Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы көр тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, өзбек халқының тарийхы ҳәм мәдениятына байланыслы терең илимий изертлеўлер алып барыў, олар тийкарында бир қатар фундаменталлық илимий шығармалар жаратыўға қосқан салмақлы үлеси, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған сиясий, экономикалық  ҳәм социаллық реформалардың  мазмун-мәниси ҳәм  көлеми ҳаққында халықаралық жәмийетшиликти кеңнен хабардар етиўдеги нәтийжели жумысы ушын Ж.Хопкинс унвиерситети жанындағы Орайлық Азия ҳәм Кавказ институтының басшысы Фредерик Старр «Дослық» ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 29-август