Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Орынлаў процедураларын буннан былай да әпиўайыластырыў, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин сөзсиз және өз ўақтында орынлаўды тәмийинлеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаў және орынлаў жумысын жүргизиўде шубаланқылыққа шек қойыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Бас прокуратурасы, Әдиллик министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасының 2019-жыл 1-апрельден баслап суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў процесине медиация институтын енгизиў ҳаққындағы төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысы қабыл етилсин:
суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў процесинде медиация процедурасын әмелге асырыў өндириўшиниң арзасы бойынша он бес күннен көп болмаған мүддетке орынлаў жумысын тоқтатып турыў ушын тийкар есапланады;
тәреплер арасында орынлаў предметине байланыслы келисимге келмеў, сондай-ақ, тәреплердиң бириниң медиацияны даўам еттириўден ўаз кешиўи ямаса оны әмелге асырыў мүддетиниң жуўмақланыўы орынлаў жумысын жүргизиўди қайта тиклеў ушын тийкар болып есапланады. Онда медиация процедурасын қайта әмелге асырыўға жол қойылмайды;
тәреплер арасында орынлаў жумысының ҳәр қандай басқышында медиация процедурасын әмелге асырыў нәтийжелери бойынша орынлаў предметине байланыслы келисим рәсмийлестирилген жағдайларда мәмлекетлик орынлаўшы орынлаў жумысын жүргизиўди жуўмақлайды;
медиация процедурасын әмелге асырыў процесине мәмлекетлик орынлаўшы ҳәм мәмлекеттиң басқа да уйымлары ўәкиллериниң араласыўы қадаған етиледи.
2019-жыл 1-июньнен баслап:
орынлаў жумысын жүргизиўди қозғаў ҳаққындағы мәселе орынлаў ҳүжжети келип түскен ўақыттан баслап бир жумыс күни ишинде шешилетуғыны;
орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўға тосқынлық ететуғын жағдайлар жүзеге келген жағдайда, бул ҳәрекетлер қарыздардың арзасына ямаса мәмлекетлик орынлаўшы өз басламасына бола көби менен еки рет кешиктирилетуғыны;
орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўда жүзеге келген мәселелерди түсиндириў ушын мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен тайынланған қәниге орынлаўшының қарары менен танысқан күннен баслап он бес жумыс күни ишинде жазба жуўмақ усыныўға мәжбүр екени белгилеп қойылсын.
2019-жыл 1-октябрьден баслап сондай тәртип орантылсын, оған муўапық:
а) Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы (кейинги орынларда – Мәжбүрий орынлаў бюросы) Орынлаў ҳүжжетлериниң бирден-бир электрон базасын (кейинги орынларда – Бирден-бир электрон база) жүргизеди, оған тийисли мағлыўматлар базасының системалары менен интеграциялаў жолы арқалы төмендегилер киргизилип барылады:
орынлаў уйымлары әмелге асырыўы ушын келип түскен барлық орынлаў ҳүжжетлери;
административлик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумысларды көрип шығыўға ўәкиллиги болған уйымлар (лаўазымлы шахслар) тәрепинен салынған ҳәм өндирилген административлик жәриймалар ҳаққындағы мағлыўматлар;
б) административлик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумысларды көрип шығыўға ўәкиллиги болған уйымлар (лаўазымлы шахслар)дың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддет даўамында еркин тәртипте орынланбаған административлик жәриймаларды қолланыў ҳаққындағы қарарлары мәжбүрий орынлаў ушын электрон ҳүжжет көринисинде автоматластырылған тәризде Мәжбүрий орынлаў бюросының мәлимлеме системасына жибериледи;
в) орынлаў ҳүжжетлеринде өндириўши ямаса қарыздардың электрон почтасы ямаса телефон (мобиль) номери (егер олар судқа ямаса орынлаў ҳүжжетин берген басқа да уйым (лаўазымлы шахс)ға усынылған болса) ҳаққындағы мағлыўматлар бар болған жағдайда, орынлаў жумысын жүргизиўди қозғаў ҳаққындағы хабарнама оның жиберилгени ҳәм қабыл етип алынғаны фактлерин жазып алыў имканиятын беретуғын арнаўлы автоматластырылған системадан пайдаланған ҳалда электрон почтаға ямаса мобиль байланыс қураллары арқалы қысқа хабар (SMS) көринисинде жолланады;
г) Ташкент қаласының Яккасарой районы ҳәм Наўайы қаласы Мәжбүрий орынлаў бюросы бөлимлеринде тәжирийбе сыпатында орынлаў ҳүжжетлерин автоматластырылған система арқалы мәмлекетлик орынлаўшылар арасында автоматластырылған бөлистириў тәртиби енгизиледи.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы 2020-жыл 1-мартқа шекем тәжирийбе нәтийжелерине бола бул әмелиятты Мәжбүрий орынлаў бюросының басқа да бөлимлеринде енгизиў бойынша тийкарланған усыныслар киргизсин.
- Мәжбүрий орынлаў бюросы 2019-жыл 1-октябрден өзиниң рәсмий веб-сайтында пулсыз тийкарда төмендегилерди нәзерде тутатуғын орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўдың автоматластырылған мониторинги бойынша мәмлекетлик интерактив хызметин көрсетиў системасын енгизсин:
ҳәр бир орынлаў ҳүжжетине мағлыўматлардың қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын бирден-бир идентификация номери (коды)н бериў;
автоматластырылған мониторинг системасына орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўдың барысы ҳәм орынлаў жумысын жүргизиўдиң барлық басқышлары, сондай-ақ, Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен көрилип атырған илажлар ҳәм орынланып атырған орынлаў ҳәрекетлери ҳаққындағы мағлыўматларды турақлы киргизип барыў;
Интернет тармағы арқалы бирден-бир идентификация номери (коды)нен пайдаланған ҳалда өндириўши ҳәм қарыздар тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўдың барысын барлық басқышларда бақлаў, сондай-ақ, бар қарызды онлайн тәризде төлеў және бир ўақыттың өзинде орынлаў ҳүжжети талапларының орынланғанын жазып алыў имканиятын жаратыў.
Орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўдың автоматластырылған мониторинги бойынша мәмлекетлик интерактив хызмети Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (кейинги орынларда – БИМХП) арқалы да көрсетилетуғыны белгиленсин.
- Мәжбүрий орынлаў бюросы:
а) бир ай мүддетте шәртнама-комиссионлық тийкарларда сатыўға тапсырылатуғын мүлкти интернет-дүканлар арқалы сатыў тәртибин енгизиў ҳаққында төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларды киргизсин:
орынлаў жумысын жүргизиў даўамында хатланған мүлкти сатыўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 14-майдағы «Электрон коммерцияны жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3724-санлы қарарына муўапық Электрон коммерция қатнасыўшыларының миллий реестрине киргизилген, товарлар ҳәрекетин мониторинг етиўдиң электрон системасын енгизиў ҳәм товарларды қарыйдарға жеткерип бериў ушын зәрүр логистика имканиятларына ийе болған исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў;
мүлкти мобиль қосымшалар ҳәм электрон төлем системалары арқалы сатып алыў имканиятын жаратыў;
б) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:
өндириўге қаратылған мүлк «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўд майданшасына қойылған ўақыттан баслап сатылғанға шекем болған ҳәрекетти мониторинг етиў имканиятын беретуғын мүлк есабын жүргизиўдиң бирден-бир электрон мәлимлеме системасын;
«E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында сатып алынған мүлк ушын, соның ишинде, халықаралық төлем системаларынан пайдаланған ҳалда онлайн төлеў имканиятын енгизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қаржы министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте орынлаў жумысын жүргизиўде өндирилген мәмлекетлик бажылар, административлик жәриймалар ҳәм басқа да төлемлерди электрон төлем системаларынан пайдаланған ҳалда төлеў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиў ушын БИМХПда айрықша платформаны жаратыў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги академиясы Мәжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте Мәжбүрий орынлаў бюросы хызметкерлерин оператив-излеў бағдарында таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша бийпул тийкарда арнаўлы курслар шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы:
а) үш ай мүддетте суд хүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў тараўындағы, сондай-ақ, олардың тиккелей әмел етиўин тәмийинлеў бойынша процессуаллық нормаларды системаластырыўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының Орынлаў жумысын жүргизиў ҳаққындағы кодекси жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин;
б) үш ай мүддетте:
Мәжбүрий орынлаў бюросына физикалық ҳәм юридикалық шахслардан «исеним телефоны» арқалы, сондай-ақ, электрон тәризде келип түсетуғын мүрәжатлар өз ўақтында және сапалы көрип шығылыўы үстинен системалы қадағалаў алып барыўға қаратылған программалық тәмийнатты;
мәмлекетлик орынлаўшылардың суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин мәжбүрий әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша нәтийжелиликтиң тийкарғы көрсеткишлерин (KPI), сондай-ақ, олардың жумысын баҳалаў, хызмет бойынша көтериў, хошаметлеў ҳәм интизамий жуўапкершилик илажларын қолланыўда усы көрсеткишлерди қолланыў тәртибин;
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы академиясында системалы тәризде мәмлекетлик орынлаўшылардың қәнигелигин арттырыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм енгизсин;
в) мәпдар уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте суд тәрепинен административлик жәриймаға тартыў жағдайларынан тысқары, жәриймаға тартыў ҳаққындағы қарар тапсырылған сәнеден баслап он бес күн ишинде жәрийма муғдарының 70 проценти ҳуқықбузар тәрепинен ықтыярлы түрде төленген жағдайда ол қалған сумманы төлеўден азат етилиўин нәзерде тутатуғын административлик жәриймаға тартыў ҳаққындағы қарарларды орынлаўдың әпиўайыластырылған тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
Онда төмендеги жағдайларда жәриймаға тартыў ҳаққындағы қарарларды орынлаўдың әпийўайыластырылған тәртиби қолланылмайтуғыны нәзерде тутылсын:
административлик жәриймаға тартыў ҳаққындағы қарар үстинен шағым етилгенде ямаса протест келтирилгенде:
административлик жазаны қолланылғаннан соң бир жыл даўамында тап усындай ҳуқықбузарлық қайта исленгенинде;
г) ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына орынлаў жумысын жүргизиў жағдайы ҳаққында мағлыўмат ҳәм тараў жумысын жетилистириў бойынша усыныслар киргизип барсын.
- Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм суд ҳәкимияты уйымларын раўажландырыў қорларының қаржылары, сондай-ақ, халықаралық финанс институтлары және донор шөлкемлердиң грантлары, техникалық жәрдем қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Мәжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
- РУсы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 12-март