Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Миллий кино көркем өнерин раўажландырыўға қаратылған реформаларды системалы даўам еттириў, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, елимизде жәҳән тәжирийбеси тийкарында кино ислеп шығарыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў, заманагөй киносанаат инфраструктурасын жаратыў ҳәм кинопрокат системасын раўажландырыў мақсетинде:
- Төмендегилер миллий кинематографияны раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
кино көркем өнерин жәмийеттиң руўхый, мәдений-ағартыўшылық турмысында, соның ишинде, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда стратегиялық дәрек сыпатында қәлиплестириў;
кино санаатын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын базар принциплери тийкарында жетилистириў, сондай-ақ, сырт ел компанияларын мәмлекетке тартыў ҳәм бирге ислесиўде фильмлер ислеп шығарыўды раўажландырыў;
кино санаатын экономиканың айрықша тармағы сыпатында раўажландырыў, заманагөй ҳәм жоқары технологиялы материаллық-техникалық базаға ийе инфраструктураны жаратыў;
кинематография тараўында кадрлар таярлаў, кино дөретиўшилери ҳәм техникалық хызметкерлердиң маманлығын арттырыўдың нәтийжели системасын жаратыў;
миллий сериаллар ислеп шығарыўды мәмлекет тәрепинен хошаметлеў, анимациялық фильмлер ислеп шығарыўға жас мультипликатор ҳәм аниматорларды кеңнен тартыў;
тараўда авторлық ҳуқықының кепилликли қорғалыўын тәмийинлеў, кинопрокат системасын раўажландырыў ҳәм миллий фильмлерди жәҳән кино базарларына алып шығыў.
- «Өзбеккино» Миллий агентлиги Өзбекстан Республикасы Кинематография агентлиги (ке йинги орынларда – Агентлик) деп қайта аталсын.
- Агентлик, кино көркем өнери ҳәм санааты ўәкиллериниң төмендеги басламалары қоллап-қуўатлансын:
«Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалын шөлкемлестириў ҳәм оны 2021-жылдан баслап турақлы өткерип барыў;
кино көркем өнери ҳәм санааты ўәкиллериниң авторлық ҳуқықларын жәмийетлик тийкарда басқаратуғын Өзбекстан кино санааты ўәкиллери аўқамы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемин шөлкемлестириў;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң кинематография бағдарында билим алып атырған студентлерин қоллап-қуўатлаў ушын Худайберган Девонов атындағы мәмлекетлик стипендияны шөлкемлестириў;
«Олтин Хумо» миллий кино сыйлығының презентациясын ҳәр жылы дәстүрий түрде өткерип барыў;
миллий кинематография тараўында нәтийжели жумыс алып барып атырған дөретиўшилер ҳәм қәнигелерди хошаметлеў мақсетинде «Кинематография фидокори» көкирек белгисин шөлкемлестириў.
- Агентлик ҳәм Өзбекстан кино санааты ўәкиллери аўқамының шөлкемлестириўшилигинде Миллий кинематографияны раўажландырыў орайы (кейинги орынларда – Орай) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди шөлкемлестириў ҳәм 1-қосымшаға муўапық оның қәўендерлик кеңесиниң қурамын қәлиплестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
қәўендерлик кеңеси Орайдың жумысына әмелий жәрдем көрсететуғыны ҳәм Орай қаржылары есабынан фильмлерди қаржыландырыў шәрти ҳәм тәртибин белгилейтуғыны;
миллий фильмлердиң халықаралық кинофестивальлар ҳәм жәҳәнниң абырайлы кинобазарларында қатнасыўы Агентликтиң буйыртпасына тийкарланып Орай тәрепинен шөлкемлестирилетуғыны;
Орай өз жумысы, соның ишинде, ҳәр бир қаржыландырылатуғын фильм, қаржыландырыў көлеми ҳәм шәртлери ҳаққында жәмийетшиликти турақлы түрде хабардар етип баратуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
миллий фильм ҳәм сериаллар ислеп шығарыўды ҳәм биргеликте киноөнимлер жаратыўды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў;
мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ислеп шығарылған фильмлер прокатын базар принциплери тийкарында шөлкемлестириў;
жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларын миллий фильмлерди ислеп шығарыў, прокатқа бериў ҳәм көрсетиўди қаржыландырыўға тартыў;
миллий фильмлерди шет тиллерге ҳәм жәҳәнниң таңлап алынған кино шығармаларын мәмлекетлик тилге субтитрлестириў ҳәм дубляж етиўди қаржыландырыў;
миллий кино көркем өнери шығармаларының халықаралық кинофестивальларда қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм жергиликли және халықаралық киноилажларды шөлкемлестириў;
Өзбекстан киноғайраткерлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм жумыс бағдары кино көркем өнери ҳәм санааты ўәкиллериниң ҳуқықларын қорғаў болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди грант ҳәм социаллық буйыртпалар арқалы қоллап-қуўатлаў.
