Елимизде мәмлекетлик хызмет жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Мәмлекетлик хызметке жоқары интеллектуаллық потенциал ҳәм жаңаша ой-пикирге ийе, еркин пикирлейтуғын, заманагөй билим ҳәм көнликпелерди өзлестирген, жоқары тәжирийбели қәнигелерди тартыў ҳәзирги бәсекиге шыдамлы мийнет базарында жүдә әҳмийетли болып есапланады.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң жумысын тәртипке салыўға қаратылған «Мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылып, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилген еди. Ҳәзирги ўақытта нызам жойбарын және де жетилистириў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Бүгин Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары бойынша комитети тәрепинен өткерилген дөгерек сәўбети де «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаўға бағышланды.

Илажда нызам жойбарының тийкарғы мақсети, әҳмийети, оны қабыл етиў арқалы мәмлекетлик басқарыў системасында қандай жаңалықлар кирип келиўи, мәмлекетлик уйымларға жумысқа кириў, жумысты тәртипке салыў ҳәм лаўазымнан босатыўдың бирден-бир қағыйдаларын енгизиў нәзерде тутылғаны ҳаққында мағлыўматлар берилди. Бул нызам жойбарының нормалары тек ғана Мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының мәмлекетлик реестрине киргизилген лаўазымларда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлерине қолланылады.

Дөгерек сәўбетинде мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң дәраматы ҳәм мүлкин декларациялаў системасын енгизиў, мәмлекетлик хызметте мәплердиң соқлығысыўының алдын алыў, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери тәрепинен әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиў сыяқлы қағыйдалар ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Нызам жойбарында мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң ҳуқықый ҳәм социаллық қорғалыўына, бирден-бир мийнет ҳақы системасы, хошаметлеў ҳәм жаза илажларының тәртиби, социаллық тәмийнат, сондай-ақ, мийнет нызамшылығына әмел етилиўиниң ҳуқықый кепилликлери сыяқлы қағыйдалары додаланды. Депутатлар, экспертлер ҳәм илимпазлар тәрепинен нызам жойбарын және де жетилистириў, жетик-пуқта жағдайға келтириў ҳәм талап дәрежесине жеткериў бойынша бир қатар пикир-усыныслар берилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы