Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы ПП-6155-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыўды избе-из даўам еттириў арқалы аймақлардың жол-транспорт инфраструктурасы, инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин раўажландырыў, сондай-ақ, усы тийкарда халықтың абаданлығын ҳәм турмыс дәрежесин және де көтериў мақсетинде:
- «Абат аўыл» ва «Абат мәҳәлле» бағдарламалары(кейинги орынларда Бағдарламалар) шеңберинде:
а) аўыллар (мәҳәллелер)дың дизими төмендеги критериялар тийкарында қәлиплестирилетуғыны:
алыс ҳәм тәбийғый-климат шараяты аўыр аймақларда жайласқанлығы;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына халық тәрепинен жол-транспорт инфраструктурасы, инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлери бойынша келип түскен мүрәжатлар саны;
халық ҳәм исбилерменлерде өзлери жасап атырған (жайласқан) аўыл (мәҳәлле) аймағын биргеликте абаданластырыў бойынша басламалардың бар екенлиги;
«Туризм мәҳәллеси», «Туризм аўылы» яки «Туризм елаты» статусына ийе екенлиги;
б) аўылларда (мәҳәллелерде) әмелге асырылатуғын қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын ҳәм оларды қаржыландырыў ушын талап етилетуғын қаржыларды район (қала) ҳәкимликлери мәҳәлле пуқаралар жыйынлары баслықлары менен биргеликте тийисли районлық (қалалық) халық депутатлары Кеңеслеринде қорғайтуғынлығы;
в) ҳәр бир аўылды (мәҳәллени) раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары тийисли аўылдағы (мәҳәлледеги) бар имканиятлар, халықтың узақ жыллар даўамында қәлиплескен потенциалы, исбилерменлик орталығы ҳәм «өсиў ноқатлары» инабатқа алынған ҳалда белгиленетуғынлығы белгилеп қойылсын;
г) жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен:
халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, орынларда ақаба суў резервуарлары ҳәм санитария сооружениелерин қурыў;
электр тәмийнатын, соның ишинде, трансформаторлар ҳәм нимстанциялардың жағдайын жақсылаў, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў системасын модернизациялаў, халыққа газ жанылғысы үзликсиз жеткерип берилиўин шөлкемлестириў;
ишки автомобиль жоллары, пиядалар тротуарлары, транспорт тоқтаў бәндиргилери ҳәм басқа да жол инфраструктурасын қурыў, реконструкциялаў және оңлаў, жол бойларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў;
аўыл ҳәм суў хожалығы инфраструктурасын раўажландырыў, ирригация системаларын қурыў, жер асты суўларының қәддин төменлетиў, салмаларды тазалаў ҳәм пайдаланыўдан шығып кеткен жерлерди пайдаланыўға киргизиў;
социаллық тараў объектлери, соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма орта билим бериў мектеплери, денсаўлықты сақлаў мәкемелери, сондай-ақ, туризм объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў менен байланыслы илажлар әмелге асырылады.
