Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Мәмлекетимизде экономиканы либералластырыў ҳәм ҳәкимшилик тәртипке салыўды қысқартыў, жоқары ликвидли ҳәм монопол өнимлерди реализациялаўда базар механизмлерин ҳәм биржа саўдаларында ашық-айдынлық дәрежесин арттырыў ҳәм саламат бәсеки орталығын раўажландырыў ушын биржаның жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша избе-из илажлар қабыл етилмекте.

Соның менен бирге, жоқары ликвидли ҳәм монопол өнимлерге баҳаны қәлиплестириўдиң базар механизмлерин жаратыў ҳәм биржа жумысын және де раўажландырыў ушын тек ғана биржа саўдалары арқалы сатылатуғын товарлардың дизимин кеңейтиў, биржа саўдаларының динамикасын тәмийинлеўши жаңа саўда инструментлерин енгизиў лазым.

Мүлкшилик формасына қарамастан, барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын жоқары ликвидли ҳәм монопол өнимлерди сатып алыўда тең шараятлар жаратыў ҳәм республикада биржа саўдасын жеделлестириў мақсетинде:

  1. 2020-жыл 1-январьдан баслап сондай тәртип белгиленсин, оған бола:

устав фондын (капиталы)да мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық шахслар ямаса устав фонды (капиталы)ның 50 проценти ҳәм оннан артығы 50 процент және оннан артық муғдарда мәмлекетлик үлесине ийе юридикалық шахсқа тийисли болған юридикалық шахслар (кейинги орынларда – мәмлекетлик үлеси бар шөлкемлер) тәрепинен ислеп шығарылатуғын жоқары ликвидли ҳәм монопол өнимлердиң бир бөлеги Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен орнатылатуғын квоталар бойынша тек ғана биржа саўдалары арқалы экспорт етиледи;

монополист кәрханалар ҳәм мәмлекетлик үлеси бар шөлкемлер тәрепинен техникалық май, от-жем, хожалық сабыны, нефть ериткиши, нефть парафини ҳәм мыс купоросы ишки базарда тек ғана биржа саўдалары арқалы базар принциплери тийкарында барлық тайпадағы қарыйдарларға биржа саўдаларында қатнасыў имканияты кеңнен тәмийинленген ҳалда реализацияланады;

жергиликли кәрханалар тәрепинен ислеп шығылған қумшекер ишки базарда тек ғана биржа саўдалары арқалы базар принциплери тийкарында барлық тайпадағы қарыйдарларға биржа саўдаларында қатнасыў имканияты тең тәмийинленген ҳалда реализацияланады, республиканың алыс ҳәм жетип барыў қыйын болған аймақларында жайласқан тутыныўшыларға тиккелей шәртнама тийкарында өзиниң саўда тармақлары арқалы сатылатуғын, улыўма өндирис көлеминиң 10 процентинен артпайтуғын көлеми буған кирмейди;

монополист кәрханалар ҳәм мәмлекетлик үлеси бар шөлкемлер тәрепинен ысытыў жанылғысы, жағыў мазуты, сўйылттырылған газ ҳәм нефть битумы тек ғана биржа саўдалары арқалы базар принциплери тийкарында барлық тайпадағы қарыйдарларға биржа саўдаларында қатнасыў имканияты тең тәмийинленген ҳалда реализацияланады, арнаўлы тутыныўшыларға орнатылған тәртипте тиккелей шәртнамалар арқалы сатылатуғын көлемлер буған кирмейди;

биржа саўдаларына қойылыўы керек болған, монополист кәрханалар ҳәм мәмлекетлик үлеси арқалы реализацияланатуғын жоқары ликвидли ҳәм монопол өним сатыўшылар тәрепинен мәжбүрий тәртипте товар-шийки зат биржаларында есапқа қойылады ҳәм усы мағлыўматлар тийислисинше шәртнама дүзилген ҳәм миннетлемелер орынланған ўақыттан баслап үш күн мүддетте биржаның рәсмий веб-сайтында жайластырылады;

товар-шийки зат биржаларында тәреплердиң келисимине муўапық биржа саўдаларының қағыйдалары тийкарында сырт ел валютасында импорт келисимлери дүзилиўи мүмкин. Онда дүзилген шәртнамалар бойынша мағлыўматлар товар-шийки зат биржалары тәрепинен Валюта операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасына киргизиледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-ноябрьге шекем жоқары ликвидли ҳәм монопол өнимлерди товар-шийки зат биржаларының биржа саўдаларында, соның ишинде, биржа товарларын 1 айдан артық мүддетке кешиктирип жеткерип бериў шәрти менен алды-сатты келисимин (форвардлар) дүзиў арқалы реализациялаў тәртибин нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Жоқары ликвидли ҳәм монопол өнимлерди биржа саўдаларына қойыў кестелери монополист кәрханалар ҳәм мәмлекетлик үлеси бар шөлкемлер тәрепинен товар-шийки зат биржаларының рәсмий веб-сайтларына, зәрүр ҳалларда, ҳәр айда жаңаланған тәризде жайластырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети жоқары ликвидли ҳәм монопол өнимлерди биржа саўдаларына орнатылған тәртипте қойып барыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлесин.

  1. Биржада кеминде 100 сатылған (бийпул усынылған) брокерлик орынлар бар екенлиги ҳәм биржа жумысын әмелге асырыўда товар-шийки зат биржаларының басшылары квалификация талапларына муўапықлығы ҳаққындағы шәртлер ҳәм талаплар бийкар етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетине:

Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда монополист кәрханалар тәрепинен жоқары ликвидли ҳәм монопол түрдеги өнимлерди биржа саўдаларына мәжбүрий қойыў бойынша қарарлар қабыл етиў;

биржа саўдалары қатнасыўшылар шеңберин шеклеўдиң алдын алыў ушын биржа саўдаларына қойылатуғын жоқары ликвидли ҳәм монопол өнимлердиң бир лот бойынша максимал көлемин қайта көрип шығыў бойынша товар-шийки зат биржаларына көрсетпелер бериў ҳуқықы усынылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Монополияға қарсы гүресиў комитети басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 8-октябрь