Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Соңғы жылларда автомобильде жүклерди халықаралық тасыў тараўында сырт мәмлекетлер менен өз-ара бирге ислесиў мәселелерин тәртипке салыў, миллий тасыўшылардың үлкен жүк автотранспорт қураллары паркин жаңалаў ҳәм модернизациялаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў және транспорт хызметлерин халықаралық базарда олардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша шартнамалық-ҳуқықый базаны жетилистириўге бағдарланған салмақлы илажлар көрилди.

Соның менен бирге республиканың өсип атырған экспорт потенциалы ҳәм экспорт етилетуғын өнимлердиң баҳасында транспорт қәрежетлерин оптималластырыў зәрүрлиги үлкен жүк автотранспорт қураллары паркиниң қуўатлылығын арттырыў, жергиликли тасыўшылардың жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлардың көрилиўин талап етеди.

Миллий тасыўшылардың үлкен жүк автотранспорт қураллары паркин және де жаңалаў ҳәм модернизациялаў ушын қосымша шараятлар жаратыў, ишки ҳәм сыртқы базарларда олардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң сыртқы саўда жумысын транспорт-логистикалық тәмийинлеў системасын жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2019-2021-жыллар даўамында автомобильде халықаралық жүк тасыў ушын пайдаланылатуғын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорынан автомобиль транспортында жүклерди халықаралық тасыйтуғын исбилерменлик субъектлерине төмендегилерди бериўди нәзерде тутатуғын жергиликли ҳәм сырт елде ислеп шығарылған үлкен жүк автотранспорт қураллары, тиркемелер ҳәм ярым тиркемелерди сатып алыўда миллий тасыўшыларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тәртибин енгизиў:

коммерциялық банклердиң тартылатуғын кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаўға, миллий валютадағы кредитлер бойынша – коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген ставканың 25 проценти муғдарында, бирақ 5 процентли пункттен көп болмаған муғдарда, сырт ел валютасындағы кредитлер бойынша – коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген ставканың 40 проценти, бирақ 3 процентли пункттен көп болмаған муғдарда компенсация бериў;

коммерциялық банклердиң кредитлер бойынша кредит суммасының 50 процентине шекем, бирақ 2 миллиард сумнан көп болмаған муғдарда кепиллик бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрилиги 2019-2021-жыллар дәўиринде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына усы бәнтте көрсетилген мақсетлер ушын зәрүр қаржылардың басқышпа-басқыш ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Ислеп шығарылған ўақтынан баслап 4 жылдан артық мүддет өтпеген үлкен жүк автотранспорт қураллары, сондай-ақ, ислеп шығарылған ўақтынан баслап 6 жылдан артық мүддет өтпеген тиркемелер ҳәм ярым тиркемелер коммерциялық банклер тәрепинен оларды кредитке сатып алыўда ҳәр еки тәрептиң келисими менен гиреў тәмийнаты сыпатында қабыл етилиўи мүмкин екенлиги;

салық салыў мақсетинде жол қойылыўы мүмкин болған жоқары массасы 12 тоннадан аслам болған жүк автомобильлери (самосваллардан тысқары), отырғышлы тягач, сондай-ақ, максимал массасы 10 тоннадан артық болған тиркемелер ҳәм ярым тиркемелердиң жыллық шекленген амортизация нормасы 10 процентти қурайтуғыны;

миллий тасыўшыларға сатыў ушын үлкен жүк автотранспорт қураллары, тиркемелер ҳәм ярым тиркемелерди импорт етиў техникалық тапсырмаларды Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги  жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактларды комплексли экспертиза етиў орайы» МУКте мәжбүрий экспертиза етпестен ҳәм дизимнен өткерместен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Бир автотранспорт қуралы есабынан жүк тасыў бойынша хызметлер экспортынан бир жылда 20 000 АҚШ долларынан аслам түсим алған миллий тасыўшыларға олардың арзасы бойынша халықаралық тасыўларда пайдаланылатуғын ҳәр бир автотранспорт қуралына шереклер бойынша бөлистирилген рухсатнамалар саны шеңберинде халықаралық автомобильде тасыўға анық бир мәмлекеттиң 2 рухсатнамасы берилетуғыны.

Онда, тасыўшы тәрепинен алдынғы есап бериў жылында халықаралық автомобильде тасыўға алынған сырт ел ҳәм (ямаса) көп тәреплеме рухсатнамалар санының кеминде 70 процентинен пайдаланыў усы норма қолланылыўының мәжбүрий шәрти есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Сырт ел ҳәм (ямаса) көп тәреплеме рухсатнама берилгенлиги ушын жыйым муғдары рухсатнама берилген сәнеде Өзбекстан Республикасында белгиленген базалық есап-санақ муғдарының төрттен бирине шекем төменлетилсин.
  2. Миллий тасыўшыларға (резидентлерге)

