Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Соңғы жыллары республикамызда майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың социаллық жақтан төмен қатламына медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўди күшейтиўге қаратылған избе-из илажлар көрилди.
Соның менен бирге, еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахслар ушын мәлимлеме ресурслары ҳәм мәмлекетлик қыстаўлы оператив хызметлер менен байланыс орнатыў имканиятларын толық тәмийинлеў арқалы бар шараятларға бейимлестириў системасын буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги бар.
Еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахслардың жәмийетке толық социаллық интеграциясын тәмийинлеў, халықтың социаллық зәрүрлик қатламына медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў тараўына мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, сондай-ақ, усы категориядағы шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2019-жыл 1-июльден Айрықша жағдайлар министрлиги қурамында юридикалық шахс статусына ийе болмаған, Еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахсларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў диспетчерлик хызметин шөлкемлестириў (кейинги орынларда – Диспетчерлик хызмети) ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахслар, сондай-ақ, олардың ўәкиллери тәрепинен техникалық қураллар (видео қоңыраўлар, текстли хабарлар, арнаўлы программалық тәмийнаттан пайдаланған ҳалда ҳәм басқалар) арқалы болатуғын мүрәжатларға қыстаўлы оператив хызметлердиң (101, 102, 103, 104, 1050) күни-түни, тез жуўап бериўин муўапықластырған ҳалда тәмийинлеў Диспетчерлик хызметиниң тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленсин.
- Диспетчерлик хызметиниң хызметкерлер қурамы Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигине қосымша ажыратылатуғын дәслепки 10 штат бирлиги есабынан толықтыратуғынлығы (бир сержантлар қурамындағы әскерий хызметкер ҳәм 9 хызметкер) ҳәм кейин ала түсетуғын хабарлар және мүрәжатлар көлемине қарап олардың саны 22ге жеткерилетуғыны;
Диспетчерлик хызметин дәслеп техникалық жақтан үскенелеўге байланыслы қәрежетлер (сервер үскенелери, компьютер техникасы ҳәм оргтехника, программалық тәмийнат) Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Қыстаўлы медициналық жәрдемди раўажландырыў қоры қаржылары есабынан қапланатуғыны;
Диспетчерлик хызметин ағымдағы тәмийинлеў ҳәм қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигине ҳәр жылы ажыратылатуғын бюджет қаржылар есабынан әмелге асырылатуғынлығы.
Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигине зәрүр болғанда Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда, усы бәнттиң екинши абзацының талапларын есапқа алып, Диспетчерлик хызметиниң белгиленген штат бирлигине өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
Өзбекстан гереңлер жәмийети менен биргеликте бир ай мүддетте Диспетчерлик хызметин жүкленген ўазыйпаларды профессионал дәрежеде орынлай алатуғын қәнигелер менен толықтырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигине ымлаў тилинде сөйлесетуғын қәнигелер арасынан талабанларды усынсын;
үш ай мүддетте өзлериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахслардың жеке мағлыўматлары электрон базасын жаратыўды тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги:
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Диспетчерлик хызметиниң регламентин тастыйықласын;
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Диспетчерлик хызметиниң техникалық үскенелениўин (сервер үскенелери, компьютер техникасы ҳәм оргтехника, программалық тәмийнат) тәмийинленсин;
үш ай мүддетте Диспетчерлик хызмети жумысының өзгешеликлерин есапқа алып, толық хызмет көрсетиўин тәмийинлеў ушын жайластырыў, үскенелеў ҳәм басқа да шөлкемлестириў мәселелерин шешиў илажларын көрсин;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажланыў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахсларға қыстаўлы оператив хызметлер арқалы өз-ара бирге ислесиў, соның ишинде, мобиль байланыс сервислерден пайдаланыў бойынша бийпул хызмет көрсетиў имканиятын беретуғын мәлимлеме системасын ислеп шықсын ҳәм енгизсин;
басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын сәўлелендириў бойынша мақалалар және темаға байланыслы көрсетиўлерди шөлкемлестирсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.А.Худайбергеновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 18-март