Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Республиканың аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў тараўындағы потенциалын буннан былай да арттырыў, алып барылып атырған реформалар ҳәм заман талабына толық жуўап беретуғын өндирис, қайта ислеў, стандартлаў және агробизнес бағдарында консалтинг, маркетинг хызметлерин раўажландырыў ҳәм илимий-изертлеўлерге тийкарланған интенсив агросанаат системасын шөлкемлестириў, азық-аўқат санаатын және де раўажландырыў, тараўдың инвестициялық тартымлылығын арттырыў ҳәм аграр тараўға заманагөй технологияларды енгизиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, «Өзстандарт» агентлиги ҳәм «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХК тәрепинен Өзбекстан Республикасында 2019-2021-жылларда аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеў ҳәм азық-аўқат санаатын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде ислеп шығылған:
аўыл хожалығы өнимлериниң тийкарғы түрлерин қайта ислеў ҳәм экспортқа шығарыўдың прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
сырт ел кредит линиялары есабынан ири агрологистикалық комплекслерди шөлкемлестириў бойынша әмелий илажлардың режеси 2-қосымшаға муўапық;
заманагөй агрологистикалық орайларды шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша илажлардың режеси 3-қосымшаға муўапық;
аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша илажлардың режеси 4-қосымшаға муўапық;
импорттың орнын басатуғын аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша илажлардың режеси 5-қосымшаға муўапық;
мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен районлардағы өнимдарсыз бағлардың орнында интенсив бағларды шөлкемлестириўдиң мақсетли параметрлери 6-қосымшаға муўапық;
республикалық және аймақлық сынаў ҳәм сертификатластырыў орайлары жанындағы сынаў лабораторияларын модернизацяилаў бойынша илажлардың режеси 7-қосымшаға муўапық;
қабыл етилетуғын азық-аўқат санааты тараўындағы халықаралық стандартлар дизими 8-қосымшаға муўапық;
аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеў ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыў бойынша «Жол картасы» (буннан былай – «Жол картасы») 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги, Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги, Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм «Асака» АКБ және басқа да коммерциялық банклер менен биргеликте тартылатуғын төмендеги дәреклер есабынан:
а) усы қарардың 2-5-қосымшаларына муўапық әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар ҳәм илажларға тийислилиги бойынша:
Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлериниң биргеликтеги инвестициялық компаниясының қаржылары;
Жәҳән банкиниң аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын 200,0 миллион АҚШ доллары және аўыл хожалығындағы исбилерменликти раўажландырыў ушын 200,0 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржылары;
Азия раўажланыў банкиниң ири заманагөй агрологистикалық комплекслерин шөлкемлестириў ушын 347,0 миллион АҚШ доллары ҳәм шарўашылықты раўажландырыў ушын 150,0 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржылары;
Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң мийўе-овощ жетистириўди раўажландырыў ушын 200,0 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржылары;
Франция раўажланыў агентлигиниң шарўашылықты раўажландырыў ушын 170,0 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржылары;
халықаралық аўыл хожалығын раўажландырыў қорының аўыл хожалығын диверсификациялаў ҳәм модернизациялаў ушын 46,6 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржылары;
б) усы қарардың 7-қосымшасында нәзерде тутылған сынаў лабораторияларын модернизациялаўға Жәҳән банкиниң 6,2 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржыларының қаратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында «Мийўе-овощ жетистириў тармағында қосымша қун шынжыры инфраструктурасын раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын қарар қабыл етсин:
жойбардың улыўма баҳасы 244,75 миллион АҚШ доллары, соның ишинде, Азия раўажланыў банкиниң қарыз қаржылары 197,0 миллион АҚШ доллары, Өзбекстан Республикасының үлеси салық ҳәм бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер бериў, инвестициялық дәўирде финанслық қәрежетлерди төлеў ҳәм басқа да қәрежетлерди инвестициялық дәўирде қаржыландырыў есабынан жәми 47,75 миллион АҚШ доллары эквивалентин қурайтуғынлығы;
Аўыл хожалығы министрлиги жойбардың буйыртпашысы және агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлигин болса оның артқарыўшы уйымы етип белгилеў;
Азия раўажланыў банки менен қол қойылған қарыз келисими ҳәм жойбардың техникалық-экономикалық тийкарланыўына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықын бериў және жойбардың әмелге асырылыўын тезлестириў.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Өзбекстан Республикасы менен Азия раўажланыў банки арасында қол қойылатуғын қаржыландырыў ҳаққындағы қарыз келисими бойынша белгиленген тәртипте юридикалық жуўмақ берсин.
- Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеўди раўажландырыў бойынша жумысшы топары (буннан былай – Жумысшы топар) 10-қосымшаға муўапық түрдеги қурамда дүзилсин ҳәм оған усы қарардың 2-9-қосымшаларында нәзерде тутылған инвестициялық жойбарларды ҳәм илажларды әмелге асырыўды шөлкемлестириў, жойбар интакерлери менен бирме-бир ушырасып, жойбарларды әмелге асырыў процесинде жүзеге келген машқалаларды шешиўге жәрдемлесиў және олардың өз мүддетинде ҳәм сапалы әмелге асырылыўын мониторинг етиў ўазыйпасы жүкленсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери усы қарардың қосымшаларына муўапық әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар ушын зәрүрли жер майданлары ҳәм бос имаратлардың ажыратылыўын және инженерлик-коммуникациялық тармақларына жалғаныў мәселелерин шешсин.
Жумысшы топар (Б.Ходжаев) усы қарардың орынланыўы бойынша ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын.
- а) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:
аўыл хожалығы өнимлери секторында жоқары қосымша қун шынжырын жаратыўды хошаметлеў мақсетинде егинлерди жайластырыў ҳәм қайта ислеўдиң нәтийжели инфраструктурасын жарататуғыны;
өнимлерди жыйнаў, тасыў, сақлаў, қайта ислеў, қадақлаў, ишки ҳәм сыртқы базарға жеткерип бериў бағдарында хызмет көрсететуғын заманагөй агрологистикалық комплекслер ҳәм орайлардың системасын қәлиплестиретуғыны;
агрологистикалық комплекслерди ҳәм орайларды орналастырыў, қурыў, оларды басқарыў бойынша компанияларды шөлкемлестиретуғыны;
жеке меншик секторды кеңнен тартқан ҳалда агрологистикалық комплекслер ҳәм орайларда аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин халықаралық талаплар тийкарында, сапа ҳәм қәўипсизлик көрсеткишлери бойынша толық сынаўларды өткериў имканиятына ийе болған лабораториялар, бажыхана терминаллары ҳәм басқа да хызметлерди жолға қоятуғыны;
кооперация қатнасыўшылары, дийқан ҳәм фермер хожалықлары, агрокластерлер ҳәм аўыл хожалығы бирлеспелерин жаратылып атырған агрологистикалық комплекслер ҳәм орайлардың жумысына кеңнен тартқан ҳалда аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеў ҳәм экспорт көлемин арттырыў бойынша мәпдар министрликлер ҳәм мәкемелердиң жумысын муўапықластырып баратуғынлығы;
б) Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги;
1-қосымшаға муўапық тастыйықланған прогноз көрсеткишлерине ерисиў ушын әмелге асырылатуғын жумысларды;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте «Жол картасы»нда белгиленген илажлардың өз мүддетинде ҳәм сапалы орынланыўын муўапықластырып баратуғынлығы;
в) «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХК:
усы қарардың 5-қосымшасында нәзерде тутылған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша илажлар көретуғынлығы;
импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа жарамлы өнимлерди ислеп шығарыўдың көлемин арттырыў бойынша жумысларды системалы шөлкемлестиретуғынлығы белгилеп қойылсын.
- 2019-жыл 1-августтан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
а) аўыл хожалығы өнимлерин экспортқа шығарыўшылардың өнимлерин сертификатластырыў бойынша қәрежетлери «Өзстандарт» агентлигиниң тийкарланған есап-санақларына муўапық Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қапланады;
б) аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў тараўындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын қаратылатуғын коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўалаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан:
миллий валютада, баҳасы 10 миллиард сумнан аспайтуғын муғдардағы, Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасының 1,5 есесинен аспайтуғын процент ставкасында – қайта қаржыландырыў ставкасынан асатуғын бөлегине, бирақ 5 проценттен артық болмаған муғдарда;
сырт ел валютасында, баҳасы эквивалентте 10 миллиард сумнан аспайтуғын муғдарда қаратылатуғын кредитлер бойынша – коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 40 проценти, бирақ 4 проценттен артық болмаған муғдарда процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсация бериледи;
кредит суммасының 50 процентине шекем, бирақ 8 миллиард сумнан артық болмаған муғдарда кепилликлер бериледи;
в) усы қарардың 6-қосымшасына муўапық өнимдарсыз бағлардың орнында интенсив бағлар жаратыў ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-марттағы ПҚ-4246-санлы «Өзбекстан Республикасында бағшылықты ҳәм ыссыхана хожалығын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 7-бәнтиниң «б» ҳәм «в» киши бәнтлеринде нәзерде тутылған мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары енгизиледи.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети:
Самарқанд, Әндижан, Ташкент, Ферғана, Жиззақ ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының ҳәкимликлери менен биргеликте 2019-жыл 1-октябрьге шекем усы қарардың 2-қосымшасына муўапық аймақларда қурылатуғын ири агрологистикалық комплекслер ушын жер майданларын ажыратыў, агрологистикалық комплекслерди инженерлик, жол ҳәм транспорт инфраструктурасына жалғаныўын тәмийинлеў бойынша анық илажларды әмелге асырсын;
Бухара ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимликлери менен биргеликте 2019-жыл 1-декабрьге шекем Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларында ири агрологистикалық комплекслерди қурыў ушын халықаралық финанс институтлары және сырт ел ҳүкимети финанслық шөлкемлериниң қаржыларын тартыў илажларын нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарары жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлигиниң Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен кооперация бирлесиўин енгизиў бойынша Жиззақ ўәлаятының Ғаллаорал ҳәм Зомин районларында, Самарқанд ўәлаятының Булунғур ҳәм Ургут районларында, Ферғана ўәлаятының Олтиариқ ҳәм Қўва районларында, Ташкент ўәлаятының Қибрай ҳәм Паркент районларында өткерилген тәжирийбе-сынаўлардың унамлы нәтийжелерине бола усы тәжирийбени республиканың басқа аймақларында да ғалаба ен жайдырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў, қайта ислеў, сатыў (сатыў бойынша хызмет көрсетиў), тәмийнат, бағшылық, қыйтақ жер, шарўашылық хызметлери ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиўшилер тәрепинен ағзалық төлемлерин (пайларды) киргизиў тийкарында шөлкемлестирилген аўыл хожалығы бирлеспелери субъектлериниң санын арттырыў, оларға кең имканият ҳәм қосымша қолайлықлар жаратыў усы тараўдағы әҳмийетли бағдарлар деп белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм басқа да мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм ассоциациялар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде халық, қыйтақ жер ийелери, дийқан ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен аўыл хожалығы кооперациясы бирлеспелерин шөлкемлестириў, кооперация тийкарында исбилерменликти баслаў ҳәм жүргизиўди кеңнен енгизиў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте:
2019-жыл 1-октябрьге шекем бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларын қосымша финанслық қоллап-қуўатлаўдың анық дәреклерин нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-марттағы ПҚ-4239-санлы «Мийўе-овощ жетистириў тараўында аўыл хожалығы кооперациясын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 5-бәнтинде нәзерде тутылған аўыл хожалығы бирлеспелери ҳәм олардың ағзаларына мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларының тәсиршеңлигин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:
2019-жыл 1-сентябрьге шекем аўыл хожалығы өнимлериниң сапа ҳәм қәўипсизлик көрсеткишлери бойынша халықаралық стандартлар талапларына муўапықлылығын тәмийинлеў, халықаралық базарларда «өзбек сапасы» белгисин буннан былай да беккемлеў ҳәм оған итибарды күшейтиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;
мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларынан пайдаланған ҳалда қурылатуғын агрологистикалық комплекслер ҳәм орайларда заманагөй сақлаў орынлары, соның ишинде, тез бузылатуғын аўыл хожалығы өнимлерин қолайлы ҳәм узақ сақлаўға мөлшерленген музлатқыш қоймаханалары ҳәм термо-режим қоймаханалары, транспорт банки, өнимниң бәсекиге шыдамлылығын ҳәм экспорт потенциалын арттырыў ушын оларды миллий ҳәм халықаралық стандартларға муўапық калибрлеў, қадақлаў ҳәм маркировкалаў ушын үскенелердиң барлығы, өним ҳәм оны жетистириў агротехнологиялық процесслериниң сапа көрсеткишлериниң муўапықлығын тексериў ушын лабораторияның барлығына итибар қаратсын.
- «Өзстандарт» агентлиги Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте:
усы қарардың 8-қосымшасында нәзерде тутылған ҳүжжетлерди негизги жазылған тиллерде қабыл етиў;
халықаралық стандартларды мәмлекетлик тилге аўдарма ислеў арқалы мәмлекетлик қорға киргизиў жумысларын Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлигиниң қаржылары есабынан қаржыландырыў ҳәм 2019-2021-жылларда тең үлеслерде 4,5 миллиард сум қаржы ажыратыў;
2019-2021-жылларда аймақларда азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң халықаралық талаплар тийкарында, сапа ҳәм қәўипсизлик көрсеткишлери бойынша толық сынаўларды өткериў имканиятына ийе болған лабораторияларды шөлкемлестириў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы:
2019-жыл 1-ноябрьге шекем Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаят ҳәкимликлери менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Наўайы, Наманган ҳәм Бухара ўәлаятлары аймақлық инспекцияларын имарат пенен тәмийинлеў ҳәм заманагөй халықаралық лаборатория талапларына жуўап беретуғын үскенелер менен толықтырыў;
орайлық карантин лабораториясы және Сырдәрья, Сурхандәрья, Қашқадәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларының аймақлық инспекцияларының заманагөй лаборатория имаратларын қурыў жумысларын 2020-жыл 1-апрельге шекем жуўмақлаў;
2020-жыл 1-сентябрьге шекем орайлық карантин лабораториясын халықаралық аккредитациядан өткериў;
2020-жыл 1-ноябрьге шекем орайлық ҳәм аймақлық карантин инспекцияларын қосымша 5 көшпели (мобиль) лабораториялар менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-июньдеги ПҚ-3818-санлы «Өзбекстан Республикасының сыртқы экономикалық жумысын буннан былай да тәртиплестириў және бажыхана-тарифи жағынан тәртиплестириў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына 2-қосымшадан «8418 69 000 9» ҳәм «8415 81 001 0» позициялары шығарып таслансын.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте 2019-жыл 1-октябрьге шекем «agroonline.uz» мәлимлеме системасы тийкарында:
халықтың шаңарақлары, дийқан ҳәм фермер хожалықларының жерлеринде жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң түрлери ҳәм көлемлери бойынша электрон мағлыўматлар базасын;
таярлаў кәрханалары, сақлаўшы, қайта ислеўши, экспортқа шығарыўшы шөлкемлер ҳәм басқа да қарыйдарлардың аўыл хожалығы өнимлерине болған талапларын өним түрлери ҳәм көлемлери бойынша бирден-бир электрон мәлимлеме системасын;
аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар, аўыл хожалығы бирлеспелери ҳәм көтере саўда қарыйдарлары арасындағы саўда экономикалық және шәртнамалы қатнасықларды (контрактация) электрон коммерциялық түринде шөлкемлестириў системасын ислеп шығып енгизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 29-июль