Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Кейинги жылларда елимизде транспорт ҳәм транспорт коммуникациялары тараўын раўажландырыў, тасыўлардың жоқары дәрежедеги қәўипсизлигин тәмийинлеў,  транспорт тараўындағы басқарыў системасын жетилистириў, тараў ушын қәнигели кадрларды таярлаўға  қаратылған кең көлемли илажлар әмелге асырылды.

Экономиканы раўажландырыўдың заманагөй тенденциялары ҳәм әмелге асырылып атырған реформалар республиканың географиялық жайласыўын есапқа алған ҳалда транспорт хызметлериниң сапалылығын ҳәм ғалабалығын тәмийинлеўге қаратылған бирден-бир транспорт сиясатын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў, тараўды басқарыўдың заманагөй технологияларын ҳәм интеллектуаллық системаларын енгизиўде айрықша әҳмийетке ийе екенин көрсетпекте.

Транспорт тараўындағы мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, республиканың инвестициялық тартымлылығын ҳәм экспорт потенциалын арттырыў, транспорт коммуникацияларын стратегиялық раўажландырыў ҳәм турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:

  1. Өзбекстан автомобил транспорты агентлиги тийкарында Өзбекстан Республикасы транспорт министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик) шөлкемлестирилсин.
  2. Миинстрлик автомобиль, темир жол, ҳаўа, дәрья транспортларын, метрополитен, сондай-ақ, жол хожалығын раўажландырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланатуғыны;

Министрлик транспорт ҳәм жол хожалығы тараўындағы шөлкемлердиң жумысын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етиў, лицензия ҳәм рухсатнамалар бериў, сертификатластырыў, нәтийжели техникалық ҳәм тариф сиясатын әмелге асырыў жолы менен мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ўазыйпасын әмелге асыратуғыны;

Министрлик тәрепинен өз ўәкиллиги шеңберинде қабыл етилген қараралардың орынланыўы мәмлекетлик басқарыў уйымлары, басқа да шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары, сондай-ақ, пуқараларға мәжбүрий есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Министрликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

транспорттың барлық түрлериниң бирден-бир тарнспорт тармағына интеграцияланыўы ҳәм жаңа нәтийжели транспорт-логистика системаларынан пайдаланған ҳалда үйлесикли түрде раўажландырыўға қаратылған бирден-бир мәмлекетлик транспорт сиясатын ислеп шығыў;

транспорт ҳәм логистика хызметлери базарын раўажландырыўды хошаметлеў, олардың барлық категориядағы тутыныўшылар ушын ғалабалығын тәмийинлеў, сондай-ақ, тараўға инвестицияларды тартыўға бағдарланған транспорт тараўындағы бирден-бир тариф сиясатын әмелге асырыў;

халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў, логистика системасын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм илажларды әмелге асырыў, мәмлекетимиздиң транспорт потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлик субъектлериниң транспорт-логистика хызметлеринен пайдаланыўдағы жумсалған қәрежетлерин азайтыў;

транспорт ҳәм жол хожалығы тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў ҳәм елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў;

пүткил транспорт системасын цифрластырыў бойынша алдыңғы мәлимлеме технологияларын енгизиў, Өзбекстан Республикасы транспорт системасының бир-бирине байланыслы бирден-бир системасын перспективалы раўажландырыў стратегияларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

автомобиль жоллары тараўында бирден-бир техникалық сиясатты әмелге асырыў, пайдаланыўшылардың мәплерин есапқа ала отырып, автомобиль жоллары, аэродромлар ҳәм аэропортлар, вокзаллар, темир жоллар ҳәм транспорт инфраструктурасының басқа да объектлерин қаржыландырыў, жойбарлаў, қурыў, оңлаў ҳәм пайдаланыў мәселелериниң комплексли шешимин тәмийинлеў;

транспорт тараўында қадағалаўды әмелге асырыў, пуқаралық авиациясы ҳәм экспериментал ҳаўа кемелериндеги авариялар және бахытсыз ҳәдийселерди, сондай-ақ, темир жол ҳәм дәрья транспортындағы авариялар ҳәм апатшылықлар бойынша тексериўлерди шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў;

транспорт ҳәм жол хожалығы тараўындағы халықаралық ҳәм аймақлық бирге ислесиўди раўажландырыўдың есабынан транспорт хызметлери дүнья базарында Өзбекстан Республикасының миллий мәплерин тәмийинлеў;

