Өзбекстан Республикасы Президентиниң

 пәрманы

 

Мийнетке ҳақы төлеў муғдарларын анықлаў тәртибин жетилистириў және мийнетке ҳақы төлеў, пенсиялар тайынлаў және салықлар, мәмлекетлик бажылар, жәриймалар, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлерди өндириў арасындағы шәртлердиң байланыслылығын сапластырыў мақсетинде:

  1. 2019-жыл 1-сентябрьден баслап мийнет ҳақының ең кем муғдарының орнына:

577 170 сум муғдарында мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары;

202 730 сум муғдарында базалық есаплаў муғдары;

202 730 сум муғдарында пенсияны есаплаўдың базалық муғдары енгизилсин.

  1. а) мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары:

1,0 тариф коэффиценти бойынша Мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф ставкасының пулдағы көриниси есапланатуғыны;

мийнет қатнасықлары тараўында лаўазымлық айлығы, үстемелер, қосымша жумыс ушын компенсация төлемлери ҳәм хошаметлеўши көринистеги төлемлердиң басқа да түрлери, сондай-ақ, нызамшылықта белгиленген услап қалыўлар, бурын ең кем мийнет ҳақыға салыстырмалы белгилеп қойылған басқа да төлемлердиң муғдарын анықлаўда және шаңарақлардың социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәжлиги ҳәм жумыссызлық бойынша напақалар муғдарын анықлдаўда қолланылатуғыны;

б) базалық есаплаў муғдары:

салықлар, жыйымлар, жәриймалар, мәмлекетлик бажылар ҳәм көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлер ушын баса да төлемлердиң муғдарларын;

исбилерменлик жумысының белгили бир түри менен шуғылланыў ушын патент, лицензия ҳәм басқа да төлемлердиң қуны, шөлкемлердиң устав ҳәм басқа да фондларының (капиталының) муғдары, пулсыз тәризде төленетуғын акциялар, басқа да баҳалы қағазлардың қуны, юридикалық шахслар активлериниң баланс қуны, микрокредитлер ҳәм лизинг, сондай-ақ, басқа да қаржылық-экономикалық көрсеткишлердиң шекленген муғдарын анықлаўда қолланылатуғыны;

в) пенсияны есаплаўдың базалық муғдары пенсия тәмийнаты тараўында пенсиялар, үстемелер, қосымша ҳақы ҳәм компенсация төлемлери, сондай-ақ, хызметкерлердиң мийнетте майып болыўы, кәсиплик кеселликке шалыныўы ямаса олар өзлери мийнет ўазыйпаларын атқарыў менен байланыслы ҳалда денсаўлығының басқаша тәризде төменлеўи себепли жеткерилген зыянды қаплаўда қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Ең кем мийнет ҳақыға салыстырмалы белгиленген үстемелер, қосымша ҳақы, сыйлықлар және басқа да компенсация ҳәм хошаметлеўши тәриздеги төлемлердиң барлық түрлери усы төлемлердиң сумда көрсетилген әмелдеги муғдарларын сақлап қалған ҳалда қайта есап-санақ етилетуғыны (зәрүр жағдайларда үлкен тәрепке жыйнақланатуғыны);

нызам ҳүжжетлеринде усы Пәрманның 2-бәнтинде нәзерде тутылған мийнетке ҳақы төлеў, пенсиялар ҳәм басқа да төлемлер муғдарларын анықлаўдың басқа да тәртиби орнатылыўы мүмкин екени белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:

Мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф сеткасын қайта көрип шығыў және напақалар, компенсациялар ҳәм төлемлердиң өз алдына түрлериниң муғдарларын абсолют суммада белгилеў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

Усы Пәрманның талапларынан келип шыққан ҳалда Мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф сеткасын қолланыў және шөлкемлерде мийнетке саат есабы менен ҳақы төлеў системасын белгилеў бойынша методикалық усынысларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

Министрликлер менен уйымлар үш ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                            Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2019-жыл 21-май