Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Қарақалпақстан Республикасында ирригацияны раўажландырыў ҳәм суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша избе-из илажлар көрип келинбекте. Нәтийжеде, кейинги үш жыл ишинде 47 мың гектардан аслам жерлердиң суў менен тәмийнлениўи жақсыланды, күшли ҳәм орташа шорланған майданлар 11,2 мың гектарға азайды, 140 мың гектардан артық жер майданының мелиоративлик жағдайын турақлы сақлаўға ерисилди.
Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасында 44,9 мың гектар суўғарылатуғын жерлердиң суў менен тәмийинлениўи төмен дәрежеде, 95,2 мың гектар суўғарылатуғын жерлер орташа ҳәм күшли шорланған, бар суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги болса төменлигинше қалмақта.
Қарақалпақстан Республикасында суў хожалығы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў, суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын кеңнен енгизиў, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, суў ресурслары ҳәм электр энергиясынан пайдаланыўдың автоматласқан қадағалаўын жолға қойыў және илим жаңалықларын өндириске кеңнен енгизиў арқалы суў шығынларын азайтып, каналлардың пайдалы жумыс коэффициентин арттырыў және суўғарылатуғын жер майданларын суў менен исенимли тәмийинлеў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырыў мақсетинде:
1.Төмендегилер:
2021-2023-жылларда Өзбекстан Республикасы республикалық бюджет қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасында ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў, реконструкциялаў және мелиорация объектлерин оңлаў ҳәм тиклеў жумысларының мәнзилли дизими 1-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасында жергиликли бюджет қаржылары есабынан ирригация системаларын оңлаў ҳәм тиклеў жумыслардының прогноз көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасында суўдан пайдаланыўшылар аўқамы, кластерлер және фермер хожалықларының өз қаржылары есабынан суўғарыў тармақларын оңлаў ҳәм тиклеў жумысларының прогноз көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасында суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиўдиң прогноз көрсеткишлери 4-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасындағы суў хожалығы объектлерин басқарыў, суўды есапқа алыў ҳәм мониторинг жүргизиўде санлы технологияларды енгизиў прогноз көрсеткишлери 5-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги системасындағы насос станцияларында электр энергиясынан пайдаланыўды санлы технологиялар жәрдеминде «онлайн» режиминде қадағалаўды енгизиў прогноз көрсеткишлери 6-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасы насос станциялары ҳәм ирригация системаларының каналларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында жеке меншик секторға бериў прогноз көрсеткишлери 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министри Ш.Р.Хамраев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Р.Сариев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы районларының ҳәкимлерине усы қарарда белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- 2. Усы қарардың 1-қосымшасында келитирилген жойбарлар, сондай-ақ, 2-қосымшасында белгиленген прогноз көрсеткишлери шеңберинде орынланатуғын жойбарлар:
ҳәр бир жойбардың нәтийжелилиги ҳәм мақсетке муўапықлылығынан келип шыққан ҳалда, жойбарларда белгиленген қурылыс, реконструкциялаў және оңлаў ҳәм тиклеў жумыслары бойынша таярланған тийисли жойбарлаў ҳүжжетлери тийкарында әмелге асырылады;
ҳәр бир жойбардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылғаннан соң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм районлардың ҳәкимликлери, Суў хожалығы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалығлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, суўдан пайдаланыўшылар аўқамлары ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлердиң қатнасыўында және еркин экспертлерди тартқан ҳалда додаланады және олардың унамлы шешими тийкарында белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
- 3. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Ж.Ортиқов), Қаржы министрлиги (О.З.Насритдинходжаев), Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев):
усы қарардың 1-қосымшасында әмелге асырылыўы белгиленген ирригация ҳәм мелиорация жойбарларының тийкарғы көрсеткишлерин анықластырып ҳәм жаңалап барған ҳалда 2021-2023-жыллары Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасын қәлиплестириў процесинде оларды есапқа алсын;
усы қарардың 4-6-қосымшалары шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлар ушын 2021-2023-жыл Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде қаржылар нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
- 4. Есап палатасы (Б.Т.Турабов) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте усы қарардың 1-қосымшасында нәзерде тутылған жойбарлар шеңбериндеги қаржылардың мақсетли ажыратылыўы ҳәм сарпланыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын және ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасының Бас Министри А.Н.Ариповқа мәлимлеме киргизип барсын.
- 5. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев) ҳәм районлардың ҳәкимликлери:
усы қарардың 2-қосымшасында белгиленген прогноз көрсеткишлердиң орынланыўы ушын талап етилетуғын қаржыларды жергиликли бюджет есабынан ажыратып барсын;
усы қарардың 3-қосымшасында белгиленген прогноз көрсеткишлердиң орынланыўында суўдан пайдаланыўшылар ассоциациясы, кластерлер және фермер хожалықларына жәрдемлессин.
