Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери арасында сиясий, саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў, елимизде қолайлы инвестиция орталығын жаратыў ҳәм туризм потенциалын раўажландырыў мақсетинде:
- 2019-жыл 20-марттан баслап Бирлескен Араб Әмирликлери пуқаралары ушын Өзбекстан Республикасы аймағына кирген күннен баслап 30 күн мүддетке визасыз режим белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстанға жумыс бойынша келетуғын Бирлескен Араб Әмирликлери пуқараларына Өзбекстан Республикасындағы усынылып атырған юридикалық шахстың Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине мүрәжат етиў талабы бийкар етилген жағдайда, бир жыл мүддетке шекем болған көп мәртелик визаларды Өзбекстан Республикасының сырт елдеги мәкемелеринде ҳүжжетлер қабыл етилген күн есапқа алынбай 3 жумыс күни даўамында рәсмийлестирсин.
- Төмендегилер өз күшин жойытқан деп есаплансын:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-январьдағы ПП-5611-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2019-жыл 1-февральдан баслап пуқаралары электрон кириў визасын алыў имканиятына ийе болған мәмлекетлер дизиминиң 32-бәнти;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-июльдеги ПҚ-3836-санлы қарары менен тастыйықланған 2018-жыл 1-июьлде баслап пуқараларына Өзбекстан Республикасына визасыз транзит кириў, ўақтыншалық қалыў ҳәм шығыў тәртиби белгиленген мәмлекетлер дизимининиң 62-бәнти.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 18-март