Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Кейинги жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли институционаллық реформалар шеңберинде финанс секторының турақлылығын, оның глобал қаржы системасына интеграцияласыўын тәмийинлеў, банк хызметлериниң сапасын ҳәм олардан пайдаланыў имканиятларын, биринши гезекте жеке меншик бизнес ҳәм халық ушын арттырыў илажлары көрилди.
Мәмлекетлик үлеске ийе болған коммерциялық банклерде заманагөй корпоративлик басқарыў принциплери, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, жумыстың нәтийжелилигин ҳәм инвестициялық тартымлылығын арттырыў арқалы олардың формасын өзгертиў бағдарындағы жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, банк секторын реформалаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар алдыңғы халықаралық әмелиятты есапқа алған ҳалда банк тараўындағы кадрларды таярлаўдың замангөй усылларын енгизиў тийкарында коммерциялық банклер хызметкерлериниң билимин ҳәм қәнигелигин арттырыўды талап етпекте.
Корпоратив басқарыў, финанслық менеджмент, аудит, финанслық қәўип-қәтерлерди басқарыў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, баҳалы қағазлар базары тараўларында банк секторының жоқары маман кадрларын оқытыў системасын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, банк хызметкерлерин баҳалаў ҳәм хошаметлеўдиң алдынғы халықаралық тәжирийбесин енгизиў мақсетинде:
- Төмендегилер Өзбекстан Республикасы банк системасы кадрларының потенциалын раўажландырыўдың тийкарғы принциплери етип белгиленсин:
кадрлар таярлаўға халықаралық стандартларға ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесине тийкарланған системалы қатнас;
коммерциялық банклердиң басқарыў, орта ҳәм төменги буўын хызметкерлериниң мийнетине олардың қәнигелиги, билими ҳәм анық жумыс нәтийжелеринен (KPI) келип шыққан ҳалда ҳақы төлеўдиң бонуслы системасын енгизиў;
кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың үзликсизлигин, оқытыў бағдарламаларының заманагөй коммерциялық банклер тәрепинен кеңнен пайдаланылып атырған санлы технологияларға муўапықлығын тәмийинлеў;
тийисли лаўазым ушын талап етилетуғын маманлық ҳәм тәжирийбеге ийе болған басқарыў хызметкерлерин, инвестициялық банкинг, жойбарлық қаржыландырыў, қәўип-қәтерлерди басқарыў, мәлимлеме–коммуникация тараўында қәнигелерди таярлаўды тәмийинлеў;
оқытылып атырған кадрларға тактикалық ҳәм стратегиялық келешектеги нәтийжели ислеў ушын зәрүрли билимлерди бериў ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў;
бизнес жүргизиўдиң улыўмалық принциплерин ҳәм бирден-бир корпоратив мәдениятын қәлиплестириў;
банк қәнигелери, оқытыўшылар қурамы ҳәм студентлерди банк жумысының анық бағдарлары бойынша сырт ел банклеринде ҳәм билимлендириў мәкемелеринде оқытыў және стажировкадан өткериў.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки (кейинги орынларда – Өзмиллийбанк), Орайлық банк, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы банклериниң:
Банк –финанс академиясын (кейинги орынларда – Академия) Өзмиллийбанктиң қарамағына өткерип, оны Академияның шөлкемлестириўшиси етип белгилеў;
2018 ҳәм 2019-жылларда Академия магистратурасына қабыл етилген шахслар ушын магистратура қәнигеликлери бойынша әмелдеги билимлендириў бағдарламаларын, сондай-ақ, Академияның қәрежетлерин магистратурада мәмлекетлик грант тийкарында билим алып атырған шахслардың оқыўы тамамланғанға шекем Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырыў тәртибин сақлап қалыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Өзмиллийбанк:
а) 2020-жылдың 1-февралына шекем жетекши сырт елли бирге ислеўшилерди тартқан ҳалда төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2020-2025-жылларда Академияны раўажландырыў концепциясын ислеп шықсын:
Академияның халықаралық тән алынған шөлкемлер рейтингиндеги жоқары билимлендириў мәкемелери дизимине киргизилиўин тәмийинлеген ҳалда оның халықаралық рейтингин басқышпа-басқыш арттырып барыў;
жетекши сырт ел бизнес мектеплери ҳәм корпоратив университетлериниң бир түрдеги бағдарламалары тийкарында банк-қаржы тараўы қәнигелерин оқытыў бағдарламаларын ислеп шығыў;
инвестициялық жумысты (Chartered Financial Analyst), қәўип-қәтерлерди басқарыў (Financial Risk Manager), Финанслық есабаттың халықаралық стандартлар бойынша финанс есабы (Association of Chartered Certified Accountants ва Chartered Public Accountant), ишки аудит (Certified Internal Auditor), басқарыў есабы (Certified Management Accountant) тараўларында финанс хызметкерлерин халықаралық профессионал сертификация имтиханларына таярлаў;
республика аймақларындағы коммерциялық банклердиң филиаллары ушын қысқа мүддетли курслар, семинарлар, тренинглер, дөгерек сәўбетлери, стажировкалар, көшпели оқыў модуллары ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў;
инновациялық билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, илимий-педагогикалық кадрлардың қәнигелигин арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў шеңберинде сырт елли шериклер менен бирге ислесиў;
оқыў процесине жетекши билимлендириў мәкемелеринен ҳәм банк-финанс секторынан жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигелерин тартыў әмелиятын енгизиў;
б) 2020-2025-жылларда Академияны раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы ҳүкиметлик қарардың жойбарын 2020-жылдың 1-мартына шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 31-октябрь