USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 25 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

2017-2021-ЖЫЛЛАРЫ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДЫҢ БЕС ТИЙКАРҒЫ БАҒДАРЫ БОЙЫНША ҲӘРЕКЕТЛЕР СТРАТЕГИЯСЫН «ЖАСЛАРДЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ҲӘМ ХАЛЫҚТЫҢ САЛАМАТЛЫҒЫН БЕККЕМЛЕЎ ЖЫЛЫ»НДА ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ МӘМЛЕКЕТЛИК БАҒДАРЛАМА ҲАҚҚЫНДА

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм халық арасында саламат турмыс тәризин енгизиў, жоқары экономикалық өсимге ерисиў есабынан халқымыздың абаданлығын арттырыў ҳәм күнделикли турмысындағы машқалаларды шешиў, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:

1.Халық пенен ашық сөйлесиў нәтийжелери тийкарында таярланған 2017-2021жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарлама) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

2.Коронавиурс пандемиясы шараятында исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў илажларын даўам еттириў мақсетинде төмендегилердиң әмел етиў мүддети 2021-жыл 31-декабрьге шекем созылсын:

туризм, транспорт ҳәм улыўма аўқатланыў тараўларында жумыс ислеп атырған субъектлердиң жер ҳәм мүлк салығы бойынша 2021-жыл 1-январь ҳалатына қарыздарлығының төлениўи;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы ПП-5969-санлы Пәрманында нәзерде тутылған ўақтынша қыйыншылықларды басынан өткерип атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң мүлк салығы ҳәм жер салығы бойынша 2020-жыл 31-декабрь ҳалатына бола, бар болған қарызына  пеня есапланыўын тоқтатыў ҳәм салық қарызын мәжбүрий өндириўге қаратыў илажларын көрмеў талабы;

коронавирус пандемиясы дәўиринде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен исбилерменлик субъектлерине 2020-жыл 31-декабрь ҳалатына бола қалдықта турған  мүлк салығы ҳәм жер салығы бойынша берилген процентсиз кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) суммасы;

«жасырын экономика» үлесин қысқартыў ушын салық аудитин өткериўде «тәўекелли-таллаў» системасы басқышпа-басқыш енгизилген ҳалда салықларды ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди өз ўақтында төлеп киятырған киши исбилерменлик субъектлеринде  салық аудити өткерилиўине мораторий.

3.Жасларды қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғаўға мүтәж студентлерди қорғаў системасын жетилистириў, социаллық әдиллик принциплерин тәмийинлеў мақсетинде 2021/2022 оқыў жылынан баслап:

а) жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған  200  жас ушын Өзбекстан Республикасы Президенти гранты енгизсин.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте 2021-жыл 1-апрельге шекем  Өзбекстан Республикасы Президенти грантын ажыратыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтаханларында балл топлаған пуқаралар ҳаққындағы ашық мағлыўматларды нәзерде тутатуғын бирден-бир электрон реестрди қәлиплестирсин;

б) жоқары билимлендириў мәкемесинде еки ҳәм оннан артық перзенти шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға тәлим кредитин бериў ҳәм студент тәрепинен усы кредитти оқыў дәўири тамам болғаннан соң қайтарыў әмелияты жолға қойылсын.

Қаржы министрлиги Орайлық банк пенен биргеликте  еки ай мүддетте  усы әмелиятты жолға қойыў және Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан коммерциялық банклерге кредитлер ушын мақсетли ресурслар ажыратыўды тәмийинлеў илажларын көрсин;

в) жоқары билимлендириўге ажыратылатуғын мәмлекетлик грантлардың саны 25 процентке  және жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзенти болған ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик грантлар саны 2 есеге  арттырылсын, сондай-ақ, жеке меншик жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәнигелерди таярлаўға мәмлекетлик грант бериў системасы енгизилсин.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021/2022 оқыў жылы ушын оқыўға қабыл етиўге мәмлекетлик буйыртпа параметрлериниң түп-тийкарынан қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин;

г) академиялық дем алыс бериўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:

академиялық дем алыс алыўды қәлеген студентлер  өз қәлеўине бола академиялық дем алыс мүддетине билимлендириўдиң сыртқы ҳәм аралық түринен өткерилип (егер жоқары билимлендириў мәкемесинде бундай билимлендириўдиң түрлери бар болса), оларға үзликсиз еркин билим алыў имканияты жаратылады;

