Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жаңа бәсекиге шыдамлы өндирислер ҳәм киши кәрханалардың раўажланыўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша избе-из әмелге асырылып атырған илажлар шеңберинде 150 киши санаат зонасы шөлкемлестирилген болып, олардың аймағында ҳәр жылы жәми 1,7 триллион сумнан зыят баҳадағы өнимлерди ислеп шығарыў көлемине ийе болған 1691 киши кәрхана жумыс алып барады ҳәм 27 мыңнан зыят жумыс орынлары жаратылды.

Киши санаат зоналарының жумысын муўапықластырыў ҳәм басқарыў системасын және де жетилистириў, олардың қатнасыўшылары ушын жумыс ислеў шараятларын сапа жағынан жақсылаў ҳәм өнимлерди сатыўға жәрдемлесиў, инвестицияларды тартыўды жеделлестириў, ,бәринен бурын, пайдаланылмай атырған, жумыс алып бармай атырған өндирис майданлары тийкарында шөлкемлестирилип атырған импортқа жарамлы өнимлерди шығарыў бойынша заманагөй ислеп өндирислердиң енгизилиўин жеделлестириў, усы тийкарда жаңа турақлы жумыс орынлары шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў ҳәм халықтың дәраматын арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги және Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында мәмлекетлик мәкеме түриндеги киши санаат зоналарын басқарыў бойынша бирден-бир дирекцияларды (кейинги орынларда – дирекциялар) ҳәр бир киши санаат зонасына дирекциялардың жуўапкер хызметкерлерин бириктирген ҳалда шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте жаңадан шөлкемлестирилип атырған дирекциялардың дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республиксы Президентиниң 2019-жыл 10-январьдағы «Экономикалық раўажланыў тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5621-санлы Пәрманы менен киши санаат зоналарының қатнасыўшыларына төмендеги ҳуқықлар берилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

өз қаржылары есабынан қурылған имаратлар ҳәм объектлери (ямаса олардың бөлимлери)не мүлк ҳуқықын белгиленген тәртипте рәсмийлестириў;

реконструкциялаў ямаса капитал оңлаўды өз қаржылары есабынан әмелге асырған жағдайда, бирақ киши санаат зонасының қатнасыўшысы статусын алған күннен баслап кеминде 3 жыл мүддет өткеннен кейин, имаратлар ҳәм объектлер (ямаса олардың бөлимлери)ди меншиклестириў;

инвестиция ҳәм басқа да социаллық миннетлемелерди толық әмелге асырған жағдайда, бирақ киши санаат зонасы қатнасыўшысы статусын алған ўақыттан баслап 5 жыл мүддет өткеннен кейин, өзлерине берилген имаратлар ҳәм объектлер (ямаса олардың бөлимлери)ди меншиклестириў.

  1. а) киши санаат зоналары тек ғана транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфрастуртурасы бар ямаса өткериў аңсат болған ислемей турған кәрханалар тийкарында ҳәм аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос жер майданларында шөлкемлестирилетуғыны;

б) жер участкаларын бериў, киши санаат зоналары аймағында әмелге асырыў ушын инвестициялық жойбарларды таңлаў ҳәм орналастырыў ҳаққындағы қарарлар район (қала) ҳәкиминиң жер участкасын бериў ҳаққындағы айрықша қарарын қабыл етпеген жағдайда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарының ҳәкимшилик кеңеслери (кейинги орынларда – ҳәкимшилик кеңеслер) баянламалары түринде рәсмийлестирилетуғыны;

в) киши санаат зонасы қатнасыўшысы тәрепинен инвестициялық жойбарларды киши санаат зонасында орналастырылған күннен баслап үш ай даўамында әмелге асырыў бойынша илажлар көрилмегенлиги, сондай-ақ, объекттен шәртнамада көрсетилген мақсетке муўапық емес пайдаланылғанлығы шәртнаманың бир тәреплеме тәртипте бийкар етилиўине тийкар болатуғыны;

г) киши санаат зонасы қатнасыўшысы тәрепинен инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў объектив себеплерге бола шәртнамада көрсетилген мүддетлерде жуўмақланбаған болса ямаса ақырғы 6 ай даўамында өндирис процеси әмелге асырылмаған болса,  ҳәкимшилик кеңес оған жойбардың әмелге асырылыўын тезлестириў бойынша «жол картасын» тастыйықлаған ҳалда қосымша мүддет усынылыўы ямаса шәртнама бийкар етилиўи ҳаққындағы мәселени көрип шығыўы мүмкин екенлиги:

д) имаратлар ҳәм объектлер (ямаса олардың бөлимлерин)ди меншиклестириў төмендеги тәртипте әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын:

өз қаржылары есабынан реконструкциядан шығарыў ямаса капитал  оңлаў жумыслары алып барылған имаратлар ҳәм объектлер (ямаса олардың бөлимлери) де, бирақ киши санаат зонасы қатнасыўшысы  статусын алған күннен баслап кеминде 3 жыл мүддет өткеннен кейин – реконструкциядан шығарыў ямаса капитал  оңлаў  жумысларының қәрежетлери қайтарып тасланған ҳалда белгиленген тәртипте анықланатуғын баҳалаў қуны бойынша;

инвестиция ҳәм басқа да социаллық миннетлемелерди толық орынлаған жағдайда (қатнасыўшының жеке қаржылары есабынан реконструкциядан шығарыў ямаса капитал  оңлаў жумысларын алып бармаған жағдайда), бирақ киши санаат зонасы қатнасыўшысы статусын алған күннен баслап кеминде 5 жыл мүддет өткеннен кейин – бес жыл даўамында тең үлеслерде төлемлерди киргизиў ҳуқықы берилген ҳалда белгиленген тәртипте анықланатуғын баҳалаў қуны бойынша.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги:

а) ҳәкимшилик кеңеслер ҳәм дирекциялар менен биргеликте үш ай мүддетте:

республиканың барлық аймақларындағы киши санаат зоналарын инвентаризациялаў ҳәм олардың жумысын үйрениў және нәтийжеси бойынша олардың ҳәр бири кейин ала жумыс алып барыўы мақсетке муўапық екенлиги ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизилиўин;

киши санаат зоналары қатнасыўшылары менен дүзилген имаратлар ҳәм объектлердиң ижарасы ҳаққындағы шәртнамаларды, зәрүр жағдайларда, белгиленген тәртипте пайдаланылмай атырған ҳәм мақсетке муўапық емес пайдаланылып  атырған имаратлар менен объектлерди қайтарыў илажларын көрген ҳалда ямаса қосымша жойбарларды орналастырыў есабынан олардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша «жол карталарын» ислеп шыққан ҳалда қайта көрип шығылыўын;

белгиленген мүддетлерде инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы басланыўын тәмийинлемеген киши санаат зоналарының қатнасыўшылары менен инвестициялаў ҳаққындағы келисимлердиң бийкар етилиўин;

өндиристиң қысқа мүддетлерде пайдаланыўға тапсырылыўын нәзерде тутқан ҳалда артта қалып атырған жойбарлар бойынша тармақ кестелериниң ислеп шығылыўы тәмийинленсин;

б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте социаллық-экономикалық раўажланыўы артта қалып атырған районлар ҳәм қалаларда аймақтың потенциалы, бәсекидеги тийкарғы бағдарлары, тәбийғый ҳәм мийнет ресурсларынан келип шығып,  олардың қәнигелесиўин белгилеген ҳалда жаңа киши санаат зоналарын шөлкемлестириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;

в) Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналық хызмет көрсетиў министрлиги, Транспорт министрлиги, Энергетика министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте үш ай мүддетте жаңадан шөлкемлестирилип атырған киши санаат  зоналары аймақларында талап жоқары болған өнимлердиң ислеп шығарылыўын жолға қойыў ушын зәрүрли шараятлар жаратылыўын нәзерде тутқан ҳалда аймақлар кесиминде транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жедел раўажландырыў бойынша «жол картасын» тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

г) ғалаба хабар қураллары, соның ишинде электрон ҳәм интернет басылымларды тартқан ҳалда мәмлекеттиң киши санаат зоналары, инвестиция киргизиўдиң абзаллықлары ҳәм жаратылған жеңилликли шараятлар, киши санаат зоналары аймақларындағы бар болған инфраструктура, усыныс етилип атырған хызметлер, сондай-ақ, әмелге асырылыўы усыныс етилип атырған инвестициялық жойбарлар ҳаққындағы толық мағлыўматлардың турақлы түрде басып шығарылыўын шөлкемлестирсин.

  1. ҳәкимшилик кеңеслер хаткериниң киши санаат зоналары жумысын басқарыў ҳәм муўапықластырыўға байланыслы функциялары Қарақалпақстан Республикасы экономика ҳәм санаат министри, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы экономика ҳәм санаат бас басқармалары баслықларына жуклетилетуғыны;

дирекциялар директорларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў ҳәкимшилик кеңеслер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министри менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғыны;

киши санаат зоналарының архитектуралық-жобаластырыў ҳүжжетлерин ислеп шығыў, соның ишинде, жер участкаларын таңлаў  ҳәм ажыратыў бойынша материалларды таярлаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының бюджети және ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери қаржылары есабынан жойбарлаў шөлкемлерин қаратқан ҳалда тәмийинленетуғыны;

дирекциялар киши санаат зоналары аймақларының архитектуралық-жобаластырыў жойбарларын  ислеп шығыў бойынша буйыртпа бериўшилер болып қатнасыўға ҳақылы екенлиги белгилеп қойылсын.

  1. Киши санаат зоналары дирекциялары 2022-жыл 1-июлге шекем жер салығы ҳәм мүлк салығын төлеўден азат етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте киши санаат зоналары аймақларында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарларды мониторинг етиўдиң автоматластырылған системасын енгизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Қарақалпақстан Респумбликасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының тийисли жергиликли бюджетлери қаржылары есабынан киши санаат зоналарының бөлиниў шегарасына шекем зәрүрли сыртқы инженерлик коммуникациялары ҳәм инфраструктурасының киши санаат зоналарында исбилерменлик субъектлерин орналастырыўға байланыслы ислеп шығылған жойбарларға бола қурылыўын ҳәм модернизацияланыўын тәмийинлесин.
  4. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары –қаржы минстри Ж.А Қўчқоровқа – усы қарар менен қойылған ўазыйпалардың булжытпай орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде министрлик ҳәм мәкемелердиң жумысын нәтийжели муўапықластырыў ушын;

Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм санаат министри Б.А.Ходжаевқа– ҳәкимшилик кеңеслер тәрепинен киши санаат зоналары аймағында өндирислерди орналастырыўға инвестициялық талапнамалардың өз ўақтында көрип шығылыўы ҳәм олар бойынша қарарлардың қабыл етилиўи, сондай-ақ, киши санаат зоналарының имканиятынан нәтийжели пайдаланылыўы, жойбарлардың өз ўақтында әмелге асырылыўы ҳәм енгизилиўи ушын;

Өзбекстан Республикасы энергетика министри А.С.Султоновқа, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлерине-қурылыстың өз ўақтында тамамланыўы, модернизация ҳәм киши санаат зоналары қатнасыўшыларын сыртқы инженерлик коммуникациялары ҳәм инфраструктураға жалғаныўы, олардың объектлери реал ислеп шығарыў зәрүрликлерине муўапық электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен избе –из тәмийинлениўи ушын шеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине:

усы қарар талапларын есапқа алған ҳалда Киши санаат зоналары ҳаққында жаңаланған реже жойбарын;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң орынбасары-қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 21-июнь