Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасында Административлик реформалар концепциясын жүзеге шығарыў, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, бизнести раўажландырыў мақсетинде мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын сапа жағынан жаңа дәрежеге өткериў жедел пәтлерде әмелге асырылмақта.
Қысқа ўақыт ишинде «бир айна» принципи бойынша көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң саны 100 хызметтен асты, хызметтен пайдаланыў ушын мүрәжат етип атырған пуқаралар саны болса 50 есеге артты. Бунда көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер көрсеткиши қосымша мәмлекетлик хызметлер енгизилиўи мүнәсибети менен және еки есеге артыўы күтилмекте.
Бизнес жүргизиўде артықша бюрократлық процесслерди түп-тийкарынан қысқартыў ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде:
- 2019-жыл 1-июньнен баслап сондай тәртип белгиленсин, оған бола:
физикалық ҳәм юридикалық шахслар мәмлекетлик хызметлер орайларында (кейинги оранларда – Орайлар) пуқаралар турақлы (ўақытша) дизимнен өткен жерине ҳәм юридикалық шахслардың почта мәнзилине (жасаў орнына) қарамастан, мәмлекетлик хызметлерди экстерриториал принцип бойынша алыўға ҳақылы;
мәмлекетлик хызметлерди алыў ушын Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (кейинги орынларда – Бирден-бир портал) арқалы мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажы, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлер Орайлар арқалы ямаса тиккелей хызмет көрсететуғын уйымларға мүрәжат еткенде төленетуғын суммадан 90 процент муғдарында төленеди;
Бирден-бир портал арқалы көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлер ушын мәмлекетлик бажылар ҳәм жыйымлардың Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң (кейинги орынларда – Агентлик) бюджеттен тыс қорына қаратылатуғын бөлеги 20 проценттен 10 процентке азайтылады ҳәм босайтуғын қаржылар қалған алыўшылар арасында пропорциялы түрде бөлистириледи;
мәмлекетлик хызметлер көрсететуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ушын зәрүр болған, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте белгиленетуғын дизим бойынша мағлыўматларды өзлериниң мағлыўматлар базаларына ҳәм мәлимлеме системаларына электрон көринисте электрон мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў ушын киргизип барады.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, мәмлекетлик хызметлерди көрсететуғын басқа да уйымлар менен шөлкемлер мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел еткен ҳалда өзлериниң уйымлық мәлимлеме системаларында, ресурсларында ҳәм мағлыўматлар базаларында бар ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ушын зәрүр болған мәлимлеме ҳәм мағлыўматлар «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграцияласыў платформасына усынылыўын және Агентликке зәрүр мәлимлеме ҳәм мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятын тәмийинлесин.
- Төмендегилер:
Исбилерменлик жумысы тараўындағы рухсат бериў тәртип-қағыйдаларының 2019-жыл 1-апрельден баслап бийкар етилетуғын айырым түрлериниң дизими 1-қосымшаға муўапық;
Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тәртибин белгилейтуғын нормаларды әмелдеги уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жоқарылаў юридикалық күшке ийе нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде беккемлеген ҳалда қайта көрип шығыў кестеси (кейинги орынларда – Кесте) 2-қосымшаға муўапық;
Мәмлекетлик хызметлерди оптималластырыў, мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи ушын зәрүр болған мағлыўматлардың электрон базаларын «Электрон ҳүкимет» системасына интеграциялаў бойынша илажлар режеси 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Министрликлер ҳәм уйымлар уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер Кестесине муўапық қайта көрип шығылыўын:
Агентлик, Электрон ҳүкимет ҳәм цифрлы экономика жойбарларын басқарыў орайы ҳәм басқа да мәпдар уйымлардың хызметкерлерин тартқан ҳалда жумысшы топарлар дүзиў;
анық бир түрдеги мәмлекетлик хызметти тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый базаны жалпы хатлаўдан өткериў;
мәмлекетлик хызметлерди оптималластырыў, тийкарсыз шеклеўлер, артықша административлик тәртип-қағыйдалар ҳәм ескирген тәртипке салыў механизмлерин сапластырыў;
нызам ҳүжжетлерин қысқартыў, нормалардың көплигин сапластырыў ҳәм оларды бирден-бир нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетке бириктириў арқалы нормаларды системаластырыў;
мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тәртиплерин Өзбекстан Республикасының «Административлик процедуралар ҳаққында»ғы нызамына сәйкеслендириў;
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине белгиленген мүддетлерде киргизиў арқалы тәмийинлесин.
- Усы қарардың 3-қосымшасында көрсетилген министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына Илажлар режесиниң өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- 2019-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен физикалық шахслардан жыйналып барылатуғын пенсия дәптершелери, салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша қарыз бар ямаса жоқ екени ҳаққында мағлыўматнамалар, салық төлеўшиниң есапқа алынғаны ҳаққында гүўалықлар, төленген дәраматлар ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының услап қалынған суммалары ҳаққында мағлыўматнамалар талап етилиўи қадаған етилсин.
Мәмлекетлик басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер усы бәнтте нәзерде тутылған ҳүжжетлерди мәмлекетлик салық хызмети уйымлары, АКБ «Халық банки», Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорынан электрон өз-ара бирге ислесиў арқалы тек ғана уйымлараралық интеграцияласыў платформасына мәлимлеме алыў ушын жалғаныў жолы менен еркин түрде сорайтуғыны ҳәм алатуғыны белгиленсин;
Мәмлекетлик салық комитети, АКБ «Халық банки», Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры 2019-жыл 1-июльге шекем мәмлекетлик хызметлер көрсетиў процесинде пайдаланылатуғын мәмлимлеме системаларын жетилистирсин және усы бәнтте нәзерде тутылған мәлимлеме ҳәм ҳүжжетлерди тек ғана уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы усынсын.
