атаў;

2019/2020-оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетинде «Интеллектуаллық мүлк ҳуқықы» қәнигелиги бойынша жаңа магистратура бағдарын ашыў ҳәм оған базалық жоқары мағлыўматтан тысқары интеллектуаллық мүлк тараўындағы қәнигелерди таярлаў ўазыйпасын жүклеў;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлердиң қәнигелигин арттырыў орайына интеллектуаллық мүлк тараўындағы кадрлардың қәнигелигин, соның ишинде, төлемли тийкарда арттырыў бойынша қосымша ўазыйпа жүклеў.

  1. а) Әдиллик министрлиги жанында Өзбекстан Республикасы әдиллик министри баслық есапланатуғын интеллектуаллық мүлк объектлериниң ҳуқықый қорғалыўына байланыслы болған аппеляцияларды судқа шекем көрип шығатуғын Аппеляция кеңеси шөлкемлестирилетуғыны;

Аппеляция кеңесиниң қурамына интеллектуаллық мүлк тараўындағы бийғәрез илимпазлар ҳәм қәнигелер киретуғыны;

Аппеляция кеңесиниң қурамында Әдиллик министрлиги ҳәм Агентлик хызметкерлериниң саны Аппеляция кеңеси ағзалары улыўма санының отыз проценттен артпаўы керек екенлиги;

б) төмендеги нормаларға муўапық келетуғын товар белгиси ҳәм хызмет көрсетиў белгиси (кейинги орынларда – товар белгиси) Өзбекстан Республикасында ҳәммеге белгили деп көрсетилетуғыны:

товар белгиси қолланылатуғын товарлар ҳәм (ямаса) хызметлердиң түри Өзбекстан Республикасының әмелдеги ҳәм (ямаса) потенциал тутыныўшылар тәрепинен яки товар белгиси қолланылатуғын товарлар ҳәм (ямаса) хызметлердиң түри онын тарқалыўын тәмийинлеўде қатнасып атырған шахслар тәрепинен ямаса товар белгиси қолланылатуғын товарлар ҳәм (ямаса) хызметлердиң түрине байланыслы болған исбилерменлер топары тәрепинен танып алыныўы, онда товардың сапа дәрежеси ҳаққында түсиник мәмлекеттеги товар белгисине байланыслы болыўы керек екенлиги;

алдыннан сәйкес болған ямаса жедел пайдаланыў нәтийжесинде жүзеге келген жоқары өзгешелик қәсийети;

Өзбекстан Республикасы аймағында, соның ишинде, Интернет тармағының миллий сегменти домен атлары системада товар белгисинен кейин пайдаланылатуғыны ҳәм оның реклама етилетуғыны;

в) Аппеляция кеңеси тәрепинен қарар қабыл етиўде жоқарыдағы нормалар менен бир қатарда усы қарарда сәўлеленбеген бул тараўдағы халықаралық стандартлар, соның ишинде, Пүткил жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң ҳүжжетлерине муўапық қосымша өлшемлер есапқа алыныўы мүмкин екенлиги белгилеп қойылсын.

  1. Агентлик Ташкент қаласы, Мустақиллик проспекти, 59-жайға бийғәрез пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанында Интеллектуаллық мүлк агентлиги ҳаққындағы режени тастыйықласын.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 3-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  5. Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 1-июль