Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Күшли ҳәм әдил пуқаралық жәмийетти қурыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды комплексли үйрениў, таллаў ҳәм баҳалаўдың бир пүтин ҳәм бийғәрез системасын қәлиплестириў, социаллық шериклик ҳәм жәмийетлик қадағалаў механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыў, оларды және де раўажландырыўға байланыслы усынысларды ислеп шығыў ушын илимий-әмелий майдан жаратыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңесиниң нәтийжели жумысын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Пуқаралық жәмийетиниң қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институты Шөлкемлестириўшилер кеңесиниң институтты Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайы (кейинги орынларда – Орай) етип қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Мағлыўмат ушын қабыл етилсин, төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары болып есапланады:

халық пенен қарым-қатнас жағдайын ҳәм раўажланыўын үйрениў, мәмлекетлик уйымлардың жумысының ашық-айдынлығын системалы таллаў;

пуқаралық жәмийетин раўажландырыў тараўында илимий ҳәм эксперт шеңберлердиң қатнасыўында фундаментальлық ҳәм әмелий изертлеўлер шөлкемлестириў және өткериўге жәрдемлесиў, олардың нәтийжелерин улыўмаластырыў тийкарында орта ҳәм узақ келешекте пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың миллий моделин буннан былай да жетилистириў ҳәм стратегиялық бағдарларды белгилеў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

пуқаралық жәмийети раўажланыўының нормативлик-ҳуқықый тәртипке салыныў жағдайын ҳәм усы тараўда ҳуқықты қолланыў әмелиятын системалы үйрениў ҳәм таллаўды шөлкемлестириў, пуқаралық жәмийети институтлары жумысының шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм экономикалық тийкарларын жетилистириў, жәмийетшилик басқарыўында олардың қатнасыўын кеңейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша усыныслар таярлаў;

социаллық шериклик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўды үйрениў ҳәм таллаўды шөлкемлестириў, мәмлекетлик уйымлардың пуқаралық жәмийети институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўи, олардың жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў илажларының заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

пуқаралық жәмийети раўажланыўын, оның институтларының мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиў дәрежесин, сондай-ақ, мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына қосқан үлесин баҳалаў индикаторларын ислеп шығыў ҳәм енгизиўди жетилистириў, солар тийкарында Өзбекстанда пуқаралық жәмийетиниң жағдайы ҳәм раўажланыў тенденциялары ҳаққында дәўирлик ҳәм илимий-аналитикалық баянатлар және басқа да материаллар таярлаў;

демократиялық реформаларды тереңлестириў процесслерин, халықтың социаллық кейпиятына тәсир көрсетиўи мүмкин болған жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да ўазыйпаларды шешиўде пуқаралық жәмийети институтларының қатнасыўын, олар тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын үйрениў ҳәм системалы таллаў;

бәсекиге шыдамлы көппартиялы системаның раўажланыў дәрежесин системалы таллаў, сиясий партиялар тәрепинен өз электоратының мәплери жолында өткерилетуғын илажлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, пуқаралардың белсендилигин арттырыў, сондай-ақ, мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасыўының мащқалаларын системалы үйрениў;

пуқаралық жәмийетин тәшўишке салып атырған әҳмийетли мәселелер бойынша илимий-әмелий конференциялар, семинарлар ҳәм жәмийетшилик тыңлаўларды өткериўди шөлкемлестириў, олардың жуўмақларын таллаў ҳәм улыўмаластырыў, усы тийкарда социаллық-экономикалық ўазыйпаларды шешиўде пуқаралық жәмийети институтларының қатнасыўын кеңейтиў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

пуқаралық жәмийетин раўажландырыў тараўындағы мәмлекетлик сиясат ҳәм оның әмелий нәтийжелери ҳаққында жәмийетшиликтиң пикирин системалы үйрениўди шөлкемлестириў, улыўмаластырыў ҳәм таллаў, тийисли социаллық изертлеўлер өткериў;

пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллерине тийисли профессионаллық көнликпелерин қәлиплестириўде ҳәм исбилерменлик тәжирийбе дәрежесин арттырыўда жәрдемлесиў;

мәмлекет ҳәм жәмийет арасында ашық сөйлесиўди шөлкемлестириў, пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, халық пенен қайта байланыс механизмлерин жолға қойыў, пуқаралардың әҳмийетли машқалаларын шешиўдиң оптимал көзқарасларын ислеп шығыў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўда пуқаралық жәмийети институтларына жәрдемлесиў бағдарында раўажланған демократиялық мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңесиниң жумысын шөлкемлестириўшилик-методикалық ҳәм мәлимлеме жағынан тәмийинлеў.

  1. Орай ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 115 тен ибарат болған структуралары 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық мақуллансын.

Орай директоры, зәрүр жағдайларда, Орай ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң структураларына белгиленген улыўма штат саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықына ийе екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Орай мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем түриндеги юридикалық шахс есапланатуғыны;

Орай қайта шөлкемлестирилип атырған Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институтының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны;

Орай директоры лаўазымына бола Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңеси басшысының орынбасары есапланатуғыны;

пуқаралық жәмийети институтларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине тийисли болған барлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий тәртипте Орай менен де келисилетуғыны;

Орай өз ўазыйпаларын орынлаў ушын шәртнама тийкарында жетекши илимий, билимлендириў ҳәм аналитикалық, соның ишинде, сырт ел экспертлерин тартыў ҳуқықына ийе екенлиги;

мәмлекетлик уйымлардың басшылары Орайға ҳәр тәреплеме жәрдемлесетуғыны, соның ишинде, Орай өз ўазыйпаларын орынлаў ушын оған зәрүр шараятлар жарататуғыны, сондай-ақ, соралған мағлыўматларды өз ўақтында усынатуғыны, Орай тәрепинен өткерилген таллаўлардың жуўмағы бойынша киргизилген материаллар ҳәм усынысларды көрип шығатуғыны;

2019-жыл 1-ноябрьден Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядлары бойынша Орай хызметкерлериниң лаўазым мийнет ҳақыларын белгилеўде тариф коэффициентлери еки есе арттырылған муғдарда қолланылатуғыны белгиленсин.

Усы бәнттиң сегизинши абзацында нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссия тәрепинен субсидия түринде ажыратылатуғын қаржылар есабынан әмелге асырылытуғыны атап өтилсин.

  1. Орайды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржылары есабынан тәмийинлеў тәртиби сақлап қалынсын.

Төмендегилер Орай жумысын қаржыландырыўдың қосымша дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен өткерилетуғын таңлаўлардың нәтийжелери бойынша ажыратылатуғын грантлар;

халықаралық финанс ҳәм басқа да институтлар, сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары;

хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында көрсетилген хызметлерден түскен түсимлер, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияға, сондай-ақ, Орайдың шөлкемлестириўши – шөлкемлерине ҳәр жылы оның буйыртпалары бойынша Орай жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарларына байланыслы илажларды қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутыў усыныс етилсин.

  1. Орайға:

пуқаралық жәмийетин раўажландырыў мәселелери бойынша семинарлар, илимий ҳәм экспертлик додалаўларды турақлы өткериў;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының тыңлаўшыларын ҳәм эксперт-таллаў бағдарында кадрлар таярлайтуғын жоқары ҳәм басқа билимлендириў мәкемелериниң студентлери (тыңлаўшылары)н жумыс үйрениўши-изертлеўши сыпатында тартқан ҳалда илимий-оқыў лабораторияларын шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырған ҳалда 2020-2022-жылларда Орай хызметкерлерин пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қәнигелескен жетекши сырт ел изертлеў ҳәм аналитикалық институтларына жумыс үйрениў ушын жибериў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизиў усыныс етилсин.

