Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 26-декабрдеги «Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери прогнозы ҳәм Мәмлекетлик бюджет параметрлери және 2020-2021-жылларға бюджет мөлшерлери ҳаққында»ғы ПҚ-4086-санлы қарарына муўапық:

1.Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң:

2019-жыл 15-августтан қысылған газди ақырғы тутыныўшыға реализациялаўда акциз салығы ставкасын  20 процентке;

2019-жыл 1-октябрден алкоголь өнимлериниң акциз салығы ставкасын орта есапта 10 процентке, темеки өнимлериниң акциз салығы ставкасын 20 процентке көбейтиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Этиль спирти, алкогольли ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жумысын лицензиялаў комиссиясы тәрепинен бурын берилген, спирт ҳәм алкогольли өнимлерди ислеп шығарыў бойынша жумысын әмелге асырыўға байланыслы лицензиялардың әмел етиў мүддети 2020-жылдың 1-январына шекем созылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарын қабыл етсин:

Спирт ҳәм алкогольли өнимлерди ислеп шығарыў бойынша жумысты әмелге асырыў ушын жаңа лицензия талапларын, соның ишинде, ислеп шығарыў үскенелерин мәжбүрий дизимнен өткериў, оның мүлк ийелерин  дизимнен өткериў ҳәм қайта дизимнен өткериў тәртибин тастыйықлаў;

техникалық спирт ислеп шығарыўшылардың жумысын лицензиялаў тәртибин енгизиў, пиво ислеп шығарыўшылар ушын болса 2021-жыл 1-январьдан баслап усындай тәртипти енгизиў;

лицензия алыўшылар тәрепинен ҳәр жылы лицензия төлемлерин төлеў бойынша талапларды енгизиў, пиво ислеп шығарыўшылар ушын болса 2022-жыл 1-январьдан баслап усындай талапты енгизиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 2019-жыл 15-августтан баслап қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Министрликлер ҳәм уйымлар өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 24-июль