Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Кейинги жылларда Өзбекстанда исбилерменлик жумысын әмелге асырыўды жеңиллестириў ҳәм хошаметлеў мақсетинде тараўға байланыслы бир қатар тәртиплер сын көзқарастан қайта көрип шығылып, ескирген, заман талабына жуўап бермейтуғын бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм иркинишлер бийкар етилди. Көрилген илажлардың нәтийжесинде республикада исбилерменлик орталығы жақсыланды, исбилерменлик субъектлери ҳәм жеке инвесторлар ушын кең имканиятлар жаратылды.

Бундай унамлы өзгерислер абырайлы халықаралық шөлкемлер тәрепинен де кеңнен тән алынбақта. Соның ишинде, Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясы тәрепинен жәрияланған «Бизнес жүргизиў – 2020» есабатында Өзбекстан 69-орынды ийелеп, реформалардың көлеми ҳәм нәтийжелилиги бойынша дүньяның ең жақсы 20 реформатор мәмлекети қатарынан орын алды.

Соның менен бирге, исбилерменлер ҳәм инвесторлар менен ушырасыўлар орынлардағы атқарыўшылар тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисинен толық хабардар емеслигин, қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң әмелиятқа енгизилиўи сезилерли дәрежеде артта қалып атырғанын, айырым лицензия ҳәм рухсатнамаларды рәсмийлестириўде артықша бюрократиялық тосқынлықлардың бар екенлигин көрсетпекте.

Мәмлекетимизде бизнес жүргизиў орталығын және де жақсылаў, исбилерменликке кеңнен еркинлик бериў бағдарында басланған реформаларды даўам еттириў ҳәм қабыл етилген нызам хүжжетлериниң орынларда дурыс енгизилиўин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәм қала ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Конституциясының 53-статьясы ҳәм «Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызам талапларына сөзсиз әмел етиўи шәрт екенлиги ҳаққында қатаң ескертилсин.

Мәмлекет қарамағынан шығарыў ҳәм меншиклестириў нәтийжелерин, соның ишинде, объектлердиң баҳасын баҳалаў нәтийжелерин қайта көрип шығыў ҳәм бийкар етиў мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, қадағалаў, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм судлар тәрепинен баслама менен шығыў жеке меншик мүлктиң қол қатылмаслығын бузыў сыпатында баҳаланатуғыны ҳәм бундай жумыслар көрип шығыў ушын қабыл етилмейтуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлери ҳаққындағы нызамшылыққа қатаң әмел етилиўи үстинен қадағалаўды күшейтсин, мәмлекет қарамағынан шығарыў ҳәм меншиклестириў нәтийжелерин қайта көрип шығыў ҳәм бийкар етиў басламасы менен шыққанлық ушын ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардағы лаўазымлы шахслардың турақлы жуўапкершилигин жынайый жуўапкершиликке тартыўға шекем арттырыўды тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги (Зокиров), Энергетика министрлиги (Султанов), Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети (Абдуллаев), Орайлық банки (Нурмуратов), Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (Бекенов) басшыларына қурылыс ушын рухсатнамалар бериў, электр тәмийнаты системасына жалғаныў, көшпес мүлкти дизимнен өткериў, кредит бериў ҳәм төлеўге қәбилетсизлигин шешиў бағдарларындағы реформалардың әмелиятқа енгизилиўи жетерли емеслиги нәтийжесинде «Бизнес жүргизиў» жыллық есабаты тийисли индикаторлар бойынша мәмлекеттиң рейтингтеги орны төменлигинше қалып атырғаны көрсетип өтилсин.

Жоқарыда көрсетип өтилген министрликлер ҳәм уйымлардың ҳәр биринде тараўда әмелге асырылып атырған реформаларды орынлардағы атқарыўшыларға жеткериў бойынша жумысшы топарлар дүзилсин.

Бул жумысшы топарларға реформалардың мазмун-мәнисин орынлардағы атқарыўшыларға жеткериў ҳәм түсиндириў, нызам ҳүжжетлерин надурыс қолланыў әмелиятын сапластырыў, орынларда исбилерменлердиң пикирин турақлы түрде үйренип барыў, тийисли уйым тәрепинен қабыл етилген уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди хатлаўдан өткериў және оларға тараўда әмелге асырылып атырған реформалардан келип шығып өзгерислер киргизиў бойынша усыныслар таярлаў ўазыйпалары жүкленсин.

Жумысшы топарлар әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәр айдың жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мағлыўмат киргизип барсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2020-жыл 1-февральдан баслап:

экспорт-импорт операцияларын әмелге асырыўда талап етилетуғын рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлер ҳәм сертификатлар «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасы арқалы рәсмийлестириледи. Онда ўәкилликли уйымлардың автоматластырылған мәлимлеме системалары «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасына интеграцияланады;

фитосанитариялық, санитариялық-эпидемиологиялық, ветеринариялық ҳәм экологиялық қадағалаў өткериў ушын өндирилетуғын төлемлердиң муғдары ўәкилликли уйымның усы ҳүжжетти бериў ушын жумсаған қәрежетлери шеңберинде Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен келисилген ҳалда белгиленеди;

юридикалық шахслар тәрепинен даўа арзасы ҳәм оның қосымшаларын жуўапкер ҳәм экономикалық судқа салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы электрон тәризде жибериў имканияты жаратылады;

б) 2020-жыл 1-октябрьден баслап қуўатлылығы 140 киловатқа шекем болған электр үскенелерин электр тармақларына жалғаў процесинде жумсалатуғын қәрежетлер исбилерменлик субъектиниң қәлеўине бола, мәмлекетлик хызметлер орайларына техникалық шәртлерди алыў ушын мүрәжат етиў менен бир ўақытта берилген сораўына тийкарланып «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылады. Усы қаржылар исбилерменлик субъектлери пайдаланған электр энергиясының баҳасына қосылатуғын үстемелер есабынан бир жыл даўамында өндирип алынады.

  1. 2020-жыл 1-январьдан төмендеги талаплар бийкар етилсин:

исбилерменлик субъектлери – юридикалық шахслар арасындағы көшпес мүлкти алып-сатыў шәртнамаларын тәреплерден бириниң талабы бойынша нотариаллық тастыйықланғанда коммуналлық хызметлер бойынша қарыздарлықларды тексерип алыў;

мәмлекетлик салық хызмети уйымларына салық төлеўшилер тәрепинен көшпес мүлкке  болған ҳуқық мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин арзаны ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериўши уйымлар тәрепинен тийисли аймақта жайласқан жер участкасы ҳәм басқа да көшпес мүлк, оның мүлк ийелери ҳаққындағы мағлыўматты тиккелей қағаз көринисинде усыныў;

мийўе-овощ ҳәм тоқымашылық өнимлери ҳәм буйымларын экспорт етиў (пахтадан тысқары) ушын зәрүр рухсатнама ҳәм сертификатларды рәсмийлестириўде исбилерменлик субъектлеринен төлем өндириў.

  1. Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатында Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаўға байланыслы «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги Әдиллик министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-январьға шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин:

қурылыс-монтажлаў жумысларын баслаў ушын исбилерменлик субъектлери тәрепинен хабар жибериў тәртибин бийкар етиў, орайластырылған дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын қурылыс объектлери буған кирмейди;

объекттиң жер силкиниўге шыдамлылығы ҳәм өрт қәўипсизлиги бойынша жойбар ҳүжжетлери бойынша унамлы экспертиза жуўмағы ҳәм қурылыс қатнасыўшылары ҳаққындағы мағлыўматты мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен бир ўақытта исбилерменлик субъектлери ҳәм аймақлық қурылыс тараўындағы қадағалаў инспекцияларына объектти дизимнен өткериў ушын жибериў;

объектлер бойынша унамлы экспертиза жуўмағы болмағанда қурылыс-монтажлаў жумысларын баслаўды қадаған етиў, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайлар буған кирмейди.

  1. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги Қурылыс министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте еки ай мүддетте:

«Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетиниң қурамына киретуғын шөлкемлер тәрепинен күшлениўи 110 кВ қа шекемги болған электр қурылмаларын электр тармақларына жалғаўға байланыслы қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыўдың мүддетлерин ҳәм ең жоқары баҳаларын белгилеўди нәзерде тутатуғын бирден-бир калькуляциясын тастыйықласын;

электр тәмийнаты системасына жалғаныў процесинде ҳүжжетлерди көрип шығыў, келисиў ҳәм жумысларды әмелге асырыўға байланыслы тәртиплерди әпиўайыластырыў ҳәм мүддетлерин қысқартыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте мийўе-овощ ҳәм тоқымашылық өнимлери және буйымларын экспорт етиў (пахтадан тысқары) ушын зәрүр рухсатнама ҳәм сертификатларды рәсмийлестириўге байланыслы ўәкилликли уйымлардың қәрежетлерин Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қаплап бериў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. «Өзстандарт» агентлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өздавкарантин» инспекциясы мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-февральға шекем:

ўәкилликли уйымлардың автоматластырылған мәлимлеме системалары ҳәм «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасының платформасында таңлап алыў тийкарында фитосанитариялық, санитариялық-эпидемиологиялық, ветеринариялық, экологиялық қадағалаў өтериў ҳәм муўапықлықты баҳалаў имканиятын беретуғын айрықша қәўип-қәтерлерди таллаў системаларын енгизиўди жуўмақласын;

ўәкилликли уйымлар тәрепиен фитосанитариялық, санитариялық-эпидемиологиялық, ветеринариялық ҳәм экологиялық қадағалаў өткериў ушын шәртнамаларды оферта формасына өткерген ҳалда хызметлер ушын төлемлерди электрон тәризде әмелге асырыў имканиятын жаратсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Әдиллик министрлиги:

еки ай мүддетте жүк тасыўшылары тәрепинен жүк ҳүжжетлериниң мағлыўматларын өз ишине алған дәслепки электрон есабатты бажыхана уйымларына усыныў тәртибин енгизиў арқалы бажыхана рәсмийлестириўи процесслерин жеделлестириў илажларын көрсин;

2020-жыл 1-апрельге шекем мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Өзбекстан Республикасының улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллардан үлкен көлемли ҳәм аўыр салмақлы жүклердиң өтиўи ушын рухсатнаманы рәсмийлестириў процесслери ҳәм төлемлерин әмелге асырыўды электрон тәризге өткериў жумысларын жуўмақласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы, Саўда-санаат палатасы, Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги үш ай мүддетте:

лицензиялаў ҳәм рухсатнама бериў системасын тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлерин сын көзқарастан көрип шығып, оларды заман талапларына сәйкеслендириў ҳәм системаластырыў;

лицензиялар ҳәм рухсатнамаларды рәсмийлестириўде талап етилетуғын ҳүжжетлерди хатлаўдан өткерип, бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм олардың альтернатив түрлерин, соның ишинде, хабардар етиў тәртибин енгизиў бойынша усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-февральдағы «Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатында Өзбекстан Республикасының рейтингин жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4160-санлы қарары менен белгиленген мақсетли көрсеткишлерге сөзсиз ерисиўге тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары жеке жуўапкер екенликлери ҳаққында ескертилсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы ПП-5635-санлы Пәрманының 3-қосымшасында көрсетилген халықаралық рейтинглердиң индикаторлары бойынша мәмлекетимиздиң рейтинг көрсеткишлериниң жақсыланғанлығы ямаса төменлегенинен келип шығып, министрликлер ҳәм уйымларға хошаметлеў ямаса жазалаў илажларын қолланыў тәртибин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Саўда-санаат палатасы:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети менен бирге Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясы «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатының қурылыс ушын рухсатнамалар алыў, электр тәмийнаты системасына жалғаныў, мүлкти дизимнен өткериў ҳәм халықаралық саўда индикаторлары бойынша «мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» институтының қолланылыўын тәмийинлесин;

жәмийетлик қадағалаў ҳәм «мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» институтының қолланылыўы нәтийжелери бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.

Усы бәнтте нәзерде тутылған бағдарлар бойынша «мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» институты Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 25-февральдағы «Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглер ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4210-санлы қарарының талаплары тийкарында қолланылатуғыны белгиленсин.

  1. Саўда-санаат палатасы ҳәм Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатының ҳәр бир индикаторы бойынша толық мағлыўматлар сәўлеленген арнаўлы портал сыпатында Интернет тармағындағы businessinfo.uz сайтынан пайдаланыў және оны турақлы жаңалап барыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Мәмлекетлик хызметлер агентлиги 2020-жыл 1-апрельге шекем өзиниң рәсмий веб-сайтында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў мүддетлерин автоматластырылған тәризде, соның ишинде, көрип шығыў мүддетлери бузылған арзалар ҳәм жуўапкер уйымлар ҳаққында ашық мағлыўматларды реал ўақыт режиминде сәўлелендириўши бөлим жаратсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлигиниң 2020-жыл март айында өткерилетуғын Ташкент халықаралық инвестициялық форумы шеңберинде халықаралық жәмийетшилик ҳәм сырт ел инвесторларын Өзбекстанда бизнес жүргизиў имканиятлары менен кеңнен таныстырыў ҳәм республиканың «Бизнес жүргизиў» рейтингиндеги орнын жақсылаў мәселелерин додалаўға бағышланған өз алдына секция панелин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  4. «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатының индикаторлары ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар 2020-жыл 1-январьға шекем тийисли тараўларда әмелге асырылған реформалар, олардың әмелиятқа енгизилиўин тийкарлаўшы дәлийллер ҳәм статистикалық мағлыўматлардан ибарат аналитикалық материалларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине усынылыўын тәмийинлесин.
  5. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги, Әдиллик министрлиги, Саўда-санаат палатасы және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен бирге бир ай мүддетте Жәҳән банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатының ҳәр бир индикаторы бойынша әмелге асырылған реформалар бойынша кең көлемли үгит-нәсиятлаў жумысларын өткериў режесин тастыйықласын ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
  6. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

Министрликлер ҳәм уйымлар еки ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 20-ноябрь