Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын буннан былай да қысқартыў, қурылыс материаллары санаатын басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, жергиликли шийки затты терең қайта ислеўди шөлкемлестириўди хошаметлеў, алдынғы технологияларды енгизиў, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң түрлерин диверсификациялаў ҳәм экспорт көлемин кеңейтиў, тармаққа инвестицияларды тартыў, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасында Административлик реформалар концепциясында белгиленген ўазыйпаларды избе-излик пенен әмелге асырыў мақсетинде:
- Қурылыс материаллары санааты кәрханалары, «Өзқурылысматериаллары» АЖ, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги және Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң:
Өзбекстан қурылыс материаллары санааты кәрханалары ассоциациясын (кейинги орынларда – «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы) шөлкемлестриў;
«Өзқурылысматериаллары» АЖның басқарыў уйымлары мәжилислеринде оның хожалық жәмийетлери устав капиталларындағы акциялар (үлеслер) пакетлерин 1-қосымшаға муўапық Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине өткериў арқалы жәмийетти сапластырыў мәселелерин көрип шығыў басламасы менен шығыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
а) қурылыс материаллары санаатының ықтыярлы рәўиште киретуғын кәрханалары «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясының ағзалары есапланады;
б) «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы атқарыўшы аппаратының структурасы ассоциация шөлкемлестириўшилерин улыўма мәжилисиниң қарары менен тастыйықланады;
в) «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясының баслығы ҳәм оның орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигиниң усынысы бойынша ассоциация шөлкемлестириўшилериниң улыўма мәжилисиниң қарары менен сайланады;
г) «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясын әмелдеги тәмийинлеў ҳәм оның жумысын қаржыландырыў ассоциация ағзаларының төлемлери ҳәм ажыратпалары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан арттырылады;
д) төмендегилер «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларында «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы ағзаларының мәплерин билдириў ҳәм қорғаўды тәмийинлеў, сондай-ақ, қурылыс материаллары санаатын раўажландырыў бойынша оларға усыныслар киргизиў;
жоқары қосымша қунлы баҳалы қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў, кәрханаларды модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў, сондай-ақ, қәнигелестирилген жетекши сырт ел компаниялары менен биргеликте өндирис орынларын шөлкемлестириў бойынша жоқары технологиялы өндирислерди өзлестириў ушын инвестициялар, биринши гезекте, тиккелей сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыўда Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен бирге ислесиў;
талап етилип атырған сапалы өним ислеп шығарыў түрлерин кеңейтиў, ишки базарды импорттың орнын басатуғын ҳәм бәсекиге шыдамлы қурылыс материаллары және жергиликли ислеп шығарылған буйымлар менен толтырыў, сондай-ақ, тармақтың экспорт потенциалын арттырыў бойынша «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы ағзаларының жумысын қоллап-қуўатлаў;
аймақлардың потенциалын буннан былай да раўажландырыў перспективаларынан, шийки зат базасы, инфраструктуралар, мийнет ҳәм басқа да ресурслар және базарлардың бар екенлигинен келип шыққан ҳалда кәрханаларды жайластырыўға жәрдемлесиў.
- 2022-жылдың 1-январына шекем кәрханалардың шәртнамалары бойынша «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясына төленетуғын ажыратпалары юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы бойынша салық салынатуғын базадан алып тасланатуғыны деп белгиленсин.
- 2019-жылдың 1-апрельден баслап сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық рудалық емес пайдалы қазылмалар бар болған жер асты участкасынан геологиялық үйрениў ушын пайдаланыў ҳуқықын беретуғын лицензия арза келип түскеннен күннен баслап он күннен аспаған мүддетте бериледи.
- Санаат көлеминде өзлестириў ушын инвестициялар, соның ишинде, сырт ел инвестициялары тартылатуғын рудалық емес пайдалы қазылмалар кәнлери (участкалары)ниң дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Геология ҳәм минерал ресурслар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте потенциаллы, соның ишинде, сырт ел инвесторларын усы қарардың 5-бәнти менен тастыйықланған дизимге киргизилген рудалық емес пайдалы қазылмалар кәнлери (участкалары)н өзлестириўге тартыў бойынша тийисли илажларды көрсин.
- «Өзқурылысматериаллары» АЖ тәрепинен Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қурылыс министрлиги менен биргеликте Қурылыс материаллары санаатындағы инвестиция жойбарлардың дизими ислеп шығылғанлығы ҳәм онда төмендегилер нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
2019-2021-жылларда улыўма баҳасы 1,3 миллиард АҚШ доллары, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан 692 миллион АҚШ доллары муғдарында әмелдеги кәрханаларды техникалық ҳәм технологиялық жаңалаў және жаңа кәрханаларды қурыў бойынша 67 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў;
2021-жылға цемент ислеп шығарыў қуўатлықларының көлемин 17 миллион тоннаға, архитектура-қурылыс айнасын –32 миллион квадрат метрге, ағаш-қырындылар плитасы (ДСП)н – 380 мың куб метрге, газ-бетон блокларын – 700 мың куб метрге, гүлқағазларды – 4,5 миллион рулонға, көп қабатлы жайлардың қурылысы ушын ири панелли темир-бетон буйымларын – 180 мың квадрат метрге жеткерген ҳалда қурылыс материалларын ислеп шығарыўды көбейтиў.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жылдың 1-апрелине шекем усы бәнтте белгиленген Қурылыс материаллары санаатындағы инвестициялық жойбарлардың дизимин, сондай-ақ, оларды әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар режесин («жол картасын») тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги еки ай мүддетте ишки ҳәм сыртқы базарларда қурылыс материалларына болған талап конъюнктурасын, сондай-ақ, сырт ел базарларының раўажланыў тенденцияларын үйрениў тийкарында жаңа өним түрлерин өзлестириў, ишки базарды жергиликли қурылыс материаллары менен толтырыў ҳәм олардың экспорт географиясын кеңейтиў бойынша комплексли илажларды ислеп шықсын ҳәм енгизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, «Өзқурылысматериаллары» АЖ ҳәм қурылыс материаллары санааты кәрханаларының «ҚурилишматериаллариЛИТИ» ЖШЖ қәнигелестирилген жойбарлаў илимий-изертлеў институтын «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы қурамына киретуғын «ЎзқурилишматериаллариЛИТИ» ЖШЖ илимий-изертлеў ҳәм инжиниринг орайы етип қайтадан атаў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин, төмендегилер орайдың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Технологиялық раўажланыў агентлиги, «Өзстандарт» агентлиги ҳәм қурылыс санаатының илимий-изертлеў шөлкемлери менен биргеликте алдынғы сырт ел тәжирийбесин ҳәм республиканың шийки зат потенциалын есапқа алған ҳалда жаңа қурылыс материаллары және олардан пайдаланыў технологиялары қолланбаларын шөлкемлестириў;
қурылыс материалларының жаңа стандартларын жеделлестириў және ислеп шығыў, сондай-ақ, қурылыс тармағында пайдаланылатуғын қағыйдалар топламын ислеп шығыўда қатнасыў;
ислеп шығарылатуғын қурылыс материаллары ҳәм буйымлардың барлық түрлерин сертификатластырыў;
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте қурылыс материаллары санаатының талап жоқары болған бағдарлары бойынша қәнигелерге билим бериў бойынша оқыў режелерин ҳәм инновациялық оқыў курсларын ислеп шығыў, сондай-ақ, заманагөй оқыў-методикалық әдебиятлар ҳәм қолланбаларды таярлаў;
кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм аттестациядан өткериў, қәнигелердиң стажировкасын, соның ишинде, сырт елдеги илимий-изертлеў орайларында стажировкасын өткериўди шөлкемлестириў;
өндириске мөлшерленген машиналар, әсбап-үскенелер ҳәм техникалық системалар, санаат объектлери, сондай-ақ, энергетика ҳәм инженерлик инфрастуктура объектлериниң техникалық аудити, энергия аудити, диагностикасы ҳәм экспертизасын өткериў.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги:
2018-жылдың жуўмағы бойынша «Өзқурылысматериаллары» АЖның сап пайдасын оның 20 процентин Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетине дивидендлерди төлеўге бағдарланған ҳалда бөлистирилиўин;
сапластырылып атырған «Өзқурылысматериаллары» АЖның тийкарғы қураллары, оның қурамына киретуғын кәрханалар ажыратпалары бойынша жүзеге келген дебитор қарыздарлық, жәмийеттиң «ЎзқурилишматериаллариЛИТИ» ЖШЖ ҳәм «Тоғ геология жамлама экспедицияси» ЖШЖ устав капиталларындағы үлеслери, сондай-ақ, акционерлерге берилиўи керек болған және сапластырыў процеси жуўмақланғаннан кейин қалатуғын жәмийеттиң пул қаржыларын «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясына бийғәрез өткериўди;
«УКМ Транс авто» ЖШЖны кейин ала оның автотранспорт қуралларын бийғәрез «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясына тапсырған ҳалда сапластырыўды тәмийинлесин.
- Төмендегилерге:
экономика ҳәм санаат министри Б.А.Ходжаевқа – инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў процесин муўапықластырыў ҳәм қурылыс материаллары санаатын раўажландырыў;
инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.У.Умурзоқовқа – қурылыс материаллары санаатында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў, тармаққа инвестицияларды, биринши гезекте, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў, сондай-ақ, экспортқа мөлшерленген өним шығарыўды кеңейтиў мақсетинде жаңа өндирис қуўатлықларын енгизиў;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги директоры Н.С.Жураевқа – хожалық жәмийетлериниң устав капиталларындағы, соның ишинде, усы қарарға муўапық «Өзқурылысматериаллары» АЖдан қабыл етилетуғын мәмлекетлик акциялар (үлеслер) пакетлерин нәтийжели басқарыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы Ташкент қаласы, Яккасарой районы, Тафаккур көшеси, 68-А мәнзили бойынша бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 3-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 20-февраль