Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-октябрьдеги «Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды реформалаўды жеделлестириў және мәмлекетлик активлерди меншиклестириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПП-6096-санлы Пәрманына муўапық және экономикаға жеке меншик инвестицияларды тартыўды жеделлестириў мақсетинде:
1.Халықаралық консалтинг, аудиторлық ҳәм инвестиция мәсләҳәтшилери, инвестициялық банклер ҳәм басқа да қәнигелескен компанияларды (кейинги орынларда – профессионал шөлкемлер) тартқан ҳалда мәмлекетлик активлерди меншиклестириўдиң заманагөй усылларын енгизиў әмелиятының басланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2.Сондай тәртип ортнатылсын, оған муўапық усы Пәрманның 1 ҳәм 2-қосымшаларында көрсетилген мәмлекетлик активлерди ғалаба саўдаларға қойыў ҳәм оларды сатыў процесслерин шөлкемлестириўде:
профессионал шөлкемлерди тартыў Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ямаса «UzAssets» инвестициялық компания тәрепинен ең жақсы усынысларды таңлап алыў тийкарында әмелге асырылады. Онда, олар менен дүзилетуғын шәртнамаларды экспертизадан өткериў талап етилмейди;
профессионал шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик активлерди сатыў мақсетинде анықланған баҳа ямаса баҳалардың аралығы (баҳалаў жумысының миллий стандарты талапларына қарамастан) саўда процесинде бағдар сыпатында дизимге алыныўына рухсат бериледи;
баҳалаў шөлкеминиң баҳалаў ҳаққындағы есабатында усыныс етилген ҳәм оның экспертиза жуўмағында анықланған баҳаны мәмлекетлик активтиң басланғыш баҳасы сыпатында мәжбүрий белгилеў ҳаққындағы талап әмел етпейди;
Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссияға мәмлекетлик активлердиң басланғыш баҳасын жәрияламаған ҳалда сатыў ҳаққында дағазалар бериў және 2ден кем болмаған усыныслар арасында ең жақсысы тийкарында сатыў бойынша қарарлар қабыл етиў ўәкиллиги бериледи (баҳалаў ҳаққындағы есабатта усыныс етилген ҳәм экспертиза жуўмағында анықланған баҳаға қарамастан).
3.Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-августқа шекем мәмлекетлик мүлкти меншиклестириўде баҳалаўшы шөлкемлерди таңлаў, олардың хызметлериниң баҳасын анықлаў ҳәм төлеўдиң ең жақсы коммерциялық усынысларын таңлап алыў тәртибин енгизсин.
4.Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
5.Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң директоры А.Ж.Ортиқов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министр А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 11-февраль