транспорт тараўындағы ҳәзирги ҳәм перспективадағы зәрүрликлерди есапқа ала отырып билимлендириў, кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың алдынғы усылларын системалы түрде енгизиў.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, оны Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети етип қайта атаған ҳалда;

Өзбекстан Республикасы Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, оны Өзбекстан Республикасы  Транспорт министрлиги жанындағы Пуқаралық авиациясы агентлиги етип қайта шөлкемлестирген ҳалда;

Өзбекстан Республикасы Темир жолларда жүк ҳәм жолаўшылар тасыў қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, оны Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Темир жолларда жүк ҳәм жолаўшылар тасыў қәўипсизлигин қадағалаў инспекциясы етип қайта атаған ҳалда;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, оны Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў инспекциясы етип қайта атаған ҳалда;

Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң Өзбекстан кемешилик регистри;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Өзаэронавигация» орайы;

қосымшаға муўапық илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери, басқа да шөлкемлер, жумысын қаржыландырыўдың әмелдеги тәртиби сақланып қалған ҳалда, Министрликтиң қараўына өткерилсин.

Ташкент қаласы Транспорт ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў департаменти сапластырылсын.

  1. Төмендеги ўазыйпа, функция ҳәм ўәкилликлер министрликке өткерилсин:

а) Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң төмендеги тараўлардағы:

кемелерди дизимге алыў (қайта дизимге алыў), кемелерди қурыў, пайдаланыў, қайта үскенелеў ҳәм оңлаўға гүўалықлар бериў;

кемелерге кеме гүўалығы ҳәм билетлери, классификациялаў гүўалықлары, жүзиў ушын муўапықлық гүўалықлары ҳәм кеме оңлаўды тәртипке салатуғын қағыйдаларда нәзерде тутылған басқа да ҳүжжетлерди бериў;

б) «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң төмендеги тараўлардағы:

темир жол транспортын раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламаларын ислеп шығыў, темир жол транспортының перспективалы прогнозларын, раўажландырыў ҳәм объектлерди жайластырыў схемаларын ислеп шығыў;

темир жолларда жүк ҳәм жолаўшылар тасыў тараўында тариф ҳәм транзит сиясатын әмелге асырыў, темир жол транспортының өткериў ҳәм тасыў қәбилетин арттырыў, темир жол транспорты хызметлери базарын раўажландырыў бойынша комплексли илажларды қабыл етиў;

санаат кәрханаларының ҳәрекеттеги қурамларының улыўма пайдаланыўдағы темир жолларға шығыўы ушын рухсатнамалар бериў;

темир жол коридорлары, сондай-ақ, вагон ҳәм контейнерлерди жүклеў, түсириў ҳәм тазалаўға мөлшерленген үскенелерди қурыў ҳәм оңлаў жойбарларын келисиў.

  1. Басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 15 адамнан дүзилген, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў машқалаларын үйрениў орайы шөлкемлестирилсин.
  2. Министрлик Өзбекстан автомобиль транспорты агентлигиниң барлық ҳуқықларын ҳәм миннетлемелерин, сондай-ақ, Айрықша жағдайлар министрлиги, Автомобиль жоллары мәмлекелик комитети, Пәрўазлар қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекицясы, Темир жолларда жүк ҳәм жолаўшылар тасыў қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жол-қурылыс жумысларының сапасын қадағалаў инспекциясының транспорт ҳәм жол хожалығы тараўындағы қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери ҳәм Өзбекстан Республикасы тәрепинен қол қойылған халықаралық шәртнамалары, сондай-ақ, усы Пәрманға муўапық өткерилип атырған басқа да ўәкилликлер бағдарындағы ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланады.
  3. Министрлик Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-ноябрьге шекем барлық түрдеги транспортлардың оптимал ҳәм баланслы өз-ара байланысын нәзерде тутатуғын улыўма қабыл етилген халықаралық ҳуқық нормаларын есапқа ала отырып, «Транспорт ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарарының жойбарын тастыйықлаў ушын киргизсин;

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў машқалаларын үйрениў орайының жумысын шөлкемлестириў бойынша ҳүкимет қарарын қабыл етсин;

үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасының логистика нәтийжелилиги бойынша халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаў илажларын нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасында 2025-жылға шекем транспортты раўажландырыў концепциясын ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасын» ислеп шықсын.

 

  1. Министрлик Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 1-февраль