- Агентликтиң буйыртпасы тийкарында фильмлер ислеп шығарыў бойынша сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен ислеп шығарылыўы белгиленген фильмлер мәмлекетлик буйыртпа болып есапланады;
фильмлерди ислеп шығарыў ушын мәмлекетлик бюджеттен Агентликке ажыратылған қаржылардың 50 процентинен аслам болмаған бөлеги мәмлекетлик буйыртпа тийкарында, қалған бөлеги инвестициялық қаржыларды тартыў шәрти менен фильмлер ислеп шығарыў ушын бағдарланады;
мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ислеп шығарылатуғын фильм сценарийиниң авторы (авторлар топары) ҳәм сценарийге муўапық фильмди сүўретке алыўшы кинокомпания өз алдына таңлаў өткериў арқалы анықланады;
ҳәр бир фильм ушын Агентликтиң Көркемлик кеңеси тәрепинен қәлиплестирилетуғын фильмниң көркем-идеялық мазмунын көрип шығатуғын зәрүр тәжирийбе ҳәм билимге ийе бес шахстан аслам болмаған қурамда өз алдына мәсләҳәтшилер топары шөлкемлестириледи ҳәм олардың айлық мийнет ҳақысы фильмниң қәрежетлер сметасында нәзерде тутылады;
мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ислеп шығарылатуғын фильмниң қәрежетлер сметасы Агентлик тәрепинен белгиленген талапларға сәйкес келетуғын аудиторлық шөлкемниң экспертизасынан өткериледи;
фильм финанслық-экономикалық қәрежетлериниң тийкарлы екенлигине аудиторлық шөлкемниң шешими тийкарында Агентлик жанында жумыс алып барыўшы Экспертлер кеңеси баҳа береди;
фильм дөретиўшилери ҳәм техникалық хызмет көрсетиўши хызметкерлердиң гонорары (мийнет ҳақысы) пуқаралық-ҳуқықый шәртнама тийкарында еркин белгиленеди;
мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ислеп шығарылған фильм бир жыл даўамында прокаттан тапқан пайданың 10 проценти сүўретке алған кинокомпанияға бериледи, 15 проценти Агентлик Көркемлик кеңесиниң қарарына муўапық фильм дөретиўшилери арасында бөлистириледи;
кинокомпанияларға фильмди ислеп шығарыў процесинде фильм бюджетиниң 10 процентине шекемги муғдарда нақ пул менен есап-санақ етиўге рухсат етиледи. Онда, нақ пулға байланыслы қәрежетлер бойынша фильм директоры (продюсер), режиссёр ҳәм хызмети ушын нақ пулды алған шахс тәрепинен акт дүзиледи ҳәм ол салық уйымына тапсырылады;
фильмниң прокаты Орай тәрепинен әмелге асырылады ҳәм оның ушын фильмниң смета қәрежетлеринде пиар-компания ушын ажыратылған қаржы Орайға бағдарланады.
- Миллий сериалларды ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў ушын республика көлеминде жумыс алып баратуғын телеканалларға Агентлик тәрепинен ҳәр жылы 12 миллиард сумнан кем болмаған муғдарда субсидия қаржылары ажыратылатуғыны белгиленсин.
Онда:
субсидия алыў ушын талапкер телеканал сериалдың дөретиўшилик жойбарын Агентлиике усынады;
Агентликтиң Көркемлик кеңеси сериалдың мазмун-мәниси, темасы, телеканал аудиториясы ҳәм рейтингин есапқа алған ҳалда субсидия қаржылары ажыратылатуғын телеканалларды анықлайды;
субсидия алыўшы телеканал сериаллар бюджетиниң кеминде 50 процентин өз қаржылары есабынан қаплаўы керек.
Агентлик үш ай мүддетте миллий сериаллар ислеп шығарыўды буннан былай да раўажландырыў бойынша қосымша қаржыландырыў дәреклерин анықлаған ҳалда мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Мәмлекеттиң экономикалық, социаллық ҳәм сиясий тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында ҳүжжетли ҳәм хроникалы фильмлерди ислеп шығарыў төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:
жумысында актуал реформалар әмелге асырылып атырған мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияти уйымларының дизими ҳәм фильмлерди қаржыландырыў дәреклери ҳәр жылы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады;
усы дизим ҳәм оған киргизилген фильмлерди сүўретке алыў ушын зәрүр қаржылар Орайға қаратылады;
Орай ҳүжжетли ҳәм хроникалы фильмлер ислеп шығарыўды ашық таңлаў тәризинде шөлкемлестиреди.
- Аудиовизуал шығармалар (кино, сериал, мультфильм, ҳүжжетли фильм, телекөрсетиў) дөретиўде республика аймағында әмелге асырылған қәрежетлердиң бир бөлегин мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериў («43ba53») бойынша төмендеги тәртип енгизилсин:
а) сырт елли кинокомпаниялар ушын, егер қәрежетлер суммасы:
3 миллиард сумға шекем болса – 10 процент, бирақ бир фильм ушын 250 миллион сумнан артпаған муғдарда;
3 миллиард сумнан 5 миллиард сумға шекем болса – 15 процент, бирақ бир фильм ушын 650 миллион сумнан артпаған муғдарда;
5 миллиард сумнан 10 миллиард сумға шекем болса – 20 процент, бирақ бир фильм ушын 1,5 миллиард сумнан артпаған муғдарда;
10 миллиард сумнан аслам болса – 25 процент, бирақ бир фильм ушын 3 миллиард сумнан артпаған муғдарда қаплап бериледи;
б) жергиликли кинокомпанияларға олар тәрепинен фильм ислеп шығарыўда төленген салық суммасының 50 проценти есабат жылының жуўмағы бойынша қайтарып бериледи.
усы бәнттиң «а» киши бәнтинде белгиленген компенсациялар Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен төлеп берилетуғыны ҳәм бул мақсетлер ушын ҳәр жылы 20 миллиард сум қаржы ажыратылатуғыны;
усы бәнттиң «б» киши бәнтиниң сценарийи Агентлик пенен келисилген ҳалда ислеп шығарылған жергиликли аудиовизуал шығармаларға байланыслы қолланылатуғыны;
усы бәнт мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын фильмлерге енгизилмейтуғыны белгиленсин.
- Миллий кинематография, кинокомпания ҳәм кинотеатрлар тармағын буннан былай да раўажландырыўға жәрдемлесиў бойынша республикалық комиссия (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
а) Агентлик Республикалық комиссияның жумысшы уйымы есапланатуғыны;
б) кинокомпаниялар заманагөй инфраструктураға ийе фильм сүўретке алыў объектлерин (павильонларды) қурыў бойынша инвестиция киргизиў миннетлемесин алған жағдайда, Республикалық комиссияның усынысына бола:
оларға жер майданлары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери тәрепинен электрон аукцион саўдаларысыз ажыратылатуғыны;
оларға тийкарғы жумыс түри бойынша пайда ҳәм павильон жайласқан жер бойынша жер салықлары 3 жыл даўамында 50 процентлик ставкада орнатылатуғыны;
олар 2024-жылдың 1-апрелине шекем объектлерди үскенелеў ушын Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын кино ислеп шығарыў қурылмалары бойынша бажыхана бажы төлемлеринен (қосымша қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етилетуғыны.
Онда, Агентлик инвестиция шәртнамасына мәмлекеттиң атынан қол қоятуғыны ҳәм ижара мүддети даўамында ажыратылған жерден мақсетли пайдаланыўы үстинен қадағалаў орнататуғыны белгиленсин.
- Кинотеатрлар тармағын раўажландырыў бойынша сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың ҳәр бир районында (қаласында) қурамында жәми орынлықлардың саны 250 ден ҳәм кинозалларының саны 3 тен аз болмаған саўда-кеўилашар комплекслерин қурыў ушын исбилерменлик субъектлерине аўыл хожалығына мөлшерленбеген 25 сотих жер майданлары бийпул ажыратылады;
2021-жыл 1-июльден баслап жаңадан қурылатуғын саўда майданы 15 мың квадрат метрден аслам саўда-кеўилашар комплекслеринде жәми орынлықлардың саны 300 ден ҳәм кинозаллардың саны 4 тен аз болмаған кинотеатр шөлкемлестириў мәжбүрий есапланады;
2024-жыл 1-январьға шекем кинотеатр (кинозал)лардың авторлық ҳуқықын қорғаў имканиятын беретуғын санлы (DCP ҳәм оннан жоқары форматтағы) кино көрсетиў қурылмалары менен үскенеленген тәғдирде оларды сатып алыўға байланыслы қәрежетлердиң 50 проценти, бирақ бир қурылма ушын 50 миллион сумнан аслам болмаған муғдарда мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи;
жаңадан шөлкемлестирилген кинотеатрларға олардың жумысының дәслепки үш айы даўамында Агентликтиң буйыртпасы тийкарында ислеп шығарылған миллий фильмлер бийпул жеткерип бериледи.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери Республикалық комиссия менен биргеликте усы Пәрманның 11-бәнти екинши абзацының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
2021-жыл 1-июньға шекем ҳәр бир район орайларында биреў, қала орайларында еки кинотеатрлары бар саўда-кеўилашар комплекслерин шөлкемлестириў ушын жер майданларын ажыратсын;
2021-жыл 15-июльға шекем ажыратылған жер майданларына инвесторларды тартыў ушын ашық таңлаў өткерсин ҳәм жеңимпазларды анықласын.
