Күни кеше Пекин қаласында қысқы Олимпиада ойынларында бир қатар спорт түрлери бойынша жарыслар болып өтти.

Әсиресе, қызлар арасында фигуралы ушыў жарыслары оғада қызықлы ҳәм эмоцияларға бай болды. Онда россиялы спортшылар Анна Щербакова ҳәм Александра Трусовалар алтын ҳәм гүмис медалларды қолға киргизген болса, Олимпиада жеӊимпазлығына тийкарғы даўагер Камила Валиеваға бираз әўмет күлип бақпады ҳәм ол 4-орын менен шеклениўге мәжбүр болды.

Спорт қәнигелери ҳәм жанкүйерлериниӊ пикиринше Валиеваныӊ бул жарыста қопал қәтеликлерге жол қойыўына Спорт арбитраж судындағы әўерегершиликлер ҳәм барлық ғалаба хабар қуралларыныӊ  оған көбирек дыққат қаратыўы себеп болды деп көрсетпекте.

Солай етип, быйылғы Олимпиаданыӊ қола медалы япониялы  Каори Сакамотоға несип етти.

Сондай-ақ, кеше спорттыӊ конькиде жуўырыў бойынша да жеӊимпазлар анықланды.

Атап айтқанда, 1000 метрге конькиде жуўырыў жарысларында алтын медалды япониялы Михо Такаги жеӊип алған болса, голландиялы Ютте Лердам ҳәм АҚшлы Бриттани Боу гүмис ҳәм қола медаллларын ийелеўге миясар болды.

Үшинши орын ийесинен  0,1 секунд артта қалып қойған россиялы Ангелина Голиковаға бул жарыста медаль несип етпеди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы