Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жылларда республиканың экономикалық  тармақларын ҳәм социаллық тараўды инновациялық раўажландырыў, илим ҳәм илимий жумысты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық мақсетке бағдарланған илажлар әмелге асырылды.

Республиканы инновациялар тараўындағы глобал рейтингтеги алдынғы  50 мәмлекеттиң дизимине киргизиўге қаратылған стратегиялық бағдарлама тастыйықланды, илимий жойбарларды қаржыландырыўдың жаңа механизмлери енгизилди, илим тараўында жоқары маман кадрларды қаржылай хошаметлеў ушын қосымша шараятлар жаратылды.

Сондай болса да, мәмлекет раўажланыўының заманагөй басқышында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар илим ҳәм инновация тараўында мәмлекетлик басқарыў механизмлерин жетилистириў, илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды қәлиплестириўде ашық-айдынлықты арттырыў және экономика тармақлары ҳәм  аймақларда илимниң жетискенликлери ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў жумысларын жеделлестириў зәрүр екенлигин көрсетпекте.

Миллий илим ҳәм инновация системасының социаллық-экономикалық раўажланыўдағы орнын арттырыў, аймақларда инновациялық жумысты раўажландырыў мақсетинде, сондай-ақ,  2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың  бес тийкарғы  бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына тийкарланып белгиленген ўазыйпалардан келип шығып:

  1. Төмендегилер Инновациялық раўажланыў министрлигиниң (кейинги орынларда – Министрлик) тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәмлекетти инновациялық раўажландырыўдың узық мүддетли сценарийлери тийкарында  тийкарғы тараў ҳәм тармақларды илим жетискенликлери ҳәм инновациялар тийкарында раўажландырыў стратегияларын ислеп шығыў;

аймақлардың интеллектуаллық ҳәм технологиялық потенциалын арттырыў,  илимий  ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыўдың заманагөй  инфраструктурасын қәлиплестириў;

илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды қәлиплестириў, тастыйықлаў ҳәм  олардың орынланыўын қадағалаў;

илимий дәрежели  кадрлар таярлаў системасын муўапықластырыў;

жасларды илимий ҳәм инновациялық жумысқа тартыўдың нәтийжели механизмлерин  енгизиў ҳәм олардың басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

 илимий ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыўда инвестицияларды кеңнен тартыў, жеке меншик сектордың жеделлигин арттырыў  ҳәм венчурға тийкарланған  қаржыландырыўды раўажландырыў;

инновациялық қолланбалар тийкарында әмелге асырылатуғын  жойбарлардың финанслық, экономикалық ҳәм техникалық экспертизасын өткериў ҳәм интеллектуаллық мүлк объектлерин енгизиў  ушын  зәрүр шараятларды тәмийинлеў;

экономиканың реал секторы ҳәм өндирис тармақларының илимий қолланба ҳәм  инновацияларға болған мүтәжликлерин анықлаў және тармақлық  илимий-изертлеўлерди  раўажландырыў тийкарында илим ҳәм өндирис интеграциясын беккемлеў;

 жаңа қолланбаларды коммерциялластырыў ҳәм өндириске енгизиў,  стартап жойбарларды әмелге асырыў, интеллектуаллық мүлк қатнасатуғын жаңа шөлкемлерди қәлиплестириў ҳәм рационализаторлық жумысын раўажландырыў ушын  зәрүр шараят жаратыў;

илим  ҳәм инновациялар тараўында халықаралық қатнасықларды кеңейтиў ҳәм  беккемлеў, инновациялар ҳәм технологиялардың трансфери бойынша илажларды әмелге асырыў.

  1. Төмендегилер Инновациялық раўажланыў министрлигиниң 2021-2022-жыллардағы тийкарғы жумыс бағдарлары  етип белгиленсин:

биотехнологияларды раўажландырыў тараўында  биофармацевтикалық өнимлер, рекомбинат ҳәм ДНК вакциналар, биомедицина диагнозлаў технологиялары және аймақлардың өзгешелигинен келип шығып ген ҳәм клетка инженерлигине тийкарланған аўыл хожалығы егинлериниң жаңа биотехнологиялық сортларын жаратыў;

топырақ өнимдарлығын арттырыў тараўында  топырақ ресурсларының жағдайын комплексли мониторинг етиў системасын және ресурсты үнемли суўғарыў ҳәм төгин бериў агротехнологияларын жаратыў, онда аймақларда мобиль лабораториялардың тармағын шөлкемлестирип, топырақтағы бар пайдалы ҳәм зыянкес затларды анықлаў тийкарында аўыл хожалығы егинлериниң агрохимиялық карталарын ислеп шығыў;

«жасалма интеллект»ти енгизиў тараўында  жол транспорт инфраструктурасы, билимлендириў ҳәм суд системасында «ақыллы» инновациялық технологияларды жаратыў;

қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыў тараўында альтернатив ҳәм экологиялық таза энергия орайы – «жасыл» водородты ислеп шығарыў, сақлаў ҳәм қолланыў бойынша инновациялық технологияларды жаратыў;

шарўашылықты раўажландырыў тараўында  генетика усылларын қолланыў арқалы қарамал породаларының генофондын көбейтиў ҳәм гөштиң өнимдарлығын арттырыў, от-жем базасын кеңейтиў бойынша инновациялық технологияларды енгизиў;

аўыл хожалығы  тараўында қайта ислеў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған аўыл хожалығы техникасының инновациялық конструкцияларын және аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўдиң жаңа технологияларын жаратыў.

  1. Төмендегилер:

Инновациялық  раўажланыў министрлигиниң  2021-2022-жыллардағы тийкарғы жумыс бадарларын әмелге асырыў бойынша әмелий илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – илажлар бағдарламасы) 1-қосымшаға муўапық;

Инновациялық раўажланыў министрлигиниң  2021-2022-жыллардағы жумысының нәтийжелилигин баҳалаў көрсеткишлери  2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Илажлар бағдарламасы шеңберинде:

Инновациялық раўажланыў министрлиги –  жойбарлар (қолланбалар)ды жаратыў ҳәм әмелге асырыўда жәрдем беретуғыны, инновациялық технологиялар  ислеп шығылыўын муўапықластыратуғыны және белгиленген илажлардың өз мүддетинде ҳәм сапалы орынланыўы үстинен системалы мониторинг алып баратуғынлығы;

илимий шөлкемлер және тийисли министрликлер ҳәм уйымлар  – ҳәр бир жойбар (қолланба)ды әмелге асырыў (жаратыў) ушын терең илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларын әмелге асыратуғыны және олардың тийисли тармақларға  енгизилиўин тәмийинлейтуғынлығы белгиленсин.

Министрлик илажлар бағдарламасында белгиленген жойбарлар (қолланбалар)ды қаржыландырыўға венчур қорларын ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллерин кеңнен тартсын.

  1. Аймақларда илимий ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў мақсетинде Министрлик системасында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың инновациялық раўажланыў басқармалары (кейинги орынларда – аймақлық басқармалар) шөлкемлестирилсин.

Министрликке жүкленген тийкарғы ўазыйпалар ҳәм функциялардың аймақлардағы орынланыўы аймақлық басқармалар тәрепинен әмелге асырылатуғынлығы;

аймақлық басқармалар тәрепинен қәлиплестирилген илимий жумысқа байланыслы аймақлық бағдарламалар жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен тастыйықланатуғынлығы ҳәм олардың әмелге асырылыўын мониторинг етиў аймақлық басқармаларға жүкленетуғынлығы;

аймақлардағы илим ҳәм инновациялық жумысты әмелге асыратуғын шөлкемлер, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери жанындағы Инновациялық жумыс ҳәм технологиялар трансфери орайларының жумысы аймақлық басқармалар тәрепинен  муўапықластырылатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Инновациялық раўажланыў ҳәм инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаў қоры оған Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Илимий ҳәм илимий-техникалық жумыстың нәтийжелелерин коммерцияластырыў Президент қорын ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Жаслар академиясының талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў қорын қосып алыў  жолы менен Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) етип қайта шөлкемлестирилсин.

Қор усы бәнттиң биринши абзацындағы шөлкемлердиң барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғынлығы;

илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар Қор тәрепинен қаржыландырылатуғынлығы  белгиленсин.

  1. Барлық министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, хожалық бирлеспелери, устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған ири шөлкемлерде әмелдеги басшы орынбасарларынан бирине инновацияларды енгизиў (Chief Innovation Officer) ўазыйпасы жүкленсин.

Инновацияларды енгзиў ўазыйпасы жүкленген басшы орынбасарларының тийисли бағдардағы жумысын муўапықластырыў Министрликке жүкленсин және олардың базалық лаўазым мийнет ҳақысына ҳәр айда  30 процент муғдарында  үстеме төленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда инновациялық аймаққа айландырылып атырған районлардың дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрлик (И.Ю.Абдурахмонов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте  бир ай мүддетте 3-қосымшада көрсетилген районларды инновациялық  аймақларға айландырыў бойынша бағдарламаларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықлансын.

  1. Наманган ўәлаяты Чуст районы ҳәкимлиги басқарыў аппаратында ҳәкимликтиң улыўма штат бирликлери шекленген саны шеңберинде район ҳәкиминиң инновацияларды  раўажландырыў  мәселелери  бойынша орынбасары лаўазымы (кейинги орынларда – ҳәким орынбасары) енгизилсин.

Ҳәкимниң орынбасары Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министриниң  усынысы тийкарында белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғынлығы;

Чуст районында жаңа аймақлық инновациялық инфраструктуралар жаратыў ҳәм инновациялық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде «Яшнабад» инновация технопарки резидентлерин экстерриториал  принципи тийкарында Чуст  районы аймағында жайластырыўға руқсат етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлик тәрепинен илимий шөлкемлердиң рейтинги жүргизилип атырғанлығы және олардың илимий ҳәм инновациялық жумысын баҳалаў системасы енгизилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Министрлик және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен  биргеликте  үш ай  мүддетте жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий ҳәм инновациялық жумысын баҳалаў системасын енгизсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Министрлик тәрепинен ҳәр календарь жылдың жуўмағы бойынша  илимий шөлкемлердиң  және ҳәр оқыў жылының жуўмағы бойынша  жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий ҳәм инновациялық жумысы баҳаланады;

Министрлик баҳалаў  нәтийжелерине бола жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий шөлкемлердиң басшылары, соның ишинде, ректор (директор) және олардың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректорына (директор орынбасарына) хошаметлеў ямаса нормативлик жазаларды қолланыў ҳаққында  системасында жоқары  билимлендириў мәкемелери  ҳәм илимий  шөлкемлери болған тийисли министрликлер ҳәм уйымларға  усыныс киргизеди;

жоқары  билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий шөлкемлер басшыларының (ректор, директор) илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректор ҳәм директордың орынбасары  Өзбекстан Республикасы инновациялық  раўажланыў министриниң усынысына муўапық системасында жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий шөлкемлери болған тийисли министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының буйрығына тийкарланып лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан  азат етиледи.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Министрлик пенен биргеликте 2021-жыл 1-майға шекем абырайлы сырт ел университетлери ҳәм илимий орайлары менен  илимий-инновациялық  тараўда еки тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған илажлардың режесин тастыйықласын ҳәм әмелге  асырылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Министрлик бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдурахмонов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў  ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа және Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине  2022-жыл 1-январьға шекем мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл, 1-апрель