Кеше Европа Чемпионлар Лигасында еки ушырасыў болып өтти. Олардыӊ биринде Мадридтиӊ «Атлетико» клубы Англияныӊ «Манчестер Юнайтед» футболшылары менен өз-ара күш сынасты.
Ойынныӊ биринши таймында «Атлетико» футболшылары көбирек үстинликке ийе болып, усындай ҳүжимлердиӊ биринде Жоау Феликс испанларды есапта алдыға алып шықты.
Екинши бөлимде болса, «Манчестер Юнайтед» командасы өзине келип алды ҳәм 80-минутта швециялы 19 жасар Энтони Эланга Бруну Фернандеш тәрепинен жеткерип берилген топты дәрўазаға анық жоллап ортадағы есапты теӊлестириўге миясар болды.
Бул ойыннан соӊ өткерилген баспасөз әнжуманында «Манчестер Юнайтед» бас тренери Ральф Рангник өз футболшыларыныӊ көрсеткен ойынларына кеўли толмағанын айтып өтти.
-“Мен бул ойынды қутқардымба яки жоқпа, буны билмеймен. Бирақ, биринши таймнан соӊ ойынымыз жақсыланды. Футболшыларымыздыӊ биринши бөлимде көрсеткен ойынына ҳеш исенгим келмейди. Бизлер өзимизге исенбей ойнадық, сонлықтан машқалалар пайда болды.
Екинши таймда футболшыларымыз жақсырақ ҳәрекет етти ҳәм бос зоналарда топ пенен көбирек ойнадық. Егер, және 10 минут ўақыт болғанында бизлер жеӊиске ерисиўимиз мүмкин еди.
Биринши таймда жақсы ойнаўымыз керек еди. Тәнеписке шекемги футболшыларымыздыӊ көрсеткен ойынына ҳеш кеўлим толмады.
Енди жуўап ойыны улыўма басқаша болады. Бизлер 75 мыӊ жанкүйерлеримиздиӊ көз алдында ойнап, өзимизге исенген ҳалда ҳәрекет етемиз,»- деди МЮ бас тренери.
Екинши ушырасыўда болса, Амстердамныӊ «Аякс»ы Лиссабонныӊ «Бенфика»сы менен күш сынасып, онда ойын 2-2 есабы менен жуўмақланды.
Бул командалар арасындағы жуўап ушырасыўлары 15-март күни болып өтиўи режелестирилген.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы