Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Республикада электротехника санаатын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, жаңа түрдеги заманагөй электротехника ҳәм электротурмыслық өнимлерди ислеп шығарыў қуўатлықларын жаратыў, тармақтың инвестициялық ҳәм экспорт потенциалын арттырыў, сондай-ақ, жергиликли ислеп шығарыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.
Усы бағдарлардағы жумысларды буннан былай да жеделлестириў, жергиликли электротехника ҳәм электротурмыслық өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, өним сатыў ушын жаңа базарларды өзлестириў, тармақ кәрханаларының илимий-технологиялық, өндирислик ҳәм экспорт потенциалын раўажландырыў мақсетинде:
- 1. 2021-2022-жыллар ушын электротехника тармағы нәтийжелилигиниң төмендеги тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгиленсин:
мыс шийки затын терең қайта ислеў көлемин 2021-жылы 55 мың тоннаға, 2022-жылы 70 мың тоннаға жеткериў;
өнимлер ислеп шығарыў көлемин 2021-жылы 15 триллион сумға шекем, 2022-жылы 19 триллион сумға шекем арттырыў;
өнимлердиң экспорт көлемин 2021-жылы 450 миллион АҚШ доллары, 2022-жылы 600 миллион АҚШ доллары муғдарында тәмийинлеў;
тармақтағы жумыс орынларының санын 2021-жылы 27 мыңға, 2022-жылы 34 мыңға жеткериў.
Электротехника санаатын раўажландырыўға жәрдем бериў бойынша жумысшы топары (Д.Ш.Султанов) усы бәнтте белгиленген тийкарғы мақсетли көрсеткишлердиң орынланыўын тәмийинлеў ҳәм оларды 2023-жылы кеминде 30 процентке арттырыў бойынша мәнзилли илажларды әмелге асырсын.
- 2. 2021-2022-жылларда электротехника санаатында жаңа өндирис қуўатлықларын жаратыў ҳәм өндиристи диверсифакациялаў бағдарламасы 1, 1а ҳәм 1б-қосымшаларына муўапық тастыйықлансын.
Экспорт ҳәм инвестицияларды раўажландырыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясына (С.У.Умурзаков) усы бәнтте нәзерде тутылған бағдарламаға, зәрүр жағдайларда,
өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.
- 3. 2021-жыл 1-марттан баслап электротехника ҳәм электротурмыслық өнимлерди ислеп шығарыў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, айланыс қаржыларын толықтырыў ушын электротехника тармағы кәрханаларына Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 1,5 есесинен артпаған процент ставкасы менен миллий валютада берилетуғын кредитлердиң 20 миллиард сумға шекемги бөлеги бойынша процент ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артпаған бөлегин, бирақ 5 процентлик пункттен көп болмаған муғдарда Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен үш жыл мүддетке шекем компенсациялаў тәртиби орнатылсын.
- 4. Электротехника тармағы кәрханаларын Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги илажлары енгизилсин:
2024-жыл 1-январьға шекем электротехника ҳәм электротурмыслық өнимлерди барлық мәмлекетлерге, соның ишинде, қоңсы мәмлекетлерге экспорт етиўде автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспортында тасыў қәрежетлериниң 50 процентин, бирақ өнимлердиң экспорт баҳасының (транспорт қәрежетлерисиз) автомобиль транспортында 15 процентинен, темир жол транспортында 20 процентинен көп болмаған муғдарда қаплаўға субсидиялар бериў;
қаржыландырыў дәреклерине қарамастан таңлаўлар шеңберинде аванс төлемлерин әмелге асырыў (қайтарыў), сырт ел валютасындағы шәртнама шәртлерин орынлаў ҳәм жеткерип берилген товарлар (жумыслар, хызметлер) бойынша кепиллик мүддетлерин тәмийинлеў бойынша жергиликли коммерциялық банклерден кепилликлер алыўда гиреў тәмийнаты сыпатында кепиллик суммасының 50 процентине шекем, бирақ 3 миллион АҚШ долларынан артпаған муғдарда кепилликлер бериў.
Экспорт ҳәм инвестицияларды раўажландырыў мәселелери бойынша Ҳүкиметлик комиссия (С.У.Умурзаков) бир ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў тәртибин тастыйықласын.
- 5. 2021-жыл 1-апрельден 2024-жыл 1-январьға шекемги мүддетке есабат дәўириниң жуўмақлары бойынша электротехника өнимлерин сатыўдан түскен түсиминиң муғдары улыўма түсиминиң 80 процентинен кем болмаған электротехника тармағы кәрханаларына пайда салығы ҳәм мүлк салығы бойынша ставкаларды 50 процентке шекем азайтыў тәризинде салық жеңилликлери берилсин.
Усы бәнтте нәзерде тутылған салық жеңилликлериниң берилиўи мүнәсибети менен босаған қаржылар:
кәрханалар тәрепинен дивидендлер көринисинде бөлистирилмейтуғынлығы;
жаңа өндирис қуўатлықларын жаратыў ҳәм бар қуўатлықларды модернизациялаўға бағдарланатуғынлығы белгилеп қойылсын.
- 6. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм «Өзэлтехсанаат» ассоциаицясының:
«Алмалық КМК» АЖ тәрепинен ислеп шығарылған мыс катодын биржа саўдаларына қойыўда оның басланғыш баҳасын қосымша қун салығысыз Лондон металл биржасы баҳасынан 2021-жыл 1-апрельден – 8 процент, 2022-жылы – 6 процент ҳәм 2023-жылы – 4 процент муғдарында шегирме менен, 2024-жыл 1-январьдан болса Лондон металл биржасы баҳасында (экспортқа реализацияланатуғын баҳада) белгилеў;
2021-жыл 1-апрельден баслап мыс шийки затын биржа саўдалары арқалы сатып алыўда жоқары технологиялы өндирис процесин енгизген тармақ кәрханалары тәрепинен төлемниң 25 процентин аванс тәризинде ҳәм қалған 75 процентин мыс шийки заты алынғаннан соң 90 жумыс күни ишинде ҳәр айда тең үлеслерде әмелге асырыў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Б.К.Абдиназаров) «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы (М.М.Юнусов) менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте жоқары технологиялы өндирис процесин енгизген тармақ кәрханаларының дизимин тастыйықлап, «Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы» АЖ ға киргизсин ҳәм бул дизимди зәрүр жағдайларда жаңалап барсын.
- 7. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
усы қарардың 3 ҳәм 4-бәнтлеринде нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажлары мыс катоды ҳәм мыс катанкасын ислеп шығарыў және экспорт етиўге енгизилмейди;
«Өзэлтезсанаат» ассоциациясының кепиллигине тийкарланып жоқары технологиялы өндирис процесин енгизген кәрханаларға товарларды экспорт етиўде нольлик дәрежели салық ставкасы қолланылыўы нәтийжесинде пайда болмаған қосымша қун салығының унамсыз парқ суммасы үш күн ишинде қаплап бериледи. Онда, салық суммасы қаплап берилгенинен соң, камерал салық тексериўи белгиленген тәртипте әмелге асырылады;
экспорт етиўши электротехника санааты кәрханалары тәрепинен товарлар олар бойынша төлемлерди кешиктирип төлеў шәрти менен экспорт етилгенде, олардың айланыс қаржыларын толықтырыў ушын револьвер кредитлерди қаржыландырыўға Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен коммерциялық банклерге процентсиз қаржы ресурслары усыныс етиледи. Онда, бул ресурслардың есабынан кредит төлемлер кешиктирилген мүддетке ҳәм экспорт етилип атырған өнимлердиң баҳасы муғдарында, бирақ 3 миллион АҚШ доллары эквивалентинен көп болмаған муғдарда жыллық 2 процентлик ставка (банк маржасы) менен ажыратылады.
- 8. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Б.Воитов) «Өзстандарт» агентлиги (Д.Н.Саттаров) ҳәм «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы (М.М.Юнусов) менен биргеликте:
2021-жыл 1-октябрьге шекем электротехника ҳәм электротурмыслық өнимлердиң техникалық регламентлер ҳәм халықаралық талапларға муўапықлығын (қәўипсизлик көрсеткишлери ҳәм энергия нәтийжелилигин) баҳалаў бойынша заманагөй сынаў лабораториясы ҳәм сертификатластырыў орайын шөлкемлестириў жумысларын жуўмақласын;
2022-жыл 1-мартқа шекем сынаў лабораториясының жумысын халықаралық нормалар тийкарында раўажландырыў ҳәм тармақтың экспорт потенциалын арттырыўды есапқа алған ҳалда, оны халықаралық аккредитациядан өткериў илажларын көрсин.
«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы (М.М.Юнусов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Б.К.Абдиназаров), «Өзстандарт» агентлиги (Д.Н.Саттаров) менен биргеликте үш ай мүддетте сынаў лабораториясы ушын зәрүр әсбап-үскенелер дизими қәлиплестирилиўин, олардың сатып алыныўы бойынша жойбар алды ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўын ҳәм белгиленген тәртипте экспертизадан өткерилиўин шөлкемлестирсин.
Министрлер Кабинети (Ж.А.Қўчқоров, С.У.Умурзаков) «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы (М.М.Юнусов) менен биргеликте сынаў лабораториясын шөлкемлестириў ушын Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан «Өзстандарт» агентлигине зәрүр қаржылар (35 миллиард сумға шекем) ажыратылыўын, сынаў лабораториясы «Өзэлтехсанаат» ассоциациясының имаратында жайластырылыўын ҳәм оның әсбап-үскенелери «Өзэлтехсанаат» ассоциациясына оператив басқарыў ҳуқықы менен берилиўин тәмийинлесин.
- 9. Төмендегилер Электротехника санаатын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын қосымша бағдарлар сыпатында белгиленсин:
жоқары қосымша қунлы мыс өнимлерин экспорт етиўши тармақ кәрханаларының өнимлер ислеп шығарыў ҳәм оларды сыртқы базарларда сатыў менен байланыслы қәрежетлерин өним түрлеринен келип шығып, экспорт баҳасының 6 процентине шекемги муғдарда қаплаў;
электротехника ҳәм электротурмыслық өнимлерди ислеп шығарыў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын потенциаллы инвесторларды тартыў мақсетинде, аймақларда электротехника санаатына қәнигелестирилген индустриялық технопарклер шөлкемлестириў;
тармақ кәрханаларының сыртқы базарларда өз өнимлериниң тартымлылығын арттырыў бойынша маркетинг изертлеўлерин алып барыўы, тармақ жойбарларының жойбар алды ҳүжжетлерин (бизнес-режелер, техникалық-экономикалық тийкарлар ҳәм басқалар) ислеп шығыўы, сондай-ақ, дүнья базарын үйрениў ҳәм маркетинг таллаўларын әмелге асырыў ушын халықаралық мағлыўматлар базаларына (мәлимлеме ресурсларына) жалғаныўына байланыслы қәрежетлериниң 50 процентине шекем қаплаў;
«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы атқарыў аппараты сырт ел қәнигелери ҳәм экспертлерин тартыўға байланыслы қәрежетлердиң айырым бөлегин ямаса толық қаржыландырыў.
Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) электротехника санаатын раўажландырыў қорына республикалық бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан 2021-жылдың биринши, екинши ҳәм үшинши шереклеринде теңдей үлеслерде 75 миллиард сум муғдарында қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин ҳәм кейинги жыллары бюджет параметрлеринде усы мақсетлер ушын қаржыларды нәзерде тутсын.
- 10. «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң 2022-жыл март айынан баслап ҳәр жылы жергиликли ҳәм сырт ел кәрхана ўәкиллери, потенциаллы инвесторлар, экспертлер ҳәм тармаққа байланыслы басқа да қәнигелерди тартқан ҳалда, Электротехника ҳәм электроника халықаралық саўда көргизбесин («Uzbek International Electrotechnics & Electronics Fair») шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы (М.М.Юнусов), Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Б.Воитов) бир ай мүддетте электротехника ҳәм электроника халықаралық саўда көргизбесине таярлық көриў және оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм әмелге асырыўды басласын.
- 11. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.А.Вафаев) 2021-жыл 1-декабрьге шекем электротехника санаатын раўажландырыў ҳәм тармақта инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қаржыларын тартыў илажларын көрсин.
- 12. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:
Мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қаржылары есабынан, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша таңлаў (тендер) өткерилгенде жергиликли өнимлер сатып алыныўын нәзерде тутыўшы «миллий контент» системасын енгизиў бойынша усынысларды;
илимий изертлеўлерге ҳәм тәжирийбе-конструкторлық қолланбаларға байланыслы ҳүжжетлерди пайда салығы бойынша салық салынатуғын базадан 2 коэффициент қолланылған ҳалда шегириў тәртибин нәзерде тутыўшы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 13. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Б.К.Абдиназаров), «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы (М.М.Юнусов):
Самарқанд, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларының ҳәкимликлери менен биргеликте үш ай мүддетте усы аймақларда электротехника санаатына қәнигелестирилген индустриаллық технопарклер шөлкемлестириў бойынша;
мәпдар министрилклер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 14. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
- 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 3-қосымшаға муўапық 2021-жыл 1-апрельден өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
- 16. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм С.У.Умурзаков белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа және Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 2-март