Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Бүгинги күнде мәмлекетимизде қаракөлшилик тармағы кәрханаларын модернизациялаў, өндирис қуўатлықларын техникалық ҳәм технологиялық жақтан жаңалаў, өзбек қаракөл брендин жаратыў ҳәм дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў, тараўдың инвестициялық тартымлылығын арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, майда шақлы нәсилли қара малларды көбейтиў, сондай-ақ, оларды сойыў, тери ҳәм жүнин қайта ислеў, гөш-сүт өнимлерин, ярым таяр ҳәм таяр өнимлер  ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў, тармаққа раўажланған сырт еллердиң тәжирийбесин ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, суў менен тәмийинленген жайлаўларда жаңа суў комлекслерин қурыў ҳәм барларын модернизациялаў бағдарында бир қатар системалы машқалалар  сақланып қалмақта.

Сондай-ақ, бар жайлаўлардың өнимдарлығын арттырыў, туқымгершилик  майданларын кеңейтиў, нәсилшилик  жумысларын буннан былай да жетилистириў, тараўда экспортқа жарамлы қаракөл ҳәм тықыр қаракөл терисин жетистириў жағдайы бүгинги күнниң талабына жуўап бермейди.

Жоқарыдағыларды инабатқа алып, қаракөлшилик тармағын мәмлекет тәрепинен  қоллап-қуўатлаў, жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жайлаўлардан пайдаланыўда салық жеңилликлерин қолланыў, туқымгершилик жумысын жолға қойыў, нәсилшилик жумысларын жетилистириўде  субсидия  бериў тәртибин қолланыў және тараўдың илимий потенциалын буннан былай да беккемлеў мақсетинде:

1.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери 2021-жыл 1-мартқа шекем қаракөлшилик кластерлери тәрепинен қой ҳәм ешкилерди семиртип бағыў комплекслерин шөлкемлестириў мақсетинде оларға аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған суўғарылатуғын жерлерди пайдаланыўға киргизиў шәрти менен от-жем жетистириў ушын 1-қосымшаға муўапық жер майданлары ажыратылыўын тәмийинленсин.

2.Қаржы министрлиги қаракөлшилик тараўын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде 2021-жыл 15-февральға шекем Қаржы министрлигиниң ўақтынша бос турған қаржылары (Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының қаржылары, бюджетти қоллап-қуўатлаў ушын тартылатуғын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң кредитлери, суверен халықаралық облигацияларды шығарыў ҳәм нызам менен  қадаған етилмеген басқа да дәреклер) есабынан 100 миллиард сум қаржыларды «Туронбанк» АКБға Орайлық банк тийкарғы ставкасында ажыратсын.

«Турон банк» АКБ усы бәнтке тийкарланып ажыратылатуғын қаржыларды Республикалық «Қаракөлшилик» ассоциациясы (кейинги орынларда – Ассоциация) ағзаларына 3 жыл мүддетке шекем, соның ишинде, бир жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасына 2 процентлик банк  маржасын қосыў арқалы есапланатуғын ставка бойынша кредит сыпатында төмендеги мақсетлерге берилиўин тәмийинлесин:

нәсилли қаракөлшилик хожалықларынан қойлар сатып алыў;

қаракөлшилик тараўында экспортқа жарамлы қаракөл ҳәм тықыр қаракөл терисин қайта ислеў және таяр өним ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў;

қаракөлшилик  субъектлери тәрепинен от-жем цехлары (гранулятор) шөлкемлестирилиўин және аўыл хожалығы техникаларын ҳәм агрегатларын, ресурс үнемлеўши үскенелер ҳәм заманагөй технологиялардың сатып алыныўын қаржыландырыў;

суў шығарыў комплекслерин қурыў және барларын оңлаў ҳәм модернизациялаў.

Усы бәнтте нәзерде тутылған кредитлер бойынша  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасында пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти буннан былай да  раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6059-санлы пәрманы 1-бәнтиниң жетинши абзақында белгиленген тәртип тийкарында Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан компенсация ажыратылатуғыны белгиленсин.

3.Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

2024-жыл 1-январьға шекем Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитетиниң (кейинги орынларында – Комитет) турақлы ийелигиндеги жайлаўлар және Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен Комитетке ижараға берилген жайлаўлар ушын белгиленген  жер салығының ставкасы 50 процентке азайтылады;

нәсилли қой ҳәм ешкиниң, соның ишинде, ҳасыл туқымлықаракөл  қойларының сырт мәмлекетлерден импорт етилген ҳәр бир эмбрионына Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қаржылары есабынан 400 мың сум муғдарында субсидия  бериледи;

2021-жыл 1-апрельден баслап Ассоциация ағзаларына өзлери тәрепинен импорт етилген қой бас санының 50 процентинен артпаған бөлегин тири ҳәм шийки гөш көринисинде (СЭЖ ТН бойынша 0104 ҳәм 0204 кодлары)  экспорт етиўге руқсат етиледи,  онда экспорт контрактларының мониторинги Комитет ҳәм Ассоциация тәрепинен жүргизиледи.

4.Комитет Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте 2021-жыл 20-мартқа шекем Ассоциацияға ағза болған хожалықлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы бажыхана шегарасы арқалы қой, оның гөш ҳәм ишки органлары, ийленген ямаса қайта исленген қаракөл терисиниң алып шығылыўын мониторинг етиў ҳәм тийисли мәмлекетлик уйымлар менен мағлыўмат алмасыў тәртибин Министрлер Кабинетине киргизсин.

5.Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети «Өзстандарт» агентлиги ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте экспортқа бағдарланған тири қой ҳәм олардан алынған гөш өнимлерин сыртқы базарларға шығарыўда халықаралық стандарлар ҳәм талаплар тийкарында тийисли ҳүжжетлерди сапалы таярлаў, импорт етиўши мәмлекетлердиң талапларын экспорт етиўши кәрханаларға жеткериўди тәмийинлесин және экспорт етиўде оларға ҳәр тәреплеме жәрдем берсин.

6.Комитет, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Ассоциацияның:

илим ҳәм өндиристиң беккем интеграциясын тәмийинлеў, илимий ҳәм  инновациялық жумысты нәтийжели шөлкемлестириў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институты структурасында Орайласқан илимий-нәсилшилик тәжирийбе лабораториясы (кейинги орынларда – нәсилшилик лабораториясы)н шөлкемлестириў;

нәсилшилик лабораториясын Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институтының бос турған Самарқанд ўәлаяты, Самарқанд қаласы, Мирза Улуғбек көшеси, 47-жай мәнзилиндеги имаратына ижара төлеминиң «ноль»лик ставкасы  тийкарында жайластырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Нәсилшилик лабораториясының тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

тараўда жергиликли ҳәм сырт елли илим жетискенликлерин енгизиў тийкарында тәбийғый өсип-өниўшиликке, жоқары өмиршеңлик ҳәм бейимлесиў қәсийетине шағылыстырылған өнимли жаңа қой породаларын жаратыўдың лабораториялық тәжирийбелерин алып барыў;

нәсилли қаракөл қойларының сапа көрсеткишлерин (қойдың салмағы, санаатқа жарамлы жүн, қаракөл терисиниң өлшеми ҳәм реңиниң типи) жақсылаў бойынша тәжирийбелер  өткериў ҳәм усыныслар ислеп шығыў;

илимий-нәсишилик тәжирийбе станцияларында жоқары нәсилли элита класына тийисли нәсилли қойлардың отарларын илимий тийкарда шөлкемлестириў ҳәм жасалма нәсиллендириў жумысларын системалы жолға қойыў.

7.Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети Комитеттиң буйыртпаларына тийкарланып жайлаўларда жер асты суў дәреклерин анықлаў ҳәм жуўмақ бериў бийпул әмелге асырылатуғынын тәмийинлесин.

8.Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Ташкент қаласы, Шайхантаҳур районы, Фурқат көшеси, 1-жай мәнзилинде жайласқан имараттың екинши ҳәм үшинши қабатына Ассоциацияны бийпул жайластырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

9.Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.

10.Комитет еки ай мүддетте:

сырт мәмлекетлерден импорт етилген нәсилли қой ҳәм ешкиниң, сондай-ақ, қаракөл ҳасыл туқымлы қойлардың ҳәр бир эмбрионына Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қаржылары есабынан субсидия бериў тәртибин;

басқа мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳаққындағы усынысты Министрлер Кабинетине киргизсин.

11.Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер және жеке жуўапкер етип Комитет баслығы Б.Қ.Шарипов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў  ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Министрлер Кабинетине ҳәр ярым жылдың жуўмағы бойынша мәлимлеме киргизип барылсын.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 9-февраль