Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Шарўашылық тармағын жедел раўажландырыў халқымызды арзан ҳәм сапалы гөш ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, әсиресе, аўыллық жерлерде жасап атырған пуқаралардың бәнтлигин арттырыў ҳәм дәраматларын көбейтиўде әҳмийетли орын ийелейди.
Соның менен бирге, аймақлардағы жумыслардың ҳәзирги жағдайы бул тармақ кәрханаларын қоллап-қуўатлаў, азықлық базасын көбейтиў, нәсилшиликти жақсылаў, соның ишинде, жасалма туқымландырыўды раўажландырыў ҳәм нәсилшилик хожалықларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында анық комплексли илажларды әмелге асырыўды талап етпекте.
Халқымыздың шарўашылықты раўажландырыў бағдарындағы исбилерменлик басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бул тармақта илимий көзқарасларды ҳәм алдынғы заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа қолайлы шарўа өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеўди буннан былай да хошаметлеў, соның нәтийжесинде халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм дәраматларын көбейтиў мақсетинде:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети және Аўыл хожалығы министрлигиниң район ҳәкимликлери резервиндеги суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жер участкаларын шарўашылық фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларына (кейинги орынларда – азықлық егинлер жетистириўшилер деп аталады) азықлық егинлер жетистириў, тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў миннетлемелери менен 1-қосымшаға муўапық ажыратыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Усы қарардың 1-қосымшасына муўапық ажыратылатуғын суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жер участкаларында тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў ушын азықлық егинлер жистириўшилерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тәртиби орнатылсын:
азықлық егинлер жетистириўшилерге усы жер участкаларында суўғарыў тик қудықларын бураўлаўға ҳәр бир метрдиң тереңлиги ушын 100 мың сумнан субсидия бериледи.
Бунда субсидия қәрежетлери 2019-жылы Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорына Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қорынан ажыратылатуғын қаржылардың есабынан 2020-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм халықаралық қаржы институтлары, сырт ел ҳүкимет шөлкемлери ҳәм басқа да донорлардың кредитлери (қарызлары) ҳәм грантлары есабынан қапланады;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Каюбинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры қаржыларының есабынан азықлық егинлер жетистириўшилерге тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў системаларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклерин сатып алыў ушын 5 жылға шекемги мүддетке ажыратылатуғын кредитлердиң валюта түрине қарамастан бир гектарға эквиваленти 20 миллион сумнан аспайтуғын бөлеги бойынша процент қәрежетлери коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 50 проценти муғдарында, бирақ кредит ставкасының 10 процентлик пунктинен аспаған муғдарда қапланады.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети менен биргеликте бир ай мүддетте 1-қосымшаға муўапық ажыратылып атырған жер участкаларында жер асты суўын шығарыў ушын суўғарыў тик қудықларының бураўлаў орынларын анықлап, азықлық егинлер жетистириўшилерди хабардар етсин.
- Суўғарыў тик қудықларын бураўлаў ушын Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети бул қудықларды бураўлаў жойбарларына экологиялық экспертиза жуўмақлары және Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети гидрогеологиялық жуўмақлар берилиўин тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери азықлық егинлер жетистириўшилер тәрепинен суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жерлер өзлестирилген жағдайда, оларға қара малларды сақлаў (фермалар), соның ишинде, энергия дәреклери үскенелерин орнатыў ҳәм оларды келешекте эксплуатациялаў және басқа да түрлеги инфраструктуралық объектлерди қурыў ушын жер участкаларын, бурынғысынан басқаша тәризде, тиккелей район ҳәкимликлериниң қарарлары тийкарында ажыратып берилиўин тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-марттағы «Аймақларда халықты исбилерменликке кеңнен тартыў ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4231-санлы қарарының орынланыўын шөлкемлестириў процесинде «Шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орайлары»ның усынысына тийкарланып:
шарўашылық пенен шуғылланыў тилегинде болған пуқараларға азықлық егинлер жетистириў ушын ҳәр бир шәртли бас қарамал ушын 0,5 гектардан район ҳәкимликлери резервиндеги суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жер участкаларын 2 жыл мүддетте ҳақыйқый дәрамат дәрегине айландырыў шәрти менен турақлы ямаса узақ мүддетли ижараға берсин;
бул пуқараларға усы бәнттте көрсетилген тәртипте ажыратылған жер участкаларында тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў және нәсилли қарамал сатып алыў ушын «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде жеңилликли кредитлер ажыратылыўында әмелий жәрдем көрсетсин.
