Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасы ҳәм Америка Қурама Штатлары арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыўдағы үлкен хызметлери, парламентлераралық байланысты жеделлестириў, өзбек парламентшилигиниң нызам атқарыўшылығы бағдарындағы потенциалын және де арттырыўға қосқан үлеси, АҚШ Конгрессинде «Өзбекстан бойынша Кокус» – дослық топарын шөлкемлестириў ҳәм турақлы ислеўин тәмийинлеў, саўда-экономикалық, әскерий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў жолындағы нәтийжели жумысы, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң тарийхы ҳәм мәденияты, соңғы жылларда алып барылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелери ҳаққында дүнья жәмийетшилигин хабардар етип атырғаны ушын АҚШ Конгресси Ўәкиллер палатасының ағзасы Трент Келли «Дослық» ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев
Ташкент қаласы,
2019-жыл 29-август