- Бағдарламаларды 2021-жылдаәмелге асырыў илажлары шеңберинде районлық (қалалық) халық депутатлары Кеңеслери тәрепинен:
усы қарардың 1-бәнти «а» киши бәнтинде белгиленген критериялар тийкарында ҳәр бир район ҳәм қаладан қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылатуғын жәми 397 аўыл ҳәм мәҳәлле таңлап алынғанлығы;
жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация тармақларын, социаллық тараў ҳәм басқа да инфраструктура объектлерин қурыў-оңлаў жумысларының мәнзилли бағдарламалары тасыйықланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2021-жылдабарлық район ҳәм қаладағы жәми 7 794 аўыл ҳәм мәҳәлледе улыўма баҳасы 20,8 триллион сумлық қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын:
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў ҳәм халықты турақ жай менен тәмийинлеў илажларын қаржыландырыў дәреклери 1-қосымшаға муўапық;
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде ишки жоллар, ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасы, электр энергиясы және газ тәмийнаты объектлерин қурыў ҳәм оңлаў параметрлери 2, 2а-2н-қосымшаларға муўапық;
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде ирригация, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў системаларын жақсылаў, спорт ҳәм балалар майданшаларын қурыў, аўыл ҳәм мәҳәллелердиң көшелерин абаданластырыў параметрлери 3, 3а-3н-қосымшаларға муўапық;
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде социаллық тараў объектлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комплекслери, мәҳәлле гүзарларын қурыў ҳәм оңлаў ҳәм турақ жой фондын жақсылаў параметрлери 4, 4а-4н-қосымшаларға муўапық;
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде жәмийетлик транспорт, турмыслық шығындылар менен ислеў системасы ҳәм базар инфраструктурасын раўажландырыў параметрлери 5, 5а-5н-қосымшаларға муўапық;
ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасы объектлерин қурыў ҳәм оңлаў параметрлери 6, 6а-6н-қосымшаларға муўапық;
ишки жолларды қурыў ҳәм оңлаў параметрлери 7, 7а-7н-қосымшаларға муўапық;
төмен кернеўли электр тармақларын жаңалаў ҳәм модернизациялаў параметрлери 8, 8а-8н-қосымшаларға муўапық;
туризм инфраструктурасын раўажландырыў параметрлери 9, 9а-9н-қосымшаларға муўапық;
киши санаат зоналарының жумысын раўажландырыў параметрлери 10-қосымшаға муўапық;
район орайлары ҳәм қалалардың архитектуралық көринисин заманагөйлестириў ҳәм абаданластырыў параметрлери 11, 11а-11н-қосымшаларға муўапық;
ирригация объектлерин қурыў ҳәм оңлаў параметрлери 12, 12а-12н-қосымшаларға муўапық;
газ тәмийнаты системасын жақсылаў параметрлери 13, 13а-13н-қосымшаларға муўапық;
байланыс ҳәм мәлимлемелестириў системасын раўажландырыў параметрлери 14, 14а-14н-қосымшаларға муўапық;
социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм оңлаў параметрлери 15, 15а-15н-қосымшаларға муўапық;
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйым комплекслери, мәҳәлле гүзарлары ҳәм мәденият орайларын қурыў және оңлаў параметрлери 16, 16а-16н-қосымшаларға муўапық;
жәмийетлик транспорт ҳәм турмыслық шығындылар менен ислесиў инфраструктурасын раўажландырыў параметрлери 17, 17а-17м-қосымшаларға муўапық;
аўыл ҳәм мәҳәллелердиң көшелерин абаданластырыў параметрлери 18, 18а-18м-қосымшаларға муўапық;
спорт ҳәм балалар майданшаларын қурыў параметрлери 19, 19а-19м-қосымшаларға муўапық;
турақ жай фондын жақсылаў параметрлери 20, 20а-20н-қосымшаларға муўапық тасыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа, зәрүр жағдайларда, Бағдарламалар параметрлерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң усыныслары тийкарында өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.
- а) Бағдарламалар шеңберинде:
социаллық тараў, ишимлик суўы тәмийнаты, ақаба суў системасы ҳәм жол-транспорт инфраструктурасы объектлери ушын ажыратылатуғын қаржылар тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» қорлары арқалы қаржыландырылатуғыны;
электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм телекоммуникация тармақларын қурыў-оңлаў жумысларын қаржыландырыў тийислисинше «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Ҳудудгазтаъминот» АЖ, телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлериниң өз қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлық (қалалық) халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларына тийкарланып, Бағдарламаларға тастыйықланған жойбаралды ҳәм жойбар ҳүжжетлери ҳәм қаржыландырыў дәреклери бар болған қосымша жойбарлар киргизилиўи яки перспективасыз жойбарлар шығарып тасланыўы мүмкин екенлиги;
в) объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып Бағдарламалар шеңберинде ажыратылған қаржылар жетиспеген жағдайда, бул объектлерди қурыў-оңлаўға байланыслы қосымша қәрежетлер тийислисинше Қарақалпақстан Республикасының республика бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери қаржылары есабынан қапланатуғыны;
г) 2021-жыл 1-ноябрьге шекем Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы комплекслерин Қурылыс министрлиги тәрепинен мақулланған үлги жойбарларға муўапық қурыў, сондай-ақ, тийисли инфраструктура қурыў ушын зәрүр жер участкалары тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм ўәлаятлық халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларына муўапық исбилерменлик субъектлерине тиккилей (таңлаў саўдаларын өткерместен) шәртнамалар тийкарында ҳақы өндирилместен ажыратылыўы мүмкин екенлиги белгилеп қойылсын.
- Бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў жумыслары бойыншабуйыртпашылар етип:
ишимлик суўы тәмийнаты объектлери (социаллық шериклик жойбарлары буған кирмейди) бойынша «Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлери қурылысы бойынша инжиниринг компаниясы» унитар кәрханасы, тараўдағы социаллық шериклик жойбарлары бойынша Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги;
ишки автомобиль жоллары (Ташкент қаласы көшелери буған кирмейди) бойынша Автомобиль жоллары комитети жанындағы «Регионаллық жолларға буйыртпашы хызмети» мәмлекетлик унитар кәрханасы, Ташкент қаласы көшелери бойынша Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы;
электр энергияси, тәбийғый газ ҳәм байланыс тармақлары бойынша тийислисинше «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Ҳудудгазтаъминот» АЖ, телекоммуникация операторлары ҳәм провайдерлериниң аймақлық филиаллары;
социаллық тараў объектлери ҳәм орайласқан қаржылар есабынан әмелге асырылатуғын басқа объектлер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хизмети» инжиниринг компаниялари ҳәм министрликлер менен уйымлар жанындағы буйыртпашы шөлкемлер белгиленсин.
Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
Бағдарламалар шеңберинде ишки жолларға қум-шағыл тас араласпасын жайыўға байланыслы жумысларды орынлаў ҳаққында дүзилетуғын шәртнамаларда 30 процент муғдарында алдыннан төлеўди әмелге асырыў нәзерде тутылады;
Бағдарламалар менен қамтып алынған аймақлардағы газ тутыныўшыларына электрон газ есаплағышларын орнатыў ҳәм бул тутыныўшыларды тәбийғый газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасына жалғаў гезексиз әмелге асырылады.
- Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов):
а) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң талапларына муўапық:
Бағдарламалар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының республика бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери арқалы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» қорларына Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен жәми 1 триллион сумға шекем қаржылар;
Бағдарламаларда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында қаржыландырыў ушын Қарақалпақстан Республикасының республика бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетларине Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен быйылғы жылдың ақырына шекем қайтарыў шәрти менен басқышпа-басқыш 1 триллион сумға шекем бюджет ссудасы қаржыларының ажыратылыўын тәмийинлесин;
б) жергиликли бюджетлердиң қаржылары, сондай-ақ, басқа да дәреклер есабынан қурылған ҳәм мәмлекет ықтыярына тапсырылған социаллық тараў объектлерин сақлаўға байланыслы қәрежетлерди 2021-жылда тийисли тараўға ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырсын, 2022-жылдан Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлар Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери:
2021-жыл 15-апрельге шекем аўыл ҳәм мәҳәллелерде жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация тармақларын, социаллық тараў ҳәм басқа да инфраструктура объектлерин қурыў-оңлаў жумысларының мәнзилли бағдарламасына муўапық объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылыўын тәмийинлесин. Онда, буйыртпашылар тәрепинен жойбарлаў шөлкемлерин ең жақсы усынысларды таңлап алыў нәтийжелерине бола анықлаўға рухсат берилсин;
Бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар көлеми ҳәм смета баҳаларының тийкарсыз рәўиште арттырып жиберилмеслиги үстинен қадағалаў орнатсын;
Бағдарламаларға киргизилген аўыллар ҳәм қала мәҳәллелериниң бас реже схемалары ҳәм толық режелестириў жойбарлары аймақлық жойбарлаў шөлкемлери тәрепинен алдыннан ислеп шығылыўын ҳәм олар менен байланыслы илажлардың тийисли жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан қаржыландырылыўын тәмийинлесин;
орынларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, жеке тәртиптеги ҳәм көп квартиралы жайларды, мәҳәлле имаратлары менен гүзарларын оңлаў, пияда тротуарларын қурыў, түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў, сондай-ақ, басқа инфраструктура объектлерин қурыў және оңлаў жумысларын қаржыландырыўға халық ҳәм интакер исбилерменлердиң қаржылары, қәўендерлик ҳәм қайырқомлық қаржылары, коммерциялық банклердиң кредитлери ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржылар тартыў илажларын көрсин;
