Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 7-апрельдеги «Кино көркем өнери ҳәм санаатын жаңа басқышқа алып шығыў, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-6202-санлы пәрманына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Кинематография агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) жанында:

а) төмендегилер шөлкемлестирилсин:

Өзбекстан Кинематография академиясы жоқары билимлендириў мәкемеси;

«Республика кинофонды» МУК тийкарында бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын «Өзбекстан миллий кинофонды» мәмлекетлик мәкемеси;

«Өзбекфильм» МУК тийкарында кинокомпанияларға фильм, мультфильм ҳәм сериаллар дөретиў бойынша хызмет көрсетиўши «Өзбекфильм» киноконцерни» МУК;

Агентликтиң ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық аймақлық бөлимлери;

б) төмендегилер сапластырылсын:

«Мультипликациялық фильмлер студиясы» МУК;

«Республикалық кинопрокат орайы» МУК ҳәм оның аймақлық филиаллары;

«Кинематографшылар үйи» МУК;

«Киноиндустрия тараўы хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў орайы» МУК;

в) «Жаслар дөретиўшилик тәжирийбе студиясы» МУК «Ёшлик» киностудиясы» МУК етип қайта аталсын.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Кинематография агентлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Кинематография агентлиги орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Кинематография агентлигиниң «Қарақалпақкино» агентлиги және ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық бөлимлериниң үлги структуралары 3-қосымшаға муўапық;

«Өзбекстан миллий кинофонды» мәмлекетлик мәкемесиниң структурасы 4-қосымшаға муўапық;

2021-2022-жыллары миллий кинематография тараўын раўажландырыў «жол картасы» 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Агентлик Бас директорына, зәрүр жағдайларда, Агентликтиң орайлық аппараты, система шөлкемлери және «Қарақалпақкино» агентлиги, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық аймақлық бөлимлери структурасына хызметкерлердиң улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Министрлер Кабинети (А.А.Абдухакимов) бир ай мүддетте Агентликтиң орайлық аппараты ҳәм оның система шөлкемлери басшы ҳәм хызметкерлерин олардың билим ҳәм потенциаллары бүгинги күн талаплары ҳәм ийелеп турған лаўазымларына муўапықлығын анықлаў мақсетинде аттестациядан өткерсин және оларды маман кадрлар менен толықтырыў илажларын көрсин.
  2. Қаржыландырыў дәрегине қарамастан, жергиликли кинокомпаниялар тәрепинен ислеп шығарылған фильмлер ҳәм олардың басланғыш материаллары, сондай-ақ, республикамызда әмелге асырылып атырған ири жойбарлар бойынша таярланған видео ҳәм фото материаллар сақлаў ушын бир нусқада Өзбекстан миллий кинофондына тапсырылатуғыны;

усы қарарға муўапық сапластырылып атырған унитар кәрханалардың қалдық қаржылары, оларға тийисли имарат (объект)лар ҳәм материаллық –техникалық базасы Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлери есабына  өкерилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентлик ҳәм «Danmon group» компаниясы (Дания Патшалығы) арасында 2020-жыл 8-октябрьде кино ислеп шығарыў қурылмалары, технологиялық системалар ҳәм мультимедиа өнимлерин сатып алыў бойынша таңлаў саўдалары тийкарында импорт шәртнамасына қол қойылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Қаржы министрлиги үш ай мүддетте қол қойылған импорт шәртнамасының алдынан 15 процент төлемин мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан қапланыўын тәмийинлесин. Онда, импорт шәртнамасы ажыратылатуғын Мәмлекетлик бюджет қаржылары шеңберинде дизимнен өткериледи.

Импорт шәртнамасының қалған 85 процент төлемин қаплаў ушын «Өзмиллийбанк» АЖ Австрияның «Райффайзенбанк» банкинен 5 жыл мүддетке, соның ишинде,  1 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 0,8 процент ставкада тартылатуғын кредит линиясы есабынан кредит қаржыларын ажыратсын ҳәм кредит бойынша «Өзмиллийбанк» АЖның маржасын 1 проценттен көбейтпеген ҳалда белгилесин.

  1. Австрияның «Райффайзенбанк»банки кредити бойынша тийкарғы қарызды қаплаў, процент, қамсызландырыў ҳәм комиссиялар бойынша төлемлер Қаржы министрлиги Ғазнашылығында ашылатуғын арнаўлы есап бетте топланатуғын сатып алынған кино қурылмаларынан пайдаланыўдан түсетуғын пул қаржылары, жетпей қалған бөлеги болса Мәмлекетлик бюджеттиң есабынан әмелге асырылатуғыны;

кредиттиң импорт шәртнамасына тийкарланып сатып алынып атырған киноқурылмалар менен қапланбаған бөлеги бойынша «Өзмиллийбанк» АЖ тәрепинен тәмийнат сыпатында гиреў рәсмийлестирилмейтуғыны;

импорт шәртнамасы бойынша сатып алынатуғын киноқурылмалары, технологиялық системалар ҳәм мультимедиа өнимлери «Өзбекфильм» киноконцерни» МУКтиң материаллық-техникалық базасын күшейтиў ушын қаратылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертиза етиў орайы» МУК кино ислеп шығарыў қурылмалары, технологиялық системалар ҳәм мультимедиа өнимлерин сатып алыў бойынша қол қойылған импорт шәртнамасын тиккелей товар ислеп шығарыўшылардың баҳалары тийкарында экспертизадан өткерилиўин тәмийинлесин.
  2. Агентлик еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 7-апрель