- 6. Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев) ҳәм районлардың ҳәкимликлери:
усы қарардың 1-қосымшасына муўапық тастыйықланған мәнзилли дизимлер сондай-ақ, 2-қосымшасына муўапық тастыйықланған прогноз көрсеткишлери шеңберинде объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң өз ўақтында ҳәм сапалы ислеп шығылыўы, бас жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң тендер (таңлаў) саўдалары тийкарында анықланыўы және қурылыс жумысларының әмелге асырылыўын шөлкемлестирсин ҳәм қадағалаўға алсын;
объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин таярлаўда, тендер (таңлаў)лерди өткериў процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеў есабынан объектлердиң баҳасын оптималластырыў илажларын көрсин;
жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде зәрүр әсбап-үскене, шийки зат, комплектлеўши үскенелер және сапалы қурылыс материалларының жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алыныўын тәмийинлесин (елимизде ислеп шығаралып атырған өнимлер ушын);
энергия үнемлеўши технологияларды қолланыў және объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына жергиликли жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерди кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратсын.
- 7. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги (Б.И.Закиров) усы қарарға тийкарланып ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў, реконструкциялаў және мелиорация объектлерин оңлаў ҳәм тиклеў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлери мәмлекетлик экспертизадан өткерилиўи ҳәм қурылыс объектлеринде қурылыс-монтажлаў жумысларының орынланыўында қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларына әмел етилиўи бойынша мәмлекетлик қурылыс қадағалаўын әмелге асырсын.
- 8. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги (Ғ.А.Холжигитов) Суў хожалығы министрлиги (В.М.Ахмаджонов) және Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги (М.С.Содиқов) ҳәм Суў хожалығы министрлиги (Ж.У.Узаков) менен биргеликте 2021-жыл 1-февральға шекем усы қарардың 7-қосымшасына муўапық жеке меншик секторға өткерилетуғын суў хожалығы объектлериниң анық дизимин дүзсин және мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлерин анықлап, шәртнама үлгисин ислеп шықсын.
- 9. Өзбекстан Республикасы Бас министрниң орынбасары Ш.М.Ғаниевке, зәрүр жағдайларда, тастыйықланған ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў және оңлаў ҳәм тиклеў жумыслары жойбарларының мәнзилли дизимлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- 10. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев) усы қарарда нәзерде тутылған ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў, реконструкциялаў және мелиорация объектлерин оңлаў ҳәм тиклеў бойынша тийкарғы жойбарларды таңлаў ҳәм әмелге асырыўда:
тийкарғы жойбарлар бойынша усыныслар суў хожалығы, аўыл хожалығы, геология, жер дүзиў ҳәм жойбарлаў шөлкемлериниң қәнигелери және еркин экспертлер, сондай-ақ, мәпдар фермерлер ҳәм кластерлер қатнасыўында сол жерге шығып, ҳәр бир аймақтың суў менен тәмийинлениўи, жерлердиң мелиоративлик жағдайы ҳәм басқа да өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған және бар машқалаларды таллаған ҳалда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте қәлиплестирилиўин;
тийкарғы жойбарлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары тәрепинен додаланып, мақулланғаннан соң белгиленген тәртипте әмелге асырылыўын;
ҳәр бир жойбардың әмелге асырылыў жағдайы тийисли халық депутатларының жергиликли Кеңеслери тәрепинен қадағаланып барылыўын тәмийинлесин.
- 11. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-августтағы «Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4801санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген Ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жойбарларын илимий-техникалық жақтан тәмийинлеў бойынша жумысшы топар (Ў.П.Умурзаков)ға:
усы қарардың 1-қосымшасына муўапық тастыйықланған мәнзилли дизимде нәзерде тутылған жойбарлар шеңберинде әмелге асырылатуғын жумысларды илимий-техникалық жақтан тәмийинлеўди шөлкемлестириў;
ҳәр бир жойбардың өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып, ресурс үнемлеўши ҳәм мәлимлеме технологияларының қолланылыўы бойынша жуўмақ ҳәм усынысларды ислеп шығыў;
суў хожалығы тараўына илим жетискенликлерин, суўды үнемлеўши технологиялар ҳәм алдынғы тәжирийбелерди, суў хожалығы ҳәм суўдан пайдаланыў системасын басқарыўдың инновациялық усылларын енгизиў бойынша илимий ҳәм методикалық усынысларды ислеп шығыў;
илимий-техникалық жетискенликлерди басып шығарыў және ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсиятлаў, семинарлар, республикалық ҳәм халықаралық көлемдеги әнжуманларды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленсин.
Усы ўазыйпаларды орынлаўда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда жумыс ислеп атырған тийисли жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий хызметкерлери тартылыўы мүмкин.
- 12. Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) еки ай мүддетте инновациялық раўажланыў министрлигине Қарақалпақстан Республикасы тәбийғый-ықлым шараятынан келип шыққан ҳалда суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў және қолайлы мелиоративлик режимди тәмийинлейтуғын суў ҳәм ресурс үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге байланыслы илимий жойбарлардың таңлаўын жәриялаў ушын усынысларды киргизсин.
- 13. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев) үш күн мүддетте усы қарарды нәтийжели орынлаўға байланыслы мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарығы Кеңеси және халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслеринде додалаўға киргизилиўин тәмийинлесин.
- 14. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип суў хожалығы министри Ш.Р.Хамрев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр ярым жылдың жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 5-декабрь