- Агентлик Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте 2021-жыл 1-сентябрьге шекем мүддетте кино көркем өнери ҳәм санааты ўәкиллериниң дөретиўшилик жумысы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў мақсетинде киноқалалар қурыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Агентлик Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Интеллектуаллық мүлк агентлиги, Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2021-жыл 1-декабрьге шекем фильмлерге авторлық ҳуқықы ҳәм сатылған ҳәр бир билетке байланыслы ҳақыйқый мағлыўмат пенен жедел тәмийинлеўши республикада жумыс алып барып атырған кинотеатрлардың жумысын автоматластырыўға қаратылған мәлимлеме системасы ислеп шығылыўын, 2022-жыл 1-майға шекем мәлимлеме системасы толық сынақтан өткерилиўин тәмийинлесин.
2022-жыл 1-августтан баслап усы мәлимлеме системасына жалғанбаған ҳалда кинотеатр (кинозал)ларда фильмлердиң көрсетилиўи усақлап сатыў қағыйдаларын бузыў сыпатында баҳаланатуғыны белгиленсин.
- Агентликтиң Орай жанында мәлимлеме-мультимедиа стриминг платформасын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-августқа шекем мәлимлеме-мульмимедиа стриминг платформасын иске қосыў және оны турақлы толықтырып барыў бойынша Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Орайдың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин.
2021-2022-жыллар даўамында мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылатуғын 100 миллиард сум муғдарындағы бир мәртелик ажыратпа;
Орайдың қаржылары есабынан ислеп шығарылған фильмлер кинопрокатынан түсетуғын түсимлер;
Орай қаржылары есабынан толық ямаса бир бөлегин қайтарыў шәрти менен қаржыландырылған фильмлер бойынша қайтарылған қаржылар;
бос қаржыларды ўақытша жайластырыўдан, лотерея шөлкемлестириў ҳәм оның жумысы арқалы алынатуғын дәраматлар;
юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң, соның ишинде, халықаралық шөлкемлердиң қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- 2023-жыл 1-январьға шекем, эксперимент тәризинде, Агентликтиң қаржылары есабынан ислеп шығарылатуғын фильмлерге тартылған инвестициялық қаржылардың нәтийжесинде үнемленген бюджет қаржылары Орайға бағдарланатуғыны.
Онда:
Агентликке Мәмлекетлик бюджеттен фильм ислеп шығарыў ушын ажыратылған қаржылар шеңберинде олардың үнемленген бөлеги Орайға қаратылатуғыны;
Орайға каратылған қаржылардың 15 процентке шекемги муғдары инвестициялық қаржыларды тартқан юридикалық ямаса физикалық тәреплерди хошаметлеў сыпатында ажыратылатуғыны белгиленсин.
Қаржы министрлиги Агентлик пенен биргеликте эксперимент нәтийжеси бойынша оны даўам еттириў мақсетке муўапықлығы бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Агентлик:
а) бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Кинематография тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳәм тараў ўәкиллериниң доретиўшилик жумысы ушын мүнәсип шараят жаратыў ҳаққында»ғы қарар жойбарын киргизсин;
б) еки ай мүддетте:
Қаржы министрлиги менен биргеликте мәмлектлик буйыртпа тийкарында фильм ҳәм сериалларды шығарыў бойынша дөретиўшилик таңлаў өткериў тәртибин жетилистириў;
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте мәмлекетлик буйыртпа тийкарында ислеп шығарылатуғын фильм дөретиўшилерин категориялаў;
«Кинематография фидокори» көкирек белгиси ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 2024-жыл 1-январьға шекем 3-қосымшаға муўапық кинокомпаниялардың материаллық-техникалық базасын күшейтиў ҳәм кинотеатр (кинозал)лар ушын товарлар алып кириўде бажыхана бажының нольлик ставкасы белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдухакимов ҳәм Агентликтиң бас директоры Ф.Ф.Абдухаликов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 7-апрель.