Бүгин  Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети Атқарыў комитетиниӊ гезексиз мәжилиси болып өтти.

Күн тәртибинде 2019-жылдыӊ май айынан берли МОК баслығы лаўазымында ислеп киятырған Рустам Шоабдураҳмоновтыӊ өз қәлеўине көре жазған арзасы көрип шығылды.
Өз нәўбетинде Р.Шоабдураҳмоновтыӊ арзасы Атқарыў комитети ағзалары тәрепинен қабыл етилди.

Миллий Олимпиада комитетиниӊ мәлимлеўинше жаӊа басшы МОК тыӊ гезексиз Бас Ассамблеясы мәжилисинде сайланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги