Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Мәмлекетте халықтың социаллық-экономикалық турмысын жақсылаў, усы мақсетте грантлар, техникалық жәрдем ҳәм басқа да сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (кейинги орынларда – грантлар) жедел тартыў, Өзбекстан Республикасына бийғәрез жәрдем берип атырған сырт мәмлекетлер, халықаралық ҳәм сырт ел ҳүкимети ҳәм ҳүкиметлик емес шөлкемлер, сырт ел компаниялары, шөлкемлери менен қорлары (кейинги орынларда – донорлар) менен жақын шериклик қатнасықларын орнатыў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, донорлар менен бирге ислесиўди муўапықластырыў, сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын әмелге асырыў мониторинги, сондай-ақ, олардың мақсетли көрсеткишлерине ерисиўди қадағалаў системасының жетерли дәрежеде емес екенлиги тартылып атырған грантлардың көлемлерин арттырыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў имканиятын бермей атыр.
Сыртқы бийғәрз жәрдемди тартыў ҳәм өзлестириў системасын буннан былай да жетилистириў, тараўда алып барылып атырған жумыслардың миллий мәплер ҳәм үстинликлер менен үнлеслигин тәмийинлеў, грантлар есабынан қаржыландырылатуғын жойбарларды таярлаў, әмелге асырыў, мониторинг етиў ҳәм есапқа алыўдың бирден-бир системасын шөлкемлестириў, Өзбекстан Республикасының донорлар менен бирге ислесиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:
- Төмендегилер грантлардан нәтийжели пайдаланыўдың комплексли системасын буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
грантлар есабынан қаржыландырылатуғын жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ҳәм нәтийжелилигин баҳалаў, анық тараўлардың қәнигелесиўин есапқа алған ҳалда усы секторлардағы тәртип-қағыйдаларды сәйкеслендириў ҳәм ис-ҳәрекетлерди бирлестириў мәселелери бойынша донорлар менен турақлы сөйлесиўдиң турақлы платформасын қәлиплестириў;
экономиканың тийкарғы тармақлары ҳәм социаллық тараўға грантларды тартыў бойынша бар имканиятлар ҳәм иске қосылмаған имканиятлардан пайдаланыў, донорлық потенциалына ийе болған сырт ел шөлкемлери менен бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм өз-ара жақын байланыслар орнатыў;
тийисли экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўды раўажландырыўда тартылып атырған грантлардың мәмлекет мәплери ҳәм миллий үстинлик пенен үнлеслигин тәмийинлеў;
грантларды тартыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшылары және лаўазымлы шахслардың жеке жуўапкершилигин арттырыў, грантлардан мақсетсиз пайдаланыўдың алдын алыў бойынша мәмлекетлик қаржы қадағалаў уйымларының профилактика жумысларын күшейтиў;
грантлар есабынан қаржыландырылатуғын жойбарлардың мүддетлерине әмел етиў ҳәм күтилип атырған әмелий нәтийжелерге ерисиў үстинен жәмийетшилик қадағалаўды әмелге асырыўда парламенттиң ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ролин, сондай-ақ, пуқаралардың қатнасыўын кеңейтиў;
тартылып атырған грантларды муўапықластырыў бойынша бирден-бир мәлимлеме системасын шөлкемлестириў, сыртқы бийғәрез жәрдем бағдарларын ҳәм қолланыў тараўларын таллаў усылларын автоматластырылған ҳалда, усы жойбарларды электрон есапқа алыў ҳәм есабын жүргизиў ушын шараятлар жаратыў.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик) грантлар есабынан қаржыландырыў усыныс етилип атырған жойбар басламаларын ислеп шығыў, дәслепки таңлап алыў ҳәм келисиў процесслерин муўапықластырыў, сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын есапқа алыў және олардың әмелге асырылыўын мониторинг етиўди тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасының донорлар менен бирге ислесиўин раўажландырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бағдарында усыныслар ислеп шығыў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленсин.
- Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары (кейинги орынларда – жойбар интакерлери) бир жойбар бойынша баҳасы 100 мың АҚШ доллары ҳәм оннан артық болған грантларды Министрлик тәрепинен ислеп шығылатуғын және тастыйықланатуғын сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў ҳәм донорлар менен бирге ислесиў бағдарламаларына (кейинги орынларда – Бағдарламалар) киргизген ҳалда тартылатуғыны;
Бағдарламалар 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў мәмлекетлик бағдарламаларын, 2030-жылға шекем болған дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы Миллий мақсетлер ҳәм ўазыйпаларды, Өзбекстан Республикасының инвестициялық бағдарламаларын, тармақлар ҳәм ўазыйпаларды, Өзбекстан Республикасының инвестициялық бағдарламаларын, тармақлар ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарларын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарларын есапқа алған ҳалда Министрлик тәрепинен қәлиплестирилетуғыны;
Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстан Республикасының сырт елдеги мәкемелери менен биргеликте сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын әмелге асырыў ушын потенциаллы сырт ел донорларын тартыўда Министрлик, жойбар интакерлери, тармақлар ҳәм аймақларға жәрдем беретуғыны;
жойбар интакерлери өзлерине тийисли бөлегинде сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларының өз ўақтында ислеп шығылыўы, олардың Бағдарламаларына киргизилиўи ушын усынылыўы, жойбар ҳүжжетлериниң сапалы таярланыўы, сондай-ақ, грантлар толық көлемде ҳәм өз ўақтында өзлестирилиўи ушын барлық илажлардың сөзсиз ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлейтуғыны;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджет параметлерин қәлиплестириўде жойбар интакерлери тәрепинен грантларды тартыў ҳаққындағы келисимлер бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға байланыслы қәрежетлерди (мәжбүрий төлемлерди төлеў, рухсатнама бериўши тәртип-қағыйдалардың өтиў, товарларды тасыў, бақлаў ҳәм сақлаў, үскенелерди монтажлаў, оңлаў, жыйнаў, орнатыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы басқа да қәрежетлер) қаплаў ушын қаржыларды нәзерде тутатуғыны және олардың өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлейтуғыны;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги грантлардан мақсетли пайдаланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асыратуғыны ҳәм усы тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм профилактика етиў үстинен системалы илажларды көретуғыны белгиленсин.
- Министрлик, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң Министрлер Кабинети жанындағы Европа Аўқамының Өзбекстандағы Комиссиясының техникалық жәрдемин муўапықластырыў бюросын (кейинги орынларда – ӨзБюроКЕС) сапластырыў ҳәм оның ҳуқықлары, миннетлемелери, штат бирликлери ҳәм мүлки (имарат ҳәм объектлер)н Министрликке тапсырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Министрликтиң орайлық аппаратының структурасында басқарыў хызметкерлериниң саны 11 ден ибарат болған Сыртқы бийғәрез жәрдемди муўапықластырыў департаменти (кейинги орынларда – Департамент) шөлкемлестирилсин.
Департаменттиң штат бирликлери ӨзБюроКЕСтиң 7 дана штат бирлиги ҳәм Министрликтиң улыўма штатлар саны есабынан қәлиплестирилетуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў ҳәм донорлар менен бирге ислесиў бағдарламаларын қәлиплестириў, тастыйықлаў ҳәм әмелге асырыў схемасы 1-қосымшаға муўапық;
2019-2020-жылларда донорлар менен ислеп шығылатуғын тийкарғы сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларының дизими (кейинги орынларда – Дизим) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлик, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасының сырт елдеги мәкемелери мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
Дизимге киргизилген сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарлары бойынша ҳүжжетлерди жуўмақлаўшы келисим, мақуллаў ҳәм рәсмийлестириў бойынша зәрүр тәртип-қағыйдалардың орынланыўын тәмийинлесин;
донорлар менен сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын қаржыландырыў ҳәм әмелге асырыўға байланыслы барлық машқалалы мәселелерди шешиў бойынша жумысларды жеделлестирсин.
- Министрлик 2020-жыл 1-августқа шекем, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын электрон тәризде келисиў, мониторинг етиў ҳәм есапқа алыў» мәлимлеме системасын (кейинги орынларда – Мәлимлеме система) ислеп шықсын ҳәм енгизсин:
Бағдарламаларды қәлиплестириў, келисиў ҳәм есапқа алыў процесслерин цифрластырыў;
сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларының мүддетлерине әмел етилиўи ҳәм мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўи үстинен мониторингти әмелге асырыў;
ҳәмме ушын исенимли ҳәм ашық-айдын болған, тартылған ҳәм өзлестирилген грантлардың көлеми менен бағдарлары, донорлардың қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын ағымдағы жойбарларды әмелге асырыўдың бағдары ҳаққындағы ҳәм грантларға байланыслы барлық мағлыўматларды қәлиплестириў;
жойбар интакерлерине сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын тартыў ҳәм нәтийжели әмелге асырыў, жойбарлардың паспортларын ҳәм жойбар ҳүжжетлерин сапалы таярлаў мәселелери бойынша, сондай-ақ, донорларға болса грантларды ажыратыў географиясы және бағдарлары ҳаққында онлайн-мәсләҳәтлер бериў.
Министрлик 2020-жыл 1-февральға шекем Мәлимлеме системасын ислеп шығыў ҳәм енгизиўди қаржыландырыў ушын грантлардың тартылыўын тәмийинлесин.
- жойбар интакерлери бир жойбар бойынша баҳасы 100 мың АҚШ долларынан артпайтуғын грантларды еркин түрде тартатуғыны ҳәм донорлар менен сөйлесиўлерди алып баратуғыны, онда грантлардың тартылыўын нәзерде тутатуғын келисимлердиң көширмелери Министрликке мәжбүрий тәртипте жиберилетуғыны;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге, сондай-ақ, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларына келип түскен донорлардың жойбар басламалары көширмелери олардың көрип шығылыўы үстинен мониторингти әмелге асырыў ушын көширмелер келип түскен күннен баслап бир күн ишинде Министрликке мәжбүрий тәртипте жиберилетуғыны;
2021-жыл 1-январьдан баслап Бағдарламаларды келисиў, қәлиплестириў ҳәм тастыйықлаў Мәлимлеме системасы арқалы тек ғана электрон тәризде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- 2019-жыл 1-декабрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
Өзбекстан Республикасына донорлар делегацияларының сапарларын ҳәм олардың рәсмий шахслар менен ушырасыўларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, республика аймақларына сапарлар шөлкемлестириў мәселелери бойынша сораўларды Сыртқы ислер министрлигине алдыннан жибериў мүддетти 30 жумыс күнинен 15 жумыс күнине шекем қысқартылады;
грант алыўшылар тәрепинен банк есап-бетлеринен көширмелерди, сондай-ақ, техникалық жәрдем қаржылары ҳаққында мағлыўмат ҳәм уйымлық есабатты Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Ғазнашылығына усыныў миннетлемеси бийкар етиледи;
грант алыўшылар ҳәр шеректе (есабат шерегинен кейинги айдың 10-сәнесинен кешиктирместен) Министрликке алынған ҳәм өзлестирилген грантлар ҳәм әмелге асырылып атырған сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарлары ҳаққындағы мағлыўматларды Министрлик тәрепинен белгиленетуғын форма бойынша усынады;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басшыларын сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларының сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинленгени ҳәм тастыйықланған мақсетли көрсеткишлерге ерисилгени ушын грантларды тартыў ҳәм өзлестириўде тиккелей қатнасқан хызметкерлерге салыстырғанда шөлкемлердиң бюджеттен тысқары қаржылары, жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери, грантлар, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан мийнетке ҳақы төлеў минимал муғдарының он бес есесине шекем, бирақ өзлестирилген грант суммасының еки проценттен артпайтуғын муғдарда бир жола сыйлықлаў тәризиндеги хошаметлеў илажларын қолланыў ҳуқықы бериледи;
жойбар интакерлерине грантларды тартыў ҳаққындағы келисимлер бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға байланыслы қәрежетлерди бюджеттен тысқары қорлар, жергиликли бюджетлер дәраматларының прогноз көрсеткишлери артығы менен орынланған бөлегинен босаған қалдықлары ҳәм нызамышылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаплаў ҳуқықы бериледи.
- а) Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Министрлик ямаса жойбар интакерлери – бюджет шөлкемлериниң буйыртпалары бойынша Бағдарламаларға киргизилген жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыўшы сырт ел қәнигелерине кириў визаларын консуллық жыйымларды ҳәм әмелдеги қәрежетлерди қаплаў есабынан жыйымлар өндирилместен рәсмийлестириўди орнатылған тәртипте тәмийинлейтуғыны;
б) Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги:
Министрлик ямаса жойбар интакерлери – бюджет шөлкемлердиң буйыртпалары бойынша Бағдарламаларға киргизилген жойбарларды әмелге асырыўға қатнасыўшы сырт ел қәнигелери ушын мәмлекетлик бажы өндирилмеген ҳалда көп мәртелик визалардың рәсмийлестирилиўи, берилиўи ҳәм мүддети узайтылыўы, сондай-ақ, олар жасап турған жеринде ўақтынша пропискаға қойылыўы ҳәм ўақтынша прописка мүддети узайтылыўын орнатылған тәртипте тәмийинлейтуғыны;
Бағдарламаларға киргизилген жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде сатып алынған транспорт қураллары мәжбүрий төлемлер ҳәм жыйымлар өндирилмеген ҳалда дизимге алыўын тәмийинлейтуғыны, автотранспорт қуралын дизимге алыў ҳаққындағы гүўалық ҳәм мәмлекеттиң дизимге алыў сан белгилери ушын төлемлер буған кирмейтуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Бағдарламаларға киргизилип атырған жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде кирип киятырған дәри-дармақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техникаға салыстырғанда мәмлекетлик реестрине киргизбестен ҳәм орнатылған жыйымларды өндирмеген ҳалда дәри-дармақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника бир мәртелик мәмлекетлик дизимге алыныўын ҳәм дизимнен өткериў гүўалығының берилиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасынан тысқарыда әмелге асырылған дәри-дәрмақларды дизимге алыў нәтийжелерин тән алыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Усы Пәрман менен нәзерде тутылған жеңиллик ҳәм преференциялардың усынылыўы нәтийжесинде босайтуғын қаржылардың суммасы, егерде донорлар менен келисимде өзгеше тәртип нәзерде тутылмаған болса, Өзбекстан Республикасының сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын әмелге асырыўға қосатуғын үлеси есапланатуғыны белгиленсин.
- Сыртқы бийғәрез жәрдемди тартыў мәселелери бойынша муўапықластырыўшы кеңес 3-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
донорлар менен турақлы сөйлесиў платформасын қәлиплестириў, сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын қаржыландырыў ҳәм әмелге асырыўға байланыслы машқалалы мәселелерди шешиўде жәрдем көрсетиў;
Өзбекстан Республикасының донорлар менен бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарларын белгилеў, сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын әмелге асырыў ушын бирге ислесиў географиясын кеңейтиў ҳәм қаржыландырыўдың жаңа потенциаллы дәреклерин излеў бойынша системалы жумыслар алып барыў;
сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын келисиў ҳәм ислеп шығыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў және механизмлерин жетилистириў, олардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша усыныслар таярлаў;
ҳәр ай мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының грантларды тартыў және олардың көлемлерин көбейтиў, донорлар менен жақын бирге ислесиў байланысларын орнатыў бойынша исленген жумыслар ҳаққында, сондай-ақ, ҳәр алты айда – Өзбекстан Республикасының сырт елдеги мәкемелериниң сыртқы экономикалық жумыс пенен шуғылланатуғын хызметкерлердиң есабатларын тыңлаў.
- Министрлик:
а) еки ай мүддетте тартылып атырған грантлардың нәтийжелилигин баҳалаў бойынша алдынғы халықаралық тәжирийбени, соның ишинде, Министрлик қәнигелериниң сырт мәмлекетлерге сапарын шөлкемлестирген ҳалда үйренсин ҳәм әмелиятқа енгизилиўин тәмийинлесин;
б) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте, донорлар ўәкиллерин ҳәм маман сырт ел қәнигелерди усы процесске жедел тартқан ҳалда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының хызметкерлери арасында грантларды тартыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери бойынша турақлы тийкарда семинарлар ҳәм тренинглер өткерсин;
в) төмендегилер:
грантларды тартыў ҳәм өзлестириў тараўындағы маман қәнигелер, сондай-ақ, сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын әмелге асырыў шеңберинде таярлық, қайта таярлықтан өткен ҳәм қәнигелигин арттырған шахслар;
сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын әмелге асырыў шеңберинде өткерилген изертлеўлердиң нәтийжелери, олардың жуўмақлары бойынша дүзилген есабатлар, баянатлар, мағлыўмат ҳәм аналитикалық материаллар ҳәм басқалар ҳаққындағы мағлыўматлар базасын нызамшылыққа муўапық қәлиплестирсин ҳәм турақлы түрде жаңалап барсын;
г) сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын әмелге асырыў жуўмақлары бойынша қолға киргизген унамлы тәжирийбе экономика ҳәм социаллық тараўдың тийисли тармақларында кеңнен үгит-нәсиятланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Респуликасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 5-қосымшаға муўапық өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
- Министрлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:
Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жойбарларды таярлаў, әмелге асырыў ҳәм мониторинг етиў тәртиби ҳаққындағы, соның ишинде, грантлар есабынан қаржыландырыў усынылып атырған тийкарғы ҳәм перспективалы жойбарларды таңлап алыў нормаларын, сондай-ақ, Бағдарламаларды қәлиплестириўде Министрлик ҳәм жойбар интакерлери арасында жүзеге келетуғын келиспеўшиликлерди шешиў механизмлерин нәзерде тутатуғын режени;
гуманитарлық жәрдем алыў ҳаққындағы қарарды қабыл етиў процессин әпиўайыластырыў ҳәм мүддетин қысқартыў ҳәм «гуманитарлық жәрдем» түсинигин қайта көрип шығыў илажларын көрген ҳалда Гуманитарлық жәрдем миннетлемелерин қабыл етиў, есапқа алыў, мәнзилли бөлистириў ҳәм мақсетли пайдаланыў үстинен қадағалаў алып барыў ҳәм гуманитарлық жойбарларды мониторинг етиў тәртиби ҳаққында режениң жаңа редакциясын;
нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 10-октябрь