Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм дөретиўшилик жумыслары нәтийжесинде халқымыздың сана-сезими, дүньяқарасы өзгермекте. Елимизде ҳуқықый мәмлекет, пуқаралық жәмийетин қурыўда «Миллий тиклениўден ­ миллий раўажланыўға қарай» деген өмиршең идеяның әҳмийети барған сайын артып бармақта.

Бул бағдарда алып барылып атырған әҳмийетли жумысларға қарамастан, социаллық, экономикалық ҳәм сиясий тараўлардағы жаңаланыўлар процесинде руўхый-ағартыўшылық реформалардың нәтийжелилигине тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар сақланып қалмақта.

Атап айтқанда, руўхый-ағартыўшылық процесслерди шөлкемлестириўде бир тутас система әмелге енгизилмеген, халқымыз, әсиресе, жасларды мәнаўий қәўиплерден қорғаў бағдарында жетерли дәрежеде шөлкемлестириў-әмелий ҳәм илимий-изертлеў жумыслары алып барылмай атыр, бул бағдарда мәмлекетлик шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм жеке меншик сектордың социаллық бирге ислесиўи нәтийжели жолға қойылмаған.

Бар машқалаларды шешиў, руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжеси ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў, көлемин және де кеңейтиў, мәмлекет халқы, бәринен бурын, жаслар қәлбинде әмелге асырылып атырған реформаларға қатнас сезимин күшейтиў, тараўдағы жумысларды муўапықластырыўдың бирден-бир системасын жаратыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

жақсылық ҳәм адамгершилик принципине тийкарланған «Миллий тиклениўден ­ миллий раўажланыўға қарай» идеясын кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы жәмийетте саламат дүньяқарас ҳәм дөретиўшиликти улыўма миллий ҳәрекетке айландырыў;

шаңарақ, билимлендириў шөлкемлери ҳәм мәҳәллелерде руўхый тәрбияның избе-излигин тәмийинлеў;

үгит-нәсият ҳәм тәрбия бағдарындағы жумысларды илимий тийкарда шөлкемлестириў, тараў бойынша илимий ҳәм методикалық изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыўсоциаллық-руўхый орталықтың турақлылығын беккемлеўге қаратылған турақлы мониторинг системасын енгизиў;

ел-журт тәғдирине бийпәрўалық, аўылласлық, таныс-билислик, коррупция, шаңарақлық қәдириятларға бийписентлик ҳәм жаслар тәрбиясына жуўапкерсизлик сыяқлы иллетлерге шек қойыўға қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў;

халықтың Интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланыў мәдениятын арттырыў, идеялық ҳәм мәлимлеме қәўиплерине қарсы идеологиялық иммунитетин күшейтиў;

мәденият, әдебият, кино, театр, музыка ҳәм көркем өнердиң барлық түрлери, баспа-полиграфия өнимлери, ғалаба ҳабар қуралларында руўхый-әдеп-икрамлылық критериялар, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлардың үстинлигине ерисиў;

геосиясий ҳәм идеологиялық процесслерди турақлы үйрениў, терроризм, экстремизм, сепаратизм, адам саўдасы, наркобизнес ҳәм басқа да қәўиплерге қарсы нәтийжели идеялық гүрес алып барыў ҳәм бул бағдарда халықаралық бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў.

  1. Төмендегилер Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының(кейинги орынларда ­ Орай) қосымша ўазыйпалары етип белгиленетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

а) мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен бирге ислесиў бағдарында:

мәмлекетимизде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың тийкарғы бағдарлары бойынша мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм жумысшы (эксперт) топарлардың бул бағдардағы жумысларын муўапықластырыў;

миллий мәплеримизге, турмыс тәризимизге қайшы болған зыянлы идеялар ҳәм мәнаўий қәўиплердиң мазмунын ҳәм халықтың түрли қатламларына тәсирин үйренип барыў;

жасларымыздың санасына кери тәсир етиўши, оларды идеялық жақтан бағынышлы етиўге бағдарланған ҳәрекетлерге қарсы нәтийжели гүрес алып барыў ҳәм ерк-ықрарлы, пидайы, ўатансүйиўши ҳәм өзиниң еркин пикирине ийе әўладты тәрбиялаў бойынша әмелий илажлар бағдарламаларын ислеп шығыў;

мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, кең көлемли реформалардың мазмуны, қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер ушын тийисли усыныслар таярлаў;

б) илимий-изертлеў бағдарында:

руўхый-ағартыўшылық жумысларды әмелге асырыўдың нәтийжели ҳәм тәсиршең үгит-нәсият технологиялары менен усылларын ислеп шығыў;

руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумысларды шөлкемлестириўге байланыслы сырт ел тәжирийбесин үйрениў, сондай-ақ, бүгинги идеологиялық процесслерди илимий-әмелий жақтан ҳәр тәреплеме талқылаў ҳәм баҳалаў;

мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў системасы, мәҳәлле ҳәм басқа да структуралар кесиминде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың мониторингин алып барыў, анықланған машқалаларды шешиў бойынша илимий тийкарланған тәрбия технологиялары, усыныслар ислеп шығыў ;

руўхый тәрбия ҳәм социал-гуманитар пәнлер бойынша фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди шөлкемлестириў, олардың нәтийжелериниң әмелиятқа енгизилиўин муўапықластырыў;

в) үгит-нәсиятлаў бағдарында:

жақсылық ҳәм адамгершилик принципине тийкарланған миллий идеяны үгит-нәсиятлаў, руўхый-ағартыўшылық жумыслардың тийкарғы бағдарларын белгилеў;

тараўлар ҳәм аймақлардың өзине тән өзгешеликлерин инабатқа алған ҳалда, анық мақсетке бағдарланған үгит-нәсият бағларламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

халықты, әсиресе, жасларды ислам дини ҳәм философиясына, басқа да диний конфессияларға ҳүрмет-иззет ҳәм кеңпейиллик руўхында тәрбиялаў, миллетлераралық татыўлықты ҳәм өз-ара меҳир-мүриўбет орталығын және де беккемлеў бойынша руўхый-ағартыўшылық илажларды әмелге асырыў.