шаңарағының наўқас ағзасына қараўы себепли дәстүрий түрдеги билимлендириўди даўам еттириў имканияты болмаған студентлерге  де академиялық дем алысты алыў ҳуқықы бериледи;

студентлерге оқыў даўамында академиялық дем алыс берилиўи бойынша өлшемли шеклеўлер бийкар етиледи;

академиялық дем алыстан қайтқан студентлерди бурын өзлестирилген пәнлер бойынша қайтадан оқытыў әмелияты бийкар етиледи.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы менен биргеликте  бир ай мүддетте академиялық дем алыс алыўды қәлеген студентлер тәрепинен сыртқы ҳәм аралықтан еркин билим алыўды шөлкемлестириў, жоқары билимлендириў мәкемелеринде экстернат тәртибинде билим алыў бойынша ҳуқықый тийкарларды жаратыўды нәзерде тутатуғын қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

д) илимий атақ ҳәм илимий дәрежелерди бериў ўәкиллиги 2021-жыл 1-сентябрьден баслап  республикамыздың абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий кеңеслерине басқышпа-басқыш өткерилсин.

Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы Инновациялық раўажланыў министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте  үш ай мүддетте  илимий дәрежели кадрлар таярлаў ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын және де жетилистириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин.

4.Республикамызда талап жоқары болған кәсиплер бойынша қәбилетли қәнигелерди абырайлы сырт ел билимлендириў, илимий ҳәм басқа да мәкемелерде таярлаўдың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде 2021-жыл 1-апрельден баслап:

«Эл-юрт умиди» қоры арқалы абырайлы сырт ел оқыў орынларының магистратура ҳәм докторантурасында оқыўға жиберилетуғын жаслар саны 5 есеге арттырылсын;

«Эл-юрт умиди» қорының есабынан сырт елде бакалавриат билимлендириў бағдарламалары бойынша оқытыў системасы енгизилип, 2021жылы 100 жастың сырт елге билим алыў ушын жиберилиўи тәмийинлесин;

«Эл-юрт умиди» қоры билимлендириў бағдарламалары бойынша талабанларды сайлап алыўды ашық стипендия таңлаўы тийкарында Өзбекстан Республикасының барлық пуқаралары ушын олардың республикамыздағы жумыс ҳәм оқыў орнына қарамастан турақлы түрде өткериў әмелияты жолға қойылсын;

бакалавриат, магистратура ҳәм докторантурада оқыў бағдарламалары ушын стипендия таңлаўын абырайлы сырт ел билимлендириў, илимий ямаса басқа да мәкемелерден оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы усыныс тийкарында өткериў тәртиби жолға қойылсын.

«Эл-юрт умиди» қоры бир ай мүддетте мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм қәнигелерди сырт елде таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша анық илажлар көрсин.

5.Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер Академиясы ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги үш ай мүддетте физика пәни ҳәм шет тиллери бойынша үлзликсиз билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде төмендегилерди нәзерде тутатуғын комплексли бағдарламаларды ислеп шықсын:

илимий изертлеўлерди раўажландырыў, билимлендириў шөлкемлеринде усы пәнлерди оқытыў методикасын қайта көрип шығыў, әмелий ҳәм инновациялық жойбарлардың таңлаўларын шөлкемлестириў, тараўдағы илимий шөлкемлердиң жумысын жетилистириў;

жаңа әўлад, соның ишинде, электрон сабақлық ҳәм оқыў курсларын жаратыў, сондай-ақ, оқыўшылардың әмелий көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде оқыў бағдарламаларында әмелий ҳәм интерактив сабақлардың үлесин көбейтиў;

шет тиллерди үйрениў ушын кеңирек имканият жаратыў мақсетинде бийпул тил үйрениў электрон платформаларын жаратыў;

қәнигелескен мектеп (класс)лердиң жумысын басқышпа-басқыш жолға қойыў, оларды жоқары билимлендириў шөлкемлери және өндирис кәрханалары менен өз-ара байланыстырыў және сырт еллерден оқытыўшыларды тартыў.

6.Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Миллий олимпиада комитети және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте үш ай мүддетте 2025-жылы Өзбекстанда жаслар арасындағы IV жазғы Азия ойынларын өткериўге пуқта таярлық көриў жумыслары бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм онда төмендегилер нәзерде тутылсын:

республикамыздағы бар спорт объектлери ҳәм имаратлары, логистика, транспорт ҳәм мийманхана инфраструктурасын үйрениў нәтийжесинде Азия Олимпиада Кеңеси ҳәм халықаралық спорт федерацияларының талапларына муўапық оларды оңлаў ямаса жаңаларын қурыў бойынша усынысларды таярлаў;

жаслар арасындағы IV жазғы Азия ойынларына таярлық көриўдиң бас режесин онда белгиленетуғын ҳәр бир илаж бойынша қаржыландырыў дәреги ҳәм жуўапкер орынлаўшыны көрсеткен ҳалда дүзиў;

Азия Олимпиада Кеңесиниң талапларына тийкарланып жаслар арасындағы IV жазғы Азия ойынларының бағдарламасына киргизилетуғын спорт түрлерин сайлап алыў ҳәм ойынлар бағдарламасын ислеп шығыў басқышларын белгилеў.

7.Халықтың саламатлығын беккемлеў ҳәм социаллық қорғаўды күшейтиў мақсетинде:

а) 2021-жыл 1-июльден баслап  «мийирбийкелик жумысы» менен еркин шуғылланыў ушын орта медицина қәнигелерине өзин-өзи бәнт етиў тийкарында руқсат берилсин;

б) 2021-жылдың ақырына шекем  меҳрибанлық үйлериниң турақ жайға мүтәж 900 шын жетим питкериўшилери турақ жай менен тәмийинленсин.

Қаржы министрлиги кейинги жыллар ушын бюджет параметрлерин қәлиплестириўде меҳрибанлық үйлериниң турақ жайға мүтәж жетим питкериўшилерин ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды турақ жай менен тәмийинлеўге қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутып барсын;

в) 2021-жылы 22  мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратлары, 31  жаңа мектеп, 16  жоқары билимлендириў мәкемелериниң имаратлары, 24 денсаўлықты сақлаў объектлери және 23 спорт объектлериниң қурылысы тәмийинленсин.

8.Социаллық қорғаўға мүтәж балалардың билим алыўы ҳәм кәсип ийелеўине жәрдемлесиў, аўыр кеселликке шалынған балаларды емлеў мақсетинде Балаларды қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилсин ҳәм оның мақсетлери әмелге асырылыўын қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 100 миллиард сум ажыратылсын.

9.Алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм кең жәмийетшиликтиң усыныслары инабатқа алынған ҳалда, 2021-жыл 1-июньге шекем майыплығы болған пуқараларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған төмендеги әмелият енгизилсин:

жәрдемге мүтәж халықты протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техникалық қураллары менен тәмийинлеў әмелиятын  сертификат бериў системасына өткерип, пуқараларға өз таңлаўына бола мәмлекет тәрепинен берилетуғын қаржылар (сертификат) есабынан қәлеген ислеп шығарыўшыдан протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техникалық қураллары сатып алыў имканиятын жаратыў;

майыплық белгилери анық көринип турған, анатомиялық нуқсанлары болған пуқараларды клиникалық-функционаллық мағлыўматларды алыўға байланыслы қосымша тексериўден өткермей турып, олар майыплығы болған пуқара деп табылғанда майыплықты мүддетсиз дәўирге белгилеў.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги  үш ай мүддетте  медициналық-социаллық хызметтиң пүткиллей жаңа моделин қәлиплестириў илажларын көрсин.

10.Пенсия ҳәм напақаларды тайынлаўда пуқаралар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде төмендеги тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-июньнен баслап:

пенсияларды тайынлаўда пуқараның мийнет ҳақысы ҳәм мийнет стажы ҳаққындағы мағлыўматлардың электрон базасы жүргизилмеген дәўир – 2005-жылдан алдынғы жыллар ушын жумыс стажы пуқараның мийнет дәптершесиндеги жазыўлар тийкарында тастыйықлаўшы ҳүжжетлер талап етилмей есапланады;

үш жыл ҳәм оннан алдын тайынланған, қайта есапланған пенсия ҳәм напақаларды тексериў және олар бойынша анықланған артықша төлемди өндириў бийкар етиледи;

жумыс ислеўши пуқаралар тәрепинен ислемейтуғын өмирлик жолдаслары келешекте пенсия менен тәмийинлениўге ийе болыўы ушын өз дәраматларынан еркин түрде ҳәр айда социаллық салық төлеў ҳуқықы бериледи;

пенсия ҳәм напақалар пуқараның қәлеўине бола дизимге алынған турақлы жасаў ямаса ўақтынша турған орны бойынша тайынланады ҳәм төленеди;

пенсия ҳәм напақаларды нақ пулсыз түрде алыў ушын арзалар пуқаралар тәрепинен Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының (кейинги орынларда – Пенсия қоры) тийисли бөлимине мүрәжат етпеген ҳалда, коммерциялық банклердиң филиалларында банк пластик карталарын ашыў процесинде ямаса банк мобиль қосымшалары арқалы электрон түрде рәсмийлестириледи;

пуқаралардың пенсияға болған ҳуқықының жоғалтғанлығын тийисли министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен берилетуғын электрон мағлыўматлар тийкарында анықлаў арқалы пенсияларды нақ пулсыз түрде алыўшы пуқаралар тәрепинен ҳәр алты айда Пенсия қорының бөлимине келиў және жуўапкер хызметкерлер тәрепинен орынларға шыққан ҳалда мониторинг өткериў миннетлемеси бийкар етиледи.

11.Пенсия ҳәм напақалардың дурыс тайынланыўы және төлениўи бойынша тексериўлер нәтийжесинде анықланған артықша төлем суммасының 2021-жыл 1-февраль ҳалатына болған қарыздарлығы есаптан шығарылсын.

12.Экономиканы раўажландырыў, соның ишинде, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм узақ мүддетли турақлы экономикалық өсиўдиң тийкарын жаратыў мақсетинде:

а) жумыссыз ағзалары бар шаңарақларға, соның ишинде, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға дийқаншылық пенен шуғылланыў имканиятларын кеңейтиў ушын:

дийқаншылық пенен шуғылланыў ушын, соның ишинде, жаңадан өзлестирилген, суўғарылмайтуғын, пайдаланылмай атырған жер майданларында 0,1 гектардан 1 гектарға шекем жер ажыратылыўы;

ажыратылған жер майданларын суўғарыў системасы (артезиан қудықлар, тамшылатып суўғарыў системасы ҳәм басқалар) және электр энергиясы менен тәмийинлениўи;

берилген жерлерди өзлестириў ушын (жерди сүриў, туқым, нәл сатып алыў ҳәм басқалар) субсидия ажыратылыўы жолға қойылсын.

Аўыл хожалығы министрлиги Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте 2021-жыл 1-апрельге шекем  ҳәр бир районның имканияты ҳәм раўажланыў бағдарынан келип шығып, жәрдемге мүтәж шаңарақларға дийқаншылық пенен шуғылланыў ушын жәрдемлесиў системасын жолға қойыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын киргизсин;

б) исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиў жумысын басламақшы болған жумыссыз, соның ишинде «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға жумысын баслаў ушын керек болған әсбап-үскене, мийнет қуралларын сатып алыў ушын 7 миллион сумға шекемги субсидиялар ажыратылыў әмелияты жолға қойылсын.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги және Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте  еки ай мүддетте жумыссыз халықты исбилерменликке ҳәм өзин-өзи бәнт етип ислеў жумысына тартыўдың жаңа механизмлери бойынша усыныс киргизсин;

в) 2021-жыл 1-марттан баслап зергерлик тараўында кең имканиятлар жаратыў ушын «Наўайы кән-металлургия комбинаты» МК тәрепинен гүмисти биржа арқалы зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға еркин сатыў тәртиби енгизилсин.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги  бир ай мүддетте гүмистиң ислеп шығарыўшыларға биржа саўдалары арқалы сатылыўы, биржаға қойылатуғын гүмис муғдарларын қәлиплестириў ҳәм өнимниң басланғыш баҳасын тийкарлы белгилеў бойынша усынысларды киргизсин.

13.2021-жыл 1-марттан 2022-жыл 1-июньге шекем ишки туризмди ғалаба ен жайдырыў шеңберинде Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипке муўапық Өзбекстан бойлап саяхат етиў ушын төмендеги қәрежетлердиң бир бөлегин қайтарыў енгизилетуғыны:

авиатасыўшыларға – ишки туризм жөнелислериндеги авиақатнаўларда авиа билет баҳасының 25 проценти;

туроператор ҳәм турагентлерге – Өзбекстан Республикасында турақлы жасаўшы пуқаралар ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ушын шөлкемлестирилген турлар бойынша авиа ҳәм темир жол билетлери баҳасының 15 проценти  және жайластырыў қуралларының жайластырыў бойынша хызметлери (мийманхана хызметлери) баҳасының 10 проценти. Онда, усы қәрежетлердиң бир бөлегин қайтарыў саяхат әмелге асырылған аймақлардағы жайластырыў қуралларында кеминде  бир күн түнеп қалыў шәрти менен  берилетуғыны белгилеп қойылсын.

