Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жаслардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын раўажландырыў, қәбилетли балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў ушын зәрүр шараятларды жаратыў, олардың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәденият дәрежесин арттырыў халық билимлендириў тараўындағы сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларынан бири есапланады.

Елимиздиң келешектеги жедел раўажланыўы ҳәм жас қәбилетлерди анықлаў, инталы балаларды таңлап алыў ҳәм оқытыў системасын шөлкемлестириў, өсип киятырған әўладтың интеллектуаллық имканиятларын көрсетиўге жәрдем беретуғын көп тармақлы билимлендириў орталығын жаратыў бойынша жумыслардың сапасын арттырыў зәрүрлигин талап етпекте.

Қәбилетли балаларды анықлаў, билимлендириў процесине алдынғы технологияларды пайдаланған ҳалда оқытыў ҳәм тәрбиялаў бойынша тутас система жаратыў, инталы жасларды және де қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, руўхый жақтан жетик ҳәм интеллектуаллық жақтан бәркамал әўладты қәлиплестириў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық:

1.Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билимлендириў мәкемеси тәризиндеги Президент мектеплери шөлкемлестирилсин.

  1. Төмендегилер Президент мектеплериниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

қәбилетли балаларды анықлаў, таңлаў ҳәм оқытыў, олардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын шараятлар жаратыў, сондай-ақ, оқыўшылардың интеллектуаллық, илимий ҳәм дөретиўшилик потенциалын ашып бериў;

тәбийғый ҳәм анық пәнлерди терең үйрениў, шет тиллер, инженерлик ҳәм мәлимлеме технологияларын өзлестириўди шөлкемлестириў, оқыўшылардың инновациялық идеяларын ҳәм исленбелерин раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў;

оқыўшыларды оқытыў ҳәм олардың билимин баҳалаўдың заманагөй усылларын, сондай-ақ, билимлендириў бағдарламасының интеграцияласыўына тийкарланған оқытыўдың пәнлераралық қатнас жасаўын енгизиў ҳәм кейин ала унамлы тәжирийбени республика халық билимлендириў системасына енгизиў;

оқыўшыларды кәсип-өнерге бағдарлаў, оларда жетекшилик көнликпелерин ҳәм ораторлық өнерин раўажландырыў, сын пикирлеў, мәлимлемени излеў, таллаў ҳәм қайта ислеў, алынған билимлерди әмелиятта қолланыў шеберлигин арттырыў;

оқыўшылардың улыўма билимлендириў пәнлери бойынша халықаралық олимпиадалар, таңлаўлар ҳәм жарысларға мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў;

оқыўшыларда ўатансүйиўшилик ҳәм Ўатанға муҳаббат сезимин, кеңпейиллик, нызамлар миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет пенен мүнәсибетти, турмысқа беккем исеним ҳәм көзқарасларды қәлиплестириў;

оқыў бағдарламаларының үзликсизлигин тәмийинлеў мәселелеринде тап усы бағдардағы миллий ҳәм сырт ел улыўма орта ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди жолға қойыў, питкериўшилердиң алдынғы сырт ел жоқары оқыў орынларында ҳәм олардың республикамыздағы филиалларында оқыўын даўам еттириў.

  1. Президент мектеплерине қабыл етиў республикалық улыўма билимлендириў мәкемелериниң 4-класс питкериўшилери арасынан Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик) тәрепинен белгиленген тәртипте өткерилетуғын логикалық пикирлеў тестлери, жазба имтихан ҳәм сәўбетлердиң нәтийжелерине бола әмелге асырылатуғыны;

Президент мектебиниң жыллық қабыллаў квотасы 24 оқыўшыдан ибарат болып еки классқа бирдей – 12 оқыўшыдан бөлистирилетуғыны;

биринши оқыў жылында Президент мектеплериниң  ҳәр бирине 5-10-классларға 144 оқыўшы оқыўға қабыл етилетуғыны;

Президент мектеплеринде билимлендириў процеси сырт ел билимлендириў мәкемелери менен биргеликте ислеп шығылған  оқыў режелери ҳәм бағдарламалары бойынша инглис тилинде әмелге асырылатуғыны;

Президент мектеплеринде «STEAM – билимлендириў» (Science – тәбийғый пәнлер Technology – технология, Engineering – техникалық дөретиўшилик, Art – көркем өнер, Mathematics – математика) бағдарламасы енгизилетуғыны;

Президент мектебиниң 9-11-классларында оқытыў оқыўшылардың қызығыўшылықлары ҳәм өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда, айырым пәнлер ҳәм оларды үйрениў дәрежесин таңлап алыў арқалы оқыў процесин индивидуалластырыўды нәзерде тутатуғыны;

тийкарғы оқыў бағдарламасы менен биргеликте Президент мектеплеринде оқыўшылардың қызығыўшылығынан келип шыққан ҳалда класстан тыс әмелий шынығыўлар өткериў нәзерде тутылатуғыны;

Президент мектеплерин питкериўшилерге белгиленген тәртипте мәмлекет тәрепинен тастыйықланған мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет (шаҳодатнама, аттестат) пенен бир қатарда, сырт мәмлекетлердиң жетекши жоқары оқыў мәкемелерине кириў имканиятын беретуғын халықаралық дәрежедеги тийисли бағдарлама дипломы (International Baccalaureate, Advanced Placement или International Advanced Levels)берилетуғыны;

Президент мектеплери тиккелей Министрликке бойсынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлик Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-майға шекем төмендеги тәртиплерди белгилеп беретуғын Президент мектеби ҳаққындағы режени тастыйықлаў бойынша ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин:

Президент мектеплеринде оқыў-тәрбия процесин шөлкемлестириў;

кириў имтиханларын өткериў ҳәм оқыўшылардың интеллектуаллық потенциалын ҳәм креатив пикирлеўин баҳалаған ҳалда оларды қабыл етиў;

Президент мектеплери хызметкерлерин, соның ишинде, жоқары қәнигели сырт ел кадрларын таңлап алыў, жаллаў ҳәм олардың мийнетине ҳақы төлеў;

Президент мектеплериниң жумысын қаржыландырыў ҳәм үлги штат кестесин тастыйықлаў.

  1. Төмендегилер:

2019-2021-жылларда Президент мектеплерин қурыў кестеси 1-қосымшаға муўапық;

Ташкент, Нөкис ҳәм Хийўа қалаларында Президент мектеплериниң жумысын шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Президент мектеплериниң жумысын шөлкемлестириў бойынша комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) 3-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.

Президент мектеплерине төмендеги мәселелерде жәрдемлесиў Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

материаллық-техникалық базаны беккемлеў, билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған илажларды қаржыландырыў ҳәм әмелге асырыў;

Президент мектеплери жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеў ушын сырт ел инвесторларының қаржыларын, техникалық жәрдем (грантлар) ҳәм нызам менен қадаған етилмеген басқа да дәреклерди тартыў;

Президент мектеплериниң қаржыларын нәтийжели басқарыў ҳәм олардан мақсетли пайдаланыў үстинен қадағалаўды тәмийинлеў;

Президент мектеплери жумысының сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, соның ишинде, билимлендириў процесине оқытыўдың алдынғы түрлерин ҳәм усылларын, педагогикалық, компьютер ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша усыныслар таярлаў.

Комиссияға:

а) Президент мектеплерин заманагөй үскенелер, мебель, компьютер техникасы менен үскенелеў, сондай-ақ, оларды оқыў әдебиятлары, методикалық қолланбалар ҳәм басқа да қураллар менен тәмийинлеў бойынша үлги жойбарлар ҳәм нормаларды тастыйықлаў;

б) бурынғысынан басқаша тәризде, таңлаў (тендер) саўдаларын шөлкемлестирмей, ең жақсы усынысларды таңлап алыў жолы менен:

жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерди ислеп шығыў ушын – жойбарлаў шөлкемлерин;

Президент мектеплерин қурыў ушын – жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерди;

Президент мектеплерин заманагөй үскенелер, мебельлер, компьютер техникасы менен үскенелеў, сондай-ақ, оларды оқыў әдебиятлары, методикалық қолланбалар ҳәм басқа да қураллар менен тәмийинлеў ушын – ислеп шығарыўшылар (жеткерип бериўшилер)ды;

Президент мектеплеринде оқыў-методикалық басшылықты тәмийинлеў, оқыў процесин шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў, сондай-ақ, оқыўшыларды қабыл етиў ҳәм сырт елдиң жоқары маман қәнигелерин жаллаў ушын – билимлендириў тараўында хызметлер көрсететуғын қәнигелескен  сырт ел шөлкемлерин белгилеў ҳуқықы берилсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте Министрликке Президент мектеплерин қурыў ушын жер участкаларын ажыратыў бойынша усыныслар киргизсин.

Министрлик Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги менен биргеликте Ташкент, Нөкис ҳәм Хийўа қалаларындағы Президент мектеплери 2019-жыл 20-августқа шекем, республиканың басқа аймақларында болса тийисли түрде 2020- ҳәм 2021-жыл 20-августқа шекем қурып питкерилиўин ҳәм иске түсирилиўин тәмийинлесин.

  1. Төмендегилер:

Министрлик жанындағы «Халық билимлендириўи тараўында жойбарлаў ҳүжжетлерине техникалық тапсырмаларды ислеп шығыў ҳәм қурылыс объектлериниң сапасын мониторинг етиў бойынша инжиниринг компаниясы» МУК – Президент мектеплерин қурыў ҳәм оларды заманагөй үскенелер, мебель, компьютер техникасы менен үскенелеў, оқыў әдебиятлары, методикалық қолланбалар ҳәм басқа да қураллар менен тәмийинлеў бойынша буйыртпашы етип;

Министрлик жанындағы «Инновация, технология ҳәм стартегия орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы – Президент мектеплери жумысының методикалық ҳәм мәлимлеме-таллаў тәмийнаты ушын жуўапкер шөлкем етип белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын ҳәм белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша Президент мектеплерин қурыў, реконструкциялаў, үскенелеў ҳәм жумысын тәмийинлеў ушын алып келинетуғын үскенелер, компьютер техникасы, оқытыўдың техникалық қураллары, әдебиятлар, мультимедиа өнимлери және қурылыс материаллары, комплектлеўши буйымлар, аўысық бөлеклер 2022-жыл 1-январьға шекем бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етилсин.
  2. Президент мектеплерин қурыў ҳәм замангөй әсбап-үскенелер, мебель, компьютер техникасы менен үскенелеў, оқыў әдебиятлары, методикалық қолланбалар ҳәм басқа да қураллар менен тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары, сырт ел инвестициялары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қайырқомлықлары, Комиссия тәрепинен тартылатуғын қосымша қаржылар, Министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары және нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны;

Ташкент, Нөкис ҳәм Хийўа қалаларында Президент мектеплерин қурыў бойынша үлги жойбарларды ислеп шығыў «Prime Tower Group» ЖШЖ (Ташкент қаласы) тәрепинен Министрлик жанындағы «Халық билимлендириў тараўында жойбарлаў ҳүжжетлерине техникалық тапсырмаларды ислеп шығыў ҳәм қурылыс объектлериниң сапасын мониторинг етиў бойынша инжиниринг компаниясы» МУК пенен биргеликте әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Жойбарлаў ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшилерге, бурынғысынан басқаша тәризде, Президент мектеплерин қурыўды жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерин ислеп шығыў менен бир қатарда әмелге асырыўға рухсат берилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги Президент мектеплерин қурыў бойынша жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерди комплексли экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен мәмлекетлик архитектуралық-қурылыс қадағалаўын орнатсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Министрликтиң буйыртпаларына тийкарланып усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын Президент мектеплериниң сырт ел хызметкерлери және олардың шаңарақ ағзалары ушын көп мәрте кириў визалары консуллық ҳәм басқа жыйымлар өндирилмей белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийлесин.
  4. Президент мектеплериниң ҳәзирги жумысын қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны, бунда соның ишинде төмендеги қәрежетлер қапланатуғыны белгилеп қойылсын:

Президент мектеплериниң, соның ишинде, шәртнама тийкарында хызмет көрсететуғын хызметкерлерине мийнет ҳақы, үстемелер, қосымша ҳақылар, сыйлықлар ҳәм басқа да хошаметлеўши төлемлер;

билимлендириў тараўында хызмет көрсететуғын қәнигелескен сырт ел шөлкемлериниң Президент мектеплеринде оқыў-методикалық басшылықты тәмийинлеў, билимлендириў процесин жүргизиў және оқыўшыларды қабыллаў ҳәм жоқары қәнигели сырт ел қәнигелерин жаллаў бойынша хызметлери ушын төлемлер;

оқыўшыларды бийпул азық-аўқат, мектеп формасы ҳәм жасаў орны менен тәмийинлеў;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда, Президент мектеплериниң жумысын тәмийинлеўге байланыслы басқа да илажларды қаржыландырыў қәрежетлери.

  1. Министрлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 20-февраль