Болгария пайтахты София қаласында 20-27-февраль күнлери жәми сыйлық муғдары 200 мыӊ доллар болған «Мемиорал Странджа» халықаралық бокс жарысы болып өтти.

Киши жәҳән чемпионаты деп аталыўшы бул бокс турнири тарийхта 73-мәрте өткерилди ҳәм оған 36 мәмлекеттиӊ 368 күшли боксшылары қатнасты. Солардыӊ қатарында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да бул жарыста өз шеберликлерин көрсетти. Атап айтқанда, команда ағзаларынан Лазизжан Муллажанов, Хасанбай Дўстматов, Абдумалик Халоков, Мужибулла Турсунов,Адилжон Асланов ҳәм Мадияр Сайдрахимовлар Странджа—2022 ниӊ алтын медалын қолға киргизген болса, Турсынай Рахимова ярым финалда украиналы қарсыласына жеӊилип қалып, қола медалы менен шеклениўге мәжбүр болды.

Жәҳәнгир Рахманов, Сайджамал Жафаров, Сохиба Рузметова, Райхона Қодирова, Ситора Турдыбекова, Мавлуда Мавлановалар жарысты ертерек жуўмақлады.

Айтып өтиўимиз керек, бул жарыста бокс бойынша күшли командалардан есапланатуғын Россия сайланды командасы 5 алтын, 5 гүмис, 11 қола, Қазақстан болса 4 алтын медалын қолға киргизиўге миясар болған.

Бул турнирде алтын медал ийелери 4000 АҚШ доллары, гүмис ҳәм қола медалларын ийелеген боксшылар болса, 2000 ҳәм 1000 доллар менен сыйлықланады.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы