Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Кейинги жылларда республикамызда көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықларды дизимнен өткериў тараўындағы мәмлекетлик хызметлердиң қатарын жақсылаўға қаратылған бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, бул тараўдағы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў олардың оперативлилигин ҳәм пайдаланыў имканиятларын арттырыўды, мәмлекетлик уйымлар жумысының ашық-айдынлығына ерисиўди ҳәм хызметлерден пайдаланыўшыларға мәлимлеме хызметин көрсетиўди жақсылаўды талап етпекте.

Мәлимлеме-коммуникация технологияларын жедел енгизиў, тийисли системаларды мәмлекетлик уйымлардың электрон мағлыўматлар базаларына интеграциялаў көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў процесин әпиўайыластырыўдың тийкарғы әҳмийетли бағдарлары болып табылады.

Көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң сапасын арттырыў, көшпес мүлкти сатыўда артықша тәртип-қағыйдаларды қысқартыў, геодезия ҳәм жер кадастры тараўына исбилерменлик субъектлерин тартыў, цифрлы экономиканы раўажландырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың  бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламадағы ўазыйпаларды орынлаўды тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Әдиллик министрлиги, Орайлық банк және Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң:

мәмлекетлик нотариал уйымлар тәрепинен – көшпес мүлкке байланыслы келисимлерди тастыйықлаў жумысларын әмелге асырыўда, көшпес мүлктиң бир бөлегине болған ҳуқықлар жүзеге келген, басқа шахсқа өткен, шекленген (жүкленген) ҳәм бийкар етилген жағдайлар буған кирмейди;

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен – «E-IJRO AUKSION» Бирден-бир электрон саўда майданшасында көшпес мүлкти (мәмлекетлик активлер бөлегинде) аукцион арқалы сатыўда;

риэлторлық шөлкемлери тәрепинен – турақ жай емес көшпес мүлк бойынша риэлторлық хызметлер көрсетиўде;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги ПҚ-2639-санлы қарары менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар бойынша арзанлатылған турақ жайлар қурыў бағдарламасына қатнасып атырған коммерциялық банклер (кейинги орынларда – коммерциялық банклер) тәрепинен – қурылысы тамамланып атырған турақ жайды рәсмийлестириўде «бир айна» принципи тийкарында Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестрден (кейинги орынларда – Реестр) көширме бериў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. 2019-жыл 1-сентябрьден баслап нотариал ҳәрекетлер тийкарында жүзеге келетуғын Ташкент қаласында жайласқан көшпес мүлкке, 2020-жыл 1-январьден баслап болса Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда жайласқан көшпес мүлкке болған мүлк ҳуқықы ҳәм басқа да айғақлы ҳуқықлар ҳаққындағы мағлыўматлар Реестрге тек ғана мәмлекетлик нотариал уйымының талабына тийкарланып электрон тәриздеги кадастр паспорты таярланғаннан кейин нотариуслар тәрепинен мәлимлеме-коммуникация технологияларын пайдаланған ҳалда ҳуқық ийесин өзгертиў тәризинде киргизилетуғыны ҳәм бир ўақыттың өзинде Реестрден көширме берилетуғыны;

2020-жылдың 1-январынан баслап турақ жайға мүлк ҳуқықын және нызам тийкарында ипотеканы мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын турақ жайды пайдаланыўға қабыл етип алыў акти ҳәм басқа да зәрүр ҳүжжетлер коммерциялық банклер тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар және Ташкент қалалық жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастры мәмлекетлик кәрханасының тийисли районлық (қалалық) филиалларына (кейинги орынларда – мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асыратуғын уйымлар) мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда жиберилетуғыны;

2020-жыл 1-январьдан баслап көшпес мүлк объектин «E-IJRO AUKSION» Бирден-бир электрон саўда майданшасында аукцион арқалы сатыў (мәмлекетлик активлер бөлегинде) ҳәм риэлторлық хызметлер көрсетиў нәтийжесинде жүзеге келетуғын ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын зәрүр болған мағлыўматлар тийисли түрде Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм риэлторлық шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асыратуғын уйымларға мәлимлеме-коммуникация технологияларын пайдаланған ҳалда жиберилетуғыны;

Реестрден көширме Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги риэлторлық шөлкемлер ҳәм коммерциялық банклер (кейинги орынларда – шөлкемлер) тәрепинен мүлк ийесиниң қәлеўине бола электрон  ҳәм (ямаса) қағаз тәризинде көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқық ҳәм нызам тийкарындағы ипотека мәмлекетлик дизимнен өткерилгенинен кейин усы бәнтте нәзерде тутылған мүддетлерде берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. а) шөлкемлердиң мағлыўматлары тийкарында мүлк ҳуқықы ҳәм басқа да айғақлы ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериўде көшпес мүлк объектине болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққында арза талап етилмейтуғыны;

б)  көшпес мүлк ке болған мүлк ҳуқықы ҳәм басқа да айғақлы ҳуқықларды, сондай-ақ, нызам тийкарындағы ипотеканы мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын шөлкемлер тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген дизимге алыў жыйымлары өндирилетуғыны ҳәм олар төмендеги тәртипте бөлистирилетуғыны:

10 проценти Әдиллик министрлиги ямаса Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (көшпес мүлкти «E-IJRO AUKSION» Бирден-бир электрон саўда майданшасында аукцион арқалы сатыўда ҳәм риэлторлық хызметлер көрсетиўде) бюджеттен тысқары қорларының жеке есап бетлерине ямаса коммерциялық банклердиң банк есап бетине;

қалған қаржылар мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асыратуғын уйымлардың банк есап бетине өткерилетуғыны;

в) 2020-жыл 1-январьдан баслап көшпес мүлктиң жаңа ийелери ҳаққындағы мағлыўматлар оларға болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин тийисли түрде мәмлекетлик нотариал уйымлар ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асыратуғын уйымлар тәрепинен коммуналлық  хызметлердиң мәлимлеме системаларына автоматикалық тәризде жиберилетуғыны, бунда коммуналлық хызметлер көшпес мүлктиң жаңа ийелеринен көшпес мүлкке болған ҳуқықты тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерди талап етиўге ҳақылы емес екени белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

көшпес мүлкти өткериўде мәмлекетлик нотариал уйымына Реестрге жалғаныў имканиятын берген ҳалда, оған имарат ҳәм объектлердиң қурамы ҳәм тийислилиги ҳаққындағы мағлыўматнаманы бериўди;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен көшпес мүлк  ийелеринен мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын усынылған ҳүжжетке дизимнен өткеретуғын уйымның жазыўы (штампы) қойылыўын талап етиўди;

2020-жыл 1-январьдан баслап қурылған турақ жайға мүлк ҳуқықын және нызам тийкарында ипотеканы Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети уйымларында мәмлекетлик дизимнен өткериўди тәмийинлеў, сондай-ақ, банкке дизимнен өткерилген турақ жайға болған мүлк ҳуқықы ҳаққындағы ҳүжеттиң нусқасын ҳәм нызам тийкарындағы ипотека мәмлекетлик дизимнен өткерилгени ҳаққындағы штамп қойылған кредит шәртнамасын усыныў бойынша қарыз алыўшының миннетлемелерин нәзерде тутатуғын тәртип бийкар етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Саўда-санаат палатасының 2020-жыл 1-январьдан баслап тәжирийбе-сынақ тәризинде Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында көшпес мүлк бойынша кадастр инженерии (кейинги орынларда – кадастр инженери) институтын енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин. Кадастр инженери шәртнама тийкарында көшпес мүлк объектлерин хатлаўдан өткереди (бирлемши кадастр есабы буған кирмейди), олардың қабатпа-қабат режелерин дүзеди, техникалық режелерин рәсмийлестиреди, сондай-ақ, оларды техникалық есапқа қояды. Кадастр инженерлерине төмендеги талаплар нәзерде тутылады:

геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша жоқары мағлыўматқа ийе ямаса кадастр қатнасықлары тараўында кәсипке қайта таярлық бағдарламасы бойынша тәлим алған, сондай-ақ, тийисли қәнигелик комиссияларының қарарлары тийкарында Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң қәнигелик аттестатын алған шахс кадастр инженери болыўы мүмкин;

қәнигелик аттестатын алыў ушын шахс геодезия ҳәм жер кадастры бойынша кеминде бир жыл мийнет стажына ийе болыўы ҳәм қәнигелик имтиханын тапсырыўы шәрт;

кадастр инженери жумысы менен шуғылланатуғын шахс риэлторлық шөлкемлер менен мийнет шәртнамасын дүзеди.

  1. Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Энергетика министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте 2019-жыл 1-майға шекем:

а) төмендегилерге имканият беретуғын бирден-бир система (интеграция тармағын) жаратыў:

коммуналлық хызметлер көрсетиўши (газ тәмийнаты, суўық суў тәмийнаты ҳәм суў шығарып таслаўшы, ыссылық тәмийнаты (орайлық ысытыў ҳәм ыссы суў тәмийнаты), электр тәмийнаты, турмыслық шығындыларды алып кетиў, орнатып қойылған телефон байланысы ҳәм басқалар) кәрханалардың мәлимлеме системаларын интеграциялаў;

техникалық шәртлерди алыў, объектлерди инженер-техникалық тәмийнат тармақларына жалғаў бойынша шәртнамаларды дүзиў ушын бирден-бир арза бериў;

дебитор ҳәм кредитор қарыздарлығы ҳаққындағы есапты қарыздарлық ҳаққындағы есапты актуал жағдайда жүргизиў;

есапқа алыў үскенелери көрсеткишлерин онлайн тәртипте қайта ислеў;

көшпес мүлктиң кадастр номери тийкарында тутыныўшының унификация етилген жеке есап бетин енгизиў;

тутыныўшыларға коммуналлық хызметлер ҳаққындағы мағлыўматларды бирден-бир жеке кабинеттен алыў имканиятын бериў;

тутыныўшыларға көрсетилген коммуналлық хызметлер ушын есапланған төлемлдердиң бирден-бир есап-санағын жибериў;

мәмлекетлик уйымларға бирден-бир системада дебиторлық ҳәм кредиторлық қарыздарлық ҳаққындағы мәлимлемени усыныў;

б) Бирден-бир система (интеграция тармағын) жаратыў ҳәм пайдаланыў, сондай-ақ, сервер үскенелери ҳәм тийисли есаплаў әсбапларын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында және халықаралық грантларды тартқан ҳалда сатып алыў ҳәм орнатыўдың қаржыландырыў дәреклерин белгилеў;

в) коммуналлық хызметлерден пайдаланыўдың бирден-бир есабын жүргизиўди муўапықластырыў ҳәм тәртипке салыў бойынша ўәкилликли уйымды оның техникалық ҳәм профессионал таярлығын есапқа алған ҳалда белгилеў бойынша усынысларды киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети:

Мәмлекетлик салық комитети, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик персоналластырыў орайы менен биргеликте 2019-жыл 1-августқа шекем Ташкент қаласы бойынша, 2019-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте болса Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар бойынша мүлк ийелери – физикалық шахслардың жеке идентификация мағлыўматлары (ФШ ЖИМ) ҳәм мүлк ийелери – юридикалық шахслардың идентификация номерлери (ИНН) Реестрге киргизилиўин;

Әдиллик министрлиги ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте әмелдеги мәлимлеме системаларына зәрүр өзгерислер киргизилиўин және Реестрдиң бар мағлыўматлар базалары менен интеграцияласыўын;

Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте, соның ишинде, қәнигелик аттестатын бериў, қадастр қатнасықлары тараўындағы кәсипке қайта таярлаў бағдарламасы бойынша оқытыў механизмин, сондай-ақ, кадастр инженерлериниң жумысы менен шуғылланыў тәртиби ислеп шығылыўын;

кадастр инженерлери жумысының мониторинг нәтийжелери тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына кадастр инженери институтын жетилистириў бойынша усыныслар киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги 2019-жыл 1-декабрьге шекем риэлторлық хызметлер көрсетиў имканиятын тәмийинлейтуғын бирден-бир мәлимлеме системасын ислеп шығып, оны Реестр менен сәйкеслестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте усы қарардың талапларынан келип шыққан ҳалда шөлкемлер тәрепинен мағлыўматларды мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асыратуғын уйымларға жибериў тәртиби ислеп шығылыўын, сондай-ақ, көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықларды мәмлекетлипк дизимнен өткериў тәртиби қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарадан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары – Өзбекстан Республикасы транспорт министри А.Ж.Раматовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 5-апрель