Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Халықты жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларды басқарыўға белсендилик пенен тартыў пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын ҳәм юридикалық саўатлылығын арттырыў, пуқаралық жәмийетти раўажландырыў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, тийисли тараўларда мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда нәтийжели қарарларды қабыл етиўдиң оғада әҳмийетли шәрти есапланады.
Соның менен бирге, мәмлекетти социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий раўажландырыўдың жедел пәтлери жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларды басқарыўда пуқаралар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер және пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары қатнасындағы ролин арттырыў, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери ҳәм нормаларын есапқа алған ҳалда усы бағдардағы олардың жумысын күшейтиў ушын қосымша шараятларды жаратыўды талап етпекте.
Жәмийетшиликтиң пикирин таллаў, пуқаралардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларды басқарыўдағы қатнасын кеңейтиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының және де ашықлығын тәмийинлеў тийкарында басқарыў қарарларының қабыл етилиўин сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң төмендеги тәртипти орнатыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын, оған муўапық ислеп шығыўшы-шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасының Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында жайластырылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын жәмийетшилик тәрепинен додалаўдың нәтийжелери Әдиллик министрлигине (ҳуқықый экспертиза ушын) ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине (көрип шығыў ушын) киргизиледи, бунда, қағыйда түринде, келип түскен усынысларды көрип шығыў нәтийжелериниң көрсетилиўи мәжбүрий есапланады.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасына үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасының «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамын қайта көрип шығыў усыныс етилсин, бунда, соның ишинде, төмендегилер нәзерде тутылсын:
халықаралық әмелиятта кең тарқалған жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршең түрлерин енгизиў;
жәмийетлик қадағалаўдың түрлерин әмелге асырыў механизмлерин ҳәр тәреплеме регламентациялаў, оларды әмелиятта нәтийжели қолланыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жанындағы жәмийетлик кеңеслердиң жумысы, тийисли тараўлардағы жумыслардың жағдайын жақсылаўда олардың роли ҳәм нәтийжели қатнасыў мәселелери.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы (Р.С.Қосимов) еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пуқаралық жәмийетиниң қәлиплесиўин мониторинг етиўши ғәрезсиз институтының жумысын түп–тийкарынан жетилистириў ҳәм қаржыландырыўды нәзерде тутатуғын қарардың жойбарын киргизсин, онда, соның ишинде, төмендегилер нәзерде тутылсын:
интситут тәрепинен ҳәр жылы Өзбекстанда пуқаралық жәмийетиниң жағдайы ҳәм оны раўажландырыў тенденциялары ҳаққындағы баянатты Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңесиниң көрип шығыўы ушын киргизиў ҳәм соңынан Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме бериў;
институт тәрепинен пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўын, жәмийетлик институтлардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў дәрежесин, сондай-ақ, олардың мәмлекетти социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый жақтан раўажландырыўға, соның ишинде, 2030-жылға шекемги болған дәўирде БМШның Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў шеңберинде қосқан баҳалаў индикаторларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў.
- 2020-жыл 1-январьдан баслап республикалық, ўәлаятлараралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы ставкалары базалық есаплаў муғдарының 4 есесинен 3 есесине шекем, ўәлаятлық мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлер ушын – базалық есаплаў муғдарының 2 есесинен 1 есесине шекем кемейтилсин.
2020-жыл 1-январьдан баслап өз жумысын район (қала), посёлка, аўыл ҳәм аўыл аймағында алып баратуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын мәмлекетлик бажы ставкасы базалық есаплаў муғдарының 50 проценти муғдарында белгиленсин.
- Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары жумысын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға мәмлекетлик грантлар, субсидиялар ҳәм социаллық буйыртпа түриндеги қаржылар Қарақалпақстан Республикасының республика бюджети, ўәлаятлардың ўәлаят бюджетлери ҳәм Ташкент қаласының қала бюджети, сондай-ақ, қала ҳәм районлар бюджетлериниң қәрежетлерине қосылсын.
Қаржы министрлиги бир ай мүддетте усы бәнттиң талапларынан келип шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасының Бюджет кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Республиканың барлық мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлеринде, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымларында, олардың жумысын қаржыландырыў дәреклерине қарамастан, усы уйым ҳәм шөлкемлердиң бюджеттен тысқары дәреклери есабынан мәжбүрий тәртипте олардың веб-сайтлары жаратылатуғыны белгилеп қойылсын.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығын буннан былай да арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба комммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбар басқарыўы миллий агентлиги және Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги еки ай мүддетте:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң рәсмий веб–сайтына қойылатуғын тийкарғы талапларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм усынсын;
Интернет тармағында республиканың барлық мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымларының веб-сайтлары бар екенлигин ҳәм жумыс ислеўин инвентаризациядан өткерсин.
Инвентаризация нәтийжелери веб-сайтларға қойылатуғын жаңа талапларды есапқа алған ҳалда кейин ала мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымларының веб-сайтларын жаратыў ҳәм әмелдегилерин модернизациялаў бойынша илажларды көриў ушын еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усынсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының «O‘zbekiston» телеканалында пуқаралық жәмийетин раўажландырыў тараўындағы ўазыйпаларды кең көлемде түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаўға, халықты тәшиўишке салып атырған мәселелерди додалаў ушын илимпазлар, социологлар, изертлеўшилер, экспертлер, жәмийетлик ғайраткерлер, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм пуқаралар қатнасыўында турақлы жумыс алып баратуғын «Пикир-талас майданшасын» шөлкемлестириўге қаратылған телекөрсетиўлерди таярлаў ҳәм эфирге бериўди нәзерде тутатуғын «Jamoatchilik fikri» редакциясын шөклемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
«Jamoatchilik fikri» редакциясын қаржыландырыў Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының өз қаржылары есабынан, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен телерадиокомпанияға ажыратылатуғын бюджет қаржылары шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы еки ҳәпте мүддетте орайлық мәмлекетлик телеканалларда мәмлекеттиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый турмысына байланыслы ең тийкарғы мәселелерди додалаў мақсетинде турақлы түрде арнаўлы телекөрсетиўлердиң (жәмийетлик пикир-таласлар) шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққындағы кодекстиң жойбарын таярлаў бойынша жумысшы топар 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин, алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм қәлиплескен миллий ҳуқықты қолланыў әмелияты тийкарында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылықты кодификациялаў ҳәм системаластырыў оның тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленсин.
Жумысшы топар 2020-жыл 1-февральға шекем мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен келисилген Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққындағы кодекстиң жойбарын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы менен бирегликте 2019/2020-оқыў жылынан баслап төлем тийкарында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшыларын қайта тарялаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў курсларын турақлы түрде шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңеси (А.Х.Саидов) еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен белгиленген тәртипте келисилген төмендеги жойбарларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин:
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңеси ҳаққындағы реже;
Мәмлекетлик жумысларды басқарыўда пуқаралар қатнасының халықаралық стандартларын республикада енгизиў бойынша әмелий илажлардиң режеси.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы және Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигине ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын сәўлелендириў бойынша мақалалар ҳәм темаға байланыслы көрсетиўлерди шөлкемлестириў усыныс етилсин.
- Усы қарарды әмелге асырыў бойынша ҳәр тәреплеме әмелий илажлардың режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары барлық илажлардың белгиленген мүддетлерде сөзсиз ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2013-жыл 12-декабрьдеги «Пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыўға жәрдемлесиў бағдарындағы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2085-санлы қарарына 3-қосымшаға муўапық өзгерис киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:
Пуқаралық жәмийети институтларының жумысы тараўында нызамшылықтың силтеўши нормаларын әмелге асырыў ушын зәрүр болған нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў режесин;
нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 4-октябрь