  1. а) пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўы бойынша Орай тәрепинен өткерилген үйрениўлер ҳәм таллаўлардың нәтийжелери:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм оның Секретариатының мәжилислеринде турақлы додаланатуғыны, жуўмақлары бойынша тийисли илажлар көрилетуғыны;

ғалаба хабар қуралларында, орайлық мәмлекетлик телеканалларда, баспасөз басылымларында ҳәм усы Орайдың веб-сайтында турақлы сәўлелендирилетуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўы бойынша Орай тәрепинен өткерилген үйрениўлер ҳәм таллаўлардың нәтийжелерин парламент ҳәм оның комитетлери (комиссиялар) мәжилислеринде көрип шығыў әмелиятын енгизиў усыныс етилсин;

б) Орай ҳәр жылы Өзбекстанда пуқаралық жәмийетиниң жағдайы ҳәм оны раўажландырыў тенденциялары ҳаққындағы баянатын Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңесине көрип шығыў ушын киргизеди, ол болса, өз гезегинде, Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме береди.

  1. Орайға үш ай мүддетте пуқаралық жәмийети раўажланыўын, оның институтларының мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў дәрежесин, сондай-ақ, олардың мәмлекетти социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий жақтан раўажландырыўға, соның ишинде, 2030-жылға шекемги дәўирде БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў шеңберинде қосқан үлесин баҳалаў индикаторларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў усыныс етилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

а) Орай аймақлық бөлимлериниң ийелеп турған имаратларынан бийғәрез пайдаланыў ҳуқықының сақланып қалыўын тәмийинлесин;

б) Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан:

Орай аймақлық бөлимлери өз ўазыйпасы ҳәм функцияларын нәтийжели орынлаў ушын зәрүр материаллық-техникалық шараятлар жаратып берсин;

Орай аймақлық бөлимлериниң буйыртпалары тийкарында имарат ҳәм ханаларын ағымдағы оңлаў, оларды заманагөй оргтехника, мебель ҳәм зәрүр байланыс түрлери менен үскенелеў бойынша жумысларды шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Орайға сырт ел изертлеў мәкемелери менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўда, тәжирийбе алмасыў ҳәм заманагөй усыл ҳәм көзқараслар тийкарында пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўын үйрениўди шөлкемлестириў ҳәм таллаў көнликпелерин жетилистириў ушын олардың маман қәнигелерин тартыўда жәрдемлессин.
  2. Орай:

а) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 7-октябрьдеги 336-санлы қарары менен тастыйықланған Басшылары хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы пропискалаў ҳаққында өтиниш хаты киргизиў мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң дизимине киргизилсин:

б) төмендеги мәжбүрий жөнелтпелер реестрине киргизилсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, Қаржы, Экономика ҳәм санаат, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Ишки ислер министрликлери, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Бас прокуратурасы, Жоқарғы суды, басқа министрликлер ҳәм уйымлардың статистикалық мағлыўматлары;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша бюллетеньлери ҳәм күнлик мағлыўматлар топламы;

социаллық-экономикалық тараўдағы сырт ел баспасөз шолыўлары ҳәм илимий-изертлеў институтларының, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Прогнозластырыў ҳәм макроэкономикалық изертлеўлер институти, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджет-салық изертлеўлер институтының аналитикалық баянат мағлыўматлары.

  1. Төмендегилерге:

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ў.а. А.Ж.Хаджаев ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры А.К.Кўчимовқа пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўын үйрениў ҳәм таллаў нәтийжелери ғалаба хабар қуралларында, орайлық мәмлекетлик телеканалларда, баспасөз басылымларында турақлы сәўлелендирилиўи;

министрликлер, уйымлар, басқа да мәмлекетлик уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң басшыларына Орай өз ўазыйпаларын нәтийжели әмелге асырыўы ушын оған ҳәр тәреплеме ҳәм толық жәрдемлесиў бойынша жеке жуўапкершилиги көрсетип өтилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-марттағы «Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институтының жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2851-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Орайды усы қарарға муўапық белгиленген тәртипте қайта дизимнен өткериўди әмелге асырсын.
  3. Орай Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 30-октябрь