Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбекстанда ядро физикасы изертлеўлери өткен әсирдиң 40-жылларында басланған болып, 50-жылларына келип жедел раўажлана баслады. Мәмлекетте жоқары маманлықтағы илимпазлардың бар екенлиги, сондай-ақ, атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў жолында Өзбекстан илимпазларының нәтийжели илимий излениўлери ҳәм әмелий қолланбалары 1956-жылда Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ядро физикасы институтының (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестирилиўине тийкар жаратты.
Институт өзиниң 60 жылдан аслам жумысы даўамында ядро физикасы ҳәм ядролық технологиялар тараўында дүнья илимий жәмийетшилиги тәрепинен тән алынған ири изертлеў орайына айланды.
Өткен жыллар даўамында Институт жәмәәти тәрепинен белгили бир жумыслар әмелге асырылды, соның ишинде:
атом ядросы ҳәм элементар молекулалар физикасы, ядро дүзилиси теориясы, төмен ҳәм оғада төмен энергияларда ядролардың майдаланыўы ҳәм қосылыўы физикасы, астрофизика ҳәм космология, қатты денелер радиационал физикасы, радиохимияның фундаментал тәреплери тараўларында ядролық илимлердиң тийкарлары раўажландырылды;
әмелий радиохимия, радиоизотоплар ҳәм солар тийкарында радиофармацевтикалық препаратларды ислеп шығарыў, экономиканың түрли тараўлары ушын радиационал приборларды ҳәм үскенелерди таярлаў, опто- ҳәм микроэлектроника ушын жаңа материалларды алыў бойынша әмелий ядро технологиялары жаратылды.
Соның менен бирге, ядро физикасы тараўында изертлерўлердиң көлемин кеңейтиў,жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў, Институттың илимий потенциалын буннан былай да арттырыў ушын қосымша илажларды көриў талап етилмекте, атап айтқанда:
илимий изертлеўлерди қаржыландырыў системасын жетилистириў;
жас илимпазларды таярлаў ҳәм оларды илимий изертлеўлерге тартыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, экономика тармақларындағы әҳмийетли машқалаларды шешиўге қаратылған әмелий-илимий изертлеўлердиң көлемин кеңейтиў және изертлеўлер реакторынан нәтийжели пайдаланыў;
атом энергетикасы бағдарындағы илимий излениўлерди жолға қойыў;
Институттың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның ишинде, заманагөй ядролық үскенелер, жоқары энергиялы циклотрон, жоқары қуўатлылықтағы электрон тезлетиўшилер, басқа да әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў.
Ядро илимлери ҳәм технологияларын раўажландырыў, бул бағдарда илимий излениўлерди алып барыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм Институттың илимий-техникалық потенциалын арттырыў, ядролық изертлеў реакторынан нәтийжели ҳәм қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў, илимий инновациялық жумысты нәтийжели шөлкемлестириў, оның нәтийжелилигин тәмийинлеўде кадрлардың қәнигелигин буннан былай да арттырыў мақсетинде:
- Төмендегилер Институт жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
теориялық ҳәм экспериментал ядро физикасы, атом энергетикасы ҳәм ядролық технологиялар, қатты денелер радиационал физикасы ҳәм материалтаныўшылық, ядролық аналитика ҳәм радиохимия, илимий әсбап ислеп шығарыў бойынша фундаментал, әмелий инновациялық илимий изертлеўлерди алып барыў ҳәм илимий-инновациялық қолланбаларды әмелиятқа енгизиў;
Жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў институты жумысының нәтийжелилигин тәмийинлеў, жоқары маман кадрларды таярлаў ҳәм қәбилетли жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;
республиканың мақсетли илимий-техника ҳәм инновациялық бағдарламаларын орынлаў арқалы ядро илимин ҳәм технологияларын муўапықластырыўда белсене қатнасыў;
экономиканың реал секторы тармақлары, билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процесинде Институттың илимий потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, диссертация жумыслары ҳәм питкериў қәнигелик жумысларына басшылық етиў арқалы илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясын беккемлеў;
сырт елде илимий кадрлардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, сондай-ақ, Институттың илимий потенциалына сырт ел илимпазларын ҳәм қәнигелерин , соның ишинде, сырт елдеги ўатанласларды тартыў;
Институттың жумысына заманагөй мәлимлеме технологияларын кеңнен тартыў.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ядро физикасы институтының жумысын жетилистириў бойынша мақсетли бағдарлама (кейинги орынларда – Мақсетли бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ядро физикасы институтының 2020-2024-жылларға мөлшерленген илимий-изертлеў жумысларының бағдарламасы (кейинги орынларда – Илимий-изертлеў жумысларының бағдарламасы) 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ядро физикасы институтының 2021-жылға шекемги мақсетли көрсеткишлери (кейинги орынларда – Мақсетли көрсеткишлер) 3-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ядро физикасы институтының структурасы 4-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ядро физикасы институтының Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылатуғын илимий хызметкерлери санын басқышпа-басқыш азайтып барыў кестеси 5-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Ядро физикасы институты хызметкерлериниң сырт елдеги жетекши илимий орайлар ҳәм өндирислик кәрханаларда қәнигелигин арттырыў реже-графиги 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының президенти Б.С.Юлдашевқа Мақсетли бағдарлама ҳәм Илимий-изертлеў жумыслары бағдарламасының сапалы және толық орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги жанындағы «Эл-юрт умиди» фонды ҳәм Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Институт илимий хызметкерлериниң сырт елдеги жетекши илимий орайларда ҳәм өндирислик кәрханаларда қәнигелигин арттырыўын тәмийинлесин.
Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларын қоллап-қуўатлаў фондының қаржылары, Институттың бюджеттен тысқары қаржылары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги жанындағы «Эл-юрт умиди» фондының таңлаў нәтийжелерине бола белгиленген тәртипте ажыратылған қаржылары Институт илимий хызметкерлериниң сырт елде қәнигелигин арттырыўын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.
- 2020-жылдың 1-январынан баслап:
Институт хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў, имарат ҳәм объектлерин сақлаў қәрежетлерин қаржыландырыў, сондай-ақ, ағымдағы қәрежетлерин қаплаў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
Институтта илимий-техникалық бағдарламалар шеңбериндеги фундаментал изертлеўлердиң әмелге асырылыўы тоқтатылатуғыны ҳәм босаған бюджет қаржылары Институтты сақлаў қәрежетлериниң қаржыландырылыўына бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Институттың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;
халықаралық финанс ҳәм басқа да институтлар, сырт ел шөлкемлериниң грантлары;
хожалық жумысы есабынан түскен қаржылар:
хожалық жумысы есабынан келип түскен қаржылар;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы бир ай мүддетте:
жаңа редакциядағы Институттың уставын және лабораториялар ҳәм илимий хызметкерлердиң жумысын жыллық баҳалаў тәртибин белгиленген тәртипте тастыйықласын;
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жәрдемши хызметкерлер, соның ишинде, республикадағы илимий-изертлеў мәкемелериниң илимий-жәрдемши хызметкерлериниң штат нормативлерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы ҳәм Инновациялық раўажлыныў министрлиги ҳәм мәпдар уйымлар менен биргеликте:
бир ай мүддетте Институтты 2020-2024-жылларда раўажландырыў концепциясын;
еки ай мүддетте 2030-жылға шекем Институттың илимий-изертлеў жумысын раўажландырыў концепциясын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңеске киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметтиң айырым ҳүжжетлерине 7-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының президенти Б.С.Юлдашевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 21-ноябрь