14.Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ тәмийнатында монополияны бийкар етип, базар қатнасықларын қәлиплестириў мақсетинде:

суйылтырылған газ импорты ушын белгиленген бажыхана бажысы ҳәм оны импорт етиў ушын талап етилетуғын руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлер бийкар етилсин;

2021-жыл 1-июньге шекем ислеп шығарыўшы ҳәм импортёрлар ушын электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен тәмийинлеў тараўына базар механизмлерин енгизиў арқалы көтере саўда базарын қәлиплестириў «Жол картасы» ислеп шығылсын.

Энергетика министрлиги «Жол картасы» ислеп шығылыўын тәмийинлесин және биринши басқышта 2021-жыл 1-августтан баслап,  ири кәрханаларға электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди импорт тийкарында сатып алыў ҳуқықы берилиўин нәзерде тутсын.

15.Мәмлекетлик салық хызметинде «Салықшы-жәрдемши» принципи тийкарында фермер хожалықларының дәраматы ҳәм қәрежетлерин автоматластырылған түрде қәлиплестириў ҳәм салық уйымларына жибериў имканиятын беретуғын электрон системаны 2021-жыл 1-июльға шекем әмелиятқа енгизиў илажлары көрилсин.

Мәмлекетлик салық хызметиниң жумысын «Салықшы-жәрдемши» принципи тийкарында шөлкемлестириў шеңберинде алдынғы жыл ушын дәраматлары жыллық финанслық есабат мағлыўматларына бола кеминде 5 миллиард сумды қураған, юридикалық тәреп статусына ийе болған исбилерменлик субъектлери ҳәм фермер хожалықлары салық мониторингинде қатнасыўға ҳақылы екени белгиленсин.

16.Министрлер Кабинети, Қаржы министрлиги ҳәм Есап палатасының Қаржы министрлиги системасындағы мәмлекетлик финанслық қадағалаў департаментиниң структурасын жетилистириў ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў, ишки аудит хызметлерин тәртипке салыў системасын раўажландырыў, саондай-ақ өткерилетуғын тексериўлер ҳәм олардың нәтийжелери бойынша мағлыўматларды ашық жәриялап барыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Қаржы министрлиги Есап палатасы менен биргеликте  бир ай мүддетте мәмлекетлик финанслық қадағалаў ҳәм ишки аудит системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша жумысларды жеделлестирсин.

17.Бажыхана қадағалаўы тәртип-қағыйдаларын жетилистириўде санлы технологияларды кеңнен енгизиў, мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде 2021-жыл 1-июльден баслап бажыхана қадағалаўын алып барыўдың төмендеги тәртиби белгиленсин:

категориядан тысқары статустағы  «Аралықтан электрон декларациялаў бажыхана постлары» сынақ түринде басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи;

бажыхана рәсмийлестириўи процесслерин аралықтан басқарыў, инсанның араласыўы кескин қысқартылады;

шегараларда ветеринариялық ҳәм фитосанитариялық уйымлар тәрепинен жүк тасыўшыларды дизимге алыў, ҳүжжетлерди тексериў, оларға көрсетилген хызметлер ушын төлемлер өндириў процесин санластырыў арқалы улыўма онлайн қадағалаў әмелияты енгизиледи.

18.Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириў, соның ишинде, мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:

а) усы жылы жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратқан ҳалда ҳәр бир аймақта биреўден район (қала) бюджетин қәлиплестириўде қәрежетлердиң кеминде 5  процентин тиккелей халықтың пикир-усынысларын есапқа алып, мәҳәлледеги машқалаларды шешиўге қаратыў тәртиби эксперимент түринде енгизилсин;

б) 2021-жылы мәмлекетлик басқарыў  хызметкерлериниң саны орташа 15 процентке шекем оптималластырылсын.

Қаржы министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-мартқа шекем  төмендеги илажларды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарары жойбарының киргизилиўин тәмийинлесин:

басқарыўда бир-бирин тәкирарлайтуғын уйымлар, функциялар ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды ҳәм мәжилиспазлықты қысқартыў;

көп жыллар даўамында бос турған штат бирликлерин оптималластырыў;

айырым мәмлекетлик функцияларды жеке меншик секторға өткериў және лицензия ҳәм руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди қысқартыў ҳәм оларды бериў процесин автоматластырыў есабынан жумыс процесслерин қайта көрип шығыў;

министрлик ҳәм уйымлардың жумысында қарар қабыл етиў процесслерин әпиўайыластырыў;

санлы технологияларды кеңнен енгизиў есабынан жумыс процесслерин оптималластырыў;

министрликлерде жумысты район, қала, аўыл ҳәм мәҳәлле кесиминде режелестириў системасын енгизиў;

в) орта ҳәм төменги буўын басқарыў уйымларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў шеңберинде;

ўәлаят, район, қала ҳәм мәҳәлле басқарыўында нәтийжелиликти арттырыў ушын хызметкерлер саны ҳәм мийнет ҳақысы аймақтың өзине тәнлиги ҳәм жумыс көлеминен келип шығып белгиленсин;

төменги система басшылары ҳәм хызметкерлерин жаңа талаплар ҳәм заманагөй мәлимлеме технологиялары тийкарында нәтийжели ислеўге үйретиў ҳәм маманлығын турақлы арттырып барыўдың анық системасы енгизилсин;

Министрлер Кабинети  еки ай мүддетте  орта ҳәм төменги буўын басқарыў уйымларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша анық илажларды көрсин;

г)  2021-жылдың ақырына шекем  әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў, соның ишинде, ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойытқан ҳүжжетлерди бийкар етиў ҳәм  былғасықлы ҳүжжетлерди системаластырыў арқалы  тәртипке салыў жүгин ҳәм исбелерменлик жумысын тәртипке салыў дәрежесин азайтыў ушын артықша нормаларды қысқартыў  тәмийинленсин.

Әдиллик министрлиги 2021-жыл 1-майға шекем  нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди, соның ишинде, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойытқан ҳүжжетлерин бийкар етиў бойынша жумысларды шөлкемлестириў және анық мүнәсибетлерди тәртипке салыўшы ҳүжжетлерди системаластырыў бойынша усынысларды киргизсин;

д) 2021-жыл 1-июльға шекем  жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен қарарларды тек ғана арнаўлы «3-1a494» электрон системасы арқалы таярлап, қабыл етиў әмелияты жолға қойылсын.

Әдиллик министрлиги  үш ай мүддетте:

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарларын таярлаў, қабыл етиў, есапқа қойыў ҳәм жәриялаў бойынша электрон мәлимлеме системасын енгизиў;

электрон системадан пайдаланыў, оны жүргизиў ҳәм онда жәмийетшиликтиң қатнасын тәмийинлеў;

қабыл етилип атырған қарарларды орынлаўшы ҳәм мәпдар шөлкемлерге жеткериў ҳәм тийисли базалар менен интеграциялаў;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары хызметкерлерин усы системада ислеў бойынша оқытыў әмелиятын жолға қойыў;

электрон система арқалы қабыл етилмеген ҳүжжетлерди әмелге киргизгени және нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди әдиллик уйымларында ҳуқықый экспертизадан өткермеген ҳалда қабыл еткени ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў бойынша усынысларды киргизсин.

19.Қаржы министрлиги 2021-жыл 1-майдан баслап төмендегилерге байланыслы финанслық мағлыўматларды ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет жер жүзилик мәлимлеме тармағында жәриялаў әмелиятын енгизсин:

мәмлекетлик уйымлар бюджеттен тысқары қорлардың дәраматы ҳәм қәрежетлери;

устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент  ҳәм оннан артық болған юридикалық тәреплер және оларға устав фондының (устав капиталының) 50 проценти  ҳәм оннан артығы тийисли болған юридикалық тәреплердиң  сатып алыўлары;

мәмлекетлик субсидия ҳәм грантлардың муғдарлары ҳәм алыўшылары.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги  еки ай мүддетте ашық жәрияланыўы зәрүр болған мағлыўматлар дизимин кеңейтиў, соның ишинде, мәмлекетлик сатып алыўлар ҳәм инвестициялық жойбарлар шеңберинде және руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди бериў бойынша шөлкемлестирилетуғын тендер ҳәм таңлаў комиссияларының қурамы, мәмлекетлик активлердиң алды-сатты ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары процесслериниң қатнасыўшылары, салық ҳәм басқа да жеңилликлер алыўшылар сыяқлы мағлыўматларды ашық жәриялаў бойынша усынысларды киргизсин.

