Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде барлық тараўлар қатарында диний-ағартыўшылық турмысымызда да үлкен өзгерислер жүз бермекте. Муқаддес динимиздиң тынышлық, дослық, кеңпейиллик ҳәм адамгершилик идеяларын, ислам цивилизациясының раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы бабаларымыздың бай илимий мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, жасларды усы руўхта саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў бойынша кең имканиятлар ашылмақта.

Әсиресе, елимиздиң мөмин-мусылманлары халқымыз ушын әсирлер даўамында жақсылық, меҳир-мүриўбет ҳәм қайыр-сақаўат нышаны болып келген муқаддес Рамазан айын үлкен шады-қоррамлық ҳәм шүкиршилик пенен күтип алып, қайырлы әмеллерди орынламақта.

Бул мүбәрек айдың жәмийетимиз турмысында тынышлық-турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик орталығын және де беккемлеў, халқымыздың диний-мәнаўий қәдириятларын сақлаў ҳәм раўажландырыў бағдарындағы әҳмийетин есапқа алып ҳәм оны ҳәр тәреплеме мүнәсип өткериў мақсетинде:

2021-жыл мүбәрек Рамазан айының басланыўы 13-апрель күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Рамазан айын карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға сай ҳәм мүнәсип ҳалда өткериўге қаратылған илажларды әмелге асырсын.

Орынларда Рамазан айының мазмун-мәнисинде жәмленген инсаныйлық, руўхый пәклик, сабыр-қәнәәт сыяқлы пазыйлетлерди ҳүрметлеў, бүгинги тыныш ҳәм абадан турмысымызды қәдирлеў, адамларды бир-бирине жақсылық етиў, татыў ҳәм аўызбиршиликли болып жасаўға шақыратуғын ҳәм жас әўладты ана-Ўатанға муҳаббат, әзелий дәстүр ҳәм қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға хызмет ететуғын үгит-нәсият илажларын өткериўге айрықша итибар қаратылсын.

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан айын өткериўге байланыслы илажларды кеңнен жарытыў усыныс етилсин.

Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                Ш. МИРЗИЁЕВ.

 

Ташкент қаласы,

2021-жыл, 8-апрель.