Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Соңғы жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли институционаллық реформалар шеңберинде суў хожалығы тараўында мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў, суў ресурсларын басқарыў принциплери ҳәм системасын жетилистириў бағдарында илажлар әмелге асырылды.
Суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, олардың есабын жүргизиў системасын жетилистириў, сондай-ақ, суў хожалығы шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге аўыл хожалығын реформалаў және аўыл хожалығы өндирисин диверсификациялаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар бул тараўға басқарыўдың заманагөй усылларын енгизиў тийкарында суў хожалығы инфраструктурасын буннан былай да жақсылаўды талап етпекте.
Суў ресурсларын басқарыў ҳәм суў хожалығы объектлеринен пайдаланыў системасын және де жетилистириў, ирригация ҳәм мелиорация жойбарларын әмелге асырыў нәтийжелилигин тәмийинлеў, суў хожалығын басқарыў тараўына базар принциплерин ҳәм механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, усы тараўда илимди раўажландырыў мақсетинде;
- 2022-жылдың ақырына шекем Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жумысының төмендеги әҳмийетли бағдарлары ҳәм нәтийжелилигиниң әҳмийетли көрсеткишлери белгиленсин:
а) суў хожалығы министри төмендегилер ушын жеке жуўапкер есапланады:
суў хожалығы тараўында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеў, суў ресурсларын басқарыў тараўында халықаралық байланысларды кеңейтиў ҳәм беккемлеў;
2020-2030-жылларда суў хожалығын раўажландырыў концепциясын өз ўақтында ҳәм сапалы ислеп шығыў;
2020-жылдан баслап суў хожалығы шөлкемлериниң суў жеткерип бериў бойынша қәрежетлериниң бир бөлегин суў тутыныўшылары тәрепинен қаплаў механизмлерин басқышпа-басқыш енгизиў;
суў хожалығы тараўындағы перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ушын сырт ел инвестициялары, қарызлар ҳәм грантлардың тартылыўын кеңейтиў арқалы суў хожалығы объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў қәрежетлериниң жәми көлеминдеги бюджет қаржылары үлесин басқышпа-басқыш кемейтиў;
суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиўде аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларға белсендилик пенен жәрдем бериў, заманагөй суўғарыў системаларын ислеп шығарыў қуўатлықларын жеке-меншик инвестицияларды тартыў есабынан кеңейтиў арқалы суўды үнемлеўши технологияларды қолланған ҳалда суўғарылатуғын жерлердиң үлеcин суўғарылатуғын жерлердиң улыўма майданын ең кеминде 10 процентке жеткериў;
б) министрдиң биринши орынбасары төмендегилер ушын жеке жуўапкер есапланады:
суў хожалығын институционаллық, техникалық ҳәм технологиялық раўажланджырыў, бул тараўда илим ҳәм ислеп шығарыўды интеграциялаў;
суў хожалығы объектлериндеги қурылыс – монтажлаў жумысларының өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын заманагөй ислеп шығарыў технологияларын енгизиў есабынан олардың өзине түсер баҳасының кемейтилиўин тәмийинлеў;
суў ресурсларын басқарыў тараўында базар механизмлерин енгизиў, суў хожалығы тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў арқалы пайдаланыў қәрежетлерин ең кеминде 15 процентке қысқартыў;
суў хожалығы тараўындағы илимий ҳәм илимий-техникалық жумыстың жедел раўажландырылыўын тәмийинлеў, суў ресурсларын басқарыў тараўындағы қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириў есабынан суў хожалығы тараўындағы әҳмийетли бағдарлар бойынша ең кеминде 10 илимий ҳәм инновациялық қолланбаны әмелиятқа енгизиў;
в) министрдиң орынбасарлары төмедегилер ушын жеке жуўапкер есапланады:
суў хожалығын инновациялық раўажландырыў, илимий қолланбалардың нәтийжелерин, суў хожалығын басқарыў ҳәм суў хожалығы объектлеринен пайдаланыўдың алдынғы усылларын әмелиятқа жедел енгизиў;
заманагөй технологияларды қолланған ҳалда суў хожалығын суўғарыў системаларын модернизациялаў, реконструкциялаў ҳәм оңлаўға қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў арқалы суўғарыў системаларының пайдалы ис коэффициентин ҳәр жылы республика бойынша орташа ең кеминде 1 процентке арттырыў;
энергия үнемлеўши ҳәм энергоэффективли технологияларды кеңнен енгизиў, сондай-ақ, насос станцияларының жумыс режимин тәртипке салыўдың усылларын енгизиў есабынан суў хожалығы объектлеринде электр энергиясының тутыныўын ең кеминде 10 процентке қысқартыў;