20.Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Е-Антикоррупция» жойбарын әмелге асырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен киргизилген коррупциялық факторларды сапластырыў бойынша усынысларды көрип шығыў, тараў ҳәм тармақлар кесиминде терең таллаўлар ҳәм жәмийетшилик сораўларын өткериў нәтийжесинде  «Коррупцияға бейим болған қатнасықлар электрон реестри»н қәлиплестириў;

«Коррупцияға бейим болған қатнасықлар электрон реестри»не муўапық ҳәр бир коррупциялық факторды биринши гезекте санластырыў (электрон гезек, аукцион ҳәм басқа да заманагөй усыллар), ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жәмийетлик қадағалаў сыяқлы механизмлер арқалы сапластырыў бойынша усынысларды экспертлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери арасында кеңнен додалаўдан өткерген ҳалда ислеп шығыў;

әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги ҳәм коррупциялық факторларды сапластырыўға тәсирин жәмийетшиликтиң пикирин үйренген ҳалда баҳалаў ҳәм жәриялаў.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги Бас прокуратура ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте «Е-Антикоррупция» жойбарын әмелге асырыў механизмлери және коррупцияға бейим болған қатнасықларды сапластырыў бойынша комплексли илажлардың бағдарламасын нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын ислеп шықсын.

21.Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик уйымлар менен мүнәсибетке кирисиўинде бюрократиялық тосқынлықларды түп-тийкарынан қысқартыўға қаратылған, төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Пәрманының жойбарын киргизсин:

пуқаралардың турақлы (ўақтынша) дизимнен өткен орнына қарамастан пайдаланыўы мүмкин болған мәмлекетлик хызметлериниң көлемин кеңейтиў;

мәмлекетлик, социаллық ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиўде пуқараның шахсын тастыйықлаўдың бирден-бир идентификация санын енгизиў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер арасында электрон мағлыўмат алмасыўын жолға қойыў арқалы олар арасында қағаз көринисинде ҳүжжет бериў әмелиятына шек қойыў;

пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине көрсетилген мәмлекетлик хызметлердиң нәтийжелерин почта байланысы арқалы жеткериў әмелиятын жолға қойыў;

«орай-мәҳәлле-пуқара»  принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетип киятырған хызметлердиң ҳәр бир шаңараққа кирип барыўын тәмийинлеў бойынша Қаршы қаласының тәжирийбесин енгизиў.

22.2021-жыл 1-майдан баслап елимизге 2005-жыл 1-январьға шекем келип, турақлы жасап атырған, сондай-ақ, елимизде 15 жыл даўамында турақлы жасап турған пуқаралығы болмаған (сырт мәмлекет пуқаралығын қабыл етпеген) пуқаралар тәрепинен тилек билдирилген жағдайда Өзбекстан Республикасы пуқарасы деп тән алыў тәртиби енгизилсин.

23.Инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы халықаралық стандартлар ҳәм адамгершилик принципин кеңнен енгизиў мақсетинде:

 2021-жыл 1-апрельге шекем  Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) тәрепинен ҳәр шеректе жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте тергеў изоляторы ҳәм жазаны өтеў мәкемелерине «мониторинг сапарлары»  системасын жолға қойыў илажларын көриў усыныс етилсин;

2021-жыл 1-июньге шекем жазаны жеңиллиреги менен алмастырыў ҳәм шәртли азат етиў ҳаққында усыныс хаты киргизиў ўәкиллиги жазаны орынлаў мәкемелеринен жаңадан шөлкемлестирилетуғын адамгершилик комиссияларына өткерилсин;

2021-жылы 6 ға шекем  мәнзил-коллониялар қысқартырылсын.

24.Кең жәмийетшиликтиң төмендеги усыныслары мақуллансын:

а) жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң тийкарғы жумысын пуқараларға жәрдем бериўге бағдарлаў және коррупцияға имканият беретуғын факторларды сапластырыў илажларын көриў ушын:

автомототранспорт қуралларын техникалық тексериўден өткериўди экстерриториаллық принципи тийкарында жолға қойыў ҳәм жаңа автомототранспорт қуралын техникалық тексериўден өткериў талабын бийкар етиў;

Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаятлар орайларында биреўден дизимнен өткериў ҳәм имтихан алыў бөлимлеринде пуқаралардың турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған аймағына қарамастан автомототранспорт қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм оларға мәмлекетлик сан белгилерин бериўди әмелге асырыў;

барлық дизимнен өткериў ҳәм имтихан алыў бөлимлеринде және кеминде 20  мәмлекетлик хызметлер орайларында миллий айдаўшылық гүўалығын рәсмийлестириўди (соның ишинде, алмастырыў ямаса жоғалтқанының орнына тазасын бериў) пуқаралардың турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған аймағына қарамастан әмелге асырыў;

айдаўшылық гүўалығын алыўға талабанлардан имтихан алыў процесин жәмийетшилик тәрепинен, соның ишинде, Интернет жер жүзилик мәлимлеме тармағы арқалы бақлаў имканиятын жаратыў;

алдынғы сырт ел тәжирийбесине тийкарланған ҳалда автомобиль жолларында жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў және өлимшилик жағдайларын, соның ишинде, пиядалар өтиў орынларының заманагөй сфетофорлар менен тәмийинлениў дәрежесин басқышпа-басқыш арттырыў арқалы қысқартыў.