  1. Орайдың руўхый-ағартыўшылық, илимий-социаллық темалардағы әҳмийетли мақалалар, жәмийетшилик ўәкиллериниң алдынғы пикирлери, сондай-ақ,идеологиялық процесслерди талқылаў, тараўға байланыслы жаңалықларды топлаў, таярлаў ҳәм тарқатыў мақсетинде «oyina.uz» электрон порталын шөлкемлестириў басламасы қоллап-қуўатлансын.

Порталдың жумысын жолға қойыў ушын Орайға қосымша 15 штат бирлиги ажыратылсын ҳәм оның структурасында Санлы үгит-нәсиятлаў бөлими шөлкемлестирилсин.

Орай Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте порталды иске түсириў илажларын көрсин.

  1. Орайдың Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бөлимлерине қосымша 2 ден, районлық (қалалық) бөлимлерине халықтың саны 200 мыңнан артық болғанда 2 ден, 200 мыңнан аз болған жағдайда болса биреўден қосымша штат бирликлери ажыратылсын.

Бул штат бирликлери жергиликли бюджет есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.

  1. Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң:

«Мәнаўият үгит-нәсиятшысы» билимлендириў мәкемеси негизинде Орай жанында Социаллық-руўхый изертлеўлер институтын шөлкемлестириў;

«Тафаккур» ҳәм «Маънавий ҳаёт» журналлары ҳәм «Маънавият» баспасын Орай қурамына өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

«Маънавият» баспасының жумысын қоллап-қуўатлаў ушын тийкарланған есап-санақларға муўапық Мәнаўият ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетли қоры есабынан бир ай мүддетте 1 миллиард сум муғдарында қаржы ажыратылсын.

  1. Төмендегилер:

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң шөлкемлестириў структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының структурасы 3-қосымшаға муўапық;

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бөлимлериниң үлги струтуралары 4-қосымшаға муўапық;

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының районлық (қалалық) бөлимлериниң үлги структуралары 5-қосымшаға муўапық;

Руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша «жол картасы» 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2021-жыл 1-январьданбаслап барлық улыўма билимлендириў мәкемелеринде жаслар жетекшиси лаўазымы 1 штат бирлиги есабында сақланып киятырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Билимлендириў шөлкемлеринде мәдений-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша төмендеги тәртип енгизилсин, оған бола:

ҳәр бир улыўма билимлендириў мәкемесинде енгизилген социаллық-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы лаўазымын қаржыландырыў ушын 2021-жыл 1-апрельден баслап мәмлекетлик бюджет қаржылары есабындан 0,5 штат бирлиги ажыратылады ҳәм оның мийнет ҳақысы муғдары улыўма билимлендириў мәкемесиниң жоқары мағлыўматлы муғаллими ушын орнатылған базалық тариф ставкасы муғдарында белгиленеди;

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм олардың филиалларында, студентлер санына қарамастан, жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша проректор (директор орынбасары) лаўазымы енгизиледи. Бунда, жоқары билимлендириў мәкемелеринде бар жаслар менен ислесиў бойынша проректор (директор орынбасары) лаўазымы қысқартылады.

  1. Орай, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң аймақларда социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын беккемлеў,халық, әсиресе, жаслардың санасы ҳәм қәлбинде мәнаўий пазыйлетлерди раўажландырыў, шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде аўызбиршиликти беккемлеў мақсетинде барлық район ҳәм қалаларда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орнын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

2021-2023-жылларда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орынларын шөлкемлестириўдиң мәнзилли дизими 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бул орынлар жаңа қурылыслар арқалы яки бос турған имаратларда жергиликли бюджет қаржылары есабынан шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги 2021-2022-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў системасының тийисли тәлим бағдарларының оқыў режелерине бакалавриат басқышында «Мәнаўияттаныў», магистратура басқышында «Кәсиплик мәнаўият» пәнлериниң киргизилиўин ҳәм магистратура тәлим басқышында «PR-менеджер» қәнигелиги бойынша кадрлар таярланыўынжолға қойсын.
  2. Инновациялық раўажланыў министрлиги Орай менен биргеликте еки ай мүддетте миллий идеяны үгит-нәсиятлаў ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслар бағдарында илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпашеңберинде мақсетли фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық жойбарларды қәлиплестирсин ҳәм белгиленген тәртипте қаржыландырсын.
  3. Ташкент қаласы ҳәкимлиги Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети, «Маънавий ҳаёт» ҳәм «Тафаккур» журналларының редакциясын орналастырыў ушын имарат ажыратыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 8-қосымшаға муўапық өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 9-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  6. Орай Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  7. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, оның орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыўға жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Б.А.Мусаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Д.М.Кенжаев белгиленсин.

Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ.

 

Ташкент қаласы,

2021-жыл 26-март.