суў-дуз балансын жүргизиў механизмлерин жетилистириў, жер асты суўларын нормада услап турыў, сондай-ақ, мелиорация жумысларының нәтийжелилигин арттырыў арқалы шорланған жер майданларының үлесин 45 процентке азайтыў;
суў хожалығы объектлерин басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў процесслерине заманагөй мәлимлеме-коммуникация техзнологияларын енгизиў есабынан 300 суў хожалығы имаратын ҳәм гидроузелде суўды қадағалаў ҳәм оның есабын жүргизиў системасын автоматластырыў;
суў тутыныўшылары ассоциацияларының ҳуқықый статусын беккемлеў, суў ресурсларын басқарыў тараўындағы ролин арттырыў, сондай-ақ, олар жумысының финанслық турақлылығын тәмийинлеўге жәрдемлесиў арқалы суў тутыныўшылар ассоциацияларының жумысын түп-тийкарынан раўажландырыў.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң:
суў хожалығы системасын жетилистириўге қаратылған жойбарларды қәлиплестириў ҳәм ислеп шығарыў, сондай-ақ, оларды, соның ишинде, сырт ел инвестициялары, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қаржыларын тартыў арқалы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығы тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлигин (кейинги орынларда – Жойбарларды әмелге асырыў агентлиги) шөлкемлестириў;
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы «Өзсуўқурылыстәмийнат» республикалық бирлеспеси (кейинги орынларда – «Өзсуўқурылыстәмийнат» республикалық бирлеспеси) тийкарында «Өзсуўқурылыс» акционерлик жәмийетин (кейинги орынларда – «Өзсуўқурылыс» АЖ) шөлкемлестириў. сондай-ақ, 1-қосымшаға муўапық «Өзсуўқурылыстәмийнат» республикалық бирлеспеси қурамына киретуғын мәмлекетлик унитар кәрханаларын жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерге айландырыў;
Суў хожалығы министрлиги системасындағы бюджет шөлкемлериниң штатлары санын 2019-жыл 1-ноябрьден 10 процентке, 2020-жыл 1-январьдан қосымша түрде 10 процентке, соның ишинде, басқарыў хызметкерлериниң санын усы қарарға муўапық 83 бирликке басқышпа-басқыш оптималластырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Жойбарларды әмелге асырыў агентлиги Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министриниң усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм босатылатуғын директор басшылық ететуғыны;
Жойбарларды әмелге асырыў агентлигиниң хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги орайлық аппаратының хызметкерлери ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў шәртлери енгизилетуғыны;
«Өзсуўқурылыс» АЖ «Өзсуўқурылыстәмийнат» республикалцқ бирлеспесиниң шәртнамалары, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелри бойынша ҳуқықый мийрасхор есапланатуғыны;
шөлкемлестирилип атырған жуўапкершилиги шекленген жәмийети өзгертилип атырған тийисли мәмлекетлик унитар кәрханаларының шәртнамалары, ҳуқықлары ҳәм миннелемелери бойынша ҳуқықый мийрасхор есапланатуғыны;
шөлкемлестирилип атырған жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң устав капиталы 1-қосымшада көрсетилген өзгертилген мәмлекетлик унитар кәрханаларының мүлклерин қалдық баҳасында өткериў есабынан қәлиплестирилетуғыны;
«Өзсуўқурылыс»АЖ устав капиталын қайта шөлкемлестирилип атырған «Өзсуўқурылыстәмийнат» республикалық бирлеспесиниң мүлклерин қалдық баҳасында, сондай-ақ, шөлкемлестирилип атырған жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердеги мәмлекетлик үлесин өткериў есабынан қәлиплестирилетуғыны;
«Өзсуўқурылыс»АЖ устав капиталындағы акциялар мәмлекетлик пакет бойынша акционер функцияларын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик автивлерин басқарыў агентлиги әмелге асыратуғыны;
қайта шөлкемлестирилип атырған «Өзсуўқурылыстәмийнат» республикалық бирлеспесиниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылатуғын басқарыў хызметкерлериниң штатлар саны Суў хожалығы министрлиги системасында сақланып қалынатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги системасының штатлар санын усы қарарға муўапық оптималластырыўдан босайтуғын қаржылар Суў хожалығы министрлигиниң мәкеме ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларына 2019-жыл 1-ноябрьден 1,1 ҳәм 2020-жыл 1-январьдан 1,2 муғдарда дүзетиў коэффициетин дүзетиў есабынан олардың мийнет ҳақысын арттырыў бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Жойбарларды әмелге асырыў агентлиги басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги системасы басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны шеңберинде 26 бирлик етип белгиленсин.
- Төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығы тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлигиниң структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министрине, зәрүр жағдайларда, Жойбарларды әмелге асырыў агентлиги структурасына басқарыў хызметкерлериниң белгиленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў қоры шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин;
б) Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ислеп шығылған Суў ресурсларын басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына усы киши бәнтте нәзерде тутылған «Жол картасы»на киргизилген илажларды өз ўақтында. толық ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- 2020-жыл 1-январьдан баслап:
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги және ирригация системалары бассейн басқармалары жанындағы насос станциялары ҳәм энергетика басқармаларын қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы республика бюджетинен тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджетлерине өткерилетуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги және ирригация системалары бассейн басқармалары жанындағы насос станциялары ҳәм энергетика басқармаларының белгиленген лимиттен зыят электр энергиясы ушын төлем қәрежетлери Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан қапланатуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги және ирригация системалары бассейн басқармалары жанындағы насос станциялары ҳәм энергетика басқармаларының электр энергиясы тутыныўы ушын пайдаланылмаған лимиттен үнемлеп қалынған қаржылар Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги менен келискен ҳалда насос станциялары ҳәм энергетика объектлерин техникалық жақтан раўажландырыўға бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўды билимлендириў министрлиги, суў хожалығы министрлиги, Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети, сондай-ақ, өндирислик ҳәм пайдаланыў шөлкемлериниң:
4-қосымшаға муўапық ислеп шығарыў ҳәм пайдаланыў шөлкемлери тийкарында Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты (кейинги орынларда – Институт) тараўға байланыслы кафедралардың қәнигелестирилген классларын жайластырыў;
илимий ҳәм профессор-оқытыўшылардың қурамынан, жойбарлаў институтлары ўәкиллеринен, соның ишинде, сырт ел қәнигелеринен ибарат болған, сондай-ақ, суў хожалығында жойбарластырыўдың заманагөй усыллары ҳәм стандартларына әмелиятта оқытыў ушын қәбилетли студентлерди тартқан ҳалда Институт жанында қәнигелестирилген жойбарлаў топарын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Төмендегилер мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
а) Институт тараўға байланыслы кафедраларының тийисли ислеп шығарыў ҳәм пайдаланыў тийкарында жайластырылған қәнигелестирилген классларында студентлердиң әмелий ҳәм лабораториялық шынығыўларды, сондай-ақ, оқыў-өндирислик әмелиятын өтеўи «өндиристе бир күнлик шынығыў» принципи бойынша әмелге асырылады;
б) Институт жанындағы қәнигелестирилген жойбарлаў топарының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер есапланады;
суў хожалығы ҳәм елатлы пунктлердиң суў тәмийнаты объектлериниң қурылысы, реконструкция ҳәм модернизацияланыўын жойбарластырыў;
суў хожалығы ҳәм суў тәмийнаты тараўындағы жойбарлаў-излеў жумысларын ҳәм жойбарлардың әмелге асырылыўын илимий-техникалық жақтан бақлап барыў;
суў хожалығы объектлеринен пайдаланыўдың исенимлилиги ҳәм қәўипсизлигин, сондай-ақ, суў хожалығы объектлериниң қоршаған орталыққа тәсирин баҳалаў ҳәм оларды есаплаў тийкарларын ислеп шығыў.
- 2020-жыл 1-январьдан баслап:
халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қаржыларын тартқан ҳалда суў хожалығы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша жаңадан әмелге асырылатуғын жойбарларға кадрларды таярлаў ҳәм оқытыў бойынша арнаўлы компонентти киргизиў;
илимий ҳәм илимий техникалық жумысты қоллап-қуўатлаў мақсетинде суў хожалығы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша жойбарлаў-излеў жумыслары баҳасының есап-санағына жойбарлаў-излеў жумыслары улыўма баҳасының 10 процентке шекем муғдарда қосымша қаржылар киргизиў әмелиятқа мәжбүрий енгизилсин.
усы бәнттиң үшинши абзацында нәзерде тутылған қаржылардың 50 проценти жойбарлаў-излеў жумысларын илимий-техникалық жақтан бақлаўды қаржыландырыўға бағдарланатуғыны, оларға тек ғана жергиликли билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкмелери, сондай-ақ, өз алдына илимпазлар белгиленген тәртипте тартылатуғыны;
Усы бәнттиң үшинши абзацында нәзерде тутылған қаржылардың қалған 50 проценти Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығын раўажландырыў қорына өткерилетуғыны белгилеп қойылсын. Бунда бул қаржылар тек ғана суў хожалығы тараўындағы әҳмийетли машқалалар бойынша илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық қолланбаларын қаржыландырыў мақсетинде республика билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине грантлар ажыратыў ушын жумсалады.
- 2019-жыл 1-ноябрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық суў хожалығы шөлкемлериниң басшылары ҳәр шеректе тийисли район халық депутатлары Кеңесине суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайын жақсылаў, сондай-ақ, усы районда суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў жағдайы ҳаққында мәлимлеме киргизеди.
Ўәлаятлар ҳәм районлар халық депутатлары Кеңеслерине халық депутатлары Кеңеси ҳәм оның турақлы комиссиялары ис режелерин ислеп шығыўда атқарыў ҳәкимияты уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының суў хожалығы тараўындағы жумыслардың жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесин бир жылда ең кеминде еки мәрте тыңлаўды нәзерде тутыў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
бир ай мүддетте суў тутыныўшылары ассоциациялары жумысын раўажландырыўды, соның ишинде, басқарыў системасын жетилистириў, суў тутыныўшылары ассоциацияларының финанслық турақлылығын ҳәм олар тәрепинен көрсетилип атырған хызметлер ушын жыйымлардың толық түсиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, суў тутыныўшылары ассоциацияларының жайласыўын ҳәм олар тәрепинен хызмет көрсетилип атырған аймақлардың шегараларын қайта көрип шығыўды нәзерде тутатуғын ҳүкиметлик қарардың қабыл етилиўин;
еки ай мүддетте 5-қосымшада көрсетилген инвестициялық жойбарлар бойынша жойбарларды әмелге асырыў топарлары, сондай-ақ, ҳуқықлар, миннетлемелер ҳәм шәртнамлар Жойбарларды әмелге асырыў агентлигине өткерилетуғынын;
Өзбекстан Республикасы атынан халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик шөлкемлери мәнзилине Жойбарларды әмелге асырыў агентлиги суў хожалығы тараўындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша атқарыўшы агентлик етип белгиленгенлиги ҳаққында хабарнамалардың жиберилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги:
а) бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығы тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүкиметлик қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин, онда:
Жойбарларды әмелге асырыў агентлигин сақлаў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
Жойбарларды әмелге асырыў агентлигине өткерилип атырған жойбарларды әмелге асырыў топарлары белгиленген тәртипте жумысы 5-қосымшада көрсетилген инвестициялық жойбарлар шеңберинде халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын юридикалық шахсларға өзгертилетуғыны нәзерде тутылсын;
б) Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте:
6-қосымшаға муўапық суў хожалығы объектлерин қурыў ҳәм модернизациялаў бойынша әҳмийетли инвестициялық жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыў илажларын көрсин;
көрсетилген жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарларының ислеп шығылыўына қарап, оларды әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қаржыларын тартыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизип барсын.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте усы қарарға муўапық Суў хожалығы министрлиги систмасының штатлар санының оптималластырылыўы нәтийжесинде жумыстан босатылатуғын хызметкерлерди жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаў бойынша илажларды көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3672-санлы қарарына 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Минстрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 9-октябрь