- Агентликке Орайлар арқалы мәмлекетлик хызметлерди орынларға шыққан ҳалда көрсетиў (жеткерип бериў) бойынша Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланған тарифлер тийкарында төлемли экспресс-хызметлер көрсетиў ҳуқықы берилсин. Онда майыплығы болған шахслар ҳәм барыў қыйын болған районлардың халқына экспресс-хызметлер бийпул көрсетилиўи нәзерде тутылсын.
- Мәмлекетлик хызметлер көрсететуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына:
тек ғана Орайлар арқалы көрсетилетуғын хызметлерди енгизиў бойынша илажларды өз ўақтында орынлаў;
мәмлекетлик хызметлер көрсетиў процесинде пайдаланылатуғын мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базаларының серверлеринде профилактикалық жумысларды жумыс ўақтынан тыс алып барыў;
мәмлекетлик хызметлер көрсетиў процесинде пайдаланылатуғын өзлериниң мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базаларындағы насазлықлар ҳаққында Агентликти хабардар етиў, сондай-ақ, оларды оператив дүзетиў илажларын көриў ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Агентликке хожалық басқарыў уйымлары, турақ жай коммуналлық ҳәм пайдаланыў хожалығы шөлкемлери тәрепинен ҳәр қыйлы хызметлер көрсетилиўи сапасы үстинен, соның ишинде, хызмет көрсетиў процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм пуқаралар ушын басқа да қолайлылықлар жаратыў бойынша мониторинг алып барыў ўәкиллиги берилсин.
Агентликке:
хожалық басқарыў уйымларына, турақ жай коммуналлық ҳәм пайдаланыў хожалығы шөлкемлерине анықланған нызамбузылыўлар ҳәм кемшиликлерди, олардың жол қойылыўына алып келген себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў бойынша усыныслар киргизиў;
мәмлекетлик хызметлер көрсетиў талапларын ҳәм тәртибин бузғаны ушын айыпкер болған лаўазымлы шахсларды административлик жуўапкершиликке тартыў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:
бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Орайлық банки, басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде Орайлардың хызметкерлери тәрепинен арза ийелеринен нақ ҳәм нақ емес ақша қабыл етиў механизмин енгизсин;
бир ай мүддетте мәпдар уйымлар менен биргеликте мәмлекетлик хызметлерди жеделлестирген тәртипте арттырылған тарифлер бойынша көрсетиў тәртибин Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин;
үш ай мүддетте мәпдар уйымлар менен биргеликте мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң хызметкерлери тәрепинен мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўинде нәтийжелилик ҳәм нәтийжелиликтиң тийкарғы көрсеткишлери (KPI) (көрсетилген хызметлердиң муғдары ҳәм сапасы, хызмет көрсетиў тезлиги, хызметкердиң мүлайымлылығы ҳәм қәнигелилиги, мүрәжат етиўшилердиң пикирлери ҳәм басқалар)) және олардың жумысын баҳалаў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
үш ай мүддетте Агентликтиң «Call service» арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў механизмин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти ислеп шықсын ҳәм қабыл етсин;
мәпдар уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-майға шекем «ПҲАЖ бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасының блокчейн технологиясынан пайдаланыў тийкарында, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде енгизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте жоқары класслар ушын «Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары» пәниниң оқыў бағдарламасына «Электрон ҳүкимет» системасы хызметлеринен пайдаланыў, талап ең жоқары болған мәмлекетлик хызметлерди заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан, соның ишинде, Бирден-бир порталдан пайдаланған ҳалда алыў көнликпелерине үйретиўге бағышланған арнаўлы бөлим киргизсин.
- Экономикалық раўажланыў дәрежеси изде қалып атырған районлар және алыс аймақларға потенциаллы инвесторларды тартыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 8-майдағы ПҚ-3701-санлы «Өзбекстан Республикасы Президентиниң район (қала)лардағы Халық қабыллаўханалары жанындағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары имаратларының мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында қурылыўын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары шеңберинде қосымша объектлерди қурыў ушын инвесторларға барлық жеңиллик ҳәм абзаллық сақлап қалынған ҳалда исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын аймақ көлеминдеги басқа да район (қала)нан жер учаскаларын ажыратыўға рухсат берилсин.
- Мәмлекетлик хызметлер орайларының имаратларын қурыўдың реже-кестеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине реже-кестени өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жеке жуўапкерлик жүкленсин.
Агентлик Реже-кестениң әмелге асырылыўы бойынша системалы мониторингти орнатсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына оның орынланыўы ҳаққында ҳәр шеректе мәлимлеме киргизсин.
- 2021-жыл 30-ноябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Агентлик тәрепинен Орайлар, нотариуслар ҳәм ПҲАЖ объектлерин үскенелеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша алып келинетуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын сервер ҳәм компьютер үскенелери, комплектлеўши буйымлар ҳәм аўысық бөлеклер, бағдарламалық тәмийнат, әсбаплар ҳәм қурылмалар, басқа да үскенелер бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.А.Худайбергеновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 15-февраль