Өзбекстан Республикасвы Президентиниң

қарары

Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде тәлим-тәрбия бериўдиң сапасын жаңа басқышқа көтериў, көп жыллар даўамында өзиниң пидайы мийнетлери менен билимлендириўдиң сапасын арттырыўға үлес қосып киятырған балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң басшы ҳәм педагог хызметкерлерди социаллық қорғаўды күшейтиў, олардың дөретиўшилик шеберлигин ҳәм мийнетин мүнәсип хошаметлеў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Қаржы министрлигиниң балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларын 2019-жыл 1-октябрьден:

директор ҳәм директор орынбасарлары ушын – 1,5 есеге;

оқытыўшылар ҳәм концертмейстерлер ушын – 1,25 есеге арттырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

а) балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде оқыў-тәрбия процессин түп-тийкарынан жақсылаў мақсетинде алдыңғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында:

билимлендириў сапасын баҳалаўдың заманагөй системасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

мәлимлеме-коммуникация технологияларынан кең пайдаланыўды нәзерде тутқан ҳалда оқыў реже және бағдарламаларды қайта көрип шықсын ҳәм тастыйықласын;

б) балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери:

басшы хызметкерлер лаўазымына талабанларды таңлаў тийкарында сайлаў әмелиятын енгизиў ҳәм оларды хошаметлеўди күшейтиў;

басшы хызметкерлердиң аралықтан турып қәнигелигин арттырыў системасын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм қамтып алыўын кеңейтиў;

оқытыўшылары ҳәм концермейстерлерине қәнигелигин арттырыў талаплары, олардың жумысын баҳалаў системасы және  билимлендириўдиң мазмун сапасына қойылған мәмлекетлик талапларды жетилистириў  илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы қарарды әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын талап етилетуғын зәрүр қаржыларды 2019-жыл ушын ажыратсын және 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң параметрлеринде нәзерде тутсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 30-сентябрь