Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы ПП-6155-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджеттиң қәлиплесиўи ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыў жойбарларын ислеп шығыў процесине халықты жедел тартыў ҳәм орынлардағы әҳмийетли машқалаларды шешиўде жәмийетшиликтиң қатнасыўын кеңейтиў мақсетинде:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Қаржы министрлиги ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң:

2021-жыл май айынан баслап қосымшаға муўапық район (қала)ларда, 2022-жыл 1-январьдан баслап республиканың барлық район (қала)ларында тийисли бюджетлердиң тастыйықланған улыўма қәрежетлериниң 5 процентин жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға бағдарлаў бойынша жаңа тәртипти басқышпа-басқыш енгизиў;

2021-жыл 1-юльден баслап жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға ажыратылған район (қала)лар бюджетлери қосымша қаржыларының ең кем муғдарын 10 проценттен 30 процентке арттырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Қаржы министрлиги бир ҳәпте мүддетте усы қарардың қосымшасына муўапық сайлап алынған район қала(лар)дың бюджетлерине қосымша түрде Өзбекстан Республикасының республикалық бюджет қаржылары есабынан 92,7 миллиард сум қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Усы қарардың 1-бәнтинде белгиленген басқышларды есапқа алған ҳалда район (қала) бюджетлери тастыйықланған қәрежетлериниң 5 процентине тең муғдардағы қаржылар жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға бағдарланатуғыны;

жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға бағдарланатуғын қаржылар район (қала) ҳәкимликлеринде бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары түринде ашылатуғын «Пуқаралардың басламасы қоры» жеке ғазна есап бетинде жыйналатуғыны ҳәм усы қаржылардың басқа мақсетлерге жумсалыўы қатаң қадаған етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Олий Мажлис Сенатына район (қала)лар бюджетлериниң қаржыларын жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў тәртиби ҳаққындағы үлги режени тастыйықлаў ушын киргизсин.

Усы үлги реже тийкарында районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлери еки ҳәпте мүддетте:

ҳәр бир район ҳәм қаланың айрықша өзгешелигинен келип шығып, район (қала)лар бюджетлериниң қаржыларын жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў тәртибин нәзерде тутатуғын қарар жойбарын;

халық депутатлары район (қала)лық Кеңеси, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлеринен ибарат Жәмийетшиликтиң пикири тийкарында илажларды қәлиплестириў, баҳалаў, сайлап алыў ҳәм орынланыўын мониторинг етиў бойынша жумысшы комиссияның қурамын тийисли халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине тастыйықлаў ушын киргизсин.

  1. Районлар ҳәм қалалардың ҳәкимликлери тийисли жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр шеректиң жуўмақлары бойынша кейинги айдың 25 сәнесинен кешиктирмей өзлериниң рәсмий веб-сайтларына ҳәм «Ашық бюджет» порталына жайластырсын.

Район ҳәм қалалардың ҳәкимлерине жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға бюджет қаржыларының өз ўақтында ажыратылыўы және олардың әмелге асырылыўы процесин сәўлелендирип барыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Қаржы министрлигине төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

жәмийетшиликтиң пикири тийкарында әмелге асырылатуғын илажларды қаржыландырыўға бағдарланатуғын қаржыларды қәлиплестириў тәртибин жетилистириў;

жәмийетшиликтиң пикири тийкарында әмелге асырылатуғын илажларды қаржыландырыўға бағдарланатуғын қаржылардың қәлиплестирилиўи ҳәм жумсалыўы бойынша оқыў-семинар ҳәм тренинглер шөлкемлестириў, усы процесстиң мазмун-мәнисин сәўлелендиретуғын оқыў-материалларды таярлаў;

жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қаржыландырылатуғын илажларға бағдарланатуғын қаржылардың қәлиплесиў ҳәм жумсалыў процесслериниң мониторингин жүргизиў;

«Ашық бюджет» порталында жәмийетшилик тәрепинен усыныс қалдырыў ҳәм даўыс бериў процесин методикалық, техникалық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм басқарыў.

  1. Қаржы министрлиги:

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-ноябрьге шекем халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда пуқаралардың қатнасыўындағы интакерли бюджетлестириўди жетилистириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары менен биргеликте орынларда халық арасында интакерли бюджетлестириўди әмелге асырыў механизмин, оның мазмун-мәнисин кеңнен сәўлелендириў мақсетинде методикалық ҳәм оқыў материалларының таярланыўы ҳәм тарқатылыўын тәмийинлесин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа, қаржы министри Т.А. Ишметовқа ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

       Президенти                          Ш.МИРЗИЁЕВ.

     

Ташкент қаласы,

2021-жыл 13-апрель.