а) резидент емеслерден Өзбекстан Республикасынан тысқарыда нақ сырт ел валютаны транспорт экспедициясының шәртнамалары (жүклерди тасыў) бойынша ҳақы төлеў есабынан алыўға, алынған сумманы Өзбекстан Республикасы коммерциялық банклеринде ашылған өзиниң сырт ел валютадағы талап етип алғанға шекем депозит есапбетлерине өткериўге рухсат берилсин. Онда, халықаралық товар-транспорт жүк хаты халықаралық тасыўлар орынланғанлығын тастыйықлайды;

б) жүклерди халықаралық автомобильде тасыйтуғын айдаўшыларға хызмет сапарында, соның ишинде, жолда болған ўақытта олар тәрепинен турақ жай ижарасы ҳәм суткалық қәрежетлерин ҳәр бир сутка ушын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерди усынбастан улыўмалық төлем форматында:

Өзбекстан Республикасы аймағында болған ўақыт ушын – белгиленген базалық есап-санақ муғдарының 50 процентине шекем;

Өзбекстан Республикасынан тысқарыда болған ўақыт ушын – 60 АҚШ долларына шекем болған муғдарда қаплаўға рухсат берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Транспорт министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте 2019-2021-жыллар дәўиринде ислеп шығарылған ўақтынан баслап 4 жылдан артық мүддет өтпеген жергиликли ҳәм сырт елде ислеп шығарылған үлкен жүк автотранспорт қураллары, тиркемелер ҳәм ярым тиркемелерди, соның ишинде, лизинг тийкарында сатып алыўды қаржыландырыў ушын ҳәр жылы сырт ел финанслық институтларының кеминде 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы узақ мүддетли кредит ресурсларын тартыў илажларын көрсин.
  2. «JV MAN – Auto Uzbekistan» ЖШЖ ҚК ҳәм «MAN Truck and Bus AG» (Германия) компаниясы арасында:

мәмлекетимизде ислеп шығарылған отырғышлы тягачлардың ишки ҳәм сыртқы базарлардағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде олардың баҳасын оптималластырыў шеңберинде автотранспорт қуралларын ислеп шығарыў ушын Германия тәрепинен аўысық буйымлар ҳәм узеллерге 10 процент муғдарында шегирме  берилетуғыны;

ислеп шығарылған ўақтынан баслап 4 жылдан артық мүддет өтпеген, Европада ислеп шығарылған «MAN» маркалы үлкен жүк автотранспорт қураллары орайластырылған тәртипте жеткерип берилетуғыны ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында толық түрде сервис хызмети тәмийинленетуғыны ҳаққындағы келисимге ерисилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

8 «Өзавтосанаат» АЖниң «JV MAN – Auto Uzbekistan» ЖШЖ ҚК ҳәм «UzAuto Trailer» тәрепинен ислеп шығарылған жаңа өнимлер өнимниң баҳасына инфляция дәрежеси шеңберинде дүзетиў киргизиў имканияты менен еки жылға шекемги мүддет пенен төлемди процентсиз бөлипбөлип төлеў шәртлеринде сатыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Транспорт министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Инвестициялар және сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине 1957-жыл 30-сентябрьде Женева қаласында қол қойылған Европа қәўипли жүклерди жолларда халықаралық тасыў ҳаққындағы келисимге Өзбекстан Республикасының қосылыўы бойынша усыныс киргизсин.
  2. Қаржы министрлиги Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша төлемлерди кепиллеў қоры менен биргеликте үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлерине миллий тасыўшыларға Өзбекстан Республикасы аймағында қамсызландырыў полисларын «Жасыл карта» халықаралық система бойынша сатып алыў ушын шараятларды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги еки ай мүддетте Евро-3, Евро-4, Евро-5 стандартлары дизель жанылғысын импорт етиў ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында сатыў ушын исбилерменлик субъектлерин ҳәм сырт ел компанияларын олардың жумысы ушын зәрүр шараятлар жаратылған ҳалда тартыў бойынша әмелий илажлар көрсин.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери халықаралық автомобильде жүк тасыўшы миллий тасыўшылардың буйыртпалары бойынша ҳәрекетленетуғын қурамды сақлаў, техникалық хызмет көрсетиў ҳәм тәмийинлеў ушын мөлшерленген автотранспорт кәрханаларын жайластырыў ҳәм қурыў ушын пайдаланылмай атырған имаратлар ҳәм өндирис майданларын, сондай-ақ, егин егилетуғын жерлерден тысқары аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын белгиленген тәртипте бериўди тәмийинлесин.
  5. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Транспорт министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Логистикалық орайлар ҳәм жолбойы инфраструктурасы объектлериниң интеграцияластырылған тармағын раўажландырыў концепциясы және оны әмелге асырыў бойынша Илажлардың жобасы жойбарларын киргизсин.
  6. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  7. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги:

еки ай мүддетте жүк тасыўлардың потенциал буйыртпашыларын системалы хабардар етиў ушын улыўматарқалған электрон системаларда пайдаланылатуғын автотранспорт қуралларының тийкарғы сыпатламалары ҳаққындағы мағлыўматлар бар болған миллий тасыўшылардың бирден-бир реестри қәлиплестирилиўин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизилиўин;

алдын қабыл етилген ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң усы қарарға муўапықластырылыўын тәмийинлесин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Н.С.Отажоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы

2019-жыл 7-июнь