Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Бақсышылық көркем өнерин республикалық ҳәм халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў, Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын руспубликаның басқа аймақларында да өткериў, Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында бар болған өзине тән атқарыў усыллары тийкарында дөретиўшилик мектеплерди «устаз-шәкирт» дәстүрлери тийкарында қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў мақсетинде:
- Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы, Жазыўшылар аўқамы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жылы Нөкис қаласында II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын (кейинги орынларда – Фестиваль) шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 1-ноябрьдеги ПҚ-3990-санлы қарары менен тастыйықланған Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (А.Н.Арипов):
а) Фестивальды Қарақалпақстан Республикасында жоқары шөлкемлестириўшилик ҳәм көркемлик дәрежеде өткериў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын;
б) Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисилген ҳалда:
Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын келешекте басқышпа-басқыш республиканың басқа аймақларында өткериў илажларын көрсин;
санитария-эпидемиологиялық жағдайды инабатқа алған ҳалда быйылғы жылдағы Фестиваль және келешектеги Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивальларын өткериў мүддетин белгилесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл, 10-апрель