- Төмендегилер:
2019-2021-жылларда илимий-изертлеў институтлары тәрепинен азықлық егинлери бирлемши туқымларын жетистириў прогноз көлемлери 2- қосымшаға муўапық;
Хожалықлардың тийкарғы майданларында шөл-жайлаў азықлық егинлердиң туқымларын егин түрлери ҳәм сортлары бойынша 2019-жылы жайластырыў режеси 3-қосымшаға муўапық;
Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институтында шөл-жайлаў азықлық егинлериниң бирлемши туқымлық майданларын жаратыў ушын сатып алыныўы зәрүр болған материаллық-техникалық қураллардың дизими 4-қосымшаға муўапық;
азықлық егинлердиң туқымларын жетистиретуғын хожалықлардың жер майданы көлемлери 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимликлерине:
бир ай мүддетте ҳәр бир аймақтың топырақ ықлым шараятларына сәйкес түрде азықлық егинлердиң туқымларына болған зәрүрлигинен келип шыққан ҳалда хожалықларда туқым жетистириў майданлары ажыратылыўын;
азықлық егинлердиң туқымларын оптимал мүддетлерде егиў, тәрбиялаў, туқымның зүрәәтин шөлкемлескенлик пенен орып-жыйнап алыў илажларының өз ўақтында ҳәм сапалы өткерилиўин;
Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте азықлық егинлердиң туқымларын жетистиретуғын раўажланған мәмлекетлер менен өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў, жаңа заманагөй технологияларды енгизиў, илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм хожалықлардағы қәнигелердиң маманлығы турақлы түрде арттырып барылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги:
хожалықларға сертификатланған жоқары сапалы азықлық егинлердиң бирлемши туқымларын жеткерип бериўди;
азықлық егинлердиң жаңа сортларын ҳәм гибридлерин жаратыў, олардың агротехнологияларын жетилистириў, бирлемши туқымгершилик жумысларын алып барыў, суперэлита ҳәм элита туқымларын жетистириў, жердиң қурамын жақсылайтуғын күшсиз ҳәм орта дәрежеде шорланған топырақ шараятларына сай жоқары белоклы ҳәм дәстүрий емес (ақ люпин, пайза ҳәм басқалар) азықлық егинлерди ықлымластырыў, селекция ҳәм туқымгершилик жумысларын алып барыў және жергиликли өними жоқары қара маллары линияларын ҳәм типлерин жаратыўға қаратылған фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар таңлаўларын турақлы түрде шөлкемлестириўди тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги және Мәмлекетлик ветеринария комитетиниң жасалма туқымландырыў бойынша әмелдеги системаны сақлаған ҳалда Аўыл хожалығы министрлиги қурамындағы «OʻZNASLCHILIK» мәмлекетлик кәрханасы тәрепинен эксперимент тәризде 2019-жылы Қашқадәрья, Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы барлық категориядағы хожалықларда нәсилшилик, соның ишинде, жасалма туқымландырыў ҳәм сервис хызметлерин көрсетиўди шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- «OʻZNASLCHILIK» мәмлекетлик кәрханасы тәрепинен халық, фермер, дийқан ҳәм жеке жәрдемши хожалықлар қарамағында сыйырларды жасалма туқымландырыўды шөлкемлестириў бойынша экспериментти қоллап-қуўатлаў ҳәм бул жумыслардың системалы даўам еттирилиўин тәмийинлеў мақсетинде:
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «OʻZNASLCHILIK» мәмлекетлик кәрханасы тәрепинен 2019-жылы Қашқадәрья, Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятларында сыйырларды жасалма туқымландырыўды шөлкемлестириў мақсетинде 6-қосымшаға муўапық талап етилетуғын материаллық-техникалық қураллар менен бир мәрте тәмийинлеў ушын керекли қаржылардың Өзбекстан Республикасы республика бюджетиниң қосымша қаржылары ҳәм халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан қаржыландырылыўын;
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги «OʻZNASLCHILIK» мәмлекетлик кәрханасына бюджет қаржылары ҳәм халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан алып берилген материаллық-техникалық қураллардың мақсетли пайдаланылыўы және бул қураллардан пайдаланыў арқалы алынған қаржылардың есабынан оларды турақлы жаңалап барыў ҳәм оның жумысы кеңейтилип барылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик ветеринария комитети «OʻZNASLCHILIK» мәмлекетлик кәрханасы менен биргеликте:
