Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Мәмлекетимизде шахматты халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм оны ғалабалық спорт түрине айландырыў, өсип киятырған жас әўладтың интеллектуаллық ҳәм мәдений раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, жоқары талантқа ийе болған жасларды таңлаў, сайлап алыў ҳәм оларды профессионал шахматшылар ҳәм халықаралық гроссмейстерлер сыпатында таярлаў системасын жолға қойыў, тренерлер ушын мүнәсип мийнет шараятын жаратыў, сондай-ақ, Өзбекстан шахмат мектебин жаратыў мақсетинде:
- 1. Өзбекстан Республикасы ҳәм басқа мәмлекетлердиң басламасы менен 2019-жыл 2-декабрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының шахматты раўажландырыў бойынша арнаўлы резолюциясы қабыл етилгенлиги ҳәм бул резолюцияға муўапық 20-июль Пүткил жәҳән шахмат күни етип жәрияланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2. Төмендегилер Өзбекстанда шахматты раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
«Мектепте шахмат» жойбарын әмелге асырыў, оның шеңберинде улыўма орта билим бериў мектеплеринде баслаўыш класслардың оқыўшылары ушын шахматқа оқытыў системасын буннан былай да раўажландырыў арқалы қамтып алыўды жылдан-жылға арттырып барыў, оқыўшылар ҳәм мектеплер арасында турнирлар өткериў;
балалар ҳәм жас өспиримлердиң шахмат пенен шуғылланыўына қызығыўшылығын арттырыў, оны ғалаба ен жайдарыў, бул бағдарда билимлендириў мәкемелери, мәҳәлле ҳәм шөлкемлерде шахмат бойынша жарысларды турақлы түрде шөлкемлестириў;
жоқары талантқа ийе болған жас шахматшыларды таңлап ҳәм сайлап алыў (селекция) системасын түп-тийкарынан жетилистириў, оларды басқышпа-басқыш таярлықтан өткерип барыў арқалы профессионал шахматшылар ҳәм халықаралық гроссмейстер болып жетилисиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, имканияты шекленген шахматшыларды қоллап-қуўатлаў;
шахмат инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў және халықаралық талапларға бейимлестириў, балалар- жас өспиримлер шахмат мектеплерин, соның ишинде, мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириў;
шахмат тараўында маман қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў, тәжирийбесин арттырыў, таңлап алыў ҳәм раўажландырыўға алдынғы илимий-методикалық және инновациялық технологияларды енгизиў;
шахмат бойынша республикалық ҳәм халықаралық жарыслар ҳәм олимпиадалардың жеңимпазлары, халықаралық гроссмейстер, халықаралық категориядағы спорт устасы, халықаралық атақларға ийе болған тренерлер ҳәм төрешилер атақларын қолға киргизген шахматшыларды ақшалай сыйлықлаў;
шахматты инттеллектуаллық спорт түри сыпатында кеңнен сәўлелендириў және үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкемлестириў. сондай-ақ, шахмат бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзаларының халықаралық шахмат жарысларында қатнасыўын тәмийинлеў.
- 3. Төмендегилер:
Шахматты 2025-жылға шекем раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
Шахматты 2025-жылға шекем раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасын 2021-жылы әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;
Шахматты 2025-жылға шекем раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Мәмлекетлик бағдарлама ерисилген нәтийжелер, мақсетли көрсеткишлер ҳәм шахматты ғалаба ен жайдырыў бойынша тийисли дәўирге мөлшерленген тийкарғы бағдарлардан келип шыққан ҳалда Министрлер Кабинети тәрепинен ҳәр жылы өз алдына тастыйықланатуғын «Жол картасы» тийкарында басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 4. Шахматты 2025-жылға шекем раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары), соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғыны белгиленсин:
2025-жылға шекем шахмат пенен турақлы шуғылланыўшылардың санын 3 процентке жеткериў;
қосымша тийкарғы спорт түри сыпатында шахмат раўажландырылыўы тийис болған республика район (қала) ларының санын 40 қа жеткериў;
келеси 5 жыл ишинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 25 шахмат мектеплери ҳәм клубларының жумысын жолға қойыў;
балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде жумыс ислеп атырған шахмат бөлимлери менен секцияларының санын 20 процентке арттырыў, сондай-ақ, оларда шахмат пенен шуғылланып атырған балалардың қамтылыўын 10 500 ге жеткериў;
мәмлекетимиздиң Халықаралық шахмат федерациясындағы (ФИДЕ) рейтинг көрсеткишлерин жақсылаў ҳәм 2025-жылы биринши 10 лыққа кириўине ерисиў.
- 5. Халық билимлендириў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан шахмат федерациясының 2020/2021 оқыў жылынан баслап:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 9-августтағы «Өзбекстан Республикасында шахматты раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3906-санлы қарары менен 150 улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшыларын тәжирийбе түринде шахматқа оқытыўды шөлкемлестириў әмелиятын кеңейтиў ҳәм сол мүнәсибет пенен және қосымша 150 мектепти (соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда (Ташкент ўәлаятынан тысқары) 10, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында 15 мектеп) шахматқа қәнигелестириў, сондай-ақ, олардың оқыўшыларын тереңлестирилген ҳалда шахматқа оқытыў;
4-қосымшаға муўапық таңлаў тийкарында 1 000 улыўма орта билим бериў мектебинде 2, 3 ҳәм 4-класс оқыўшыларын «Денетәрбия» пәни шеңберинде 18 саатлық реже тийкарында шахматқа оқытыўды жолға қойыў және оларға методикалық жәрдем көрсетиў;
қалған барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 2, 3 ҳәм 4-класс оқыўшыларын «Денетәрбия» пәни шеңберинде шахматқа оқытыў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.
Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Өзбекстан шахмат федерациясы менен биргеликте 2021/2022 оқыў жылына шекем 1000 улыўма орта билим бериў мектебиниң 2, 3 ҳәм 4-класс оқыўшыларын шахматқа үйретиў ушын 18 саатлық оқыў режесин ислеп шықсын ҳәм бул мектеплерди оқыў қолланба, магнитли доска, шахмат тақтасы, фигуралары, сааты ҳәм басқа зәрүр қураллар менен тәмийинленсин және бул мақсетлерге министрликке республика бюджетинен 2021-жыл ушын ажыратылған қаржылар есабынан 10 миллиард сумға шекем қаржыларды қаратсын.
- 6. Халық билимлендириў министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан шахмат федерациясы менен биргеликте 2021-жыл 1-июльге шекем:
усы қарардың 5-бәнти төртинши абзацында көрсетилген улыўма орта билим бериў мектеплери 2, 3 ҳәм 4-класс оқыўшыларын «Денетәрбия» пәни шеңберинде шахматқа оқытыў бойынша билимлендириў бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын, сондай-ақ, оларды оқыў қолланба, магнитли доска, шахмат тақтасы, фигуралары, сааты ҳәм басқа зәрүр қураллар менен тәмийинлеў илажларын көрсин;
шахматқа қәнигелестирилип атырған қосымша 150 улыўма орта билим бериў мектеплериниң дизимин тастыйықласын, сондай-ақ, олардың оқыўшыларын тереңлестирилген ҳалда шахматқа оқытыў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шықсын.
Қаржы министрлиги Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2021/2022 оқыў жылына шекем Халық билимлендириў министрлигине республикалық бюджеттен 2021-жыл ушын ажыратылған қаржылар есабынан:
шахматқа қәнигелестирилип атырған қосымша 150 улыўма орта билим бериў мектебин оқыў қолланба, магнитли доска, шахмат тақтасы, фигуралары, сааты ҳәм басқа зәрүр қураллар менен тәмийинлеў ушын 7,5 миллиард сумға шекем қаржыларды қаратсын;
қалған барлық улыўма орта билим бериў мектеплери (усы қарардың 5-бәнти бесинши абзацында көрсетилген мектеплер буған кирмейди) 2, 3 ҳәм 4-класс оқыўшыларын «Денетәрбия» пәни шеңберинде шахматқа улыўма оқытыў ҳәм зәрүр қураллар менен тәмийинлеў ушын 20 миллиард сумға шекем қаржыларды қаратсын.
- 7. Халық билимлендириў министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан шахмат федерациясы менен биргеликте:
2021-жыл 1-марттан баслап улыўма орта билим бериў мектеби «Денетәрбия» пәни оқытытыўшылары (оқытыўышы-тренерлер)ның шахмат бойынша тәжирийбесин арттырыў илажларын көрсин;
2021-жылдан баслап ҳәр жылы бир ай даўамында улыўма орта билим бериў мектеплеринде шахмат бойынша ўәлаятлық, республикалық ҳәм халықаралық жарыслардың жеңимпазлары, халықаралық гроссмейстер, халықаралық категориядағы спорт устасы, халықаралық атақларға ийе болған тренерлер ҳәм төрешилерди тартқан ҳалда «Шахмат айлығын» шөлкемлестирсин;
2021-жылдан баслап ҳәр жылы улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында шахмат бойынша командалық «Шоҳрух» турнирин шөлкемлестирсин ҳәм өткерсин;
улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ҳәм «Денетәрбия» пәни оқыўшылары арасында ҳәр жылы шахмат бойынша республикалық бириншилик өткерсин.
- 8. Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Өзбекстан шахмат федерациясы және Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте:
билимлендириў ҳәм басқа да мәкмелердиң оқыўшылары және қызығыўшылық билдирген шахсларды шахмат бойынша төлем-шәртнама тийкарында қыcқа мүддетли курсларда қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин турақлы түрде арттырып барыў системасын енгизсин, тийисли оқыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлық қаржылары есабынан мәҳәлле ҳәм шөлкемлерде шахмат бойынша түрли жарыслар ҳәм турнирлерди шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- 9. 2021-жылдан баслап ҳәр жылы:
июнь-август айлары даўамында мәҳәлле балалары арасында « Мәҳәлле кубоги» шахмат жарыслары шөлкемлестирилетуғынлығы;
май-июль айлары даўамында мәҳәлле шаңарақлары арасында «Шахматшы шаңарақ» турнири өткерилетуғыны, мәҳәлледеги шаңарақлардың командалық түрде қатнасыўы тәмийинленетуғынлығы;
еки мәрте министрлик, уйымлар ҳәм шөлкемлерде хызметкерлер арасында «Шахмат күнлери» өткерилетуғынлығы белгиленсин.
- 10. Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан шахмат федерациясының 2021-жылдан баслап ҳәр жылы дәстүрий түрде:
Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын халықаралық шахмат турнири, Өзбекстанлы биринши халықаралық гроссмейстер Г.Т.Агзамовтың естелигине бағышланған халықаралық турнир, сондай-ақ, шахмат бойынша XVII Жәҳән чемпионы Р.М.Қосимжонов халықаралық турнирин;
Самарқанд қаласында «Саҳыпқыран кубоги» халықаралық шахмат турнирин;
Хийўа қаласында «Ал-Беруний» халықаралық шахмат турнирин;
Бухара, Термиз ҳәм Хийўа қалаларында «Туризм ҳәм шахмат ҳәптелигин» шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққындағы усыныслары маққулансын.
- 11. Өзбекстан шахмат федерациясы ҳәм Өзбекстан миллий паралимпия ассоциациясының:
шахмат мектеплери ҳәм клубларының жумысына жәрдем бериў мақсетинде Өзбекстан шахмат клублары ассоциациясын шөлкемлестириў;
физикалық имканияты шекленген шахматшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан миллий паралимпия ассоциациясы қурамында шахмат бойынша өз алдына бөлимди шөлкемлестириў ҳаққындағы басламалары маққулансын.
Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте шөлкемлестирилип атырған ассоциацияны мәмлекетлик дизимнен өткериў илажларын көрсин.
Өзбекстан миллий паралимпия ассоциациясына бир ай мүддетте шахмат бойынша бөлимди тәжирийбели қәнигелер менен толықтырыў, зәрүр әнжамлар ҳәм қураллар менен үскенелеў бойынша илажлар көриў усыныс етилсин.
- 12. 2021/2022 оқыў жылынан баслап:
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Фергана филлиалында шахмат бойынша билимлендириў бағдары ашылатуғынлығы;
басқа жоқары билимлендириў мәкемелеринде шахмат бағдарына зәрүр талаптан келип шығып, Өзбекстан шахмат федерациясының усынысына тийкарланып қабыллаў квоталары белгиленетуғынлығы;
педагог хызметкерлер арасында шахмат бойынша «Ең жақсы инновациялық оқыў методикалық қолланба» таңлаўы шөлкемлестирилетуғыны, қолланбаны оптималластырыў ҳәм орынларға жеткериў бойынша зәрүр илажлар көрилетуғынлығы белгиленсин.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Өзбекстан шахмат федерациясы усы бәнтте нәзерде тутылған ўазыйпалардың орынланыўын толық ҳәм сапалы тәмийинлесин.
- 13. Өзбекстан шахмат федерациясының 2019-жыл 16-февральдағы гезексиз есап бериў-сайлаў конференциясының қарары менен Шахмат бойынша Республикалық қәнигелестирилген балалар-жас өсипиримлер спорт мектеби негизинде Халықаралық шахмат академиясы шөлкемлестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 14. Халықаралық шахмат академиясы:
Өзбекстанда шахмат спорт түри бойынша оқыў-методикалық ҳәм таярлаўдың тийкарғы базасы есапланатуғынлығы;
шахмат спорт түри бойынша оқыў-методикалық қолланбалар ҳәм сабақлықларды ислеп шығатуғын ҳәм орайласқан ҳалда тарқататуғын мәкеме есапланатуғынлығы;
жумысы Мәмлекетлик бюджет, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қаәырқомлық қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қаржыландырылатуғынлығы;
директоры, директордың орынбасарлары, инструктор-методистлери, тренерлери ҳәм оқытыўшыларының мийнетине ҳақы төлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Халық билимлендириў хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 275-санлы қарарына муўапық;
директоры, директордың орынбасарлары, инструктор- методистлери, тренерлери ҳәм медицина хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 23-сентябрьдеги «Спорт мектеплериниң жумысын және спорт мектеплери тренерлери менен қәнигелериниң мийнетин материаллық хошаметлеў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы 211-санлы қарарына муўапық;
медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Медицина хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 276-санлы қарарына муўапық әмелге асырылатуғынлығы;
еркин түрде хожалық ҳәм финанслық жумыс мәселелерин шешетуғынлығы;
директоры ҳәм директордың орынбасарлары Өзбекстан шахмат федерациясының усыныс хатына тийкарланып Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғынлығы белгиленсин.
- 15. Өзбекстан шахмат федерациясы жанында юридикалық тәреп шөлкемлестирмеген ҳалда Шахматты оптималластырыў ҳәм раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер Қорды қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан шахмат федерациясына ағзалық төлемлери;
жергиликли, сырт ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грантлары;
қәўендерлер – физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, Өзбекстан Республикасы резидентлери ҳәм резидент емеслериниң қаржылары;
Қордың ўақтынша бос қаржыларын коммерциялық банклерге жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Қор қаржыларынан соның ишинде:
Халықаралық шахмат академиясы, балалар-жас өспиримлер шахмат мектеплери, Өзбекстан шахмат федерациясы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеў, сондай-ақ, олардың материаллық-техникалық базасын раўажландырыў;
шахматы ғалаба ен жайдырыў бойынша халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде шахматшылар, тренерлер, төрешилер ҳәм басқа қәнигелердиң сырт мәмлекетлерге сапар етиўлерин шөлкемлестириўге жәрдем бериў мақсетлери ушын пайдаланылатуғынлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан шахмат федерациясына Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен келисилген ҳалда еки ай мүддетте Қордың жумысын шөлкемлестириў, қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў усыныс етилсин.
- 16. Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм колммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Өзбекстан шахмат федерациясының шахмат бойынша жарыслар ҳәм турнирлерди онлайн өткериў платформасы (www.uzchess.uz), сондай-ақ, билим алып атырған оқыўшылар ҳәм студентлер және оқытыўшылар, тренерлер ҳәм қәнигелердиң бирден-бир электрон базасын жаратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
платформа ҳәм электрон базаны ислеп шығыў және оларға хызмет көрсетиў ҳәм соңынан модернизациялаў бойынша буйыртпашының функциялары Өзбекстан шахмат федерациясына жүкленетуғынлығы;
платформа ҳәм электрон база 2021-жыл 1-майға шекем Шахматты ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў қоры, қәўендерлер – юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қаржылары есабынан ислеп шығылатуғыны ҳәм турақлы түрде техникалық қоллап-қуўатланатуғынлығы;
платформа арқалы шахмат бойынша жарыслар ҳәм турнирлер онлайн түрде өткерилетуғыны, олардың жеңимпазлары ақшалай сыйлықланатуғынлығы;
платформа арқалы өткерилетуғын шахмат бойынша жарыслар ҳәм турнирлердиң жеңимпазларын ақшалай сыйлықлаў Шахматты ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғынлығы белгиленсин.
- 17. Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Қаржы министрлиги, Өзбекстан шахмат федерациясы үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:
шахмат бойынша республикалық және халықаралық жарыслар ҳәм олимпиадалардың жеңимпазлары, халықаралық гроссмейстер, халықаралық категориядағы спорт устасы, халықаралық атақларға ийе болған тренерлер ҳәм төрешилер атақларын қолға киргизген шахматшыларды ақшалай сыйылықлаў;
мәмлекетимизде шөлкемлестирилетуғын жергиликли ҳәм халықаралық жарысларды қатнасатуғын жергиликли төрешилер және халықаралық семинар баянатшылары ушын төленетуғын төлемлерди халықаралық стандартларға ҳәм категорияларға бейимлестириў.
