Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Мәмлекетимизде қаракөлшилик тармағында экономикалық реформаларды тереңлестириў, нәсилшилик жумысларын жетилистириў арқалы сапалы қаракөл терисин жетистириў, шөл аймағындағы жайлаўларда от-жемлик өсимликлер туқымгершилиги майданларын шөлкемлестириў ҳәм жайлаўлардың өнимдарлығын арттырыў және қаракөлшилик субъектлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында соңғы жылларда бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, бүгинги күнде тараўда бар ишки имканиятлардан толығы менен пайдаланылмай атыр.
Атап айтқанда, нәсилшилик жумысларын және де жетилистириў, шөл аймағындағы жайлаўларда от-жемлик өсимликлер туқымгершилиги майданларын кеңейтиў, тараўда экспортқа жарамлы қаракөл ҳәм қайта исленген қаракөл тери жетистириў, өнимлерди терең қайта ислеў ҳәм шийки затлардан медициналық мақсетлер ушын пайдаланыў жағдайы бүгинги күн талабына жуўап бермейди.
Республикада қаракөл породалы қойлардың бас санын ҳәм қаракөлшилик өнимлерин ислеп шығарыў көлемин буннан былай да арттырыў, нәсилшилик жумысларын илимий жақтан жетилистириў, қаракөлшилик өнимлерин, шийки затларын терең қайта ислеў ҳәм медициналық мақсетлер ушын кеңнен пайдаланыў және тараў хызметкерлерин социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
- Төмендегилер:
2019-2021-жылларда қаракөл пародалы қойлардың бас санын, жүн ҳәм қаракөл тери ислеп шығарыўды көбейтиўдиң прогноз параметрлери 1, 1а, 1б-қосымшаларына муўапық;
қаракөлшилик өнимлерин қайта ислеўди шөлкемлестириўши кәрханалардың дизимин 2-қосымшаға муўапық;
қаракөлшилик тараўында экспортқа жарамлы қаракөл терисин жетистириў ҳәм медицина ушын сийрек гезлесетуғын дәрилик қуралларды ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын қаракөлшилик шийки затын жеткерип бериўши кәрханалардың дизими 3-қосымшаға муўапық;
жайлаўлардың өнимдарлығын арттырыў мақсетинде шөл аймағындағы жайлаўларда от-жемлик өсимликлер туқымгершилиги майданларын кеңейтиў параметрлери 4-қосымшаға муўапық;
нәсилшилик қаракөлшилик хожалықларына күшли от-жемлерди жетистириў мақсетинде талап етилетуғын суўғарылатуғын жер майданларын ажыратыў параметрлери 5-қосымшаға муўапық;
тоғай хожалығы шөлкемлерине қараслы алыс шөл аймақларындағы нәсилшилик қаракөлшилик хожалықларының суў шығарыў объектлери жайласқан нәсилшилик қаракөлшилик хожалықларына ажыратылатуғын жайлаў жер майданлары 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бухара, Наўайы, Қашқадәрья, Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының ҳәкимликлери бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Республика «Қаракөлшилик асоциациясы», «Халық банки» АКБ менен биргеликте усы қарарға муўапық белгиленген прогноз параметрлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша районлар ҳәм қаракөлшилик субъектлериниң кесиминде мәнзилли илажларды тастыйықласын және олардың нәтийжели ҳәм толық орынланыўы бойынша системалы мониторинг орнатсын.
- Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Бухара, Наўайы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте усы қарарға 6-қосымшада нәзерде тутылған тоғай менен қапланбаған жайлаў жер майданларын хатлаўдан өткерип, олардың тоғай хожалығы шөлкемлеринен нәсилшилик қаракөлшилик хожалықларына ажыратылып берилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясы, Наўайы ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимликлериниң Наўайы ўәлаятында қаракөл породалы қойлардың сур реңи бойынша, Қашқадәрья ўәлаятында қара ҳәм көк реңи бойынша жоқары элита класслы нәсилли қаракөл қойларын жетистириўге қәнигелестирилген Илимий-нәсилшилик тәжирийбе станцияларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Төмендегилер Илимий-нәсилшилик тәжирийбе станцияларының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
жоқары нәсилли элита класына тийисли сур, қара ҳәм көк реңли қаракөл породалы қойлардың отарларын илимий жақтан шөлкемлестириў;
отарларда нәсилшилик ҳәм жасалма жол менен туқымландырыў жумысларын системалы шөлкемлестириў, бунда реңлер бойынша баҳалы экспортқа жарамлы ярым шеңбер қәлемгүл, қабырға сыяқлы ҳәм тегис гүл жүнли түриндеги қаракөл қойлары селекциясына айрықша итибар қаратыў;
өнимдарлы қаракөл қойларын өз-ара туқымландырыў арқалы дүнья тери базарлары талабынан келип шығып, қаракөл териниң бәсекиге шыдамлы түрлерин жаратыў;
жетистирилген жоқары өнимдарлы қаракөл қой ҳәм қошқарларды халық шаңарақларына, дийқан және фермер хожалықларына системалы түрде жеткерип бериўди жолға қойыў.
Усы станцияларды шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылады.
- 2019-2023-жылларда қаракөлшилик хожалықларынан жетистирип экспортқа сатылған ҳәр бир дана қаракөл териси ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен 50 мың сумнан ҳәм ҳәр бир дана қайта исленген қаракөл териси ушын 75 мың сумнан субсидиялар ажыратылады.
Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте қаракөлшилик субъектлерине субсидия бериў тәртибин ислеп шықсын, тастыйықласын.
- Республикада қаракөлшилик тараўында нәсилшилик селекциясы жумысларын жетилистириў, дүнья базары талапларына сай болған бәсекиги шыдамлы қаракөл терисин ислеп шығарыў ҳәм оны қайта ислеўди қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясы жанында Қаракөлшиликти раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириўдиң дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен процент төлемлерисиз қайтарыў шәрти менен 7 жыл мүддетке 2019-2020-жылларда ажыратылатуғын 50 миллиард сум;
Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясына ағза шөлкемлердиң және басқа да физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ықтыярлы түрдеги ажыратпалары;
халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да сырт ел донорларының грантлары ҳәм кредитлери;
Қордың ўақытша бос турған қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыўдан алынған дәраматлар;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Қордың қаржылары төмендеги мақсетлерге жумсалатуғынлығы белгиленсин:
нәсилшилик-селекция жумысларын илимий жақтан шөлкемлестириў ҳәм оны жетилистириў;
қаракөлшилик тараўында экспортқа жарамлы қаракөл ҳәм қайта исленген қаракөл терисин жетистириў;
қаракөлшилик өнимлерин терең қайта ислейтуғын кәрханаларды шөлкемлестириў;
тараўда ресурс үнемлеўши үскенелерди сатып алыў ҳәм от-жем цехларын (гранулятор) шөлкемлестириў және қаракөлшилик субъектлери тәрепинен аўыл хожалығы техникаларын ҳәм агрегатларын сатып алыўды қаржыландырыў;
узақ шөл аймақларында суў шығарыў объектлерин қурыў және бар объектлерди оңлаў ҳәм модернизациялаў;
тараўға жаңа заманагөй технологиялар, инновациялық идеялар ҳәм методологиялық қолланбаларды алып келиў және енгизиў;
қәнигелердиң халықаралық көргизбелер ҳәм ярмаркаларда қатнасыўы, тараўдағы кадрлардың қәнигелигин арттырыў, соның ишинде, жас қәнигелердиң сырт елде оқыўы, стажировка өтеўи, сырт ел қәнигелери ҳәм мәсләҳәтшилерин тартыўға байланыслы қәрежетлерди қаплаў;
Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясының материаллық-техникалық базасын беккемлеў және жумысшы хызметкерлерди материаллық ҳәм социаллық хошаметлеў;
Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясына жүкленген басқа да ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў.
- Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясының Қорға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине ажыратылатуғын қаржының 70 процентин «Халық банки» АКБ арқалы қаракөлшилик субъектлерине 3 жыл мүддетке жыллық 5 процентлик, соның ишинде, 1,5 проценти банк маржасы, кредит сыпатында ажыратыў ҳаққындағы усынысы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашалықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясы менен биргеликте бир ай мүддетте Қор қаржыларынан пайдаланыў тәртибин ислеп шығып, тастыйықласын.
- 10. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясы менен биргеликте қаракөлшилик шийки затлары тийкарында жаратылатуғын сийрек гезлесетуғын дәри қураллары – иммунитетти тиклеўши «Тимоптин инъекциясы» ҳәм кемқанлықта қолланылатуғын «Эритим» препаратларын ислеп шығарыўды 10 есеге шекем арттырыў илажларын көрсин ҳәм усы мақсет ушын талап етилетуғын қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги қаракөлшилик шийки затлары тийкарында жаратылатуғын Кардин ҳәм Афлан дәри қуралларының клиникалық сынаўларын алып барыў ҳәм ислеп шығарыўды жетилистирсин.
- 2019-жыл 1-сентябрьден баслап Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясы қаракөлшилик субъектлеринде қаракөл породалы қойлардың:
бас санын, генофондын сақлаў ҳәм жетилистириў, нәсилишилик- селекция жумыслары, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасы бойынша күнделикли мониторинг және жәмийетлик қадағалаўды әмелге асыратуғыны;
генофондын сақлаў, басқа породалы қойлар менен туқымландырмаў және бириктирилген (жайлаў) майданларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў ҳаққында зәрүрли усыныслар беретуғынлығы белгилеп қойылсын.
- Нәсилшилик қаракөлшилик хожалықларына қараслы жайлаўларды район ҳәкимлигиниң резервине алыў, сондай-ақ, басқа да бағдардағы фермер хожалықларына ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына бериў Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясының келисими менен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги және Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты илимий-өндирислик орайына тийисли Бухара шөл жайлаўларда от-жемлик өсимликлердиң туқымгершилиги илимий-өндирислик орайын (кейинги орында – Орай) «Өзбекшарўанәсил» агентлигиниң қурамына өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Орай өз жумысын тиккелей Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясы менен биргеликте әмелге асырсын.
- Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шараўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң:
Самарқанд қаласы, Хишрав поселкасы, Самарқанд көшеси, 1-жайда жайласқан Самарқанд аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң ҳәкимшилик имаратын тийисли аймақлары менен биргеликте Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институтына оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул бериў;
Самарқанд қаласы, Мырза Улуғбек көшеси, 47-жайда жайласқан Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институтының объектлери менен имаратларын тийисли аймақлар менен бирге Самарқанд ўәлаяты ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў басқармасына оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул бериў;
Самарқанд ўәлаяты ҳайўанлардың кеселликлери диагнозы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайы және Самарқанд ўәлаяты «Шарўанәсил» орайын Самарқанд қаласы, Мырза Улуғбек көшеси, 47-жай мәнзилинде жайластырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети және Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги усы бәнтте көрсетилген объект ҳәм имаратлардың белгиленген тәртипте қабыл етилиўи ҳәм тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги фундаменталь, илимий-әмелий және инновациялық изертлеўлер мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалары ҳәм илимий темаларды қәлиплестириўде ветеринария, қаракөлшилик ҳәм шарўашылық тараўында жоқары сапалы ветеринария қураллары, нәсилшилик жумысларын жүргизиўдиң және жоқары өнимдарлы от-жем егинлериниң жаңа сортларын жаратыў ҳәм туқымгершилигин жолға қойыўдың заманагөй усыллары ҳәм технологияларының ислеп шығылыўын нәзерде тутатуғын илимий жойбарлардың киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Республика «Қаракөлшилик» ассоциациясы менен биргеликте қаракөлшилик тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды ғалаба хабар қуралларында турақлы түрде жәриялап барсын.
- Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 16-август