ҳәр айдың жуўмағы менен «Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыўды муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссия (А.Ж.Раматов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Қурылыс министрлигине Бағдарламалар шеңберинде орынланған жумыслар ҳәм қаржыландырылған қаржылар бойынша мәлимлеме киргизип барсын.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.М.Бобоев), Қаржы министрлиги (Қ.Х.Тапаров):
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Бағдарламалар шеңбериндеги жойбарлардың аймақларда социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны және туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған, сондай-ақ, сырт ел кредитлери есабынан қаржыландырылып атырған жойбарлар менен өз-ара байланыслылығын тәмийинлесин. Онда, аўыл ҳәм мәҳәллелердиң жөнелислери ҳәм «өсиў ноқатлары»нан келип шығып, Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылған 3 триллион сумға шекем қаржы аймақлардағы инфраструктура жойбарларын биргеликте қаржыландырыўға бағдарлансын;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жыл ҳәм келеси жыллар ушын «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын тийисли жылға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы менен бир ўақытта ҳәм үйлесимли ҳалда қәлиплестирсин және оларды қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
Бунда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәр жылы 20- апрельге шекем тийисли районлық (қалалық) халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларына тийкарланып келеси жыл ушын «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына киргизилетуғын аўыл ҳәм мәҳәллелердиң дизимин, сондай-ақ, оларда әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў жумысларының мәнзилли бағдарламаларын Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине киргизиў илажларын көрсин.
- Энергетика министрлиги (А.С.Султонов) Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.А.Вафаев) менен биргеликте үш ай мүддеттетөмен ҳәм орта кернеўли электр тармақларын жаңалаў ҳәм модернизациялаў бағдарламасын әмелге асырыў ушын сырт еллердиң кредит қаржыларын тартыў илажларын көрсин.
- Транспорт министрлиги (И.Р.Маҳкамов), Автомобиль жоллары комитети (А.А. Абдувалиев) Айрықша жағдайлар министрлиги (А.Ҳ.Қўлдошев), Мәмлекетлик геология комитети (Б.Ф.Исламов), Мәмлекетлик экология комитети (А.И.Максудов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликтебир ҳәпте мүддетте жол қурылысы менен байланыслы қәрежетлерди оптималластырыў, соның ишинде, Автомобиль жоллары комитети системасындағы кәрханаларды арзан қум- шағыл тас шийки заты менен тәмийинлеў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Әдиллик министрлиги (Р.Қ.Давлетов) еки ҳәпте мүддеттеБағдарламалар шеңберинде таңлап алынған аўыл ҳәм мәҳәллелерде мәмлекетлик хызметлер орайларының филиалларын шөлкемлестириў бойынша мәнзилли бағдарламаны тасыйықласын.
- Қурылыс министрлиги (Б.И.Закиров) Бағдарламалар шеңберинде объектлерди қурыў-оңлаў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң белгиленген тәртипте мәмлекетлик экспертизадан өткерилиўин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен системалымәмлекетлик қадағалаўдың әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- «Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыўды муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссия (А.Ж.Раматов) турақлы түрдеаймақларға шығып, Бағдарламалардың орынланыўын талқыласын ҳәм ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.
- Бас прокуратура (А.Ю.Мавлонов), Есап палатасы (Б.Т.Турабов) жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация тармақларын, социаллық тараў ҳәм басқа да инфраструктура объектлерин қурыў-оңлаў жумысларын қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланылыўы бойынша турақлы қадағалаў орнатсын және ҳәр айдың жуўмағыбойынша Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары А.Ж.Раматов, Ж.А.Қўчқоров, Бас прокурор Н.Т.Йўлдошев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр айда талқылап барыў, орынлаў ушын жуўапкер мәкемелердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр айдың жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 2-апрель