- 18. Төмендегилер:
Қосымша тийкарғы спорт түри сыпатында шахмат раўажланыўы тийис болған республика район (қала)ларының дизими 5-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында 2022–2024-жылларда балалар-жас өспиримлер шахмат мектеплерин шөлкемлестириў режеси 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Қосымша тийкарғы спорт түри сыпатында шахмат раўажландырылатуғын район (қала)ларда улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары, оқытыўшы-тренерлер, мәҳәлле халқы арасында шахмат бойынша турақлы түрде жарыслар ҳәм шахмат ҳәптеликлери өткерилип барылады ҳәм бул илажлар жергиликли бюджет және басқа да қаржылар есабынан қаржыландырылады.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағыллықты қысқартыў министрлиги Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте 2022-жыл ҳәм келеси жылларда Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасын қәлиплестириўде ислеп шығылған жойбар-смета ҳүжжетлерине тийкарланып балалар- жас өспиримлер шахмат мектеплерин қурыў жумыслары ушын орайласқан капитал қойылмалар лимитлериниң ажыратылыўын тәмийинлесин.
Қурылыс министрлиги балалар-жас өспиримлер шахмат мектеплерин инновациялық технологияларға тийкарланған, арзан, энергия үнемлейтуғын ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкция ҳәм материаллардан қурыў бойынша жойбар-смета ҳүжжетлерин комплексли экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын.
- 19. Төмендегилер:
Өзбекстанда шахматты жедел раўажландырыў бойынша республикалық кеңес (кейинги орынларда – Республикалық кеңес) қурамы 7-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында шахматты жедел раўажландырыў бойынша аймақлық жумысшы топарлар (кейинги орынларда – аймақлық жумысшы топарлар)дың үлги қурамы 8-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Республикалық кеңес (А.А.Абдуҳакимов):
бир ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында шахматты 2021-жылы раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша мәнзилли аймақлық бағдарламаларды тастыйықласын, сондай-ақ, олардың толық ҳәм сапалы орынланыўы бойынша турақлы мониторинг орнатсын;
аймақлық жумысшы топарлар және басқа да жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырсын, олар тәрепинен орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларды тыңлаў және анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын көрсин;
шахматты раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, соның ишинде, платформа арқалы өткерилетуғын шахмат бойынша жарыслар ҳәм турнирлердиң жеңимпазларын ақшалай сыйлықлаў мақсетинде жергиликли, сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грантлары, қәўендерлер– юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қаржыларын тартсын.
- 20. Қаржы министрлиги усы қарарға тийкарланып быйылғы жылы нәзерде тутылған илажларды ҳәм келеси жылларда әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалар ушын зәрүр қаржыларды 2021-жылдың Мәмлекетлик бюджетинде Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде, 2022-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутыўды тәмийинлесин.
- 21. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы «Спорт» телеканалында шахмат бойынша жергиликли ҳәм халықаралық жарыслар, шахматшыларымыз тәрепинен ерисилген жеңислер, сондай-ақ, шахматты интеллектуаллық спорт түри сыпатында кеңнен сәўлелендириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын турақлы жетилистирип барсын.
- 22. Усы қарарда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде :
а) Республикалық кеңес (А.А.Абдуҳакимов) он күн мүддетте жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларының қатнасыўында видеоконференцбайланыс қуралларынан пайдаланған ҳалда мәжилис өткерип, усы қарарға муўапық әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берсин, сондай-ақ, ҳәр шеректе орынланыўын додаласын ҳәм анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырсын;
б) Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги (Д.Х.Набиев):
усы қарар ҳәм «Жол картасын»да белгиленген илажларды әмелге асырыўдың соңғы мақсетине ерисилиўин тәмийинлесин;
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан шахмат федерациясы, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте бир жылға мөлшерленген медиа-режени тастыйықласын және шахматты үгит-нәсиятлаўға қаратылған тематикалық ҳәм көшпели бағдарламалар, ток-шоулар, интервьюлер ҳәм роликлердиң көрсетилиўин жетилистирсин;
ҳәр шеректе усы қарардың орынланыў жағдайы, бар машқалалар, мақсетли көрсеткишлерде белгиленген нәтийжелерге ерисиў ҳалаты ҳаққында Республикалық кеңеске есабат берип барсын;
в) «Жол картасы»ның орынланыўына ҳәм баҳалаў нормларында нәзерде тутылған көрсеткишлерге ерисиўге жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға жүкленген ўазыйпалар менен тапсырмаларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў, «Жол картасын» орынлаў жағдайы ҳаққында ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Денетәрбия ҳәм спорт министрлигине мәлимлеме берсин;
г) Өзбекстан шахмат федерациясы ҳәм Өзбекстан Миллий олимпиада комитетине усы қарарды әмелге асырыўда жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға турақлы түрде ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетиў усыныс етилсин.
- 23. Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Өзбекстан шахмат федерациясы, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 24. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 9-августтағы «Өзбекстан Республикасында шахматты раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3906-санлы қарарының 3-бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- 25. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июль ҳәм 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 14-январь