Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Мәмлекетимизде руўхыйағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў, көп миллетли халқымыз арасында аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиўди және де беккемлеў, миллий қәдирият, дәстүр ҳәм үрпдетлерди кеңнен үгитнәсиятлаў, көркем дөретиўшилик ҳәм китапқумарлық мәдениятын белсене қоллапуўатлаў мақсетинде:

  1. Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, «Ижод» жәмийетлик фондықәўендерлик кеңесиниң:

«Ижод» жәмийетлик фонды қарамағындағы Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы поликлиникасы, «Дүрмен» дөретиўшилик үйинен пайдаланыў дирекциясы» унитар кәрханасы ҳәм «Аққум пайыз берекет» сыңар кәрханасы ҳәм оларға тийисли болған барлық мүлк, имарат ҳәм қурылмаларды Өзбекстан Жазыўшылар аўқамына өткериў;

«Ижод» жәмийетлик фонды негизинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы жанында юридикалық тәреп статусысыз Мәнаўият ҳәм дөретиўшиликти қоллапқуўатлаў мақсетли қорын (кейинги орынларда ­ Қор) шөлкемлестириў ҳәм қосымшаға муўапық оның қәўендерлик кеңесиниң қурамын тасыйықлаў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Қордың қаржылары төмендеги илажларды қаржыландырыў ушын қаратылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

«Үзликсиз мәнаўий тәрбия концепциясы» тийкарында мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта билимлендириў, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў басқышлары ушын методикалық қолланба, методикалық усыныслар, руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия теориясы ҳәм методикасын байытыўға қаратылған илимийәмелий әдебиятлар жаратыў, оларды басып шығарыў ҳәм орынларға жеткериў;

миллий мийрасымыз, уллы бабаларымыздың жәҳән цивилизациясына қосқан үлкен үлеслерин дүнья көлеминде кеңнен үгитнәсиятлаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў;

тараўға «Санлы үгитнәсият» системасын енгизиў мақсетинде 85-парк, инновациялық орайлар ҳәм фрилансерлер менен биргеликте мобиль қосымшалар, компьютер ойынлары, анимациялық өнимлер жаратыў;

орынларда руўхый-ағартыўшылық орталықты үйрениў, аймақлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңеслериниң жумысын раўажландырыўға көмеклесиў, үгитнәсият жумысларының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген экспертлер топарларын қоллапқуўатлаў;

руўхыйағартыўшылық тараўды, әдебият ҳәм китапқумарлықты ҳәр тәреплеме раўажландырыў, бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған басламаларды қоллапқуўатлаў;

мәмлекетимиз ҳәм халықаралық көлемде илимийағартыўшылық илажлар, әдебий әнжуманлар, фестивальлар, таңлаўлар, халық сейиллери, әдебиймузыкалық кешелер өткериў;

руўхыйағартыўшылық, әдебийкөркем китап ҳәм плакатлар басып шығарыў, заманагөй үгитнәсият қураллары ҳәм медиа өнимлер жаратыў;

Халық билимлендириў министрлиги системасындағы билимлендириў мәкемелери директорларының руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша орынбасарлары ҳәм дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгитнәсиятшылар ушын қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириў;

жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте илимпазлар ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда тараўда хызмет көрсетип атырған үгитнәсиятшылардың маманлығын арттырыўға қаратылған семинартренинглер шөлкемлестириў;

руўхыйағартыўшылық жумысларды раўажландырыўға қаратылған жаңа жойбарлар, китап, брошюра ҳәм мақалалар, илажлар сценарийлерин жаратыў бойынша дөретиўшилик буйыртпаларды қәлиплестириў ҳәм усы жумысларға тартылған илимпазлар менен қәнигелерди материаллық хошаметлеў;

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен усыныс етилетуғын жазыўшылардың дөретиўшилик үлгилерин, атап айтқанда, жас авторлардың биринши китапларын баспадан шығарыў;

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзаларының дөретиўшилик кешелерин өткериў, әдебиятымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан аўқам ағзаларына материаллық жәрдем көрсетиў;

халқымыздың әййемги тарийхы, бай мәденияты, әсирлик дәстүр ҳәм қәдириятлары жырланған, миллий мәнаўиятымыздың мазмун-мәниси терең көркем көринисин тапқан классикалық ҳәм заманагөй әдебиятымыздың мүнәсип үлгилерин шет тиллерге аўдарыў ҳәм жәҳән мәлимлеме тармағында кең үгит-нәсиятлаў;

миллий әдебиятты раўажландырыў, әдебий жәмийетшилик тәрепинен тән алынған ҳәм мәмлекеттиң жәмийетлик турмысында айрықша әҳмийетке ийе болған көркем шығармалардың авторларын материаллық жақтан хошаметлеў;

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм оның белгили ағзаларының дөретиўшилик хызметине бағышланған веб-сайтларды жаратыў ҳәм оларды жаңалап барыў;

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм олардың системасындағы шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў.

  1. Төмендегилер қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасының республика бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да сырт ел донорларының грантлары ҳәм жеңилликли кредитлери;

ўақытша бос турған қаржыларды коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыў есабынан алынған дәраматлар;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Қаржы министрлиги Қорға:

2021-жылы 120 миллиард сум, соның ишинде, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайына мәмлекет көлеминде руўхый-ағартыўшылық жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў ушын 10 миллиард сум, оның аймақлық бөлимлерине орынларда руўхый-ағартыўшылық тараўларды раўажландырыў ушын 90 миллиард сум, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ушын 20 миллиард сум қаржы ажыратсын;

2022-жылдан баслап Қордың қәўендерлик кеңеси тәрепинен тастыйықланған қәрежетлер сметасы ҳәм прогноз көрсеткишлерине муўапық қаржы ажыратып барылыўын тәмийинлесин.

  1. Мәнаўият ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетли қоры қәўендерлик кеңеси (А.Н.Арипов):

Қордың дәрамат ҳәм қәрежетлери бойынша прогноз көрсеткишлерин ҳәр жылы тастыйықласын;

Қордың жуўапкершилигине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын мәпдар министрликлер ҳәм уйымларды тартсын;

Қордың қаржыларынан мақсетли пайдаланыў бойынша системалы қадағаланыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 26-февральдағы «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жанында «Ижод» фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-1292-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ.

 

Ташкент қаласы,

2021-жыл 26-март.