Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-февральдағы «Транспорт тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5647-санлы Пәрманына муўапық ҳәм Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўди тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигниниң басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 152 адамнан ибарат болған орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги структурасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы транспорт басқармаларының үлги структурасы 3- ҳәм 3а-қосымшаларға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигиниң аймақлық бөлимлери ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымлары хызметкерлериниң шекленген саны 4- ҳәм 5-қосымшаларға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 68 адамнан ибарат структурасы 6-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети аймақлық басқармаларының үлги структурасы 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы транспорт министрине:

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик) орайлық аппараты ҳәм аймақлық бөлимлери, сондай-ақ, Министрлик жанындағы Автомобиль жоллары комитети структурасына зәрүр жағдайларда басқарыў хызметкерлериниң белгиленген шекленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң, жетекши жойбарлаў институтларының, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелериниң жоқары қәнигели кадрларын, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер, сырт ел компанияларын ҳәм экспертлерди консультантлар сыпатында тартыў;

қәнигели сырт ел кадрларын жумысқа қабыл етиў ҳәм оларға мийнет ҳақы муғдарын ҳәм басқа да төлемлерди шет ел валютасында белгилеў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы транспорт министри Өзбекстан Республикасы Бас министриниң усынысы менен Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Өзбекстан Республикасы транспорт министриниң орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Министрлик жанындағы Пуқаралық авиациясы агентлигиниң директоры, Темир жолларда жүк ҳәм жолаўшылар тасыў қәўипсизлигин қадағалаў инспекциясы және Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў инспекциясының баслықлары Өзбекстан Республикасы транспорт министриниң усынысы менен Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Министрлик жанындағы Автомобиль жоллары комитети баслығының, Пуқаралық авиациясы агентлиги директорының Темир жолларда жүк ҳәм жолаўшылар тасыў қәўиспизлигин қадағалаў инспекциясы және Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў инспекциясы баслықларының орынбасарлары олардың басшыларының усынысы менен Өзбекстан Республикасы транспорт министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы транспорт министри ҳәм оның орынбасары – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Транспорт министри менен келисе отырып лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық транспорт басқармаларының баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары – ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы транспорт министри менен келисе отырып лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;

Министрлик ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң штат бирликлерин қәлиплестириў Өзбекстан автомобиль транспорты агентлигиниң штат бирликлери, Министрлик жанындағы Автомобиль жоллары комитети, Пуқаралық авиациясы агентлиги, Темир жолларда жүк ҳәм жолаўшылар тасыў қәўипсизлигин қадағалаў инспекциясы, сондай-ақ, Министрликке өткерилип атырған илимий-изертлеў институтлары, билимлендириў мәкемелери ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкилликлерин ҳәм штат бирлигин оптималластырыўдың есабынан әмелге асырылатуғыны;

Министрликтиң аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-январьдағы ПҚ-2722-санлы «Мәмлекетлик басқарыў аймақлық уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм хызметкерлерди материаллық хошаметлеўди күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 1-бәнтинде нәзерде тутылған мийнетке ҳақы төлеў шәртлери енгизилетуғыны;

Министрлик, оның аймақлық бөлимлери ҳәм уйымлық бойсынатуғын мәмлекетлик басқарыў уйымларының тәмийнаты қәрежетлерин қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан автомобиль транспорты агентлигиниң Автомобиль транспортын раўажландырыў қоры тийкарында, қаржылардың қәлиплестириў дәреклери сақланған ҳалда, юридикалық шахс шөлкемлестирмей Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў қоры дүзилсин.

Қала, қаладан тысқары, қалалараралық ҳәм халықаралық жөнелислерде автомобиль транспортында жүк ҳәм жолаўшылар тасыўды әмелге асырыў ушын лицензия бериў ҳәм олардың әмел етиў мүддетин создырыўдан түсетуғын мәмлекетлик бажы қаржыларының 40 проценти Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетине Министрлик ҳәм оның аймақлық бөлимлерин тәмийинлеў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын қаратылатуғыны белгиленсин.

Министрлик Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине төмендегилерди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин:

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў қорының қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режени, оның қаржыларын қәлиплестириўдиң қосымша дәреклерин белгилеген ҳалда тастыйықлаў;

Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў қорының есабынан Министрлик ҳәм оның уйымлық шөлкемлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў фондының 200 процентке шекем болған муғдарда қосымша материаллық хошаметлеў тәртиби.

  1. Министрлик Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Министрлер кабинетине:

бир ай мүддетте усы қарардың талапларын есапқа ала отырып, Министрлик жанындағы Пуқаралық авиациясы агентлиги, Темир жолларда жүк ҳәм жолаўшылар тасыў қәўипсизлигин қадағалаў инспекциясы және Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў инспекциясының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүкимет қарарының жойбарын;

еки ай мүддетте тәртипке салыў функцияларын бийкар етиў, инвестицияларды тартыў, сондай-ақ, бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм темир жол транспортында жүк ҳәм жолаўшылар тасыўда «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм ҳәм басқа да исбилерменлик субъектлери – Өзбекстан Республикасы резидентлери ушын теңдей шараятларды жаратыў мақсетинде «Өзбекстан темир жоллары» АЖның жумысын жетилистириў бойынша усынысларды;

еки ай мүддетте транспорт ҳәм жол хожалығы тараўында билимлендириў, хызметкерлерди қайта таярлаў, қәнигелигин арттырыў системасын ҳәм илимий-изертлеў жумысларын жетилистириў бойынша усынысларды;

еки ай мүддетте Министрлик системасына киретуғын коммерциялық структураларды Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине өткериў ҳаққындағы ҳүкимет қарарының жойбарын;

үш ай мүддетте сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў, реконструкциялаў, оңлаў ҳәм пайдаланыў системасын жетилистириў бойынша, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитетиниң мәмлекетлик ҳәм коммерциялық функцияларын ажыратыўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын киргизсин.

  1. Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери сапластырылып атырғаны мүнәсибети менен босап атырған имарат ҳәм бөлмелерге Министрлик ҳәм оның аймақлық бөлимлери жайластырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

усы қарардың талапларынан келип шыққан ҳалда 2019-жылы Министрликтиң тийкарланған есап-санақлары бойынша Министрликти тәмийинлеў қәрежетлери ушын зәрүр болған бюджет қаржылары ажыратылыўын тәмийинлесин, 2020-жылдан баслап болса ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутсын;

Министрлик орайлық аппараты ҳәм аймақлық бөлимлериниң жәми 21,  соның ишинде,  19 жеке бириктирилген, соннан 14и Министрликтиң аймақлық бөлимлери ушын, хызмет автомобильлери тәмийнаты ушын лимит белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Министрликти телефон байланысы, соның ишинде, ҳүкимет байланысы менен белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  2. Министрлик:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитетиниң статистикалық мағлыўматларын тарқатыў мәжбүрий болған шөлкемлердиң дизимине;

Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 7-октябрьдеги 336-санлы қарары менен тастыйықланған Басшы хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятына турақлы прописка етиў ҳаққында илтимас киргизиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң дизимине киргизилсин.

  1. Министрлик Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине:

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳаққындағы режениң жойбарын;

усы қарардан келип шыққан ҳалда, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының транспорт тараўындағы қайталанатуғын ўазыйпаларын, функцияларын, ўәкилликлерин ҳәм структураларын сапластырыў бойынша усынысларды;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 1-февраль