Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрьдеги Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, алыс ҳәм шетки аймақлардағы бюджет шөлкемлеринде басқа аймақлардан келип жумыс ислеп атырған жоқары мағлыўматлы қәнигелердиң мийнетин және де хошаметлеў, бос жумыс орынларын толықтырыў және орынларда маман кадрлардың мийнети ҳәм социаллық қорғалыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў мақсетинде:
- 1. 2021-жыл 1-январьдан баслап:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-ноябрьдеги «Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим тараўларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6108-санлы пәрманына муўапық, алыс аймақларда жайласқан бюджет шөлкемлерине (кейинги орынларда – бюджет шөлкеми) басқа аймақлардан жумыс ислеў ушын келген жоқары мағлыўматлы қәнигелерге (кейинги орынларда – жоқары мағлыўматлы қәнигелер) базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында бир мәртелик басланғыш жәрдем пулы ҳәм турақ жайларды ижараға алғаны (ижарада турғаны) ушын базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында ҳәр айлық пул компенсациясы;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-ноябрьдеги «Басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумысына улыўма жаңа механизмлерди енгизиў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6110-санлы пәрманына муўапық, медициналық жоқары билимлендириў шөлкемин соңғы 3 жыл ишинде тамамлаған ҳәм басқа аймақта жасайтуғын медицина хызметкери (кейинги орынларда – медицина хызметкери) алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларға (кейинги орынларда – медицина мәкемеси) жумысқа қабыл етилгенде оларға кеминде 3 жыл ислеп бериў шәрти менен 30 миллион сум муғдарында бир мәртелик басланғыш жәрдем пулы, турақ жайы болмағанларға болса 3 жыл даўамында хызмет турақ жайлары берилетуғынлығы ямаса базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында ҳәр айлық пул компенсациясы берилетуғынлығы белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2. Усы қарарда алыс ҳәм шетки аймақ дегенде, Министрлер Кабинетиниң 2019 –жыл 7-июньдағы 471-санлы қарары менен тастыйықланған улыўма орта билим бериў мәкемелеринде басқа аймақлардан келип жумыс ислеп атырған педагог хызметкерлерге арнаўлы үстеме белгиленетуғын аймақлар түсинилетуғынлығы;
усы қарарда нәзерде тутылған басланғыш жәрдем пулы ҳәм ҳәр айлық пул компенсациясы салық төлеўшиниң жәми дәраматына киргизилмейтуғыны және физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының салық салыў объекти есапланбайтуғынлығы;
усы қарарда нәзерде тутылған басланғыш жәрдем пулы ҳәм ҳәр айлық пул компенсанциясы және турақ жай шараятын жақсылаў бойынша жеңилликлерден жоқары билимлендириў мәкемесиниң бакалавриаты ямаса магистратурасын (билимлендириў түрине қарамастан – күндизги, сыртқы, кешки, сондай-ақ, екинши қәнигелик) тамамлағанынан кейин үш жылдың ишинде алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан бюджет шөлкемлери, соның ишинде, медицина мәкемелерине жумысқа кирген питкериўшилер пайдаланыў ҳуқықына ийе екенлиги;
ҳәр айлық пул компенсациясы жоқары мағлыўматлы қәниге ҳәм (ямаса) медицина хызметкери жумысқа қабыл етилген айдан баслап 36 ай ишинде төленеди, бунда хызметкер бул аймақта жеке меншик турақ жайға ийе болғанда, оған хызмет турақ жайы берилгенде ямаса оның менен дүзилген мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде, пул компенсациясын төлеў тоқтатылатуғынлығы;
жоқары мағлыўматлы қәниге ҳәм (ямаса) медицина хызметкери ҳәр айлық пул компенсациясын алыў ушын ўақтынша жасаў орнын ҳәм турақ жайын ижараға алғаны ушын коммуналлық хызметлер төлемисиз әмелдеги қәрежетлер суммасын көрсеткен ҳалда, тийисли бюджет шөлкеминиң басшысына арза береди. Онда, турақ жай ижарасы ушын ҳақыйқатта төленип атырған төлем базалық есаплаў муғдарының 2 есесинен кем болған жағдайда, ҳәр айлық пул компенсациясының муғдары ҳақыйқатта төленип атырған төлем муғдарына муўапық азайтылатуғыны, қалған барлық жағдайларда ҳәр айлық пул компенсациясы базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында төленетуғынлығы;
ҳәр айлық пул компенсациясы оның муғдарын көрсеткен ҳалда, тийисли бюджет шөлкеми басшысының буйрығы менен тәмийинленетуғыны және бул шөлкемниң бухгалтериясы тәрепинен мийнет ҳақысы менен биргеликте төленетуғынлығы;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 25-апрельдеги «Наўайы ўәлаятының алыс шөл районлары халқының турмыс дәрежесин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2925-санлы қарары және Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 31-октябрьдеги 312-санлы қарары менен тастыйықланған Судьяларға, суд уйымлары хызметкерлерине, Өзбекстан Республикасы Есап палатасы, прокуратура уйымлары, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, мәмлекетлик салық хызмети ҳәм мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының хызметкерлерине турақ жайларды ижараға алғаны (ижарада турғаны) ушын ҳәр айлық пул компенсациясын төлеў тәртиби ҳаққындағы режеде нәзерде тутылған хызметкерлерге турақ жайларды ижараға алғаны ушын ҳәр айлық пул компенсациясын төлеў усы нормативлик–ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген тәртипте әмелге асырылатуғынлығы;
жоқары мағлыўматлы қәниге ҳәм (ямаса) медицина хызметкери тийислилиги бойынша алыс ҳәм шетки аймақта жайласқан бир бюджет шөлкеминен ҳәм (ямаса) медицина мәкемесинен басқа бюджет шөлкемине ҳәм (ямаса) медицина мәкемесине өткерилгенинде, ҳәр айлық пул компенсациясын төлеў белгиленген мүддети тамамланғанға шекем даўам еттирилетуғынлығы;
жоқары мағлыўматлы қәниге ҳәм (ямаса) медицина хызметкери тийислилиги бойынша алыс ҳәм шетки аймақта жайласқан бюджет шөлкеми ҳәм (ямаса) медицина мәкемесиндеги жумысын 36 айға шекемги мүддет ишинде тоқтатқан жағдайда, басланғыш жәрдем пулы толық көлемде бюджетке қайтарылады, жоқары мағлыўматлы қәниге ҳәм (ямаса) медицина хызметкериниң бюджет шөлкеми ҳәм (ямаса) медицина мәкемесиндеги жумысын оның өзине байланыслы болмаған жағдайларға бола (хызметкердиң қайтыс болыўы, майыплығы болған шахс деп табылыўы, бюджет шөлкеминиң жумысы тоқталыўы ҳәм Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 106-бәнтинде белгиленген жағдайлар) тоқтатылыўы буған кирмейтуғынлығы белгиленсин.
- 3. Алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан бюджет шөлкемлерине басқа аймақлардан жумыс ислеў ушын келген жоқары мағлыўматлы қәниге ҳәм (ямаса) медицина хызметкерине басланғыш жәрдем пулын төлеў схемасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 4. 2021-жыл 1-марттан баслап билимлендириў дәрежеси жоқары болмаған мектеплерде сабақ бериў ушын басқа аймақлардан тартылған жоқары ҳәм биринши категорияға ийе оқытыўшы-педагоглардың базалық тариф ставкаларына арнаўлы үстемелер енгизилсин. Онда:
бир ҳәкимшилик–аймақлық бирликлер шеңберинде басқа район ҳәм қалалардан келип жумыс ислеп атырған оқытыўшы-педагоглардың базалық тариф ставкаларына 50 процент;
басқа ҳәкимшилик-аймақлық бирликтен келип жумыс ислеп атырған оқытыўшы-педагоглардың базалық тариф ставкаларына 100 процент арнаўлы үстемелер төленсин.
- 5. Билимлендириў дәрежеси жоқары болмаған мектеплерде сабақ бериў ушын басқа аймақта кеминде бир жыл ислеген жоқары ҳәм биринши категорияға ийе оқытыўшы-педагоглар тартылатуғынлығы;
билимлендириў дәрежеси жоқары болмаған мектеплердиң дизими Халық билимлендириў министрлиги және Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен анықланатуғыны ҳәм усы жылы 15-февральға шекем, келеси жылларда болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем Халық билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланатуғынлығы;
басқа аймақлардан тартылған жоқары ҳәм биринши категорияға ийе оқытыўшы-педагоглардың базалық тариф ставкаларына арнаўлы үстемелер олар барған мектептиң билимлендириў дәрежеси жоқары болмаған мектеплер дизиминен шығарылған жылдан кейинги жыл ушын да төленетуғынлығы белгиленсин.
- 6. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
басланғыш жәрдем пулы ҳәм ҳәр айлық пул компенсациясы тийисли бюджет шөлкеминиң аймақлық қаржы уйымына берген сораўына тийкарланып белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырылады;
басланғыш жәрдем пулы ҳәм ҳәр айлық пул компенсациясы ушын талап етилетуғын қаржылар тийисли бюджет шөлкеминиң қәрежетлер сметасында нәзерде тутылады. Бунда, жоқары мағлыўматлы қәниге ҳәм (ямаса) медицина хызметкериниң жумысқа қабыл етилиўи усы қаржы жылында жүз берген жағдайда, бюджет шөлкеминиң қәрежетлер сметасына белгиленген тәртипте өзгерислер киргизиледи.
- 7. Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 25-марттағы 182-санлы қарары менен тастыйықланған Турақ жайға мүтәж пуқараларды анықлаўдың социаллық нормаларына «Алыс аймақларда жайласқан бюджет шөлкемлеринде басқа аймақлардан келип жумыс ислеп атырған жоқары мағлыўматлы қәнигелер» нормасы киргизилсин.
- 8. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери:
алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан бюджет шөлкемлери ҳәм (ямаса) медицина мәкемелеринде жоқары мағлыўматлы қәниге ҳәм (ямаса) медицина хызметкерине болған мүтәжлик бойынша бос жумыс орынлары бойынша мағлыўматларды ҳәр айдың жуўмағы бойынша кейинги айдың 5-күнине шекем рәсмий веб-сайтларында жайластырып барсын;
орынларда жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери менен ушырасыўлар шөлкемлестирип, оларды шетки аймақларда жайласқан, жоқары малыўматлы кадрларға зәрүрлик бар болған бюджет шөлкемлерине жумысқа тартыў, сондай-ақ, жас қәнигелерге жумыс ислеў ушын зәрүр шараятлар жаратыў илажларын көрсин;
орынлардағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан бюджет шөлкемлери ҳәм (ямаса) медицина мәкемелеринде басқа аймақлардан келип жумыс ислеп атырған жоқары мағлыўматлы қәнигелерге ҳәм (ямаса) медицина хызметкерлерине тийисли аймақлардағы резерв жерлеринен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте турақ жай қурылысы ушын жер участкалары ажыратылыўын қадағалаўға алсын.
- 9. Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 26-февральдағы 170-санлы қарары менен тастыйықланған Турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларды есапқа алыў, мәмлекетлик турақ жай фондындағы турақ жайларды бөлистириў ҳәм бериў тәртиби ҳаққындағы режеге 2-қосымшаға муўапық қосымшалар киргизилсин.
- 10. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) басқа да мәпдар министрликер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:
усы қарарда нәзерде тутылған басланғыш жәрдем пулы ҳәм ҳәр айлық пул компенсациясын салық төлеўшиниң улыўма дәраматына киргизилмейтуғын дәраматлар етип белгилеў бойынша Өзбекстан Республикасы Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
нызам ҳүжжетлеринде усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- 11. Әдиллик министрлиги (Р.Қ.Давлетов) усы қарардың мәниси ҳәм әҳмийетин халық арасында түсиндириў, орынлаўшыларға жеткериў ҳәм белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў жумысларын шөлкемлестирсин.
- 12. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Б.А.Мусаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 11-январь