6-қосымшада келтирилген материаллық-техникалық қураллардың нәтийжели ҳәм мақсетли жумсалыўын;
жасалма туқымландырылған сыйырлардың және олардан алынған бузаўлардың электрон есабы жүргизилиўин;
Қашқадәрья, Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятларында «OʻZNASLCHILIK» мәмлекетлик кәрханасының филиаллары шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жылы «OʻZNASLCHILIK» мәмлекетлик кәрханасы тәрепинен Қашқадәрья, Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятларында өткерилетуғын эксперимент нәтийжесинен келип шығып, бул тәжирийбени кейинги жылларда республиканың барлық аймақларында енгизиў бойынша тийисли қарар қабыл етсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Илимлер академиясы менен биргеликте 2020-жылы Шарўашылық ҳәм қусшылық илимий-изертлеў институты жанында қара маллар генетикасын таллаў ушын заманагөй геномика лабораториясын шөлкемлестириў, заманагөй химия лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў, азықлық егинлер агротехнологияларын ҳәм бирлемши туқымгершилик жумысларын алып барыў ушын материаллық-техникалық базасын жақсылаў, зәрүр техника ҳәм агрегатларды сатып алыўға жеткиликли муғдарда қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги бир ай мүддетте Қибрай районы, «Шалола» МПЖ аймағынан Шарўашылық ҳәм қусшылық илимий-изертлеў институтына азықлық егинлердиң суперэлита ҳәм элита туқымларын жетистириў ушын 30 гектар суўғарылатуғын жер ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Төмендегилер 2022-жыл 1-январьға шекем:
азықлық егинлер жетистириўшилер, сондай-ақ, тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў системалары ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығарыўшылар тәрепинен алып келинетуғын, тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў ушын зәрүр болған комплектлеўши бөлеклер ҳәм шийки затлар 7-қосымшадағы дизимге муўапық бажыхана төлемлерин төлеўден (қосымша қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етилсин;
пал ҳәррешилик субъектлери пал ҳәрре шаңарақларын «ўақытша алып шығыў» бажыхана режиминде қоңсылас мәмлекетлерге көширип шығарыў нәтийжесинде жыйнап алған тәбийғый палды (СЭЖ ТН коды 0409 00 000 0) республика аймағына алып кириўде бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етилсин.
Бунда жеңиллик бир пал ҳәрре шаңарағы бойынша алып келинип атырған тәбийғый палдың 50 килограммнан аспаған бөлегине қолланылады.
- Пал ҳәррешилик субъектлерине бәҳәр-жаз мәўсиминде пал ҳәрре шаңарақларын қоңсылас мәмлекетлерге «ўақытша алып шығыў» бажыхана режиминде көширип шығарыўға руқсат берилсин.
- 2019-жыл 1-апрельден баслап бир күнлик шөжелерди (СЭЖ ТН коды 0105 11 110 0, 0105 11 190 0, 0105 11 990 0) экспорт етиўге руқсат етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети менен биргеликте 10 күн мүддетте азықлық егинлер жетистириўшилердиң суўғарыў тик қудықларын бураўлаўға байланыслы қәрежетлерди қаплап бериў тәртибин ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ветеринария комитети, Аўыл хожалығы министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги:
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте шарўа ҳайўанларын сойыў кәрханаларының жумысын тәртипке салыў және тутыныў базарына гөш ҳәм гөш өнимлерин жеткерип бериў системасын жетилистириў бойынша, соның ишинде, ҳайўанатқа тийисли өнимлер менен шийки затларды ислеп шығыў, сақлаў ҳәм сатыўға ветеринария-санитариялық қағыйдалар және қәнигелескен сойыў кәрханаларына байланыслы ветеринария, ветеринария-санитариялық қағыйдалар менен нормаларды;
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Ишки ислер министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте санаат усылындағы қусшылық кәрханаларының жумысын әмелге асырыўда зоотехника, зоогигиена, ветеринария, ветеринария-санитариялық, экология, санитария, өрт және қурылыс бойынша қәўипсизлик талапларын белгилейтуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Әдиллик министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи А.Ж.Ваҳобовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 18-март