Ишки ислер министрлиги  үш ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша Ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин;

б) республика аймағында мәмлекетлик тоғай фондына кирмейтуғын  терек ҳәм путалардың баҳалы түрлериниң кесилиўине енгизилген мораторийдиң  әмел етиў мүддетин 2021-жыл 31-декабрьге шекем созыў.

Онда:

ҳәр бир кесилген терек ҳәм путалар ушын конпенсация түринде  10 түп  қымбатлылығы жағынан кесилетуғын терек ҳәм путалардан аз болмаған, ири өлшемли нәл егиў және оларды кеминде еки жыл даўамында тәрбиялаў, нызамсыз кесилген терек ҳәм путалар ушын болса  үш жыл даўамында тәрбиялаў шәрти менен 100 түп нәл егиў миннетлемеси киргизилсин;

терек ҳәм путалардың кесилиўине енгизилген мораторий талапларына әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде терек ҳәм путалардың нызамсыз кесилиўин анықлаған ямаса алдын алған пуқараларға хошаметлеў системасы енгизилсин.

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети  еки ай мүддетте  қоршаған орталыққа жеткерилген зыянды қаплаў тәртибин қайта көрип шығып, тәбиятты қайта тиклеўге қаратылған компенсация механизмлерин кеңнен енгизсин.

25.Сыртқы ислер министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте сырт ел мәмлекетлери менен 2021-жылы саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий-ағартыўшылық, мәдений-гуманитарлық ҳәм сиясий тараўларда, сондай-ақ, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиўди жеделлестириўге қаратылған, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын тәртип-қағыйдаларды әпиайыластырыў ҳәм арнаўлы қолайлы режимлер усыныс етиўди нәзерде тутатуғын анық илажлар бойынша усынысларды киргизсин.

26.Әдиллик министрлиги «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети менен биргеликте:

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының барысын системалы мониторинг етиў, оны сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў ушын қосымша илажлар көриў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының барысы ҳаққындағы мәлимлемени  ҳәр айда улыўмаластырыў және жуўмақларын анық көрсеткишлер ҳәм ерисилген унамлы өзгерислерди, таллаў мәлимлеме көринисинде көрсеткен ҳалда, өз веб-сайтларында жайластырыў;

мониторинг нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемени  ҳәр айда  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизиў;

Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў жуўмақларына бағышланған мәлимлеме-таллаў шолыўларын таярлаў, оларды шет тиллерде жәриялаў ҳәм кеңнен тарқатыўды тәмийинлесин.

27.Олий Мажлис палаталары ҳәм Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик бағдарламаның избе-из ҳәм өз ўақтында орынланыўын қадағалаўды тәмендеги тәртипте әмелге асырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:

Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси, ўәлаятлық, районлық, қалалық халық депутатлары Кеңеслери өз аймақларында Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў бойынша 10 күн мүддетте  илажлар режесин ислеп шығады ҳәм ҳәр айда  өз мәжилислеринде додалап барады;

Министрлер Кабинети  ҳәр айда Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлери жанында сын көзқарастан көрип шығады,  ҳәр шеректе ҳүкимет Президиумында додалап барады және өз ўақтында ҳәм толық орынланбаған илажлар бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына тийисли илажлар көреди;

Олий Мажлис палаталары  ҳәр шеректе Бас министр ҳәм Ҳүкимет ағзаларынның Мәмлекетлик бағдарлама орынланыўы бойынша мәлимлемелерин тыңлап барады және бул бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усынысларды ислеп шығады;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Әдиллик министрлиги ҳәм Есап палатасы менен биргеликте  ҳәр айда  Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын қадағалап барады және оның өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў илажларын көреди.

28.Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына Халықаралық пресс-клуб пенен биргеликте:

усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпалары ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет жер жүзилик мәлимлеме тармағында кеңнен түсиндирилиўин;

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының барысы ҳаққындағы әдил ҳәм толық мағлыўматтың кең жәмийетшиликке оперативлик пенен жеткерилиўин тәмийинлеў усыныс етилсин.

29.Әдиллик министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

30.Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 3-февраль